Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 1 month ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!?
#travelslocation ?
?Связь: @travelmanager
Last updated 1 month, 1 week ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 1 month, 3 weeks ago
Гей биреўди ҳайўаннан,
Айыралмай ҳайранман,
Заман — теңиз шайпалған,
Илик турсын үйлериң.
Айтып тилде қудайды,
Сөйтип сени баплайды,
Сақланғанды сақлайды,
Илик турсын үйлериң.
Билмей, қараптан-қарап,
Шайпалмасын шаңарақ,
Жоқ ҳәзир қудайы қонақ,
Илик турсын үйлериң.
Келсе де бүгин қай қонақ,
Айтып келер ол бурын-ақ,
Күндиз мейли, кешқурын-ақ,
Илик турсын үйлериң.
Аман болғай отбасың,
Муңға басың шатпасын,
Қапыны илмей жатпасын,
Илик турсын үйлериң.
А. Дарменов,
04.01.2025.@Allayar_Darmenov
ОҚЫЎЛАРЫҢ ЖАҚСЫ МА?
Күлимлеген күн уялап көзиңе,
Нәзер тигип сөзсиз сәўбет қурамыз.
Келди тек те мына сөзлер дизиле:
«Оқыўларың жақсы ма?» деп қара қыз.
Қырмызы ериниң еркелик етип,
«Жақсы...» деди самал үзген алмадай.
Мен турыппан тағы сөйлеўиң күтип,
Сөйлемесин мейли, кетип қалмағай.
Солқымы сырқылған қара жүзимдей,
Майысар жүрегим, ишлей туўладым.
Рухсат етсең, бурын бойдақ гезимдей,
Сорап тураман қалай деп оқыўларың.
Билемен, сабақтан ағласаң. Гейде,
Ол мениң сөз баслар сылтаўым бөлек.
Түсин, оқыўыңнан атласам үйде
Жеңгеңнен рухсат сораўым керек...
Аллаяр Дарменов,
02.01.2025.@Allayar_Darmenov
**ТОЙ ҚУТЛЫ БОЛСЫН, ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЫМ!
(Қарақалпақстан телевидениесиниң алпыс жыллығына тойхат)**
Алпыс жыл кеўлин алып халықтың,
Үй ишинде болдың ақшам жарық түн,
Көрсетиўди жарты белден шорт кескен,
Атасы «Время»да жаңалықтың.
Теле миниатюра күлки қапшық,
Үй толы қоңсылар, ўа-ҳа-ҳа, жық-жық,
Сонда да бет жыйырыўды билмеген,
Кеңпейил адамлар ҳәзир дым таңсық.
«Алыстағы ағайин»нен ҳал сорап,
Саз-сәўбет редакция руўхый нәр булақ,
Қызық еди ҳәмме пилдей үңилип,
«Мәўрит»ти күткен ўақытлар маўжырап.
Тиккелей эфирлер қырман басында,
Аўыр камераны тийеп машынға,
Қараңғы түнек излеп, лента көрген,
Дәўирлер қайтпайды енди расында.
«Әдиллик айнасы»н тутып халыққа,
Ҳақыйқатты шығардың сен жарыққа,
«Келинлер мектеби»н таярлап кеткен,
«Аталар сөзи»ң толы даналыққа.
Таңда «Ассалам» деп ерте турғызып,
Бир майданда пүткил елди көргизип,
Кеш кирсе Дәлибай, Базаргүл шығар,
«Әрман қумыры»сын инге киргизип.
«Билим ринг»те билимпазлар сынасып,
«Дийдар несип» турамыз дийдарласып,
Жамғыр жаўсын, жаўмасын ҳәр шембиде
«Айқулақ» шығады қушағын ашып.
Телевизор көриў де жумыс еди,
Ким не көрди, класста бөлиседи,
Рекламасын ядлап жүрдик сөзбе-сөз,
Интернетсиз бир бийғам турмыс еди.
«Ҳәзилкеш» қатырды журттың ишегин,
«Күн темасы»н тыңлап өстик неше күн,
Даўысына сыйқырланып көрер едик,
Мурат Бегимовтың «Түлкишегин».
Трендке өзгерип ҳәзир модалар,
Түрли хабар телефоннан таралар,
Алпыс жыллық бәне отырысайық,
Телевизор көрип өскен балалар.
Қалың болғай, телевидение, наның,
Дәўлети қайтпағай радио, баспаның,
Елди қуўанта бер, Қуўандық аға,
Той қутлы болсын, «Қарақалпақстан»ым.
Аллаяр Дарменов,
2024-жыл, сентябрь, декабрь.
Түсиндирме: Қуўандық Бекбаўлиев –
Қарақалпақстан
телерадиокомпаниясы директоры
Канал: @Allayar_Darmenov
САБАҚТАН СОҢ
Мәтназар ӘБДУЛҲӘКИМ
Тартып алып қойды шырпысын да,
Ҳәм бақырды биреўге “шекпе, – деп, сен”.
Шынығыў дәптерин жыйнастырды да,
Бир-бир санап көрди. Жети дәптер кем.
Күнде усы аўҳал. Уялмайсыз ба?
Келесиз тек қыдырып, басыңыз бос.
Бул ретте де еки қоймай тураман,
Бирақ қалғанлар ертең тапсырсын. Хош.
Қыс күни-қысқа күн. Қас қарайған гез,
Ойланды. Өтиўим керек бул қырдан.
Ери де келмеди алып кетиўге,
“Кеўли суўыды ма?…” шоршынды бирден.
Кәсиплес досты қоймады сонда,
“Қонып қалың, — деди, – кеш болып қалды”.
Көнбеди. Қолтықлап сол дәптерлерин,
Үйге жалғыз өзи жаяў жол алды.
Аўыл питип, енди қырға шыққанда,
Түн де қараңғы, әтирап тас-түнек.
Изге қайтажақ болды бир ойы,
“Балам аўырып қалмадымекен тек”.
Жүрегин бес-бетер қорқыныш басты,
Шоршытар жеккелик және туңғыйық.
Ой, дөң, парықсыз аяғының асты,
Кете берди ол жетсем болар дейип.
Усқынсыз бәлени серледи сонда
Қараса қасқыр. Аңлып жүр ол изден.
Еследи жыртқыштың қорқыўын оттан,
Бир дәптерин жағып таслады тезден.
Қасқыр тоқтап қалды. Соң тағы-тағы,
Муғаллимге үмит берген от пақыр.
Жыртқышқа береди илажсыз сабыр,
Жолаўшы өртейди, тоқтайды қасқыр.
Тын алысып олар ҳәр дәптерде бир,
Жол узақ, түн қара, қасқыр болса аш.
Садықлық не ол, қасқырға бәрибир.
Үйине жақын қалғанда таўсылды,
Муғаллимде дәптер, қасқырда сабыр...
Қатты аза тутты аўыл ел таңда,
Ана жер өкирди, заман жылады.
Дәптер тапсырмаған жети оқыўшы,
Ҳәмме-ҳәммеден де жаман жылады...
Ҳәлсиз қосық ушын кешир сен, халқым,
Алым емеспен, я дана, сөз пири.
Өз ўақтында дәптер тапсыра алмай,
Қалған балалардың мен де сол бири.
Билемен, ашықлар тумар қылмайды,
Қосығым да нәзик өзиме уқсап.
Гейде өзимниң де кеўлим толмайды,
Олар қосық емес, шынығыў есап.
Бирақ баратырсаң келешек тәреп,
Қорқпай тәғдирдың жазық қырларынан,
Өзимше қорғағым келеди сени,
Жаўызлық, қыянет қасқырларынан.
Мен шынығыў жазаман тынбай ҳәр күн,
Сорағлар мениң де есапларымды.
… Сен жол бойы жағып таслап кете бер,
Қасқырлар қорқатуғын китапларымды.
Аллаяр Дарменов аўдарды.
Қосықтың өзбек тилиндеги түп нусқасын мына жерден оқыңыз:
?Мәтназар Әбдулҳәким.
Жас жазыўшыға мәсләҳәт
Қәўипли
Даралар менен дана болмақ,
Даналар менен дараласыў да,
Болмайды гөне тарийхты геўлеўге,
ҳәм сиясатқа араласыўға.
Қәўипли
Көп оқыўға батысты,
Гёте, Пушкин, Шекспирден аўлақ тут жолыңды,
Шығысып кетесең шығыстан
айрыласаң өзлигиңнен,
Миллийлигиңди минлет ете бер!
Қәўипке қойма
Қара басыңды
Айдосты ақ де, қара де,
Қунын сорап Бегис пенен Мыржықтың,
билгениңше роман жаза бер.
Дәлиллеме тек.
Алға кетпе,
Көз тийеди,
көз тиймесе сөз тийеди,
Изде де қалма,
ортада жүр де басыңды буқ,
Буқ,
Буқ,
Әдебият буққышларды сүйеди!
Қәлемиңниң мың жазғанын,
Миллион рет өширесең,
әртис атақ алса,
вайнерге медаль берсе,
масқарапазлар үлги тутылса елде,
Кишипейиллик керек бизге деп,
Бәрин кеширесең.
Журт оқымаса сени,
Қабақ үйиўге болмайды,
Өзиңди терге,
сотла ҳүжданды,
Тас атпа оқырман елге.
Және
сүйсең де адамды,
Туўған Ўатанды,
Қатты сүйиўге болмайды.
Ақылды ал, алма, өзиң бил.
04.07.2023.@Allayar_Darmenov
ҚАРАБАЙЛЫ
(Қарабайлының шежирегөй ғаррысы, бүгинлиги марҳум Қутыбай ағаның айтып берген аңызы бойынша жазылған жыр)
Бир елат бар Шоманайға кирерде,
(Қонақ болып көп түнедим ол жерде).
Ҳасыл аты көп болмаған бул елдиң,
Оған Қарабайлы деп ат берерде.
Бурын аўыр қазыў болған деседи,
Журт дәскесин алып жолға түседи,
Сонда атланады бир жас жигит те,
Өзи үйленгени тап кеше еди.
Хош айтысып кеше қосылғанына,
Түседи суўсыз жаптың ултанына,
Атқанда ҳәр топырақ төбеге қарай,
Бир текше жақынлатқандай жанына.
Күнлер аяз еди бәҳәрге салым,
Жигит еңбек етти аямай жанын,
Өзи де билмей қалды сөйтип жүрип,
Қазыў пайты ол жаны қыйылғанын.
Жигитти жерледи халық жәмлесип,
Үйилди далада қумнан төбешик,
Зар еңиреп сонда жас келиншеги,
Сырыққа байлапты шаршысын шешип.
Қәбир басындағы сырық таяққа,
Журтлар тоқтап өткен барса қаяққа,
«Қара шаршы байлаўлы», «қара байлаўлы»-
Деп айланыпты бул бир ҳикаятқа…
Адамлары ақ көкирек бул жердиң,
Ҳә дегеннен баўыр басып үлгердим,
Қара, еле, Қарабайлы, күн келип,
Айланасаң дәстанына тиллердиң.
Бараман саған еле көп айланып,
Болдың ақыр жүрегимнен жай алып,
Айтып әрманлы ашықлар қыссасын,
Турғандай төбеде қара байланып…
А. Дарменов,
26-декабрь, 2019-жыл.
Канал: @Allayar_Darmenov
ТАСБАҚАНЫҢ ТУЎЫЛҒАН КҮНИ (тымсал)
Бүгин тасбақаның туўылған күни. Усы себеп пенен отырыспаға түрли ҳайўанлар, жәнликлер жыйналған. Отырыспаны гүбелек басқарып атыр. Дәслеп қутлықлаў ушын сөз қурбақаға берилди.
– Ўарқ-ўарқ, тасбақа достым, туўылған күниң қутлы болсын, ўарқ-ўарқ, бала-шағаңның алдында аман жүргейсең, ўарқ-ўарқ, суўда жүрсең сымбатлы, ўарқ-ўарқ, қырда жүрсең қымбатлы болып жүре бергейсең, ўарқ-ўарқ… Қурбақа усылайынша бираз ўарқылдады. Кейинги сөз ҳәрреге берилди.
– Ыззззз, достым, ызззз, туўылған күниң, ыззззз, менен қутлықлайман, ызззз. Узақ өмир, ыззз, беккем, ызззз, денсаўлық тилеймен, ыззззз. Ҳәрре де көп ўақыт ызылдап қутлықлады. Изинен сөзге шыққан шекшек те туўылған күн ийесин қутлықлаў ушын берилип шырылдады. Гүбелектиң шыр-пыры шықты. «Регламентти сақлайық, дослар, тасбақа шаршап тур, тоқсанға шығыў да аңсат емес, ақыры. Ендиги сөйлейтуғынларға еки минуттан ўақыт беремиз». Ийт ҳәз етип үрип атыр еди, гүбелек «ийт үрер, кәрўан көшер» деген, қысқартайық, тасбақа талығып қалды» деп сөзин кесип таслады. Ешки де еки минутлық регламенттен өтип баратыр еди, гүбелек «сақалым бар деп сөйлей бересең бе?» деп тағы тасбақаны аяп атырғанын көрсеткиси келди. Ҳәммени асықтырды. Ақырында сөзге шыққанлар бир минут, ярым минуттан-ақ сөйлеген шығар. Қутлықлаўлар таўсылыўдан, гүбелек асығып, апыр-тапыр өзи сөйлей кетти. «Рахмет ҳәммеге, тасбақа бүгинги туўылған күниң менен тағы бир мәрте қутлықлайман». Гүбелек усыны айтты да, отырған орнында жан берди. Ол бағанадан берли негизинде 200-300 жыл өмир сүретуғын тасбақаның талығып қалыўынан гөре, өзиниң бары-жоғы бир күнлик өмириниң таўсылып қалыўынан қорқып отыр екен, бийшара.
Аллаяр Дарменов,
20.10.2024.@Allayar_Darmenov
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 1 month ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!?
#travelslocation ?
?Связь: @travelmanager
Last updated 1 month, 1 week ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 1 month, 3 weeks ago