"Жүректер Алланы еске алумен тыныштық табады" 13:28
Салауат каналы: @zikirayt
Каналды қолдау:
4400 4302 9763 0615
Last updated 1 month, 1 week ago
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Last updated 2 weeks ago
“…Адам ғапыл дүниені дер менікі,
Менікі деп жүргеннің бәрі Онікі…”
Last updated 2 months, 1 week ago
*«Кегейли тарийх жылнамасында» китабы.
Жийенбай Моянов.
Даўамы, басы жоқары бетлерде.
Туркстанда жудә жаман жасамаған менен халқымыз сол бир гезлери ѳскен жерди кѳп әрман еткен. Ишлерин дәрт жайлаған, кемликти де кѳп керген. Жылап, сықлап күн кеширген.
Едил қайда, ел қайда,
Елге жетер күн қайда,
Жалақ аяқ сорлыға,
Тикенексиз жол қайда.
Жайылып жатқан мал қайда,
Айрылғаннан соң мәканнан,
Енди ондай ҳал қайда?
Еқкейип суў алмаға,
Есилип аққан Едил жоқ,
Жылым, аўлар салмаға,
Жайылып аққан Жайық жоқ,
Журмиз меңиреў далада.
Жугиңди тартар қайық жоқ,
Ел тентиреп кѳшкен соң,
Я барарға Жайық жоқ,
Мәжилислерге барғанда,
Тѳрден алар пайың жоқ.
Егерде хәр қыйлы посыўлар менен куўдалалаўлар болмағанда кѳплеген дәрекли ҳүжжетлерди табыўға болар еди. Ѳзимиздегилер түрли жағдайларға бола, жоқ етип жиберилип, енди саяхатшылар ҳәм басқа да келген адамлардың жазба дереклеринен пайдаланып жүрмиз. Әпсаналарда айтылыўы ҳәм соңғы изертлеўлерде дәлиллениўи бойынша 1743-жылы Қарақалпақ елшилерин Петербургке баслап барып қайтардағы апатларда қандай да бир тилсимли сырлар менен аман қалған Ақмаңғыт Едиге әўлады Маман бий Жаңадәрья бойларында жасаған дәўиринде де елде жүда айтарлықтай тынышлық болмаған. Кѳп жәбир кѳреди. Бул жѳнинде ел жигитлери Маман бийге айтқанда ол: «Жигитлер мен қартайдым, сизлерди қорғай алмайман, ѳзлериңиз билиң» деген. Әне сондай ойласықтың биринде
Маман бий: «Хийўа сорамына бармай-ақ қойың, ол жерде күниңиз жақсы болмайды» деп ѳз пикирин билдирген.
Даўамы кейинги бетлерде…*
Каналға ағза болыў:
👇https://t.me/RRAO_KRB
*Қарақалпақ ырымлары
Жыйнаған: Алланазар Әбдиев, филология илимлериниң кандидаты
I. ТӘӮИПШИЛИККЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ЫРЫМЛАР
Даўамы кейинги бетлерде…
Каналға ағза болыў:
👇*https://t.me/RRAO_KRB
*«Кегейли тарийх жылнамасында» китабы.
Жийенбай Моянов.
Даўамы, басы жоқары бетлерде.
Қарақалпақлар ҳәзирги жасап атырған, ата-бабасынан мийрас болған, өзлери бир заманлары турмыс тақаўазасы менен кетип қалған бул қәсийетли орынды қайларда жүрсе де билген. Себеби, Едил бойларынан берман қарай көшиў мәселеси сөз болғанда атақлы Ормамбет бийдиң қызы Сарыша айым атынан айтылған толғаў оған дәлил бола алады. Мүмкин Сарыша айым билгирлик еткен шығар, мүмкин атасынан еситкен шығар. Қалай болса да болажақ турмысты толғанып айтқан.
Бул кеткеннен кетерсең,
Сыр дәрьяға жетерсең,
Есиктиң алды Сырдәрья,
Еңкейип суўлар ишерсең,
Жар басында жарты ылашық,
Қуў мола болар үйиңиз,
Қоғадан болар шүйиңиз.
Ямаса сол ўақыттағы тыныш емес жағдайлардан, ханлар арасындағы тартыслардан хабардар етип, оның ақыбети халқына жаман болатуғынан айтады.
Саразбанлы сары таў,
Таўке ханның журты еди,
Қоқан деген уллы журт,
Ислам ханнын журты еди,
Бул кеткеннен кетерсең,
Ел журтыңнан айрылып,
Етикли суўлар кешерсең,
Қайғылы ескек есерсең,
Бул көшкеннен көшерсең,
Түркстанға көшерсең…
Даўамы кейинги бетлерде…*
Каналға ағза болыў:
👇https://t.me/RRAO_KRB
#Arxiv_betleri
«Кегейли турмысы» газетасы архив санлары.
1978-жыл
Каналға ағза болыў: ?
https://t.me/RRAO_KRB
Қәте ислеўден қорықпаң, әҳмийетлиси бир қәтени қайталамаслық.
Каналға ағза болыў: ?https://t.me/RRAO_KRB
***Бүгинги ақылым болғанда, кешеги қәтени қылмаған болар едим.
Бирақ кешеги қәтени ислемегенимде бүгинги ақылым болмас еди.***
Каналға ағза болыў: ?https://t.me/RRAO_KRB
*Қалбай Халмуратов. Қарақалпақстанға мийнети сиңген мүғәллим
«Қылкөпир» ҳүжжетли повести
Биринши бөлим.
Даўамы. Басы жоқарғы бетлерде
Қазақлар менен қарақалпақларда ҳәр бир жигит кеминде жети атасының ким болғанын билиўи шәрт екенлиги айрықша атап көрсетилер еди. Соған байланыслы басқалар қатары мен де уялып қалғанымды еле умытпайман. Өйткени санап қарасам, көптен берли изертлеп жүргениме қарамастан усы ўақытқа дейин билетуғынларым еле жети атаға жетпей атыр екен. Арамызда ҳәтте үш атасын ғана билетуғын жигитлерде бар екен. Олардан мениң тағы бир артықмашлығым, халқымыздың тарийхы ҳаққында көбирек мағлыўматлар билетуғынлығым болды.
Арамызда меннен басқа тарийхқа қызығатуғын адам болмағанлығы себепли өткер әсирлерде болған ўақыялар ҳаққында әңгимелер айтып бериўге туўры келер еди.
Тарийхқа бағышланған дәслепки әңгимем қарақалпақ халқының тарийхы ҳаққында болды.
Халқымыздың тарийхына тереңирек нәзер салып қарасақ, - деп басладым мен биринши әңгимемди. Қарақалпақлар түрк тиллес халықлардың қатарына киреди. Бизиң аййемги ата-бабаларымыз Туран ойпаты, Хорезм жеринде, Арал теңизиниң қубласында, Әмиўдарья ҳәм Сырдарья жағаларында кѳшпели, ярым көшпели турмыста жасаған. Олардың дәслепки атлары сак, массагет қәўимлери деп аталады. Бул қәўимлер дийханшылық, мал шарўашылығы, балықшылық ҳәм аңшылық кәсиплери менен шуғылланған. Массагетлер қарақалпақлардың негизги ата-теги усылар аўызбиршиликли, жаўынгер адамлар болған. Массагетлердиң ҳаял патшасы Тумарис басқыншы Иран патшасы Кирдиң әскерлери бастырып киргенде оларға қыйрата соққы берип, душпанлар үстинен үлкен тарыйхый жеңиске ерискен. Солай етип, массагетлер өзлериниң елин, жерин сырт ел басқыншыларынан бир неше рет қаҳарманларша қорғап қалған. Сол себебли болса керек, қарақалпақлардың «Қырық қыз» ҳәм басқа дәстанларында батырлар ҳәмме ўақыт сыртқы душпанлар менен урысып, қаҳарманлық көрсетеди. Халық оларды аса қүдиретли, кәраматлы адамлар етип тәрийиплейди.
Бирақ душпанның бәри ҳалсиз бола береме? «Күш атасын тыңламас» дегендей бир гезлери сыртқы жаўлар басым келип, массагетлер де жеңилип, турынтай тусына, палапан басына кеткен заманлар да болған.
Мысал ушын айтатуғын болсақ, массагетлер шама менен X-XI-әсирлерде душпанлары күн бермегеннен кейин қашып, Арқа Кавказ, Қырым, Украина, Волга, Едил, Орал, Жайық дарьяларының бойларына қарай көшип, шожып жүрген. Бул дәўирде қарақалпақ халқының негизин дүзген көп ғана қәўимлердиң тап Орал таўынан баслап, Қаратеңизге дейинги кеңисликлерди ийелегенлиги тарийхтан мәлим. Соның менен бирге олардың бир топары Арал бойларында да жасап қалғанлығы белгили. 1221-жылы бул жердеги қәўимлерди Шынғызханның ләшкерлери шаўып, қырып-жойып, қоймағаннан соң жоқарыда аты аталған туўысқанларын излеп булар да солай қарай қоныс өзгертиўге мәжбур болған. Бул дәўирлерде печенеглер, қара бөриклилер деген атамалар пайда болған.
Ал оннан соңғы әсирлерде ҳәзирги қарақалпақ халқы деп атанып жүрген халықтың биразы Алтын Ордадағы Ноғайлар бирлеспесиниң қурамына кирипти. XIII-XV әсирлерде болса Едил Жайық бойларында көшип-қонып жүрген қыпшақлар бирлеспесиниң қурамына қосылыпты. Соңын ала тағы қоныс өзгертип, Сырдарья бойларына көшиўге мәжбүр болыпты. Бул ХV-XVI әсирлерге туўры келеди.
Даўамы кейинги бетлерде…*
Каналға ағза болыў: ?https://t.me/RRAO_KRB
*Қалбай Халмуратов. Қарақалпақстанға мийнети сиңген мүғәллим
«Қылкөпир» ҳүжжетли повести
Биринши бөлим.
Даўамы. Басы жоқарғы бетлерде
Усылай етип қайғылы қосық айтып, уўайым шегип, Тақыятас түрмесинде 26 күн жатқан екенмен. Сол ўақыт ишинде ҳеш ким менен ушырасыўға рухсат етилмеди.
Ал бир күни, яғный 1977-жылдың 14-октябрь күни мени Нөкистеги үлкен түрмехананың 47-бѳлмесине әкелип қамады. Бул камерада меннен бурын тоғыз адам жатырған екен. Мен оныншы болдым. Булардың арасында Кегейлиден мен таныйтуғын үш адам бар екен. Олар Хожабай, Жумамурат ҳәм Жумабайлар еди. Бул камераның айырмашылығы – бир темир кәт пенен екинши темир кәтти кепсерлеп, еки этаж етип қойған екен. Кәтлердиң астындағысында бир адам, үстиндегисинде екинши адам жатады. Тақыятастағыдан артықмашылығы – ыссы аўқат, шай береди екен. Ал жаман жери – жаңағы он адамның бәри сол камераның ишиндеги шелекке майданлайды екен… Илаж қанша жата бердик.
Он адам бир тар бөлмеге жыйналған, оның үстине ҳәммеси бийталап, ўақыт көп – бундай жағдайдағы ең аўыр нәрсе сол бос ўақытты өткериў болады екен. Әлбетте ҳәр кимниң өз тәшўиши, уўайым қайғысы жеткиликли. Бирақ адам қашанғы қайғыра бериўи, қашанғы сары уўайымға берилип, ойлана бериўи мүмкин?
Усындай жағдайда жәрдемге келетуғын ең биринши нәрсе – сөз аңгиме болады екен. Қандай себеп пенен болсада турмыстан дәкки жеген адам жүрегиндеги дәртин биреўге айтыў арқалы, сөйлесиў, айтысып тартысыў арқалы жеңиллетеди екен. Олай деўиме себеп, Тақыятаста бир өжиреде бир өзим жатып өткерген күнлериме қарағанда бул камерадағы ҳәр бир күнги ўақытым әдеўир жеңил өте баслады.
Бул жердеги ең көп сөз болатуғын мәселе, кимниң қандай жынаятта гүманланып, яки айыпланып қамалып атырғаны, қайсы қылмыс ушын қайсы статья бойынша қандай мүддетке қамақ жазасы берилетуғыны, яғный Нызам ҳаққында екен. Соның менен нызамлардың орынланыўы, мәмлекеттеги әдалатлылық пенен әдалатсызлық, инсап ҳәм инсапсызлық бойынша да айтыс-тартыс көп болады екен. Бирақ бир қолайсыз сезилгени, ҳәмме өзин ақлап, басқа биреўлерди қаралайды. Қулласы ҳеш ким өзин шын мәнисинде гүнәкар есаплағысы келмейди екен. Соның ушын мен оларға өзимниң қамалыўыма байланыслы жай-жағдайды ашық айтқаным жоқ. Тек жала менен гүманланып, тергеў, тексериўде жатырғанымды ғана үстиртин ескертип қойдым.
Көпшилик адамлардың басы қосылған жыйынлар сыяқлы бул жерде де халықлардың бир-биринен айырмашылығы, қайсы халықтың үлкен яки киши екенлиги, қайсы халықтың қашан пайда болғанлығы ҳәм не ушын қазақ яки қарақалпақ болып аталғанлығы туўралы пикир алысыў көбирек қайталанып турды.
Даўамы кейинги бетлерде…*
Каналға ағза болыў: ?https://t.me/RRAO_KRB
*Бул дуньяда кәмбағал болып туўылсаң, бул сениң айыбың емес.
Бирақ кәмбағал болып кетсең, бул сениң айыбың.
Жуўмақ: Қайғылы өтмишиңди ҳеш қашан өзгерттире алмайсаң, бирақ келешегиңди қалай қурыў сениң қолыңда.*
Каналға ағза болыў: ?https://t.me/RRAO_KRB
"Жүректер Алланы еске алумен тыныштық табады" 13:28
Салауат каналы: @zikirayt
Каналды қолдау:
4400 4302 9763 0615
Last updated 1 month, 1 week ago
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Last updated 2 weeks ago
“…Адам ғапыл дүниені дер менікі,
Менікі деп жүргеннің бәрі Онікі…”
Last updated 2 months, 1 week ago