KaNews.uz

Description
Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң социаллық тармақлардағы рәсмий каналлары

kanews.uz
https://t.me/kanlikulnews
https://www.instagram.com/kanlikul_news/
https://www.facebook.com/kanlikulpress/
@hakimge_murajat2022
@murajatbot
We recommend to visit

Bu bazamizda faqat birinchi sinfga oid fayllarni topishingiz mumkin

Last updated 8 months, 3 weeks ago

Официальный новостной канал КГУ


🌐: karsu.uz

Last updated 1 month ago

КАНАЛ ЭГАСИ: @BBEEEKKK
АДМИН: @martiniix
РЕКЛАМА: @Otakhonn
UC: @WELCOME_UC
АРЕНДА https://t.me/ARENDA_WELCOME
ОТЗЫВ: https://t.me/WELCOME_OTZIV

Last updated 4 months ago

3 weeks ago
**Жәрдемге мүтәж пуқаралар итибардан шетте қалмайды**

Жәрдемге мүтәж пуқаралар итибардан шетте қалмайды

Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 52-санлы қарары тийкарында республикамыздағы жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын шиферлаў, зәрүрлерин жаңадан қурып бериў белгиленген еди.

Қанлыкөл районы «Бостан» АПЖ аймағында жасаўшы Төрешов Айназардың жасаў шараяты үйренилип, қарар менен жаңадан турақ жай қурып берилди.

Эҳтиёжманд фуқаролар эътибордан четда қолмайди

Президентимиз топшириғи билан қабул қилинган Вазирлар Маҳкамасининг 52-сонли қарори асосида республикамиздаги эҳтиёжманд оилаларнинг уй-жойларини шиферлаш, зарурларини янгидан қуриб бериш белгиланган эди.

Қонликўл тумани "Бостан" ОФЙ ҳудудида яшовчи Төрешов Айназарнинг яшаш шароити ўрганилиб, қарор билан янги уй қуриб берилди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube

3 weeks, 2 days ago

ХАЛҚЫМЫЗҒА ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Қәдирли Ўатанласлар! Әзиз дослар!

Көп миллетли халқымыздың кеўиллерине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үлкен үмит ҳәм исеним бағышлап, бәршемизди және де уллы дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған Жаңа жыл елимизге өзиниң қутлы қәдемин қоймақта.

Мине, усындай қуўанышлы мәўритлерде гүллән халқымызды Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, татыўлық, қут-берекет ҳәм мол ырысқы-несийбе тилеймен.

Жуўмақланып атырған жыл өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларында жүз берип атырған өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалмақта.

Себеби, ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде изде қалып баратырған жыл Қарақалпақстан ушын шын мәнисинде берекетли ҳәм табысларға толы жыл болғанлығын терең аңлаймыз.
Әсиресе, елимизде әмелге асырылған ең ири жойбарлардың екеўи Қарақалпақстанда алып барылғаны халқымызға мақтаныш сезимлерин бағышламақта.

Бул жойбарлардың бири «Әмиўдәрья» дәрьясы үстине қурылған, автомобиль ҳәм темир жол көпири болса, екиншиси елимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын жаңадан қурылған «Қоңырат-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километр бөлегиниң халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылғаны болып есапланады.

Ең әҳмийетлиси, өткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаўда, мәҳәллелерде кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыўда, тараўларды раўажландырыўда ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда айрықша орын тутатуғын ҳүжжетлерден болып табылады.

Толық оқыў

А.ОРЫНБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube

3 weeks, 2 days ago
KaNews.uz
3 weeks, 5 days ago
KaNews.uz
3 weeks, 5 days ago
KaNews.uz
3 weeks, 5 days ago
KaNews.uz
1 month ago
KaNews.uz
1 month ago
KaNews.uz
1 month ago
KaNews.uz
1 month, 1 week ago
**ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ**!

ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Министрлер Кеңеси жанында дүзилген арнаўлы штабқа 24 саат даўамында мүрәжат етиўиңиз мүмкин

Гүз-қыс мәўсимин артықша зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында арнаўлы ШТАБ шөлкемлестирилген.

Ҳүрметли, пуқаралар!

Егер сизде усыған байланыслы сораўларыңыз ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 222-48-40, +99861 222-48-41, +99861 222-48-47, +99861 222-48-49 телефон номерине қоңыраў етиўиңиз мүмкин.

⚡️ Қала ҳәм районларда шѳлкемлестирилген гүз-қыс штабларының телефон номерлери

📍 Әмиўдәрья районы 
☎️ 61 515-34-49
☎️ 61 515-32-31

📍 Беруний районы
☎️ 61 524-22-60
☎️ 61 524-26-10

📍 Қараөзек районы
☎️ 61 465-43-69
☎️ 61 465-40-59

📍 Кегейли районы
☎️ 61 412-23-35
☎️ 61 412-25-85

📍 Қоңырат районы
☎️ 61 312-15-42
☎️ 61 312-36-36

📍 Қанлыкөл районы
☎️ 61 332-13-24
☎️ 61 332-17-33

📍 Мойнақ районы
☎️ 61 322-12-97
☎️ 61 322-16-86

📍 Тахтакөпир районы
☎️ 61 435-27-75
☎️ 61 435-27-75

📍 Төрткүл районы
☎️ 61 532-21-30
☎️ 61 532-52-88

📍 Хожели районы
☎️ 61 554-11-26
☎️ 61 554-32-13

📍 Шымбай районы
☎️ 61 444-03-58
☎️ 61 444-33-03

📍 Шоманай районы
☎️ 61 346-24-73
☎️ 61 346-25-39

📍 Елликқала районы
☎️ 61 585-11-49
☎️ 61 585-22-08

📍 Нөкис районы
☎️ 61 424-45-71
☎️ 61 424-45-98

📍 Тақыятас районы
☎️ 61 572-22-91
☎️ 61 572-42-84

📍 Бозатаў районы
☎️ 61 415-36-13
☎️ 61 415-37-03

📍 Нөкис қаласы
☎️ 61 222-88-46
☎️ 61 222-70-79

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram *🌐Website📱Instagram📱Facebook🌐***YouTube

We recommend to visit

Bu bazamizda faqat birinchi sinfga oid fayllarni topishingiz mumkin

Last updated 8 months, 3 weeks ago

Официальный новостной канал КГУ


🌐: karsu.uz

Last updated 1 month ago

КАНАЛ ЭГАСИ: @BBEEEKKK
АДМИН: @martiniix
РЕКЛАМА: @Otakhonn
UC: @WELCOME_UC
АРЕНДА https://t.me/ARENDA_WELCOME
ОТЗЫВ: https://t.me/WELCOME_OTZIV

Last updated 4 months ago