🔞КАТТАЛАР УЧУН❗️
🪓 Jonli Bolta Шиоримиз «Тезлик»
Янгиликларни бизнинг каналдан олдин бошқасида кўрдизми Унда биздан бемалол «Отписатся» қилишингиз мумкин.
👤Основатель канала; @NodirMillion
👤Админ канала
💰Реклама учун👇
@JonliBolta_Reklama
Last updated 1 month, 2 weeks ago
- пранк учун расм видеолар
- сториес учун расм видеолар
по поводу рекламы - @reklama_sahifa
https://t.me/boost/prank_rasmlarr
Last updated 2 months ago
Сизди ϴзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, талантлы шайыр, тәжирийбели устаз Бахтыяр Генжемуратовтың «Абыржы» (қосықлар ҳәм поэма) китабының презентациясына мирәт етемиз.
Кеше 2025-жыл 22-февраль күни саат 15:00 де Университеттиң руўхыйлық мәжилислер залында болып өтеди.
**Ишимдеги өшкен қозларға,
Биреў келсе керасин қуйса
Жанып кетсе, жандырып кетсе,
Жалын болсам, жансам отларда.
Қәлбимдеги түпсиз жарларға,
Сүргин болсам, кетсем қуллыққа
Өзлигиме қайтсам қайтадан,
Өзим болып жасасам және!?**
Айгүл Қосымбетова
Түс көрип атырғандайман, түсиниксиз—
Өзимди сын тәрезиге салып қарыслайберемен.
Марапатты берип өзиме-өзим, үнсиз,
Барлық заттан бахытты излей беремен.
Айгүл Қосымбетова
Және сол китаптың үстинде өмир,
Және сол китаптың ишинде өмир,
Бир шайыр сезимин түсинип жылап,
түсиндириў ушын жетпейди өмир.
Ақыры, бир күним — бир неше тәғдир...
Тәғдирди оқытыў бәринен аўыр.
Айгүл Қосымбетова
әжайып сезимлер...
..............???????..........
Сениң ийбең мениң ақлымды урлап,
Қырмызы лебиңде ышқым жанажақ,
Сондай сулыў келин...
таўланып турсаң,
Нурланып турсаң...
соншелли аппақ.
Қызлық ығбалыңның қызыл бир шоғы
Орамалға сиңип кеткен бе екен?
Қызыл жүзлериңе жалын жандырып
Буншелли тынышсыз отырсаң, неден!?
Саған көзтиймесин, қызыл шаршылым,
Қызғыш қайтарады қызған көзлерди,
Сениң назларыңнан мен де мәс болып,
Кеўлиме түйемен сырлы демлерди.
Әй-ҳай бул дүньяның гөззал жаўаны,
Ашықлық дәўрәны саған мүнәсип,
Тек өзиң бүл жерде қыздың әрманы,
Саған жарасып тур келинлик бахыт!
Айгүл Қосымбетова
■бул қосықтың ийеси (келиншек) қосықтағыдан да шырайлы, анығы!
Бүгин бахытқа толы бир күн болды.
Шаўдырбай атамыздың руўхына жақсы тилеклер айтылды. Сағыныш, қуўаныш көз жаслары, мақтаныш сезимлери қанат қомлап мүзей аспанында ушып жүр.
Атағулла достымыздың ықласы, ғайраты, Сағынбай атамның иш-ишинен сүйсинип көз алдына ески мәўритлер келгени, әтирапымызда мийримли көзлердиң бир-бирине сүйениш болып турғаны не деген тамаша...
Ал, мениң көз алдымда:
**Шаўдырбай ағаның әдил сыншысы,
эксперти еди Әскербай аға –
солғын шықты, дейди, ана образың,
пошалап кеткенсең мына эпизодта...
Шәкең өзи болып Дәўлен ағаның –
күйинип ҳәм басын шайқап береди.
Айтады кимлерден айра түскенин,
қатты гүйзелткенин кимниң өлими...
___
Қайтып туўылмайды ол тайнапырлар,
енди ол күнлер де қайтып келмейди...**
Залда отырып поэтикалық хронотоптың күши менен сол заманда жасап отырдым. Жанлы картина...
Музей директоры Шаригүл апамыздың, биз Сағынбай болғымыз келип кетти...деген гәпи бәримиздиң кеўлимиздеги сезим еди. Әжайып сезим.
Әдебиятымыздың ири тулғасының руўхы шад болғай!
Мен жүрмеген жоллар еди көргеним,
Мен жазбаған жырлар еди, билгеним —
бул соқпақтың қандай екен саўғасы?
Жадыраса, мыйық тартып күлгеним,
Қабақ шытса, "билгеним"ди билмедим,
бақлаўларым билим болар ақыры.
Шешенлерге сырлас қылғай, тәңирим,
Еренлерге жолдас болғай өмирим,
ешек жойтпағанның бәри ақыллы.
Жарты жолда атым тайып қалмағай,
Жарты жаста басым жарты болмағай —
мусылманның тилегинде нақылы.
Дәртсиз жүрек — қансыз дене, қуры лаш,
Арсыз бенде Алланики бола алмас,
Мийримлиге жақын жүриў мақулы.
Айгүл Қосымбетова
*Мен қумларда шөктим, қумға сүңгидим,
Теңизде суўсырап шөллеп атырман.
Базда қанат жайып келеди ушқым,
Әттең, алысларда әрманым мениң.
Билсең, меломаны болдым ышқының,
муңларым молайды, түсти үскиним.
Нөсерли жамғырда телефон шалып,
Және хат жолладым, сәлем, батырым:
Ашық жүрегимниң
есиклери де,
Дийдар диллесиўге жолым дәмели.
қағазларда емес, самалда қалған —
саған дәртлеримди жазғым келеди.
Гүзги айралықлар, қоңыр самаллар,
Тағы ышқ теңизим бир қумайтланды.
Тағы тынышсызлық...
Тынышлық тағы
...ылай суў мөлдиреп тынған сыяқлы *...
сағыныштан кеўлим сөйлемей қойды!
Мен өзимсиз қалдым бул кең қалада,
Тағы мәнзилим жоқ. Тағы қыр дала.*
( 20.09.2021.)
Айгүл Қосымбетова
🔞КАТТАЛАР УЧУН❗️
🪓 Jonli Bolta Шиоримиз «Тезлик»
Янгиликларни бизнинг каналдан олдин бошқасида кўрдизми Унда биздан бемалол «Отписатся» қилишингиз мумкин.
👤Основатель канала; @NodirMillion
👤Админ канала
💰Реклама учун👇
@JonliBolta_Reklama
Last updated 1 month, 2 weeks ago
- пранк учун расм видеолар
- сториес учун расм видеолар
по поводу рекламы - @reklama_sahifa
https://t.me/boost/prank_rasmlarr
Last updated 2 months ago