Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 2 days, 18 hours ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙
📲Связь: @travelmanager
Last updated 1 week, 1 day ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 2 weeks, 5 days ago
Бүгин баспамызға жетпис жасты қараласа да жас жигитлик жигери бар, хәзил-шыны аралас салмақлы сөзи бар, бурын жынаятшыларды аулап, бүгинлиги сөз маржанларын аулап жүрген Өзбекстан хәм Қарақалпақстан Жазыушылар ауқамлары ағзасы, шоманайлы шайыр ағамыз Орынбай Ешмуратовтың нәубеттеги китабы жарық көрди. Бул китап тийкарынан оның ислеп атырған Шоманай ХББне қараслы 26-санлы мектептиң тарийхы, мийнет жәмәәти, сондайақ басқа да шоманайлы зәбердес инсанлар хаққында болып, қунлы мағлыуматлар берилген. Усындайда шайырлардың өз қосықларын тығыстыратуғын әдети бар. Аңлағаныңыздай, китапта өзиниң қәлемине тийисли қосықлары да орын алған.
Шайыр ағамызға баспамыз атынан қутлы болсын айтамыз хәм еледе жақсы-жақсы дөретпелер күтип қаламыз.
Хүрмет пенен "AVANGARD-BASPA" директоры И.Сержанов
Аңшы жигит ҳәм қасқыр
Бир күни аңшы жигит мылтығын желкесине илдирип, бөрибасар ийтин жетеклеп таўға аңға шығыпты. Таўда бир неше қуслар атыпты. Аңы оңынан келип, аңшы жигит жақсы кейпиятта таўдан пәске түсип киятырғанында көзи бир үңгирге түсипти. Әстен үңгирге кирип, қараса бир қасқыр еки баласын емизип атырған екен.
Аңшыны көрген ана қасқыр ырылдапты. Жигит тезде қасқырды атыпты. Ийти балаларын талап таслапты. Аңшы кеште үйине қайтыпты. Досларын шақырып зыяпат берипти. Зыяпат ярым түнге шекем даўам етипти.
Таңда жигит ҳәўлидеги шаўқымнан ояныпты. Жүгирип сыртқа шықса, ҳәўлиниң ортасында үлкен еркек қасқыр турар, қасында аңшы жигиттиң 5 жасар қызы қасқырдың қуйрығынан тартар ҳәм:
- Әкежан қараң, үлкен күшик! - деп бақырар еди. Ол кеше өзи өлтирген қасқыр балаларының әкеси еди.
Жигит - "Тамам! Қызымнан айырылдым! Қасқыр өш алыў ушын келди! - деген ойда еди. Қасқыр кишкене қызды ийискелеп, муңлы даўыста уўылдапты. Аралық қаншелли узақ болмасын аңшы жигит қасқырдың көзлеринен ағып турған жасты көрер еди.
Қасқыр тезлик пенен жуўырып, дийўалдан секирип, көзден ғайып болыпты. Аңшы жигит қатты қорқып қалған еди. Зорға қәдем таслап барып, қызын қушақлап жылапты. Ҳәтте, сол тилсиз, санасыз жәниўар да қызға рейим қылған еди.
Ол инсан болып турып, қасқырдың балаларына рейими келмеген еди. Жигит мылтығын тасқа урып, сындырып таслапты ҳәм аң аўламаўға ант ишипти.
Түлки дәрьяның арғы жағасында турған түйеден сорады:
— Суў терең емес пе?
Түйе жуўап берди:
— Жоқ, желкеге шекем келеди.
Түлки суўға түсти, дәрьяның тереңлигинен түлки мантыға баслады. Ол суўға батып-шүмип баратырып тыпыршылап зорға дегенде басын суўдан шығарып, бир тасқа тырмасып жанын сақлап қалды. Кейин түйеге бақырды:
— Сен дәрьяны желкеге шекем келеди, деген едиң?!
Түйе тағы қәтиржам жуўап берди:
— Аўа, солай, бирақ ол мениң желкеме шекем келеди.
Биреўден мәсләҳат сорасаңыз, ол өз мүмкиншилигинен келип шығып мәсләҳат бериўи мүмкинлигин есапқа алың. Ҳәммениң де көрсетпелери ямаса турмыс жолын толығы менен өзиңизге жол-жоба ретинде қолланбаң. Болмаса, олар кешип өткен жол, сизди ғарқ етиўи мүмкин.
Ҳикметлер бети
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 2 days, 18 hours ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙
📲Связь: @travelmanager
Last updated 1 week, 1 day ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 2 weeks, 5 days ago