Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 2 days, 18 hours ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙
📲Связь: @travelmanager
Last updated 1 week, 1 day ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 2 weeks, 5 days ago
“Тиришилик пе, қызығыўшылық па?”
Қарақалпақстан радиоканалының “Күнниң темасы” еситтириўинде
Еситтириў редакторы: Қундыз Жумағалиева
Баслаўшы: Инкар Примбетова
Сес режиссёры: Гүлқумар Хожаниязова
Эфир ўақты: 29.10.2024. 11:35-11:45
Мениң анам да аўыл ҳаялы...
Қарақалпақстан радиоканалының арнаўлы бағдарламасы
16.10.2024
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Устазлар, заманлас қәлемлеслер!
Бәриңизди бүгинги кәсиплик байрамыңыз бенен шын-жүректен қутлықлайман!
Журналистика мениң нәзеримде қызығыўшылықтан, тәсирден, улыўма халықтың дәртин иш-ишиңнен өткериўден басланады. Бул тәсирлер болса, тек ғана кеўили таза, пидайы, туўры сөзли және батыл, сондай-ақ, Ана-Ўатанын жандай сүйиўши Сиздей жанкүйерлерге тән болады.
Тилегим, усы тәсирлер менен жоқары инсаныйлық сезимлер, халқымызға ҳәм өзиңизге жоқары заўық бағышлайтуғын илҳам-йошлар бәрҳама жолдасыңыз болсын!
Бүгинги байрам мүнәсибети менен ҳәр бириңизге ҳәм шаңарақ ағзаларыңызға беккем денсаўлық, ығбал-бахыт ҳәм алдағы дөретиўшилик жумысларыңызда мол табыслар тилеймен!
Ҳүрмет пенен, @charjau_elmuratov
Жумыстың болғаны жақсы
(Бир жасүлкенниң жумысынан налыған жигитке айтқаны)
Биреў қарамасын десең тиксинип,
Таңда үйден шығыў ушын сүйсинип,
Қазыққа байланған аттай тепсинип,
Отырмаға жумыстың болғаны жақсы.
Бизнес ислеў келмегенде қолыңнан,
Ақша табалмасаң оңлы-солыңнан,
Күнде барып-келип таныс жолыңнан,
Ислеўге жумыстың болғаны жақсы.
Баслық азан менен қабақ үйсе де,
Мушын түйип, зейиниңе тийсе де,
Тап тек саған тонын терис кийсе де,
Сонда да жумыстың болғаны жақсы.
Айлық деген мәзи бир атым насыбай,
Жутап турғаныңда ҳәз берер пай-пай,
Өмир кеширесең биреўден аспай,
Сонда да жумыстың болғаны жақсы.
Бир ағыста ағып өтер турмысың,
Кәсиплесиң болып қалар туўысың,
Мейли гейде күлип, гейде урысың,
Сонда да жумыстың болғаны жақсы.
Сүйек таслағандай байлаўлы ийтке,
Айлық жетпей турсадағы кредитке,
Ҳасла ашыўланып, сен босап кетпе,
Бәрибир жумыстың болғаны жақсы.
Жумыссыздың абыройы да болмайды,
Жора-жолдас сәлемин де алмайды,
Жумысың болса, жүгиң жерде қалмайды,
Ислейбер, жумыстың болғаны жақсы.
Жумысым аўыр деп ҳасла налыма,
Ислейбер, қуўанып қолда барына,
Нәзер таслап жумыссызлар ҳалына,
Шүкир ет, жумыстың болғаны жақсы.
Кеңес бердим, кеўилиме батқаннан,
Үйиңде қәдирсиз, бос қол жатқаннан,
Татлы болар мийнет пенен тапқан нан,
Бәнт етер жумыстың болғаны жақсы.
Байрам Айтмуратов
Канал: @charjau_elmuratov
Канал: @charjau_elmuratov
**Анамды еслеп ямаса "Бала шейит" ҳәм "Үбби хожа" қойымшылығы ҳаққында еки аўыз сөз
Қарақалпақстан радио каналының 09.05.2024-жылдағы "Дөретиўшилик сәўбет " еситтириўинен**
Еситтириў редакторы: Г.Нурбекова
Режиссёр: А.Реймов
Сес режиссёры: Н.Қәлендерова
Баслаўшы: Г.Дәўлетназарова
Канал: @charjau_elmuratov
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 2 days, 18 hours ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙
📲Связь: @travelmanager
Last updated 1 week, 1 day ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 2 weeks, 5 days ago