Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

Қаракеңше маржан сөзлер

Description
Бул каналда Турғанбай Қарлыбаевтың ҳәўескерлик қызығыўшылығы менен жазылған қосықлары менен таныссаңыз болады
Advertising
We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

"Жүректер Алланы еске алумен тыныштық табады" 13:28

Инстаграм: eskertushii_
Ұсыныс/жарнама: @eskrtshi
Салауат каналы: @zikirayt
Каналды қолдау:
4400 4302 9763 0615

Last updated 13 hours ago

Құран арқылы Әлемді таны🤍

1 week, 4 days ago
ЫШҚЫ ИЙЕСИНЕ

ЫШҚЫ ИЙЕСИНЕ
автор Т.Қарлыбаев
16.08.2020жыл

Жүз нурларың баратқандай артылып,
Мыйық тартсаң нәзик қалың тартылып,
Көз қарасың бар ышқымды өртейди,
Жибережақ кең дүньяны тар қылып.

Көриппенбе?, хожалықтың шеберин,
Қатты урып, жүрегимниң теберин,
Қумсап сени шөлистанға айландым,
Билгеним жоқ ышқый көлдиң кеберин.

Аппақ денең бар жоғымды қоздырып,
Сабыр сынап, ўақыт саатын создырып,
Толқынланып, пегас киби ушажақ,
Не бир жүйрик-тулпарлардан оздырып.

Көзди жумсам, тек өзиңди қумсайман,
Ой бузылып шайтанларды жумсайман,
Дүньядағы еки миллиард жигиттен,
Сен арыўға тек бир өзим дым сайман.

Кеўил нурын барлығынша шашқайсаң,
Бейиш болған қушағынды ашқайсаң,
Ең ширели мухаббаттың шарабын,
Инам етип, ышқый шөлди басқайсаң.

2 weeks, 4 days ago
3 weeks, 1 day ago

Как-то отец обратился к дочери: «Ты закончила обучение с отличием, вот тебе машина, которую я приобрел много лет назад. Она не нова. Но перед тем, как я тебе ее отдам, отвези ее в место, где продают подержанные машины и скажи, что ты хочешь ее продать, чтобы понять сколько они тебе предложат за нее».

Дочь поехала туда, вернулась к отцу и сказала: «Они предложили мне 1000$ за нее, поскольку она не в лучшем состоянии». «Попробуй в ломбард», предложил отец. Там предложили 100$ из-за того, что она была слишком старой. Тогда отец попросил дочь отвести ее в автоклуб и показать там.

Она так и сделала, вернувшись говорит папе: «Некоторые люди в автоклубе предложили $100,000 за нее, ведь это был Nissan Skyline R34, культовая модель, которую много, кто искал.

На что, папа ответил: «В правильном месте тебя ценят определенным образом, если тебя не ценят — не злись. Это значит, что ты не в том месте. Ценят тебя те, кто знают твою цену. Никогда не оставайся в том месте, где никто не замечает твоей ценности».

3 weeks, 3 days ago
3 weeks, 3 days ago
[#DÍQQAT](?q=%23D%C3%8DQQAT) ***⚡️******🚀******🚀***

#DÍQQAT ⚡️🚀🚀

🔊Jas jetekshiler ushın Qaraqalpaqstanda birinshi márte "SilkSavants Jaslar Liderlik Sammiti" bolıp ótedi.

♦️Bul Liderlik Sammitinde 8-9-10-klass oqıwshıları qatnasıw múmkinshiligine iye hám olar jeterlishe inglis tilin biliwleri kerek boladı. Sammit tolıǵı menen inglis tilinde alıp barıladı.

Jaslar jetekshiligi sammiti (JJS) oqıwshılarǵa mashqalalardı nátiyjeli sheshiw strategiyaların, jetekshilik qábiletler hám xalıqaralıq múnásibetlerge baylanıslı túsiniklerdi inam etedi.
Sonday-aq, ilaj sheńberinde Xalıqaralıq ekspert oqıtıwshılar hám jergilikli liderler qatnasıwında ótkerilgen seminarlarda qatnasıw, eń belsendi oqıwshılar menen birgelikte islesiw imkaniyatına iye boladı.

📌Qatnasıw tilegin bildirgen talaban oqıwshılar tómendegi silteme arqalı 25-aprel sánesine shekem dizimnen ótiwi kerek. Orınlar sanı sheklengen.
https://forms.gle/aHX2P9xsCgwKF14q9
@Prezidentmektebi

3 weeks, 4 days ago
Шүкир еттим.

Шүкир еттим.
автор. Т.Қарлыбаев.
10.06.2003 жыл

Аппағымсаң, сулыўымсаң өзимниң,
Мийрымланған нурларысаң көзимниң,
Мəнисине түсинсең сен сөзимниң,
Шүкир еттим, сени маған дус қылды.

Саған зақым келсе жаным қыйналар,
Сезим менен жүрегимде сыйланар,
Ышқым менен туйғыларым жыйналар,
Шүкир еттим, сени маған дус қылды.

Бул дүньяда барлығыңа қуўандым,
Арасында көргениме жубандым,
Тәңиримнен саўлығынды сорандым,
Шүкир еттим, сени маған дус қылды.

Таңирим мени жақсы көрсин дедиме,
Сен сулыўға шайда болсын дедиме,
Ышқы отында күйип өлсин дедиме,
Шүкир еттим, сени маған дус қылды.

Ҳәрре болып паллы гүлди таңладым,
Мухаббатың тек қаймағын жаладым,
Сумлық пенен жан жағыма қарадым,
Шүкир еттим, сени маған дус қылды.

4 weeks, 1 day ago

Ҳеш кимге бермейди
Автор Т.Қарлыбаев
16.04.2024 жыл

Тыңласаң қаракең мөминин,
Айтпайды қыйнаған өмирин,
Жаққан ол тәғдирдиң көмирин,
Ҳеш кимге бергиси келмейди.

Жаслықтан көрилген азабы,
Наҳақтан алынған жазаны,
Жағады, өзине мазалы,
Сол ушын ҳеш кимге бермейди.

Тырысып оңлады бузықты,
Атлады шекленген сызықты,
Бул пәний оған дым қызықлы,
Бирақ та шайтанға ермейди.

Көргенсоң қурылған дузақты,
Жалғаннан ашылған қушақты,
Арқадан урылған пышақты,
Билдирмей, сездирмей ерлейди.

Душпанның исинен шалынып,
Отқа да, дузға да салынып,
Жүрмейди жар салып, налынып,
Тек ғана азырақ терлейди.

Ойламай жаманлық ислерин,
Жығыўға арналған күшлерин,
Өш ушын қайрамай тислерин,
Умытып ол бәрин жерлейди.

Жарығы қараңғы тус алып,
Урғанға жуўырмас муш алып,
Сүрниккен ҳәр истен күш алып,
Тәжирийбе арқалы өрлейди.

Қәддине қайсарлық салынған,
Полаттай шынықты жалыннан,
Тиктирди саўытты қалыңнан,
Соққыдан зақымды көрмейди.

Өзгерип ой-өрис, илимлер,
Сынақтан алынды билимлер,
Артына ол қарап күлимлер,
Писти ол көз жаслар термейди,
Буны да ҳеш кимге бермейди.

1 month ago
1 month ago
Қаракеңше маржан сөзлер
1 month, 1 week ago
Қаракеңше маржан сөзлер
We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

"Жүректер Алланы еске алумен тыныштық табады" 13:28

Инстаграм: eskertushii_
Ұсыныс/жарнама: @eskrtshi
Салауат каналы: @zikirayt
Каналды қолдау:
4400 4302 9763 0615

Last updated 13 hours ago

Құран арқылы Әлемді таны🤍