Қанлыкөл_хабарлары

Description
Advertising
We recommend to visit

فساتين سهرة /لانجري
+905050562282

Last updated 2 days, 7 hours ago

ʕ•̫͡•ʕ•̫͡•ʔ•̫͡•ʔ•̫͡•ʕ•̫͡•ʔ•̫͡•ʕ•̫͡•ʕ•̫͡•ʔ•̫͡•ʔ•̫͡•ʕ•̫͡•ʔ•̫͡•ʔ

Last updated 2 days, 19 hours ago

Почта для связи: [email protected]
вк:
https://vk.com/bird.born
инста: https://www.instagram.com/bird.born/
яндекс.дзен: https://zen.yandex.ru/birdborn

Last updated 2 days, 11 hours ago

2 weeks, 4 days ago

БАЛАМ ЕРИНШЕК АЙТҚАНЫМДЫ ҚЫЛМАЙДЫ…

Ɵспиримлик дәўирде не ушын ериншеклик басым болады?

Буның себеби, күтиў менен реаллықтың сәйкес келмеўи. Мысалы, балаңыз үйди жыйнастырсам, ыдысларды жуўсам, үкемди ойнатсам мени ата-анам мақтайды яки мен айтқан нәрсемди алып береди деп ойлайды. Лекин, сиз оның ислегенлерине итибар бермесеңиз (бул жерде ɵспирим ɵзин итибарға алынбаған есаплайды) марапатламасаңыз (егер жумыстан шаршап келип ашыўыңызды баладан алатуғын болсаңыз енди ол артықша) ол күткениндей болмай шығады ҳәм екинши мәрте сол ислерди буйырсаңыз баланың мейли бармай турады. Себеби, күткен нәрсеси болған жоқ. Сол ушын ол еринип ислейди яки бир айтқаннан ислей қоймайды.
Ɵспиримлик курсында кɵпшилик ɵспиримлердиң ата-анасынан шағымы дерлик бирдей. Бир нәрсени ислеўди айтады, оны болмай турып екиншисин, үшиншисин айтады кейин мен еринип қаламан,-деген жуўапты кɵп айтады. Буннан баска да ериншикликти келтирип шығаратуғын себеплер бар.
Солардың ишинде кɵп ушырасатуғыны стресс.
Мәселен, перзентиңиз тил үйренемен деп мектеп дәўиринде ҳәр түрли курсларға қатнайды. Жақсы ɵзлестире алмайды яки арасы үзилиске түсип, соның менен қалып кетеди. Жоқары оқыў орнына кириўде сертификаты барлар ушын жеңиллик берилген. Лекин, ўақтында үйренбеген нәрсесине ɵкинеди. Бирақ ўақыт ɵткен болады ҳәм ол стресске түсиўди баслайды. Басынан баслаўды ойлағанда оны ериншеклик изге тартады.
Не ислеўди билмеў…
Мақсет бар¸тапсырма дурыс, реже анық болса ериншеклик жүз бермейди. Егер не ислеўди, неден баслаўды билмей жумыс ислеўге отырсаң бас мий сени орныңнан турғызыў ушын себеп излейди. Аўқатланатуғын ўакыт болып қалады яки музлатқыштағы музқаймақ есиңе түсип, бирден жегиң келип кетеди я шɵллейсең… Не ислеўди билмеў ериншекликти шақырады.
Сол ушын ɵспирим жастағы балалар ҳәр күни не ислеў кереклигин режелестириўге үйренгени мақул. Күнделикли ўақыт дурыс бɵлистирилсе арада бослық ҳәм ериниўге ўақыт қалмайды.

Мусатдинова Сарбиназ

2 weeks, 4 days ago

ЎАТАН ҚУШАҒЫНА БАСАДЫ МЕНИ
*Бийдай атызлықлар силкинип әсте,
Балалық күнлерим бәршеси есте.
Жаслығым енискен әжайып кеште,
Алтын далалықлар шақырар мени.

Гүллер гүлзарларда қубылған гезде,
Жаслығым қол былғап қалады изде.
Ўатан деп дүрсилдер жүреклер бизде,
Ўатан топырағы шақырар мени.

Бағым ишре бүлбил қосық айтқанда,
Елимде жадырап таңлар атқанда.
Қәнекей жаслығым және қайтқанда,
Ўатан хызметине шақырар мени.

Ўатан деп жанымнан кешерим анық,
Сениң жамалыңа алайын қанып,
Дәртлериңде мейли кеткеймен жанып,
Ўатан қушағына басады мени.

Жүрсеңде алыста әлемди гезип,
Көксиңде сағыныш туйғысын сезип,
Кетиў қыйын екен ўатаннан безип,
Ўатан сезимлерге орайды мени.

Ҳеш бир елде ўатаныма қусаў жоқ,
Өз елимде тек өзиме тусаў жоқ,
Ўатан сенсиз мен пақырға жасаў жоқ
Қайда жүрсем бәрҳа сорайды мени..*

Абат КРАМОВ,
Қанлыкөл районы.

2 weeks, 4 days ago

"Жездем маған унамайды."

Бир жигит үйине келсе ,келиншеги жылап отырыпты.Себебин сораса,еки қәйин апасы келип,оны кемситип жәнжел қылыпты.Апалары соң жигитке "Қатыныңды жүклери менен анасының үйине қайтарып жибер", депти.
-Неге? Үш перзентим барғой ақыры.
Келгениңизде жақсы күтип алса.Перзентлериме меҳрибан, тазалықлы,әдепли болса.Не ушын ажырасыўым керек.?
-Бул қатының бизге жақпайды.Тамам -ўәссалам.Я оны де,я бизди.
Жигит ата-анасы өткен соң усы еки апасына сүйенип қалған еди.
Жигиттиң басы қатып, мешитке барып, имамға жағдайды түсиндирипти.
Имам:
-Сиз қатының менен ойласып гәпти бир жерге қойып,оны ўақытша ата үйине жибериң.Бир ҳәпте өткен соң үлкен апаңыздың үйине барасыз.
Жигит имам айтқанындай қылып,қатынын ҳәм балаларын жөнетип жиберип,бир ҳәптеден соң үлкен апасының үйине барыпты.
-Апа ,мине,жүк машинасын алып келдим.
Затларыңды жыйнастыр,кетесиз ,-деди жигит.
-Дениң дурыспа,бес балам менен қайда бараман?
-Апа,маған жездем жақпайды.Мен жақтырмаған адам менен жасаўыңды қәлемеймен.Сизди үйге апарып,кишкене апамның үйине де бараман.
Оны да алып келемен.Апам да төрт баласын таслап,өзи келсе,үшеўимиз маза қылып ата үйимизде бирге тыныш жасаймыз.Болың,тез, ҳайдаўшы күтип қалды.
-Мени ҳәм апаңды, жийенлериңди ойламайсаңба, оларға рейимиң келмейме?
-Сизлердиң балаларыңыз бала да,меники бала емеспе?
Екеўиңиз апа-сиңли мениң үш баламды ойламадыңыз ғой?
Мен де жийенлеримди ойламайман.Бир күнин көрер,жездемди шақырың.Оны унатпайтуғынымды жүзине айтаман,бәрибир ол менен жасамайсыз.Тамам-ўәссәлам.
Сени бәрибир алып кетемен.
Апасы алдын турмысымды бузбақшы болып тур деп қорқты.Соң бираз өзине келип"Ҳәйй,сол қатының менен тынышғана жасай бер.Енди турмысыңызға араласпаймыз", деп пушайманлығын билдирди.
Жигит жүк машинасына отырып,қатыны менен перзентлерин алып қайтыўға қәйин атасының үйине жол алды.
Ҳәзир ол хош кейпиятта,апалары қыдырып келсе,қатыны да,перзентлери де қуўанысып қалады.
Себеби апажанлары жүдә мийримли,хош пейилли болып қалған.

Сановар.Бойхонбоева.

Өзбекшеден аўдармалаған:Г.Султанова.

3 weeks, 1 day ago
Қанлыкөл_хабарлары
3 weeks, 1 day ago
***🍁***Бүгин 30 ноябрь- гүздиң ақырғы күни. …

🍁Бүгин 30 ноябрь- гүздиң ақырғы күни. Ертеңнен, кеўиллерге аппақ туйғылары, гүмис қыс мийманға келеди.
Қарлары менен қуўандырыўшы қыс қәлбимизге қардай ақлық алып келсин!

ЕРТЕҢ ҚЫС ❄️

Күни теўсилген гүз бийшара,
Қолын созар қыстың руўхына
Берип аппақ таңнан ишара,
Қарлар сызар терек шақасына.

Түсиреди бағлар да бүгин,
Желкесинен жапырақтың жүгин,
Гүмис аспан күлимлеп гүлдей,
Бүгин гүздиң ақырғы күни!

3 weeks, 2 days ago

Minnetdarshılıq

Qanlıkól rayonı Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı 3-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebin 2012-2023-jıllarda oqıp pitkergen Qońıratbaev Aydos Axmetbay ulı Ana-Watanımız ushın xızmet etip, xalqımız tınıshlıǵın qorǵap, mashaqatlı hám maqtanıshlı, sonday-aq óz er jigitlik minnetin hám ar-namısın saqlaǵan halda óz wazıypasın joqarı dárejede orınladı.
Áskeriy xızmette waqtında Ózbekstan Qorǵanıw ministrligi saplarında «Men jeńimpaz» atamasında ótkerilgen jarısta «Teńsiz jawınger-sheber oqshı» ekenligin kórsetip sıylı 1-orındı qolǵa kiritkeni ushın ózi oqıǵan mektebindegi ustazlarına hámde direktorı R. Qulmuratovqa Nawayı wálayatındaǵı 20022-sanlı áskeriy bólim komandiri tárepinen «MINNETDARSHÍLÍQ» bildirildi.
Albette, Aydostıń áskeriw wazıypasın ótewdegi keń oy-órisi, mámleket táǵdiri ushın juwapkershilik seziminiń joqarılıǵı, óz Ana-Watanına degen sheksiz súyishpenshiliginiń qálipleswinde hámde bunday  jetisenliklerge erisiwinde ata-anasınıń, ustazlarınıń hám 3-sanlı mektep jámáátiniń qosqan úlesi júdá úlken.
Aydostıń óz jigitlik minnetin joqarı dárejede orınlaǵanı ushın shın júrekten qutlıqlaymız, keleshekte óz xalqınıń pidayısı, kásibiniń jetik mamanı bolıwına tileklespiz.

https://t.me/Qanlikol_xabarlari_gazetasi

4 weeks, 1 day ago
Қанлыкөл_хабарлары
4 weeks, 1 day ago
Қанлыкөл_хабарлары
4 weeks, 1 day ago
Қанлыкөл_хабарлары
1 month ago

Ҳәзирги ўақытта пайтахтымыздағы Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы әдебий-көркем еслеў кешесине таярлық процесслери болып өтпекте.

Мағлыўмат орнында, Президентимиздиң 2024-жыл 16-июльдеги "Атақлы қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында"ғы ПҚ-258-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жылдың 19-ноябрь күни саат 15:00 де Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы әдебий-көркем еслеў кешесиниң өткерилиўи режелестирилген.

Ҳүрметли Ўатанласлар! Сиз әзизлерди 19-ноябрь күни саат 15:00 де Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында болып өтетуғын бул илажға мирәт етемиз! Кириў бийпул.

Айни дамда пойтахтдаги Алишер Навоий номидаги Ўзбекистон давлат академик катта театрида Ажиниёз Қўсибой ўғли таваллудининг 200 йиллиги муносабати билан тантанали адабий-бадиий хотира кечасига тайёргарлик жараёнлари бўлиб ўтмоқда.

Маълумот ўрнида, Президентнинг 2024-йил 16-июлдаги “Атоқли қорақалпоқ шоири ва мутафаккири Ажиниёз Қўсибой ўғли таваллудининг 200 йиллигини кенг нишонлаш тўғрисида”ги ПҚ-258-сонли қарори ижросини таъминлаш мақсадида, жорий йилнинг 19-ноябрь куни соат 15:00да Алишер Навоий номидаги Ўзбекистон давлат академик катта театрида Ажиниёз Қўсибой ўғли таваллудининг 200 йиллиги муносабати билан тантанали адабий-бадиий хотира кечаси ўтказилиши режалаштирилган.

Ҳурматли ватандошлар! Сиз азизларни 19-ноябрь куни соат 15:00да Алишер Навоий номидаги Ўзбекистон давлат академик катта театрида бўлиб ўтадиган ушбу тадбирга таклиф этамиз! Кириш бепул.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram *🌐Website 📱Instagram 📱Facebook🌐***YouTube

We recommend to visit

فساتين سهرة /لانجري
+905050562282

Last updated 2 days, 7 hours ago

ʕ•̫͡•ʕ•̫͡•ʔ•̫͡•ʔ•̫͡•ʕ•̫͡•ʔ•̫͡•ʕ•̫͡•ʕ•̫͡•ʔ•̫͡•ʔ•̫͡•ʕ•̫͡•ʔ•̫͡•ʔ

Last updated 2 days, 19 hours ago

Почта для связи: [email protected]
вк:
https://vk.com/bird.born
инста: https://www.instagram.com/bird.born/
яндекс.дзен: https://zen.yandex.ru/birdborn

Last updated 2 days, 11 hours ago