Төлепберген МӘТМУРАТОВ поэзиясы

Description
Адамның жаслығы сулыў ғой, бирақ,
Адам өмириниң гүзи жемисли.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ

Байланыс ушын: @Orekeev_Azamat
Advertising
We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 2 weeks, 1 day ago

“…Адам ғапыл дүниені дер менікі,
Менікі деп жүргеннің бәрі Онікі…”

Last updated 3 days, 23 hours ago

пассивно-агрессивный канал 🌱
сотрудничество @klonzo32

Last updated 3 days, 9 hours ago

1 month, 1 week ago
* * *

Нусқаўлы өмир бул, арқаўлы өмир,
Гүллери тикенли, жоллары шаңлы.
Соқпақлар тутасар небирден-небир,
Бөлек тәғдир берер шайырға Тәңри.

Кеше гүл тәм еткен дилбары бүгин,
Бәлким, сағанасын шәмензар етер.
Поэзия жоллары сүргиннен-сүргин,
Шайырды бир жақсы сөзге зар етер.

Қашан аңсат болған шайыр халқына,
Избасар жүрген жоқ елинде бийғам.
Есенин мерт болған жастың парқына
бармаймыз. Сол кимниң нырқына сыйған?

Шайыр болғаның ҳәм тажы-тахтың,
Ҳәм де мусаллатың бақты қаралы.
Алғысы тайын тур саған халықтың,
Яәки уў салынған дослар шарабы.

Шолпан атылса я Мәширеп асылса,
Не бопты? Бендеге өлим мияссар.
Ал енди, Сөз мүлки дарға тартылса,
Орынын Тәңриниң ләғнети басар.

Дүнья көркем еди инсанлар менен,
Ал адам көримсиз поэзияларсыз.
Бердақтың орыны теңизден терең,
Биз жасай алмаймыз Әжиниязларсыз.

Нусқаўлы өмир бул, қыстаўлы өмир,
Узақ жасағаны кимгедур сәбби.
Асығыс болса да мазмунлы, шүкир.
Гөззал тәғдир берер шайырға Тәңри.

08.11.2024
Базарбай Жолдасбаев
@Joldasbaev_Bazarbay

1 month, 2 weeks ago
Төлепберген МӘТМУРАТОВ поэзиясы
1 month, 2 weeks ago
**Керек емес, керек...**

Керек емес, керек...

Мениң ,,керек емес" дегеним,
Ҳәм жақтырмай үндемегеним, –
Керек болып қалады базда.
Керекли зат дүньяда аз ба!

Қойып қалсам гәпти кеседен...
Керек болып қалар. Мәселен:
Жақтырмаймыз қараңғы түнди,
,,Керек емес қосықлар муңлы" –

Деп айтамыз гей бир ўақлары.
Керек болып қалар тап бәри.
Жулдызларды көргимиз келсе,
Қараңғылық–бул керек нәрсе.

Аспандағы сынақсыз жулдыз,
Тигилсең де көринбес күндиз.
Муңлы қосық, муңлы ырғақты,
Ата-бабам бурын жырлапты.

Жыллар өтип, жыллар жаңарды...
Биз сүйемиз сол намаларды.
Ғамлы қосық, сол муңлы нама,
Тыңлатады бизди бәрҳама.

Әсирлерге берипти төзим,
Өйткени ол ең қымбат сезим.
Оларда бар адам әрманы,
Әрман–кеўиллердиң гүлбағы.

Гүлди услап қолына адам,
Шаң тийгизбей жүрмей ме мудам!
Усыларды ойласам бүгин,
Пайда болар мынадай уғым:

Бул дүньяда керексиз зат жоқ,
Көп керекли затларға ат жоқ.
Керексиз зат болмағанлықтан
Мине, адам космосқа шыққан.

Көкирек деген әлемнен де кең,
Керексиз зат оған кемде кем!

Төлепберген МӘТМУРАТОВ@Tolepbergen_Matmuratov

1 month, 2 weeks ago

Каналымыз топары:

@T_MatmuratovPoeziyasinaPikirler

1 month, 2 weeks ago
"Кеўил лирасы"көрсетиўиниң 15-санында Өзбекстан Республикасына мийнети …

"Кеўил лирасы"көрсетиўиниң 15-санында Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери , жақсылықты жырлаған шайыр Төлепберген Мәтмуратовтың өмири ҳәм дөретиўшилиги сөз етиледи. "Kewil Lirasi" kórsetiwi
https://youtube.com/watch?v=JC79h0pPBJ4&si=ftUt7R23CtxOHzzV

@tolepbergen_matmuratov
@kewil_lirasi

1 month, 3 weeks ago

Усы қосықтың намасы бар ма? Болса жазып яки канал топарына таслап берсеңизлер.
@Orekeev_Azamat

2 months ago

Анажаным Анам Айжамал Сәйеке қызының естелигине Анажаным, ардақлым, Ядымдасаң ҳәрқашан. Жүрсем де мен ҳәр жақта, Қыялымды тартасаң. Ерте кетип әлемнен, Өкиндирдиң неге сен? Сенсиз өтпес қанжарман, Өтер едим егесең. Мен бир аққан булақпан, Тынық болып ағаман.…

2 months ago
2024-жылдың 13-ақырап сәнесинде қарақалпақ халқының уллы …

2024-жылдың 13-ақырап сәнесинде қарақалпақ халқының уллы классик шайыры, дилўары ҳәм Зийўары – Әжинияз Қосыбай улын зияратлап Мойнақ районына барған сапарымыз бар.
   Сапарда Жас Дөретиўшилер клубының @QRJas_doretiwshiler (жаўылып қалған болса да!) бир қатар ағзалары: шайыр, тележурналист, Базарбай Жолдасбаев (@Joldasbaev_Bazarbay), шайыр ҳәм жазыўшы Берик Гүзенбаев, модерн ағымында қәлем тербетиўи менен танылған жас шайыр Модернист Муса Жийенбаев(@Represo), Азамат Өрекеев, Гөззал Жумамуратова(@sheksizlikler ), Қарақалпақ филологиясының докторантлары: Муҳамметдин Бәўетдинов, Бийбиҳадиша Жолдасбаева, сондай-ақ, Кегейли районы қәнигелестирилген мектеби оқыўшылары да қатнасты.

Каналларымызға ағза болың:
@SHawdirbay_Seyitov
@Tolepbergen_Matmuratov
@Kengesbay_Raxmanov

2 months ago
Төлепберген МӘТМУРАТОВ поэзиясы
2 months ago
Төлепберген МӘТМУРАТОВ поэзиясы
We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 2 weeks, 1 day ago

“…Адам ғапыл дүниені дер менікі,
Менікі деп жүргеннің бәрі Онікі…”

Last updated 3 days, 23 hours ago

пассивно-агрессивный канал 🌱
сотрудничество @klonzo32

Last updated 3 days, 9 hours ago