Шайыр Абатбай Крамов✍️

Description
Қанлыкөлли шайыр Крамов Абатбайдың қосықларын оқып танысыўды қәлесеңиз, каналға ағза болың!!
We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

Құран арқылы Әлемді таны?

Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.

1 year, 8 months ago

ЖАҢА ЖЫЛ СОРАЎЛАРЫ

( Иним Баҳадыр Байназаровқа жаңа жыл қутлықлаўы.)

Жас болсаңда мына өмир
мәнисине қанықсаң,
Қосық деген кең жайлаўда
мениң ушын жанықсаң.
Келер жылы суўлық шайнап
жипти үзермисең сен,
Нетер едиң Зийўар киби
қосық жазып танылсаң??...

Бир аўылда қышқырып биз
қулақларды тестикпе,
Айта берсең тыңлай берер
аўылдағы күшик де.
Тайғанасақ былшыраған
сөзлер үсти тентиреп,
Былтырғыдан айтшы Өжет
сүйем киби өстик пе??...

Әдебият майданында излеп
"көкпар" таўдық па?
Кетип атыр "ылақ ойын"
яки бийкар шаўдық па?
Ким жылады,кимлер күлди
төрт қатарда қәне айт...?
Шөлиркеген кеўил көзин
қосық жазып жаўдық па??...

Кимлер дәртин таўды бизден
еңиреген бармекен?
Ғалма-ғалдан шаршағанда
саған,маған зармекен??...
Ығып кетти "Өли дәрья"ның
суўларында бәриси...
Айтшы Өжет екеўимизге
мына аўыл тармекен?

Бақырайып еки көзи
кимлер бизге үңилди,
Неге керек мақтаў сөзлер
күнледи ме күниңди.
Бозлаттық па, қыжлаттық па
қайсы сөзлер бос болды
Билсең егер ПОЭЗИЯ
екеўимизден түңилди...

Кеўлиндеги бар жыртығын
геўлеп сеннен излеген
Жазғаныңнан ҳеш бир кимсе
өзлик дәртин сезбеген.
Нелер жаздық, нелер айттық
айтшы Өжет сескенбей
Қосық жазып жүрген адам
айтшы нени гөзлеген?

Қызармысаң жипти үзип
еки жеңиң түрилсе,
Бир топар "ийт" таңға жақын
қорықпайсаң ба үрилсе...
Арқаң қозса, қәлем қызса
қосық жанып кетер ме
Нетер едиң бос сөзиңнен
халқың безип түңилсе...

Сөзлер үркек, сезим қорқақ
шайыр әне қашып кетти,
Еңиреген кеўиллерден
тергенлерин шашып кетти.
Қотыр туйе теңиң болмай
Күнхожаға мазақ болдың
Арқа сүйеп, арқа сүйеп
арқаларың қышып кетти...

Жаңа жылда Аяз баба
дорбасына қосық сал,
Керегиң сол бир қосық па
дорбасын сен ашып ал.
Тилиңде жоқ желкеңде бар
сенде бираз сөз көрдим,
Ол сөзлерди жаңа жылда
айта гөрме қашып қал.

Абат Крамов
2024-жыл. 30-декабрь.
Каналымыз:
@Kramov_Abatbay_poeziya

1 year, 8 months ago

ЖЫЛАН

Бир жылан бар, шақса палдай зәҳәр емес,
Ол шақпаса кеўилим жай табар емес.
Қойыныма алып жатып, сыбырлайман:
"О, Жыланым, сенсиз бәҳәр, бәҳәр емес...!

Бир жылан бар тийсе жыллы, суўық емес,
Оралады мойыныма, буўып емес.
Ол жыланды сыйпап ғана көндиресең,
Таяқ пенен түртип яки қуўып емес...

Бир жылан бар, жыланлардың сәрдары,
Көзин көрип болып едим қардары.
Сәрдарлығы мәлим болды усыдан -
- ол келгеннен басқалары тарқады...

Әй, жыланым, мың шақсаң да өлгеним жоқ,
Мың буўсаң да Әзрейлиге көнгеним жоқ.
Тағы бир рет Сени жақсы көрип қалдым,
Себеби мен Сендей жылан көргеним жоқ...

©Өжет Байназаров
Канал: @baxadir_baynazarov

1 year, 8 months ago

? ЖАҢА ЖЫЛ ТОЛҒАНЫСЫ ?
❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️
Жаңа жылда кирип келди асығып,
Ески жылдың әрманлары бас урып,
Әкетпекде бир жылымды жасырып,
Әрманларға имкән бергил жаңа жыл.

Арзыў-әрман жүрегимди кемирген,
Ўакыт болса жаслығымды симирген,
Мен нелерге ерисдим бул өмирден,
Дәртлилерге дәрман бергил жаңа жыл.

Тәним мениң мың сан дәртке былғанар,
Биймәни күн муз жағалап сырғанар,
Жазылмаған қосықларым толғанар,
Бул кеўлиме илҳам бергил жаңа жыл.

Аязлы күн тереземди кестелер,
Ғәрийп кеўлим ғам-қайғысын дәстелер,
Тикке турсын бираз жыллық қәстелер,
Қәстелерге шыпа бергил жаңа жыл.

Жазылмаған қосықларым қылқынар,
Бираз сөзим батпақлықда жулқынар,
Кемтик кеўлим устаз излеп талпынар,
Шайырларға дәўран бергил жаңа жыл.

Қәстеликлер қашсын қоркып қалтырап,
Шыпакерлер ҳайран болсын албырап,
Кирип келсин ўатаныма жадырап,
Бир әжәйып байрам болғыл жаңа жыл.

Абатбай Крамов

@Kramov_Abatbay_poeziya

1 year, 8 months ago

"Жағаладым Қыз-кеткенниң бойларын".
Тамара Дошумова.

@Kramov_Abatbay_poeziya

1 year, 8 months ago

ЖАҢЛА ГИМНИМ

"Қарақалпақстан" деген атыңды,
Әуўладлар әдиўлер жүрек төринде.

(Қарақалпақстан республикасы мәмлекетлик гимни.)

Қара таў ләрзеге келсин илайым,
Қоллар жүреклерде, турсын толайым,
Халқым мени қоллар сенсең панайым,
Жайҳун жағасында жаңла гимним.

Жүреклер дүрсилдеп ҳәмме оянсын,
Ғәплет уйқыдағы енди уялсын,
Миллий мақтанышты бизге қуялсын,
Қуслар қанатында жаңла гимним.

Әл аспанға шықсын лапызың бийик,
Сени ядлап өтсин жуўырған кийик,
Бизге бахыт берсин Тәңирим үйип,
Бахтымның қосығы жаңла гимним.

Жарқын келешекке бизди жетеклер,
Әмелге аспақта бираз ертеклер,
Сени тыңлар бесиктеги гөдеклер,
Жарқын келешегим, жаңла гимним.

Сен жаңласаң қорқақ батырлар болсын,
Қара таў басына шатырлар қурсын,
Жүреклер ҳәўлирип тыпырлар болсын,
Жүреклер соғысында жаңла гимним

Байтерекпиз Жайҳун бойы көгерген,
Бирликтин урығын бунда егермен,
Бахыт нәлин бағ ишине тигермен,
Бахтымның қосығы жаңла гимним.

Абат Крамов.

Каналымыз; @Kramov_Abatbay_poeziya

1 year, 8 months ago

Қутлықлау

(Кеуил жақыным,иним Рашид Крамовты тууылған күни менен қутлықлау.)

Сен бар жерде кеуилим тыныш,
Арқа сүйер тамым өзиңсең.
Иним барда ағаға тыныс,
Сүйенерим мениң инимсең.

Киятырған басып изимди,
Ағам дейтин жалғыз өзиңсең,
Қулақ қойып тыңлар сөзимди,
Күйинерим мениң инимсең.

Қайда болса қолын созарым,
Мени ойлап турар өзиңсең.
Хал сораса кетер азарым,
Жан ашырым мениң инимсең.

Жығылмайман сирә шалынып,
Сүрниктирмес мени өзиңсең,
Сезимлерим турар малынып,
Тууысқаным мениң инимсең.

Ағамыздан қалған аманат,
Еслетерсең,қарар көзимсең,
Мениң ушын үлкен қол-қанат,
Бауырманым мениң инимсең.

Қутлы болсын тууылған күниң,
Бүгин мениң айтар сөзимсең.
Саулығың зор,сау болғай дениң,
Азаматым мениң инимсең.

Улы-қызың үлкейе берсин,
Сапың пүтин болғай дизилсең.
Шаңарағың көркейе берсин,
Тууысқаным мениң инимсең.

Абат Крамов.

Каналымыз;
@Kramov_Abatbay_poeziya

1 year, 10 months ago

ҚУТЛЫҚЛАЎ.

Насыбайдың нәшесиндей қумартып,
Өжет иним қосық жазғым келип тур.
Жүрегимнен бир қутлықлаў шығартып,
Қушағымды саған ашқым келип тур.

Отыз жылда отыз бәҳәр келеди,
Отыз жасың адамдики деседи.
Қырық елиўде ешек жасы келеди,
Елиўден соң ийт боласаң деседи.

Келеси жыл ийт болады ағаң да,
Ешеклигим быйыл өтип баратыр,
Маймыл жасын тилеп турман саған да,
Өмир деген бир зымырап баратыр.

Жигирма жыл ешек бола алмадым,
Бәлки енди ийт боларман жарасып.
Жулдызыңда күшли ҳәўир аңладым,
Тән береди ҳәр сөзиңе қарасып.

Шайыр деген жиллисымақ тири жан,
Ешек жасын, ийттиң жасын сезбейди.
Екеўинен өтсең маймыл боларсаң,
Адам деген тириликти гөзлейди.

Көбинесе шайырда яр болмайды,.
Яр болса да қостар болып қалмайды.
Сабыр бергей жеңгең менен келинге,
Жин қыяллы шайырға яр болмайды.

Шайырды көп жубайы да тергемес,
Отыз жаста отыз түрли ақыл ес.
Аўылласым нағыз шайыр Өжетим,
Аға-ини сөзлеримиз ийинлес.

Қысқа күни қырқ қыз бенен сөйлескен,
Қыя бақпас сулыўларды сүйеди.
Лирикада ашықлығы үйлескен,
Поэзия шайырға бас ийеди.

Аўылда бар шайыр атлы ҳүрметиң,
Келин менен сөзди дизип сөзлетиң.
Отыз жасқа шыққан болсаң буннан соң,
Ешеклигиң қутлы болсын Өжетим!

2022-жыл. 13-октябрь.

Абат Крамов.

Каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziya

1 year, 10 months ago

,2024-жыл. 13- октябрь

Жайықтың бойында отырып өзиң,
Суўға нәзер таслап айттың ба, сөзиң.
Аўылды сағынып қайтқың келди ме?
Сени қыйнап қойды айтшы қай сезим.

Ишиңде еки ийт таласқанында,
Өжет дәл қосыққа жарасқанында.
Тилинде не барын бенде билди ме?
Қапласа қара булт көк аспаныңда.

Сөзлер көк талақлап таласа сени,
Қандай боп шығады Өжеттиң үни.
Жүрегиң тамырын тыйық тилди ме?!
Айсыз тас қараңғы боларма түни.

Бүгин туўылған күн сеники болар,
Қәйтседе ӨЖЕТ бул елдики болар.
"ШАЙЫРЛЫҚ ШЫҢЫНА ШЫҒА БЕРГЕЙСЕҢ,"
Тап усы бир тилек меники болар.

Абат Крамов.
"Жаңа-қала" аўылы
@Kramov_Abatbay_poeziya

1 year, 10 months ago
АЛПАМЫС БАЛАМ ТУЎЫЛҒАН КҮНИҢ ҚУТЛЫ БОЛСЫН. …

АЛПАМЫС БАЛАМ ТУЎЫЛҒАН КҮНИҢ ҚУТЛЫ БОЛСЫН. ДҮНЬЯДАҒЫ ЕҢ-ЕҢ ЗОР ТИЛЕКЛЕРДИҢ БАРЛЫҒЫ САҒАН.

Абдиқадир Қайпов
Муңлы шайыр

1 year, 11 months ago

Косыгымды сүй
Абат Крамов

We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

Құран арқылы Әлемді таны?

Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.