Қаракесек фан канал ; )
Админ: @KZmenenger
Құран арқылы Әлемді таны?
Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.
ҚУТЛЫҚЛАЎ.
Насыбайдың нәшесиндей қумартып,
Өжет иним қосық жазғым келип тур.
Жүрегимнен бир қутлықлаў шығартып,
Қушағымды саған ашқым келип тур.
Отыз жылда отыз бәҳәр келеди,
Отыз жасың адамдики деседи.
Қырық елиўде ешек жасы келеди,
Елиўден соң ийт боласаң деседи.
Келеси жыл ийт болады ағаң да,
Ешеклигим быйыл өтип баратыр,
Маймыл жасын тилеп турман саған да,
Өмир деген бир зымырап баратыр.
Жигирма жыл ешек бола алмадым,
Бәлки енди ийт боларман жарасып.
Жулдызыңда күшли ҳәўир аңладым,
Тән береди ҳәр сөзиңе қарасып.
Шайыр деген жиллисымақ тири жан,
Ешек жасын, ийттиң жасын сезбейди.
Екеўинен өтсең маймыл боларсаң,
Адам деген тириликти гөзлейди.
Көбинесе шайырда яр болмайды,.
Яр болса да қостар болып қалмайды.
Сабыр бергей жеңгең менен келинге,
Жин қыяллы шайырға яр болмайды.
Шайырды көп жубайы да тергемес,
Отыз жаста отыз түрли ақыл ес.
Аўылласым нағыз шайыр Өжетим,
Аға-ини сөзлеримиз ийинлес.
Қысқа күни қырқ қыз бенен сөйлескен,
Қыя бақпас сулыўларды сүйеди.
Лирикада ашықлығы үйлескен,
Поэзия шайырға бас ийеди.
Аўылда бар шайыр атлы ҳүрметиң,
Келин менен сөзди дизип сөзлетиң.
Отыз жасқа шыққан болсаң буннан соң,
Ешеклигиң қутлы болсын Өжетим!
2022-жыл. 13-октябрь.
Абат Крамов.
Каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziya
,2024-жыл. 13- октябрь
Жайықтың бойында отырып өзиң,
Суўға нәзер таслап айттың ба, сөзиң.
Аўылды сағынып қайтқың келди ме?
Сени қыйнап қойды айтшы қай сезим.
Ишиңде еки ийт таласқанында,
Өжет дәл қосыққа жарасқанында.
Тилинде не барын бенде билди ме?
Қапласа қара булт көк аспаныңда.
Сөзлер көк талақлап таласа сени,
Қандай боп шығады Өжеттиң үни.
Жүрегиң тамырын тыйық тилди ме?!
Айсыз тас қараңғы боларма түни.
Бүгин туўылған күн сеники болар,
Қәйтседе ӨЖЕТ бул елдики болар.
"ШАЙЫРЛЫҚ ШЫҢЫНА ШЫҒА БЕРГЕЙСЕҢ,"
Тап усы бир тилек меники болар.
Абат Крамов.
"Жаңа-қала" аўылы
@Kramov_Abatbay_poeziya
АЛПАМЫС БАЛАМ ТУЎЫЛҒАН КҮНИҢ ҚУТЛЫ БОЛСЫН. ДҮНЬЯДАҒЫ ЕҢ-ЕҢ ЗОР ТИЛЕКЛЕРДИҢ БАРЛЫҒЫ САҒАН.
Абдиқадир Қайпов
Муңлы шайыр
Косыгымды сүй
✍Абат Крамов
ЕДИГЕ
(ОДА)
АВТОР: АБАТ КРАМОВ.
АВТОРДЫН ӨЗИ ОҚЫДЫ.
Қырғыз жазыўшы шайырлыры аўқамлық қоры ағзасы
ТӨРИ ҚӘНЕ.
Биз сөйледик жалған сөзди,
Жаманлардан қалған сөзди,
Қабықладық жүзимизди,
Алып қаштық еки көзди.
Үш-төрт түрли жүзимиз бар,
Ойнақшыған көзимиз бар,
Нанын,дузын татсақдағы,
Ийманы жоқ сөзимиз бар.
Гүжирейттик еңсемизди,
Қызғандықпа гүлшемизди,
Биз мәртликти умытқанбыз,
Досқа тутпай желкемизди.
Тири балық маңқый берер,
Өлгенлери қалқый берер,
Қалқып-қалқып жағыслаған,
Айрымлары зыңғый берер.
Шетлемекке қайым биреў,
Шетлетиўге тайын биреў,
Жулдызларды санамаймыз,
Қуяш жалғыз айым биреў.
Сағал емес бөри қәне,
Ығы емес өри қәне,
Жабылмақта бираз кеўил,
Отырыстың төри қәне.
Балалықта өтип кетти,
Кәтқудалық келип жетти,
Бири ала, бири ғула,
Нәзеримиз илип кетти.
Кеўилге қулп асып алдық,
Сәлем берсе қашып қалдық,
Көгергенбиз таслақларда,
Кеўил гүлин басып алдық.
Ишимизде аламыз бар,
Ақыл айтар данамыз бар,
Еки мойын жайғаспаған,
Жалғыз ғана жағамыз бар.
Кеўил неге жатласады,
Көзлеримиз атласады,
Бир шайырды сыйдырмаған
Кеўил бунша датласады.....
2022-жыл.13-февраль.
Абат Крамов.
Каналымыз; @Kramov_Abatbay_poeziya
Я, РӘБ
Жаралы ийттей болып улый берсем,
Ай, жулдыз не деримди билермекен?!
Шөлиркеп ғумшаламай солый берсем,
Тәңирим бас ушыма келермекен?!
Муңлы үн тиллериме көше берсе,
Тыңлаўшым көбинен-көп йоша бермес.
Басымда дүбелейлер есе берсе,
Кеўилим шадлықларын шаша бермес.
Қуяшлы күнлердиң де түни болар,
Ай,жулдыз кеўилимди нурландырмас.
Бендениң қандай да бир кеми болар,
Мәнзилге жөнелтирмей атландырмас.
Тәңирим-аў бул сениң ғәзебиң бе?!
Билместен мен гүнакар болдымбекен?!
Аян бер мен қай исти сезбедим бе?!
Ғапылда ғәплет басып қалдымбекен?!
Мен өзи не иследим адам болып,
Кимгедур саямды салмадым ҳеш.
Саўлық барда жүргенмен надан болып,
Ҳәмме заттың қәдирин аңладым кеш.
Туўысқанды-туўғанды излеп барып,
Босағасын атлап бир жоқладым ба?!
Жоғында барымды гизнеп барып,
Жақынларым меҳирин ақладым ба?!
Адам болыў қолымнан келмеди ме?!
Бәрше истиң беремен бир жуўабын.
Тәңирим мөминлигим билмеди ме?!
Яратқанға көрсетер жоқ саўабым.
Қыйланған жаным менен тәўбе етсем,
Аллаҳым кешире-гөр гүнам болса...
Кеширек дәргайыңа бир күн кетсем...
Бийғамман кеширимли панам болса...
2024-жыл. 5- июль.
Абат Крамов.
Каналымыз:
@Kramov_Abatbay_poeziya
Абат Крамовтың " Излеп кел мени" атамасындағы қосығынан илҳамланып жазылды.
Излеп бараман.
Мендағы жүриппен өзиңсиз жанып,
Сағынып дем жетпей есимнен танып,
Ишпедим көп болды мейримиң қанып,
Бир күни әлбетте излеп бараман.
Билемен кеўлиңнен нелер өткенин,
Қыялың қайрылмай узап кеткенин,
Ислеймен, умтылып күшим жеткенин,
Мен сени бир күни излеп бараман.
Саўабым сол мениң, күлимлеп жүрсең,
Сынаққа жеңилмей жеңиңди түрсең,
Бизлер қаўышамыз түбинде билсең,
Исеним арт маған,излеп бараман.
Қайғырма, яр қылып ойларды жаман,
Қанат байлап мәнзилиңе ушаман,
Түн пердесин серпип, Сени қушаман,
Кеўлиңди түсирме, излеп бараман.
Келе алмасыңды жақсы билемен,
Шарасызлығыңнан жүрек тилемен,
Сағынсам бир жылап бир де күлемен,
Делбе болмай турып,излеп бараман.
Қәлбимниң айнасы гирбиңсиз таза,
Муҳаббет барқ урар, болған жоқ қаза,
Ойлама берди деп, умытып жаза,
Шаршама жол қарап,излеп бараман.
Кереги жоқ маған ҳәмел,ақшаның,
Саялайық астында баў- бақшаның,
Саў болсын тилегим тәниңде жаның,
Көп егленбей жаным,излеп бараман.
Гулзар Қурбанбаева ✍
Саҳра гүли ? 29.06.2024.
Қаракесек фан канал ; )
Админ: @KZmenenger
Құран арқылы Әлемді таны?
Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.