Huqıqıy málimleme QR ️️

Description
Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.

▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin
▪️|Рус тилинде— @pravoinf
▪️|Инглиз тилинде — @leginf
▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
We recommend to visit

#BAIZ

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Last updated 6 months, 2 weeks ago


☘️Her şey sıfırdan başladı🌱

Last updated 1 year, 3 months ago

1 month, 1 week ago
1 month, 1 week ago
1 month, 1 week ago
3 months, 1 week ago
3 months, 1 week ago

#нызамшылықтағы_жаңалықлар

"Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (836-санлы, 13.12.2024-ж.) қабыл етилди

Каналға жалғаныў???
@huqiqiymalimleme

3 months, 1 week ago
6 months, 1 week ago

⚡️Миллий айдаўшылық гүўалығын Мəмлекетик хызметлер орайларында ҳəм де аралықтан турып онлайн рəсмийлестириў имканияты бар

Тийисли имтиханлардан өтип айдаўшылық гүўалығын алыў ушын тиккелей ўәкиликли мәкеме ИИББ ЖҲҚБ бөлимлерине мүрәжат етиў керек

Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 4-майдағы 271-санлы қарарына тийкарланып, ИИББ ЖҲҚБ бөлимлери арқалы емес, Бирден-бир интерактив мəмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы онлайн арза бериў ямаса тийисли Мəмлекетлик хызметлер орайларына мүрәжат етиў арқалы жаңа үлгидеги гүўалық алыў имканияты жаратылған.

?Имтиханлардан табыслы өткен талабанлар тəрепинен айдаўшылық гүўалығына уйден турып, БИМХП (my.gov.uz) арқалы арза берилгенде Почта арқалы жеткерип бериў хызметин де таңлаўы мүмкин!

?Бунда БЕМның 70 пайызы муғдарында жыйым ҳəм де почта хызмети ушын (жеткерип бериў таңланғанда) төлем əмелге асырылады.

?Почта хызмети тəрепинен таңланған мəнзил бойынша гүўалық жеткериледи ҳəм хызметкер тəрепинен арза бериўшиден тийисли ҳүжжетлер алып қалынады.

Жеткериў имканиятынан пайдаланылмаған жағдайда арза жиберилген Мəмлекетлик хызметлер орайына келип гүўалықты алыў мүмкин.

Бүгинги күнде жаңа үлгидеги айдаўшылық гүўалығын Нөкис қаласы Мəмлекетлик хызметлер орайынан алыўыңыз мүмкин.

Каналға жалғаныў ???
@huqiqiymalimleme

6 months, 2 weeks ago

#XАБАРЛАНДЫРЫЎ

?Әдиллик министрлиги тәрепинен халқымыз арасында ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириўге ҳәм де нызамлылықты беккемлеўге қаратылған, сондай-ақ мәдений-ағартыўшылық саласына байланыслы “Әдиллик сейили” атамасындағы ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилмекте

☑️Шөлкемлестирилип атырған “Әдиллик сейили” не сизди мират етемиз!

?Илажда пуқараларға барлық тараўлар бойынша бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар, судлар, ҳуқықты қорғаў уйымлары, авдокатлар, нотариуслар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер қатнасады.

❗️СЕЙИЛ ДАЎАМЫНДА:

?саўғалы викториналар;
?спорт жарыслары;
?мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы;
?майыплығы болған шахслар тәрепинен таярланған өнимлердиң ярмаркасы;
?“Көшпели қабыллаўлар";
?мийнет ярмаркасы;
? медициналық көрик;
?әскерий шығыўлар;
?психолог мәсләҳәти ҳәм басқа бир қатар илажлар өткериледи.

?Мәнзил: Нөкис қаласы, “Моно орай" имараты

?Әдиллик министрлиги бәршени усы илажда белсене қатнасыўға шақырып қалады.

✔️Сейил бойынша мағлыўматлар министрликтиң социаллық тармақларында жәриялап барылады.

Илаждың басланыў ўақты: 2024-жыл 18-сентябрь, саат: 10:00 де

Каналға жалғаныў ???
@huqiqiymalimleme

We recommend to visit

#BAIZ

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Last updated 6 months, 2 weeks ago


☘️Her şey sıfırdan başladı🌱

Last updated 1 year, 3 months ago