Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

"Жаратылыс"

Description
Шегинген кеўил сезимлери ой-қыял ҳәм реал дүнья шегарасында жан сақлайды.
Ол шегинистен соң "Қубылыс"қа ушырайды.
Қубылыўлар әсте ақырын жүз берип, "Жаратылыс" ты пайда етеди.
Мазмун -"Жаратылыс" та!
Айгүл Қосымбетова
Advertising
We recommend to visit

Hello, World!

Last updated 3 недели назад

- пранк учун расм видеолар
- сториес учун расм видеолар


по поводу рекламы - @prankdareklama

https://t.me/boost/prank_rasmlarr

Last updated 2 недели, 6 дней назад

✅ “Namangan Uylari” Ҳақиқий телеграм каналидасиз

👨‍💻Мурожаат учун: @Uyjoy_agenti
902225646

👉 youtube.com/@Namangan_Uylari
👉 Instagram.com/NamanganUylari
👉 tiktok.com/@namangan_uylar

🏡 Намангандаги кўплаб уйлар бизнинг каналимизда

Last updated 1 месяц, 1 неделя назад

1 week, 6 days ago

#Ибрайым_Юсупов_95_жаста#торқалы_той_саўғасы **Қарақалпақ фолъклористикасынан теориялық билимлерди берген Устазымыз ф.и.к. доцент Жеңис аға Низаматдинов: "Қарақалпақ әдебияттаныўы және оның әдебий тилиндеги илим ең дәслеп қандай көринисте қәлиплести?" деген сораўына 1-курс студентлери арасынан бирде бир студент (солар арасында мен) жуўап бере алмады.
Соң өзи сабақты даўам еттирип, бизде биринши болып  фолъклорлық шығармаларды жыйнаў, ең әййемги жазбаларды топлаў иси қолға алынды. Дәслепки илимий жумыс сол болды. Оларды алдыңғы саўатлы, исине пуқта, жуўапкершиликли және сабырлы, пидәйы қарақалпақ илимпазлары халық арасынан атлы-ешекли  жыйнап  алды.  Мине, усы дәслепки илимпазлардың мийнети менен кейинги фундаменталь, нағыз илимий том, том китаплар, диссертациялар, монографиялар жарық көрди...-деп еди.
Бул болса жанлы халық аўызеки тили, өнери, салт-дәстури, әдебияты ушын лазым еди.

Мине, арадан жыллар өтип бүгинги XXI әсир--технология әсиринде де бундай мүтәжлик еле бар. Мысалы, шайырдың жанлы портрети, өз баянлаўы оның есселеринде, сәўбетлеринде анық көринеди. Ал, шайырдың илимийлик интелекти мақалаларында жәмленген болады. Тилекке қарсы ески баспа журналларын таўыў мүмкиншилиги аз ямаса жоқ.

Ал, бүгин мен 2024-жыл май айының дәслепки күнинде жаңа баспадан шыққан китапты оқып бабамыз Ибрайым Юсуповты илимпаз сыпатында таный алдым.

1959-жылғы "Әмиўдәрья" журналында жәрияланған илимий диалектологиялық мақаласын, басқа да әдебий мақалаларын сақлап бүгинги күнге шекем жеткерген, үгитлеп, оны китап етиўди усыныс еткен шайыр Сағынбай Ибрагимовтан миннетдарман. Ал, барлық ески журнал, газета, тағы қолжазбаларды терип, топлап китап етип шығарған достым Алтынай Тилегеноваға алғысым көп.

Зер қәдирин Зергер биледи. Әдебий мийрасларды асырап абайлаў бизиң парызымыз болса, кейинги әўладқа жеткерип бериў ийгиликли исимиз.
Бул китапты әдейи, сен көшеге шыға алмасаң, бизлер үйиңе келе беремиз, -деп достым Алтынай, Бийбихадиша Жолдасбаева менен келип берип кетти.
Қандай әжайып дослар...Барыңызға шүкир...Жаңа баспадан шыққан китаптың биринши оқыўшыларының бири болыў да сезине билген адамға Бахыт.
Барлық әдебият шайдаларын китапты оқып көриўге шақырып қаламан. Арнайы мазмунын таслап қойдым.

Айгүл Қосымбетова**@sheginisten

1 week, 6 days ago
"Жаратылыс"
2 weeks, 2 days ago
2 weeks, 5 days ago
1 month ago

Ол бир бүлбүл болып қосығын айтты-
Жақсы қосықшы емес, шын ашық еди.
Айгүл Қосымбетова

@sheginisten

1 month, 1 week ago

**Сағыныш аспаным қулашын жайған,
Атқан таңларымды сарғайтпа маған,
Үнсиз қалғым келер, тилсизлик пайым,
Сыртлай сезимлерим көринсе жалған.

Айгүл Қосымбетова**@sheginisten

2 months, 3 weeks ago

#3_❤️
Ноталарға налышым қосып,
Намаларға сырымды аштым.

Айгүл Қосымбетова

@sheginisten

3 months ago

Бул илимий дөретиўшилик ушын керек болған оқыў курсы...
Қызларға усынғым келди.

Өткен жылы 30 орын ажыратылды, 700 ден артық талабан қатнасты.
Қызығып қатнасып, еки ай оқып едик. Өзимнен қанаатланбадым... Барлық тапсырманы толық орынлай алмадым. Докторантураға таярлық болды.

Быйыл да бос емес едим. Достым Гүлхан тапсыртты.
Және қабыл етилиппен.
Екинши рет Алланың сыйлығы шығар.
700ден артық адам , 100 орынға.
Басында ишимде наразылық болды, ўақыт пенен ислесип атырман...Режем бузылады деп... Соң, көпшилик қызлар Ҳәўес етип қутлықлағаннан кейин, берилген сыйлық...бул да бир Ҳикмет деп қабыл еттим.

Қызлар, бул тек қызлар ушын мүмшилик.
Ендиги жылы қатнасың, шет ел илимпазлары менен танысып, жаңа илимий көзқарасларды үйренип аласыз.
Жылдан жылға жаңа билимлер берилип атыр.

Қызларыңызға жибериң😇

@sheginisten

3 months ago
5 months ago

Мен сени күтемен шырша астында...
Мейли Аяз ата, мейли Эльф бол.
Хатымда жоллаған сүйгимди әкел-
Сүйги үлесейин муҳаббатсызға.

Мен сени күтемен шырша астында
ҳәм танып аламан сезимлериңнен...
Жаным... музладың ба? Қолымнан усла,
Жүр лимонлы көк шай ишимизге бирге.

Мен сени күтемен... шырша астында
Мейли қар қыз, мейли "Золушкаң" болып.
Шийели шайымды сағынғаның ба?-
Қар жаўдырды, тәбият, сырыңды билип.

Мен сени күтемен "шырша"мыз бенен...
Бирге қыстырамыз муҳаббат шарын,
Қар бала, қар қызың қушағымызда,
Бирге өсиремиз муҳаббат нәлин.

Мен сени күтемен камен қасында...
Бирге додалаймыз "Вестник" журналын.
Бизлик жүрек қайнап, шай берер саған-
Сүйген шийеңизден... Кел, ишип алың.

Мен сени күтемен шырша астында,
Ақлығым, шаўлығым- бәри қасымда...

Айгүл Қосымбетова

@sheginisten

We recommend to visit

Hello, World!

Last updated 3 недели назад

- пранк учун расм видеолар
- сториес учун расм видеолар


по поводу рекламы - @prankdareklama

https://t.me/boost/prank_rasmlarr

Last updated 2 недели, 6 дней назад

✅ “Namangan Uylari” Ҳақиқий телеграм каналидасиз

👨‍💻Мурожаат учун: @Uyjoy_agenti
902225646

👉 youtube.com/@Namangan_Uylari
👉 Instagram.com/NamanganUylari
👉 tiktok.com/@namangan_uylar

🏡 Намангандаги кўплаб уйлар бизнинг каналимизда

Last updated 1 месяц, 1 неделя назад