Кеңесбай Рахманов

Description
КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ – драматург,
Қарақалпақстан халық шайыры,
Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, жазыўшы.

Бул каналларға ағза болыўды да умытпаң! 👇👇👇

@SHawdirbay_Seyitov @Tolepbergen_Matmuratov
We recommend to visit

"Жүректер Алланы еске алумен тыныштық табады" 13:28

Салауат каналы: @zikirayt
Каналды қолдау:
4400 4302 9763 0615

Last updated 1 month, 1 week ago

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 2 weeks ago

“…Адам ғапыл дүниені дер менікі,
Менікі деп жүргеннің бәрі Онікі…”

Last updated 2 months, 1 week ago

4 weeks ago

АНАМА

Көзиңнен жас емес меҳриң тамды да,
Сен емиздиң отырғызып алдыңа,
Кирпик қақпай атырғанда таңды да,
Мени ким болар екен деп ойладың екен…

Ол гезде қыс болса үргин қар еди,
Урыс айралығы көпте бар еди,
Мени бир көриўге интизар еди,
Ағамды қай күни жоқладың екен.

Қыйсық тораңғыллар үнсиз мүлгисип,
Күтер еди әлеўметтиң күлкисин.
Нәў жаўанлар балдақлыдан үркисип,
Шийден сығаласқан ўақлары екен.

Сен мени көтерип ҳәўиз бойында,
Жыраў тыңлағанда қоңсы тойында,
«Балаң келип қалар гүздиң айында» -
Дегенде сен нелер сақладың екен.

Даўылда суўғарсаң боз жүўерини,
Биразы жығылып, қалады кемип,
Тик қалғаны-жигитлердиң келгени,
Жығылғаннан қалғаны атлары екен.

Жазда мәкан етип «Бойжап» жағасын,
Дөнде әкем ойлар үлкен баласын,
Ал, мен қара күшик пенен жаласып,
Сонда неге дәртсиз ойнадым екен.

Көл беттен шақырса жылқышы қуслар,
Мен қорқып қашаман, қыз апам услар,
Ҳәм түнде тамаша ертегин баслар,
Тыңлай бермей неге уйқладым екен.

Өрмелеп пал жесем сөкит басында,
Жерде пәйик болып шырладың сонда,
Басымды сыйпаған таң шуғласында,
Айдын нур ҳәм сениң қолларың екен.

Шыңқобыз шерткенде уйып бир сәтке,
Тыңлап отырғанман ески ағаш кәтте,
Кеште шықылықлап тынбаса ҳәкке,
Телмиргениң аўыл жоллары екен.

Думаннан көринген естелик қусап,
Балалығым елеслейди алыслап,
Бахтыма сөзлерди сулыў нағышлап,
Анам, сен нелерди айтпадың екен.

Перзенти ержетиў – әрман анаға,
Жигит болыў дәўран екен балаға,
Ақлық сүйиў арадағы бағана,
Ана өмириңиң даўамы екен.

Мен уллы өмирде шарқ урып ушқан,
Пәрўазларға инкар шаршамас қуспан,
Күйдирмей ыссыдан, тоңдырмай қыстан,
Алып өткен анам – пәрманам екен.

Перзентлик парызды өтесем бир гез,
Анам, маған тигип меҳирли сын көз:
– Балам, адам болдың, – десең жалғыз сөз, –
Сол мениң өмирлик әрманым екен.

Кеңесбай Рахманов@Kengesbay_Raxmanov

1 month ago

Бир қопалға

Исиң түссе бир қопалға,
Ақылыңды ҳайран етер.
Аяқ басып зорға – зорға,
Сарайыңда сайран етер.

Аўа десең, наўа дейди,
Қыйқыў шықса нама дейди,
Тозған затты жаңа дейди,
Аза күни байрам етер.

Билмес иске асылады,
Өз айыбын жасырады,
Көтерилип – басылады,
Қылықларын ҳайўан етер.

Қәйтсе де ол күн көрип жүр,
Қопаллығын ким көрип жүр,
Турған затты төңкерип жүр,
Бул дүньяны ўайран етер.

1991-жыл.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov

1 month ago

«Көпти жаманлаған көмиўсиз қалар»,
Деген гәпке бийитибар қарамаң.
Бир достым ҳәр күни тек суўық хабар
Таўып қайтар аўыл менен қаладан.

Билмеймен, түн бойы тоқып шыға ма?
Өзге табанынан тиледи таспа.
Гилең ўарсақыны оқып шыға ма,
Оған жақсы адам жоқ өзинен басқа.

«Көпти жаманлаған көмиўсиз қалар»,
«Өзин-өзи мақтаў – өгизлик болар».

Кеңесбай Рахманов@Kengesbay_Raxmanov

3 months, 2 weeks ago

Шаңы шықпас жалғыз жорғаның,
Сести шықпас жалғыз ғарғаның,
Десе де ҳәзир сол жалғыз адам
Басып қалса жалғыз бармағын,
Ракеталар ушқыр сестен де,
Дүнья айланар астан-кестенге.
Пәдәримиздиң айтқаны ма бул,
Ақырзаман болар дескенде…

Кеңесбай Рахманов
Канал ? @Kengesbay_Raxmanov

3 months, 2 weeks ago

Мен де жер үстине керек шығарман,
Мен де адам санына дерек шығарман.
Ҳәр ақшам жаңадан таңым атқанша,
Басқа адам болып дөреп шығарман.

Арғымақ болмақлық буйырып тайға,
Халқыма тийдирсем тырнақтай пайда,
Мениң де керекли адам болғаным,
Дүньяға ат жаймақ ҳәммеге қайда?...

Кеңесбай Рахманов
Канал ? @Kengesbay_Raxmanov

3 months, 2 weeks ago

Басқа үйде болсам бир күн қонақта,
Өз үйимди сағынаман соншелли.
Жасап атырғанлар өзге елатта,
Өз Ўатанын сүйгенде егер мен шелли,
Кетпес еди ғайры журтқа нан излеп,
Болмас еди ғәрип Ўатан гедайы.
Жеткен ўақта ең соңғы дем, жан үзбек,
Жылатпас па ана – топырақ - қудайы…

Кеңесбай Рахманов
Канал ? @Kengesbay_Raxmanov

6 months, 2 weeks ago

Қудайым-аў, берекетти үй маған,
Шығарып ал батып атқан уймадан.
Астыма бер ағып турған арғымақ,
Үстиме бер алтын сарай үй нәҳән.

Қудайым-аў,аямай бер көктасын,
Гәўҳарға айланып кетсин көк тасым.
Таңлайыма бергил қосық дүньясын,
Маңлайыма бергил аман от басын.

6 months, 3 weeks ago

Ағаларға

Сизлер баратырсыз азайып кем-кем,
Бәлким, биразыңды таппаспан ертең.
Өмир теңизиниң даўылы бәлент,
Сизлер едиңизлер кемемде желқом.

Қар жаўып турғандай саратан жазда,
Кеўлиңизден шыға алмадым базда.
Қурқулақ тыңлаўшы сийрексип қалды,
Сизлер нама едиңиз мен шалған сазға.

Бул асығыс ўақыт кеўлимди дағлар,
Қуўрап, нарт шығарар әрманлы бағлар.
Өмир дәрьясының толқынларында
Сизлер шыра едиңлер силтеген бағдар.

Неге сонша асықтық атқан ҳәр таңға?
Сизлер барда еди арқамыз тамда.
Өмир шөлиндеги дубелей кушли,
Қутқарар едиңиз қалдырмай шаңда.

Жаслық-туйнеги аз, қуры ғаў пәлек,
Сизлер нықырттыңлар атласақ ғәлет.
Өмир майданында көпдур ғалаўыт,
Бизди дузеў ушын болдыңлар ҳәлек.

Дәўир басқа менен қурмақта ойын,
Сизлерди излеймиз талдырып мойын.
Өмир гузарының алды босаған,
Ағалар кетипти-аў тарқатып тойын…

6 months, 3 weeks ago

Х Х Х

Алдымнан аңқырған ешеклер,
Артымнан гүўлеген өсеклер,
Қапталдан зыңғытқан кесеклер,
Мени көп жолымнан қалдырды.

Балалық қаңғырған соқпағым,
Жаслығым өртенген отларым,
Ҳәр күнги жазықсыз тоқпағым,
Мени көп жолымнан қалдырды.

Енди мен асығып нетермен,
Көп жолды көрместен кетермен.

9 months ago

Ѳмир, сен уллысаң...

Ѳмир-теңиз.
Мен қайықпан ондағы.
Қәдемлерим-ескеклерим қолдағы.
Таўдай толқын бәлент-пәске ырғытар,
Буның бәри-гүреслерим жолдағы.

Ѳмир-дала.
Мен ондағы самалман.
Тек, алдыма,
тек, алдыма шабарман.
Шаңлар уйтқып гүзарымды бүркейди,
Мен бәрибир мәнзилимди табарман.

Ѳмир-дәрья.
Мен ондағы ағыспан.
Нәўпир суўлар әрманымдай шабысқан.
Мен ағайын,
аға берсин дәрья да,
Адамларды безиктирмей жағыстан.

Ѳмир-бул мен
Ѳмир-бул мен, досларым,
Ала алмайман мен ѳмирин басқаның.
Мен ѳлсем де қала берер артымда,
Теңиз, далам, жерим, күним, аспаным...

We recommend to visit

"Жүректер Алланы еске алумен тыныштық табады" 13:28

Салауат каналы: @zikirayt
Каналды қолдау:
4400 4302 9763 0615

Last updated 1 month, 1 week ago

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 2 weeks ago

“…Адам ғапыл дүниені дер менікі,
Менікі деп жүргеннің бәрі Онікі…”

Last updated 2 months, 1 week ago