Бала психологиясы

Description
Бала психологиясы, тәрбиясы, раўажланыўы, билими ҳәм басқа да балаларға тийисли пайдалы мағлыўматлар…
Advertising
We recommend to visit

Телеграм канал журналіста Раміни Есхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva

Last updated 1 week ago

🥧Татар һәм рус телендәге рецептлар
📌файдалы киңәшләр
Реклама (сотрудничество) - @elvira_admin

Отзывы: https://t.me/kirakle_torkem_otzivi

Last updated 1 day, 23 hours ago

5 months, 2 weeks ago

❗️Балаларыңыз излейтуғын адам өзиңиз болың

*✅Балаларыңыз бенен өзиңиз отырмасаңыз, олар менен басқалар отырады.*

Балаларыңыз бенен өзлериңиз сәўбетлеспесеңиз, олар менен басқалар сәўбетлеседи.

Балаларыңыз бенен өзлериңиз дәртлес болмасаңыз, оларға басқалар дәртлес болады.

☝️Балаларыңыз излейтуғын адам өзиңиз болың, олар басқаларды излемесин. Муҳаммад Ротиб Набулусий

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
*👉*** @bala_psixologiyasi

5 months, 2 weeks ago

*Неге Президент мектеплериниң имтиханында жуўаплар ручкада емес қəлемде жазылады?*

* ЖУЎАП: Кеше, 7-июль күни елимиздеги Президент мектеплеринде имтиханлар болып өтти. Бир неше жылдан берли болатуғын усы имтихан процеслеринде ҳəр жылы ата-аналар не ушын оқыўшылар жуўапларды қəлемде бояп атырғанына* қызығады ҳəм де буны коррупция белгиси деп те ойлайды.

Буның себеби, Президент мектеплерине кириў имтиханларын Уллы Британияның Cambridge Assessment шөлкеми өткереди. Өзлери сораў дүзеди, жуўапларды да өзлери жыйнап алады, өзлери тексерип, нəтийжелерин сайтында шығарады.

Жуўапларды қəлемде белгилеў талабы Cambridge Assessment шөлкеми тəрепинен қойылған. Бизлерде болса имтиханлардың ҳәммесинде ручка қолланылады.

Неге қəлем талабы қойылған?

Бул психологлардың талабы ҳəм усынысы болып, ручка ислетиў жас балалардың руўхыятына унамсыз тəсир етиўи мүмкин. Себеби қəте ислеп қойса, ручканы өшириўге болмайды, бул болса балаларда стрессти келтирип шығарады. Балалар қəте ислеўден қорқып қалады. Сол себепли, әсиресе баслаўыш класларда дүньяның көплеген мəмлекетлеринде мектеплерде қəлемнен пайдаланылады. Мәлим болыўынша, қəлем балаларға еркинлик ҳəм арқайынлық сезимин береди. Егер сырт ел фильмлерине итибар берген болсаңыз, студентлер ҳəм ҳəтте жасы үлкен инсанлар да көбинесе қəлемде жазып атырғанын көриўиңиз мүмкин.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
*👉*** @bala_psixologiyasi

5 months, 2 weeks ago

#қарақалпақтили
** Қарақалпақ тилинде исленген мультфильмлер дизими

1. Қарақалпақ әлипбеси (1-бөлим)2. Қарақалпақ әлипбеси (2-бөлим)3. Көк трактор4. Мен маймылман5. Дәў менен бала6. Ғарға менен шегиртке7. Аш қасқыр8. Аңқаў мерген9. Әўелемен дүўелемен10**. Қарлығаш

☝️Қарақалпақстанның көпшилик аймақларында ҳәзирги болып турған қолайсыз хаўа райында үйде кәўипсиз жерде балаларыңыз бенен бирге мультфильм көриўди мәсләҳәт беремиз! *🤝Тилимиздиң раўажланыўына қосып атырған үлеси ушын авторға миннетдаршылық билдиремиз!Социаллық реклама.*

*🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.*

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
*👉*** @bala_psixologiyasi

6 months ago

?Балаларда креатив пикирлеўди раўажландырыў бойынша айырым кеңеслер
1. Дөретиўшилик орталығын жаратыңБалаға дөретиўшилик пенен шуғылланыў ушын орталық жаратып бериң. Мысалы, ханада бояўлар, қәлемлер, қағазлар, пластилин яки басқа дөретиўшилик ушын керекли болған қураллар жайластырылған мүйешти ажыратып бериң.

2. Сайлаў еркинлигин хошаметлеңБала не менен шуғылланыўын өзи сайлаўына имкан бериң. Бул оның шешим қабыл етиўде өзине исениминиң ҳәм бийғәрездигин раўажландырыўға жәрдем береди.

3. Қәтелесиўден қорқытпаңБалаға қәтелесиў үйрениў ҳәм дөретиўшиликтиң бир бөлеги екенлигин түсиндириң. Таза бир нәрсе менен шуғылланып баслаўын ҳәм тәслим болмаўын хошаметлең.

4. Қызығыўшылықларын қоллап-қуўатлаңЕгер балаңыздың бир нәрсеге қызығыўшылығы бар болса, соны қоллап-қуўатлаң. Сиз оның умтылыўларын ҳәм дөретиўшилик қәбилетин қәдирлеўиңизди көрсетиң.

5. «Мийге ҳүжимлер»ди ислеп турыңБерилген ўазыйпа яки шынығыўдың үстинде бас қатырыў баланың «нестандарт» пикирлеўине ҳәм таза шешимлер қабыллаўына жәрдем береди.

6. Биргеликте оқыңКитаплар балалар ушын дөретиўшиликке ашылыўына жәрдем бериўши ең жақсы дерек. Олар фантазияны кеңейтеди ҳәм кеңирек пикирлеўди раўажландырады.

7. Стол ойынларын ойнаңСтол ойынлары стратегиялық ойлаўды ҳәм шешим қабыл етиў көнликпесин раўажландырады.

8. Саяхат етиңЖаңа орынлар ҳәм мәдениятлар пикирлеўди кеңейтеди ҳәм креатив пикирлеўди хошаметлейди.

9. Баланы рефлексияға үйретиңБиргеликте оның пикирлерин ҳәм шешимлерин додалаң, қайсысы дурыс қайсысын еледе жақсылаўға болыўын анализлеўге жәрдем бериң.

10. Үлги болыңӨзиңиздиң креатив пикирлеўиңизди ҳәм мәселелерди шеше алыў қәбилетиңизди көрсетиң.

☝️Ядыңызда болсын, ҳәр бир бала өзине тән шахс ҳәм оның сол өзине тәнлигин қоллап-қуўатлаў керек. Сабырлы болың ҳәм оның креатив пикирлеў көнликпелериниң раўажланыўы ушын оған ўақыт ҳәм итибар бериң.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
*?*** @bala_psixologiyasi

7 months, 1 week ago

?? 5 «Не ушын?» қағыйдасы!

Турмыста бала тәрбиясы менен байланысылы сондай жағдайлар болады, Сиз машқаланы дурыс шешиўде қыйналасыз, машқала шешилгени менен оннан қанаатланбайсыз ямаса кеўлиңиздегидей болмайды.

Бундай болыўының себебин көпшилик жағдайда сиз түсинбейсиз, яғный:
*Сиз негизи нени қәлейсиз?
*➖Бул сизиң қәлеўиңизбе ямаса жәмийеттиң талабы ма**?

Усындай жағдайларда машқаланың себебин ҳәм шешимин табыўға жәрдем бериўши техника бар.
Бул 5 «Не ушын?» қағыйдасы. Оның мәниси машқалалы жағдай пайда болғанда өзиңизге 5 мәрте «Не ушын?» деген сораўды бериўиңиз керек.

Мысал ушын, балаңыз сизге гәп қайтарғанда ямаса айтқаныңызды қылмағанда оған бақырдыңыз. Не ушын бақырғаныңыздың себебин усы техника жәрдеминде анықлап аламыз.

1️⃣ Мен балаға бақырдым, себеби ол мениң айтқанымды қылмады, бирақ түсинип турман, оған 5 минут алдын сабағын таярламағаны ушын бақырып, тез таярлаўын тапсырып едим ҳәм соның ушын оған жәрдем ҳәм қоллап-қуўатлаў керек еди. Не ушын бақырдыңыз?

2️⃣ Себеби мениң ашыўым келди айтқанымды бир айтқанда қылмағанына. Не ушын ашыўыңыз келди?

3️⃣ Себеби, мениң айтқанымды қылмаса, мениң үйдеги абырайым түсип кетиўинен ямаса ол кейин мениң айтқанымды қылмайтуғын болып қалыўынан қорқаман. Не ушын қорқасыз?

4️⃣ Себеби үлкейгенде тәртипсиз ҳәм жаман балалардың қатарына қосылып қалыўынан қорқаман. Не ушын тәртипсиз болып қалыўынан қорқасыз?

5️⃣ Себеби ол айырым ўақытлары қатарларынан пайын алалмайды, басқа адамлар соннан пайдаланыўы мүмкин. Не ушын пайын алалмайды?
Себеби өзи ушын турып бере алмайды – мине сизиң балаға бақырғаныңыздың негизги себеби (бирақ оны қоллап-қуўатлаўыңыз кереклигин түсинсеңиз де).

**❓Баланы өзи ушын турып бере алыўға үйретиўде сизиң бақырғаныңыз жәрдем береме?** Бул қайта жағдайды қыйынластырыўы мүмкин.

☝️Соның ушын балаңызға бақырыўдан яки басқа шара көриўден алдын усы техниканы қолланып көриң, бәлким шара қолланыўыңыздың себеби ҳәм оның шешими негизи басқа жақта шығар.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
*?*** @bala_psixologiyasi

7 months, 2 weeks ago

*?Данышпан Эзоптың нәсиятлары*

Улым Гелий, гәпимди жақсылап қулағыңа қуйып ал, сен бурын да әйне мениң нәсиятларымды еситип тәрбия тапқан едиң, бирақ жақсылықты билмедиң - маған көрмедиклик еттиң. Солай болса да, және бир мәрте еситип, оларды кеўлиңде тап саған исенип тапсырылған бийбаҳа ғәзийнедей сақла.

▫️Биринши нәўбетте қудайларды шын кеўилден кәдирле. Оннан кейин патшаға ҳүрмет-иззет көрсет, шах ҳүкими - қуда ҳүкими демек.

▫️Устазыңды өз ата-анаң менен бирдей хүрмет ет: ата-ананы саған тәбият инам еткен, устазың болса, сени шын кеўилден жақсы көреди, буның ушын сен оннан еки есе көбирек миннетдар болыўың лазым.

▫️Күндеги жеп-ишер аўқатың дәмли хәм жетерли болсын, себеби ертенги исиңди атқарыў ушын сен сай, және қуўатлы болыўың керек.

▫️Шах сарайында болғаныңда ҳәмме еситкен гәплериңди ишиңе жутып жоқ қыл, сонда ғана жаныңды мезгилсиз өлимнен сақлап қаласаң.

▫️Ҳаялында басқа еркеклерге хәўеслик оянбаўы ушын, сен оның менен бәрқулла хош мәмиледе бол: ҳаял заты жеңилтек болады, хошамет пенен оны натуўры жолдан қайтарыў мүмкин.

▫️Шарап ишкен ўақтыңда билимли екенлигинди жаныңдағыларға паш етпе, мақтаншақлығың үлпетлериңе жақпайды, олар үстиңнен күлиўи мүмкин, тилиңди тисле, тилинди тыйып жүр.

▫️Егер бирер адамға бахыт күлип бақса, оны қызғанба, керисинше бирге қуўан, сонда оның бахты сениң де бахтың болады, кызғанған адам тек өзине жаманлық етеди.

▫️Қулларыңа ғамхор бол, өз байлығыңнан оларға садақа берип тур, олар өз хожасына ғәрезли болып қалмай, сени өз қоллаўшысы деп ҳүрмет етсин!

▫️Өзиңди сыпайы тут. Жасың үлкейген болса да илим алыўдан уялма! Ҳеш илим алмағаннан кеш илим алған абзал.

▫️Ҳеш қашан ҳаялыңа жарылма, бир де сырыңды оған айтпа, ерли-зайып турмысында ҳаял сениң қарсыласың, ол ҳәмийше қуралланған ҳәм ҳәмийше сени өзине ғәрезли етиў нийетинде болады.

▫️Өзиңде барыңды жумса, бүгиннен аўысқан нәрсеңди ертеңги күниңе сақла, яр-дослардың алдына барып тиленшилик еткеннен, артықша байлықты душпанға алдырған абзал.

▫️Исиң түскен адам менен хош пейилли бол, оны иззет-ҳүрмет ет, тап ийт те еркелеткенди көрип, қуйрығын былғаңлатады, таяқты көрип қаппақшы болады.

▫️Бай болыўға емес, ақыллы болыўға ҳәрекет ет, байлықтан жүдә болыў мүмкин, бирақ ақыл бәрқулла өзиң менен бирге қалады.

▫️Бахтың ашылғанда өкпе-гийнени умыт та, душпанларың менен хошпейилли бол, әне сонда сол ғәнимлериң, усындай әлпайым адамның жанын аўыртыппыз деп пушайман болады.

▫️Егер биреўге жақсылық етпекши болсаң, созба, тезирек ҳәрекет ет, себеби тәғдир өзгермели.

▫️Ғыйбаткеш ҳәм өсекши адамды, ҳәмийше өз ағаң болса да, дәрхал өзиңнен ары куў, ол жақсы мақсетте емес, бәлким сениң сөзлериң ҳәм қылған ислериңди бийганаларға жеткериў ушын өсек айтады.

▫️Пулың көп болса – сүйинбе, аз болса – күйинбе.

Дерек: Ж. Өтениязов. Таңлаўлы шығармалары (2-китап). 346-348-бетлер. Нөкис, 2024-ж.

П/С: Бул әййемги Фракияда жасаған данышпан Эзоптың өзиниң улына айтқан нәсиятлары. Көпшилиги ҳәзирги күнде де әҳмийетли екенлиги менен ҳайран қалдырады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
*?*** @bala_psixologiyasi

8 months ago

☹️ Өкпелегиш бала менен қандай қатнаста болыў керек?
Айырым бақша жасындағы балалар олардың кемшилигин айтқанды жаман қабыл етеди, ал олардың үстинен ҳәзиллесип күлген олардың кеўлине тийеди. Негизинде булардың барлығы норма.

Сиз сондай ўақытлары олар қәтелессе ямаса қолайсыз жағдайға түскенинде сиз күлсеңиз, ол дәрриў исинип, өзин шетке алып қашады яки бултыйып отырып алады. Бул баланың тәбийий өкпешилиги.

Бундай жағдай баланың 2-5-жасларындағы гиперсезимталлығы себепли келип шығады. Бул дәўирде баланың шахсы қәлиплеседи, яғный ол инсан ретинде санасы толық қәлиплесип болады.

Психологлардың пикиринше, балалар күлкили ҳәм қолайсыз көриниўден қорқады екен. Ҳәттеки жасы үлкенлердиң күлкиси баланың ҳәрекетлери менен байланыслы болмаса да, олар баланың үстинен күлди деп ойлайды.

Және мектепке шекемги жастағы балалар ҳәзилди дурыс баҳалай алмайды, бул қәбилет оларда шама менен 7-8 жасларында қәлиплеседи.

Сонлықтан, баланы қапа етпеў ушын баланың қолайсыз ҳәрекетиниң (мысалы, көрсетип мақтанбақшы болғанда ҳәрекети уқсамай қалғанда) үстинен күлмең, егер күлип қойған жағдайда да дәрриў оған оның үстинен күлмегениңизди айтып түсиндириң.

Әлбетте оны қушақлап оның ҳәрекети сизде унамлы тәсир қалдырғанын айтың.

Бундай жағдайларда баланың қапа болыўы негизинде оның қорқынышын билдиреди. Ол көрсетпекши болған ҳәрекетти еплей алмағанынан, «тамашагөйлер»де унамлы көз қарасты пайда ете алмағанынан қорқады.

Не ислеў керек?

Әдетте өкпешилик өз өзинен өтип кетеди. Бала мектеп жасына келгенде онда әтираптағы ўақыяларды дурыс қабыл етиў қәбилети қәлиплесип баслайды.

Жаслаў балалар дүньяны эмоциялары менен үйренеди. Ал үлкенирек балалар болса, ўақыяға яки жағдайға дурыс баҳа бериўде эмоция менен бирге ақылды да ислетеди. Яғный, олар қайерде ҳәзил болғанын ҳәм бирге күлиўге болатуғынын, ал қайерде итибар бермеўге де болатуғын жағдай екенин түсинип баслайды.

Ата-ананың бул процессте роли жүдә әҳмийетли, олар ҳәр дайым балаға жағдайды дурыс баҳалаўда жәрдем берип барыўы керек.

Ең баслысыбалаға ол қандай болса, солай жақсы көриўиңизди ҳәр дайым көрсетип турың.

Соның менен бирге ҳәдден зыят мақтап яки еркелетип жибериўден де өзиңизди тыйың, себеби ол кейининде жаман қәсийетке – ҳәр дайым мақтаўды талап етип турыўына алып келиўи мүмкин. Ондай балалар келешекте әйтеўир ҳәрекети де баҳаланбағанына түскинликке түсип қалыўы мүмкин.

Бундай жағдай болмаўы ушын баланы өзине сыртанан қараўға үйретиң. Оны жақсы сүўрет салғаны ямаса жақсы ислерди ислегени ушын мақтаң, сондай-ақ, қәтелерин де айтып турың.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
*?*** @bala_psixologiyasi

8 months ago

Бир рет сүйиуим перзентимди өзгертти *Балам ҳуқықтаныўшылық факультетинде талаба еди. Бизлер бир-биримиз бенен оғада көп тартысатуғын едик. Бир күним де оны кейиўден, ол менен гәп таластырыўдан бос өтпейтуғын еди. Ақырында баламды көргенимде жек көретуғындай болып қалдым. Оның да маған минези кеминде сондай болмаса, оннан беттер еди. Балам менен арамызда суўықшылыққа себеп болып атырған нәрсе ол сабақларына итибарсызлығы еди.

Бир күни түнде бөлмесиниң есигиниң қасынан өтип атырғанымда қыя ашық есигинен балама көзим түсти. Ол үсти ашық ҳалында уйқылап атырған екен. Барып көрпесин әсте жаўып изиме қайттым. Бирақ есикке жетип үлгермей және балам тәрепке жүрдим ҳәм оның маңлайынан сүйдим.

Азанда баламның кейпияты оғада жақсы еди. Алдынғы қабақ үйиўи, қопаллықлары жоқ еди. Мениң қасыма келип отырды. Бирге шәй иштик. Соннан кейин балам күннен күнге мениң менен жақсы мәмиле қылатуғын ҳәм сабақларын ўақтында бежеретуғын болды. Минези де жақсы болды. Мен бул жағдайдан таңланып, мүмкин Аллаҳ таала бийшара ҳаялымның дуўаларын ижабат қылған шығар деген жуўмаққа келдим. Лекин бир күни бул өзгеристиң себебин ҳаялымнан еситтим.

Балам анасына айтқан сөзлерин қалай болса солай айтып беремен: "Сол түни әкем бөлмеме кирген гезде уйқыламаған едим. Тек, ол менен сөйлеспеў ушын өзимди уйқылағанға салып жатып қалған едим. Әкем қасыма әсте келип, мени уйқылап атыр деп ойлап әсте көрпемди үстиме жапты. Кейин есикке қарай жүрди. Кетип баратырған аяқ даўыслары мени қәтережам қылды. Себеби сол гезде әкемди көриўди де, ол менен сөйлесиўди де қәлемейтуғын едим. Ол да мени тап солай жаман көреди деп ойлайтуғын едим. Лекин әкем изине қайтып мениң маңлайымнан сүйгени, мениң сезимлеримди пүткиллей өзгертип жиберди. Мен әкем мени улыўма жаман көрмеўин түсиндим. Мен ақмақ солай ойлап жүрген екенмен. Мен сол түнди қәтелеримди аңлап жылап өткердим. Жылайды екенмен, ендиги жағында жақсы тәрепке өзгериўге, әкеме болған мәмилемди гөззал қылыўға қарар қылдым".?Доктор Абдуллаҳ Муҳаммад Абдулмуътидиң "Перзент тәрбиясынан 700 сабақ"* китабынан.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
*?*** @bala_psixologiyasi

We recommend to visit

Телеграм канал журналіста Раміни Есхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva

Last updated 1 week ago

🥧Татар һәм рус телендәге рецептлар
📌файдалы киңәшләр
Реклама (сотрудничество) - @elvira_admin

Отзывы: https://t.me/kirakle_torkem_otzivi

Last updated 1 day, 23 hours ago