Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи

Description
Бул канал Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң рәсмий каналы болып есапланады.
Advertising
We recommend to visit

Телеграм канал журналіста Раміни Есхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva

Last updated 2 months ago

?Татар һәм рус телендәге рецептлар
?файдалы киңәшләр
Реклама (сотрудничество) - @elvira_admin

Отзывы: https://t.me/kirakle_torkem_otzivi

Last updated 1 month, 4 weeks ago

2 months, 1 week ago
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
2 months, 1 week ago
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
2 months, 1 week ago
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
5 months, 1 week ago
5 months, 1 week ago
5 months, 2 weeks ago

АДЕБИЙ ЖУРНАЛ_Бердак музейи_4-06-24

7 months ago
***?******?******?*** Дағаза***❗️***

??? Дағаза❗️

Усы жылдың 26-апрель күни саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде, шайыр, жазыўшы, журналист «Қарақалпақстанға мийнети сиӊген мәденият хызметкери» Қалый Жуманиязовтыӊ 100 жыллық юбелейине арналған «Жаслығы жалынлы жылларда өткен шайыр» атамасындағы ǝдебий кеше  болып өтетуғынлығын хабарлаймыз.

Бәрше Ўатанласларымызды ǝдебий кешеге  мирәт етип қаламыз!

Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1 жай. (Бағдар Қарақалпақ мәмлекетлик университети)

7 months ago

ӘЖИНИЯЗ ҚОСЫБАЙ УЛЫ 200 ЖАСТА
САЗЫН САМАЛ ЯДЛАП, СӨЗИН ЕЛ БИЛГЕН ШАЙЫР
Хәр қандай халықтыӊ белгили бир заманларында оныӊ кеўил дәртлерин иләҳийда сөз шеберлиги менен жырлаўшы, оныӊ муӊларын қосықлары менен жеткерип беретуғын шайыры болады. Усындай қарақалпақ халқының XIX әcирдеги классик шайыры, ағартыўшы ҳәм бақсы Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына быйыл 200 жыл толады.
Сонлықтан да, ҳүрметли Президентимиздиӊ басламасы менен Әжинияздыӊ 200 жыллығы ЮНЕСКО шеӊберинде халықаралық көлемде белгиленетуғын белгили сәнелер қатарына киргизилди.
Усы жылдың 19-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Әжинияз шайырдың 200 жыллығына байланыслы «Сазын самал ядлап, сөзин ел билген шайыр» атамасында әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Кешени музей директоры Ш.Пайзуллаева басқарып барды.
Илажда ҚМУ доценти П.Алламбергенова, НМПИ доценти Қ.Матимов, Өзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы доцентлери А.Прекеева ҳәм Ы.Мояновлар өзлериниң баянатлары менен қатнасты.
Баянатшылардың атап өткениндей, Әжинияз Қосыбай улы дүньяны тереӊ ҳәм өткир танып, қарақалпақ халқыныӊ рухый дүньясыныӊ байыўына үлес қосқан, әдебиятымызды раўажландырып ғана қоймастан, қоӊсылас халықларға таныстырған уллы тулға болып табылады. Ол қарақалпақ поэзиясын раўажландырыў менен бирге, айтыс жанрыныӊ да дөретиўшиси болып табылады. Оныӊ Қыз Меӊеш пенен айтысы шайырлар айтысыныӊ еӊ жақсы үлгиси болып есапланады.
Кешеде шайыр дөретиўшилигин халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў, шығармаларын шет тиллерине аўдарыў, соныӊ менен бирге, дөретпелериниӊ жаӊа қырларын ашыў мақсетинде илим-изертлеў жумысларын алып барыў сыяқлы мәселелер бойынша пикир-усыныслар берилди. Сондай-ақ, шайырдыӊ юбилейи мүнәсибети менен оныӊ мақбарасын зыяратлаў, абаданластырыў жумысларын өткериў, шығармаларын халқымыз, әсиресе, жаслар арасында кең үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў ўазыйпалары белгилеп алынды.
Кеше соңында «Қарақалпақфильм» тәрепинен сүўретке алынған «Зийўар», «Зийўардыӊ шийрин зибаны» атлы ҳүжжетли фильмлер қойып берилди ҳәм республикамыздың жоқары оқыў орынлары студент-жаслары тәрепинен Әжинияз шайырдыӊ дөретиўшилигинен таярлаған нама қосықлары атқарылды. Әсиресе, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының актёры Б.Абденовтың атқарған Әжинияз шайыр образы қатнасыўшыларда өзгеше тәсир қалдырды.
В.НАРЫМБЕТОВА,
музейдиң аға илимий хызметкери.

7 months ago
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
7 months ago
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
We recommend to visit

Телеграм канал журналіста Раміни Есхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva

Last updated 2 months ago

?Татар һәм рус телендәге рецептлар
?файдалы киңәшләр
Реклама (сотрудничество) - @elvira_admin

Отзывы: https://t.me/kirakle_torkem_otzivi

Last updated 1 month, 4 weeks ago