Қаракесек фан канал ; )
Админ: @KZmenenger
Құран арқылы Әлемді таны?
Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.
Депутатларға
( конституциямыздың, 70,71,72,74,75 - бөлимлерине өзгерис киргизиў ушын усынысқа қол қойғанның бәрине)
Автор Т.Қарлыбаев
05.08.2022 жыл.
Эй депутат Қаракеңниң сатқыны,
Көргеним жоқ сиздей арсыз баққыны,
Суверенлик статусыма тийдиңиз,
Қара бултқа қаплап айқын жақтыны.
Өз халқыңның төбесинен ойдыңыз,
Өтпес пышақ пенен арттан сойдыңыз,
Бетиңизден бир булшық ет қозғалмай,
Қалайынша?!!! Қол таңбаны қойдыңыз.
Эй намыссыз усынысты усынған,
Қандай шайтан өтип еди тусыңнан?
Еки миллет арасына от салып,
Бирлигимди неге буздың?! Мусылман!!!
Халық ғарғысы жүрегиңди силкисин,
Ҳәмме көрди мәккар адам түлкисин,
Жалпылдақлық етемен деп ҳәдден тыс,
Келтирдиңиз Президенттиң күлкисин.
Дурыс, Президент көп нәрселер иследи,
Гүллендирип, бар мийнетин күшледи,
Ал булар не?! Үмитлерди пуш қылып,
Тойынған ийттей өз ийесин тиследи.
Ойын қылып, жанға бизди тықтыңыз,
Аяқтан шалып, тап арқадан жықтыңыз,
Тек сөз бенен "кешириң" деп жортаға,
Келгени ме? Суўдан қурғақ шыққыңыз.
"Айыплымыз" деп және де қуўасыз,
Бул ис пенен нәпесимди буўасыз,
Енди айтың, қалайынша ҳәм қәйтип?!
Қыршын кеткен жаслар қанын жуўасыз.
Халық алдында енди бетиңиз жыртық,
Қәлб тилинди, қалдырып мәңги тыртық,
Тыныш жүриң тап пидайы жуўырмай,
Ҳақты айттым, бирақ айтпадым "қыртып".
Ис ислемең, дәртке-дәртти қосқандай,
Жас әўладтың келешегин тосқандай,
Анық қолдан ҳеш зат ислеў келмесе,
Инсанлар бар орыныңды басқандай.
Қопал айттым, жақсылап бир ойлаңыз,
Кеште шығып канал бойын бойлаңыз,
Егер ҳүждан қалған болса аз ғана,
Кандидат боп енди атты қоймаңыз.
Азиз халқым енди көзди байламаң,
Буннан былай жаман нәрсе ойламаң,
Әпиў етип, кеширим бер бирақта,
Ендигиде бундайларды сайламаң.
Көкирек адам ҳеш те басын буқпайды,
Бүлкилдеген май ылайда ықпайды,
Депутатты әпиўайыдан сайлаңыз,
Ҳәмелдардан жақсы депутат шықпайды.
P.S. Хабарыңыз бар 2024 жылы октябрь айында депутатлар сайлаўы болады. Халқым Сизлерден өтинишим сайлаўға белсенди қатнасып, ушрасыўлардың бәрине барып, илажы болғанша депутатлыққа талабанлар ишинен пидайы ислейтуғынын таңлап алыўға, Президентимизге, мәмлекетимизге өз жәрдемимизди берейик. 2022 жылғы ўақыяларға себепши болған, усыныс берип қол қойған депутатлар, бети қалың болып такрар талабан болған болса оларды сайламайық. Президентимизге пидайы, халқы ушын жанын аямай ислейтуғын депутатларды сайлаўға жәрдем берейик. РАХМЕТ.
Ҳурметли, Ўатанласлар , Заманласлар,
4 тилде шығып турған ""Қарақалпақ әдебияты""газетасының айма ай шығып турыўы ушын ҳаммемиз ат салысайық.
Еситиўимше жазылыў жоқтың қасында болғанлықтан, газетаның ендиги санларының шығыўы гуман болып турған екен.
Бийпарўа, нем кетипти дегендей газетаға жазылмай отыра берсек руўхый байлығымыздың бир сағасы болып турған ""Қаракалпақ әдебияты""
газетасының да "" Арал қызлары""журналындай болып жабылып қалыў итималы болып тур.
Газета журналдың жабылыўы демде, ал ашылыўы дым қыйын.
Келешек аўлад бизлерге өкпелемей ме?!
Қолымыздағы барымыздан айырылып қала берип соншама мәнгүртпиз бе?!
Қанекей, зыялы қаўим ҳәммемиз өз газетамыз ""Қарақалпақ әдебияты"" газетамызға
""Әмиўдарья"" журналымызға, ""Еркин Қаракалпақстан ""
""Қарақалпақстан жаслары""
газетасына жапатармағай бугиннен баслап жазылайық!!!
Ҳаммесиниң басына суў куйып отыра бермей.
Ҳәзирше соңғы 2 айға жазылып,""Қарақалпақ әдебияты""
газетамызды сақлап калайық.
2 айға жазылыў баҳасы 56 мың сом әтирапы болады почта арқалы жазылсаңызлар.
Жазылыўшылардың саны ҳәзирше 500 данадан кем болмаўы керек.
Сонда ғана газета қәрежетлери есапқа туўра келеди.
Кейин декабрьден баслап таза цена шығады кулласы газетаның толық бир жыллык баҳа 300 мыңга жетер жетпестиң әтирапында.
Ҳәммемиз 1 жылға ең кеминде 1000 данаға жазылсақ газета жабылмай сақланып қалады.
Ҳәр бир мектеп республикадағы 1 данадан жазылғанда да 730 дай подписка болған болар еди.
Филологлар, журналистлер, студент жаслар, окытыўшылар, барлық зиялы қаўим газетаны саклап қалыўға ат салысайық.
97 787 99 24 Анжим ""Қаракалпақ әдебияты"" газетаның бухалтери сөйлесип
ойласып жазылсаңыз болады.
Егер Редакцияға өзине барып жазылсаңызлар 3 айға жазылсаңызлар 3 айға редакция менен шартнама дузсеңиз 64 мың болады.
Шайыра Гулистан Даўлетова.
Ҳурметли, Ўатанласлар , Заманласлар, 4 тилде шығып турған ""Қарақалпақ әдебияты""газетасының айма ай шығып турыўы ушын ҳаммемиз ат салысайық. Еситиўимше газетаға жазылыў дым төмен болғаннан соң газетаның ендигиден былай шықпай қалыў қаўпи бар деп еситип…
Ҳурметли, Ўатанласлар , Заманласлар,
4 тилде шығып турған ""Қарақалпақ әдебияты""газетасының айма ай шығып турыўы ушын ҳаммемиз ат салысайық.
Еситиўимше газетаға жазылыў дым төмен болғаннан соң газетаның ендигиден былай шықпай қалыў қаўпи бар деп еситип қапа болып отырман.
Бийпарўа, нем кетипти дегендей газетаға жазылмай отыра берсек руўхый байлығымыздың бир сағасы болып турған ""Қаракалпақ әдебияты""
газетасының да "" Арал қызлары""журналындай болып жабылып қалыў итималы болып тур.
""Қаракалпак әдебияты""усы жылдың аяғына шекем
Газетаға жазылыў
Почта аркалы жазылса 79 мың усы жылдың аяғын шекем.
газета менен шарнамама дузип
Редакцияға барып жазылса 64 мың екен.
Қолымыздағы барымыздан айырылып қала берип соншама мәнгүртпиз бе?!
Қанекей зыялы қаўим ҳамме өз газетамыз ""Қарақалпақ әдебияты"" газетамызға
Әмиўдарья журналымызға, ""Еркин Каракалпақстан "" газетасына, ""Қарақалпақстан жаслары"" газеталарына
жапатармағай бугиннен баслап жазылайық!!!
Ҳаммесиниң басына суў куйып отыра бермей.
Руўхый ғазийнелеримиздиң сағасы болған
Газета, журналларымызды сақлап қалайық ,халайық!
Шайыра Гулистан Даўлетова.
АЙЫРМА
автор. Т. Қарлыбаев
19 февраль. 2020ж.
Кесел бийлеп, жанды қыйнап кемирсе,
Азық бермей паразитлер семирсе,
Төсеклетип аўыр сынаў берилсе,
Тәңирим мени сабырлықтан айырма.
Ҳақтан жанып, наҳақлықлар асқанда,
Ғәзеп минип, қаным қайнап тасқанда,
Ашыў менен ойды шайтан басқанда,
Тәңирим мени басықлықтан айырма.
Дүнья артып, көзиме май питкенде,
Қолды созсам көк аспанға жеткенде,
Ҳәмел алып, халық үмит күткенде,
Тәңирим мени ийманымнан айырма.
Мухаббаттың мазасына берилсем,
Қанат жайып, еркинликте керилсем,
Шадлық пенен қуўанышқа көмилсем,
Тәңирим мени шүкирликтен айырма.
Сәл сүрнигип басыма ис түскенде,
Уйқы қашып көзлер асты искенде,
Қалта сайыз, жағдай шорлап пискенде,
Қолды созар досларымнан айырма.
Көмеклесип шадлық берсем жүзлерге,
Мийнет пенен қалсам мақтаў сөзлерге,
Алғыс алып, түссем көплеў көзлерге,
Көз тил менен қанатымды қайырма,
Қалтамдағы дуз тумардан айырма.
Азаплы сезим.
автор Т.Қарлыбаев
16.04.2019
Қыз-жигитке дослық нəзик мəселе,
От жүреклер түсиниўге жас еле,
Бул түсиник үлкен жүкти жүклейди,
Жыллар бойы егелетуғын тас еле.
Дослықтыңда өз алдына салты бар,
Сүйген көзди шеклейтуғын шəрти бар,
Ышқы сөзин айталмаған ашықтың,
Илажсыздан дос болғандай дəрти бар.
Сүйгениңди жасырасаң дос болып,
Ушрасыўға шығалмайсаң қос болып,
Оның дəртли сезимлерин бөлисип,
Билдирмеўге умтыласаң тас болып.
Сезимиңди төгип салсаң болмай ма?
Сонда жүрек қуўанышқа толмай ма?
Бирақ егер ол сүймесе жойтасаң,
Жойтпаў ушын тек дослықты ойлай ма?
GM UZAUTO motors заводына
автор Т.Қарлыбаев
30.11.2021 жыл
Кореядан келип салып сағаңды,
Америка жаңалады жағаңды,
Тас қақпасын дедик сениң тағаңды,
Үмитлерди пуш қылдырған заводсаң.
Бийттиң терисинен машының кийген,
Қыйсайып, ойылар сәл жери тийген,
Бамперди қопарып ийт қағып, күйген,
Таксистлерден нәлет алған заводсаң.
Аспанларға шығарып сен баҳаңды,
Күлкиге салдырдың пүткил жәҳәнди,
Күннен күнге түсиресең сапаңды,
Конкурентсиз дәўран сүрген заводсаң.
Алдыннан пул төлеп халық пақыры,
Шашларын тик турып, кәл бас-тақыры,
Алты ай өткерип келсе ақыры,
Қуўандырып, той тойлатқан заводсаң.
Көшербаев күйди, еңбегин етип,
Даўа арзалары судларға жетип,
Ең изинде мийнетлер заяға кетип,
Судта да арқайын жеңген заводсаң.
Билмедим қорғайсаң кимлердиң мәпин,
Кимлерге қәтере айтылған гәпиң,
Ийман берип, қайтар баҳаның пәтин,
Десе кайта көтерген тирсек заводсаң.
Шет еллерде бәсекеде қағылып,
Бизикин ал деп жүр немис жалынып,
Өнимлериң қур далада қалынып,
Пәс баҳада өткермеген заводсаң.
Ҳәр ким жыйнар үнимлеп, салып қасыққа,
Айт сен өз халқыңның аўзы сасықпа?
Сениң де дәўраның қурыр асықпа,
Ўақытша шарлаған бийғам заводсаң.
Ҳәзирше қалтаңды толтыр шәррийип,
Күшим толы, ҳүкимлигим бар дейип,
Өзбектиң машынын мақтап-мардыйып,
Минип жүрер күнди көрер заводсаң.
Қаракесек фан канал ; )
Админ: @KZmenenger
Құран арқылы Әлемді таны?
Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.