TARIYX | ATABEK BEKBAULIEV

Description
? Тарийхты умытып болмас, Себеби, ол келешек әўладтың ҳақыйқый қуралы❕

Ўәсият екен ал сондағы,
Айтып кеткен урпағына,
" Тыр жалаңаш қалсаңдағы,
Бек бол, бала, қалпағыңа!.. "

И. Юсупов
Advertising
We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 2 weeks, 1 day ago

“…Адам ғапыл дүниені дер менікі,
Менікі деп жүргеннің бәрі Онікі…”

Last updated 3 days, 23 hours ago

пассивно-агрессивный канал 🌱
сотрудничество @klonzo32

Last updated 3 days, 9 hours ago

4 months, 3 weeks ago
***‼*** Ерназар бий аталық.

Ерназар бий аталық.
Қабыл бий улы

Ерназар аталық 1818-1897-жыллар аралығында жасап өткен. XIX әсирдеги қарақалпақлардың " он төрт урыў " арасынан, өмир кенегес тийресинен шыққан белгили аталық.
Ол шығысы жағынан Кегейли районының бесинши аўылындағы шынжырлы бий - аталықлардың әўлады.
Оның баласы Аманқул бий Әмиўдәрьяның сол тәрепинде ҳәзирги Тақыятас қаласы турған территорияда 1770-1790-жылларда елатлы пункттиң тийкарын салған ел ағасы.
Тарийхый дереклерде, Хийўа ханлығының атынан Ерназар аталық Оренбургқа елши болып барғанлығы жазылған.
Ол қартайып қара кийик жылы қайтыс болған. Оның денеси Кегейли районы аймағындағы " Қуўсырық " қойымшылығына жерленген.

Канал силтемеси: https://t.me/+TtxvJ1vxkK1lNTMy

4 months, 3 weeks ago
***‼*** Ақмаңғыт Ерназар Палўан бий.

Ақмаңғыт Ерназар Палўан бий.
Нияз бий улы

Қарақалпақтың ақмаңғыт руўынан шыққан, өз заманында жаўырыны жерге тиймеген палўан батыр адам болған.
Ол Ерназар Алакөз баслаған халық көтерилисине қатнасып, туў услап жүрген. Бала Ерназар деген атақ алған.
Палўан қәбири Миздақхан комплексиндеги Назлымхан сулыў махбарасының күн батар қубласында жайласқан.
Алтын ҳәрипли палўан мөри бийбаҳа естелик болып, оның әўладларында сақланбақта.

Канал силтемеси: https://t.me/+TtxvJ1vxkK1lNTMy

4 months, 3 weeks ago

Мурат Шайық

Мурат Шайық 1675-1748-жыллар Қарақалпақлардың XVIII әсирдиң биринши ярымындағы руўхый басшыларының бири.
Шайық өмириниң ақырында Сырдәрья бойынан Серен қала дөгереклерине (Қараөзек районы) келип қоныс басады.
Бирақ бул жерлерди суў басып кетиў қәўпи туўғанлықтан олар қоныс өзгертиўге мәжбүр болады.
Усы ўақытлары ҳәзирети Шайық әлемнен өтеди. Шайықтың табыты жукленген ақ түйениң биринши шөккен жери ҳәзирги Қараөзек районының Мәденият хожалығындағы бийик қумның басы екен. Мурат шайықты дәхм етип, ел сол жерди дөгереклеп қоныс басады.
Оның қәбири үстине тикленген махбара ҳаққында төмендегидей әпсана бар.
Жол үсти усы жерде тоқтап өткен Хийўа ханларының бири бабаның хәмо ны зыяратлап журген адамларды көрип - " халық айтеўир шопанды да әўлийе деп сыйына береди " - деп күлген қусайды. Көп узамай халықтың үстинен күлген ханның иши бурып, қатты аўырыпты. Сонда ол бабаның кәраматынан қорқып ҳәм халықтан уялып шайық үстине гумбез салдырған қусайды.
Шынында, 1810-жыл декабрьде базар күни Ақ жағыстан шығып, Көкөзек бойында ҳәзирети Мурат шайық қәбирине жақын жерде Хийўа ханының (Қутлымурат инақ) тоқтап өткенлиги сарай тарийхшысы Мүнистиң жазба дереклеринен белгили.
Мурат Шайық махбарасы қапталында шайықтың қияметлик иниси, елге хожалық буйымларын, батырларға қылыш, найза сыяқлы қарыў жарақ соғып берген қазаяқлы Елибай шойыншы Генжебай улы жерленген.

Канал силтемеси: https://t.me/+TtxvJ1vxkK1lNTMy

4 months, 3 weeks ago
***‼*** МУРАТ шайық махбарасы

МУРАТ шайық махбарасы

? Дерек: Ғайратдийин Хожаниязов, Оңғарбай Юсупов -
" Қарақалпақстандағы муқәддес орынлар " Нөкис - 1994

4 months, 3 weeks ago
***‼*** Сәлмен ийшан

Сәлмен ийшан

Сәлмен ийшан 1884-жылы Шымбай уезди Қараөзектиң Шахаман аўылында дуньяға келген. Ол руўхый мәдениятымызға хызмет еткен адам.
Сәлмен ийшан Қарақум ийшанның қызы Зейнептиң ақлығы.
Оның әкеси Камал ийшан ҳәм Қозы ийшанлар Бухара ҳәм Хийўа медиреселерин тамамлаған.
Оның өзи Қарақум ийшан медиресесинде тәлим көрген ҳәм сол жерде муддарислик еткен.
1929-жылы мал-мүлки конфискация болып қуўғынға ушыраған.
1944-1952-жылларда Шымбайдағы хан мешитте имам болған.
1953-жылы Нөкис тюрьмасында қайтыс болған. Сәлмен ийшан жерленген орын соңғы ўақытлары үлкен қойымшылыққа айланды.

Канал силтемеси: https://t.me/+TtxvJ1vxkK1lNTMy

4 months, 3 weeks ago
***‼*** Маман бий ибн Ораз Мухаммед …

Маман бий ибн Ораз Мухаммед  ( Оразақ ) батыр

Маман бий 1722-1826-жыллар аралығында жасап өткен Қарақалпақлардың батыры.
Ақмаңғыт Едиге батыр, бийдиң әўлады Маман бий Жаңадәрья, Қуўандәрья ҳәм Әмиўдәрьяның тармағы Кегейли, Жилўан жап бойларында жасаған.
Маман бийдиң қәбири
" Әзизлер атада " жайласқан.  Маман бийдиң Досмухаммед бий, болыс атлы улынан Сапар Мурат бий, болыс ҳәм Әбдимурат бий, болыс деген ақлықлары болды.
Сапардан Қурбаназар туўылды. Ол ҳәзир Шымбай районында
" Болыс аўылда " жасайды.
Маман бийдиң қызы Досымбет қатағанға турмысқа шыққан. Досымбеттен Юсуп туўылған. Юсуптен еки ул, төрт қыз туўылады. ( Турсынбай, Жумабай, Жипек, Қаллиқораз, Мийирхан), Турсынбайдан төрт улы, үш қыз, Жумабайдан да төрт ул, үш қыз бар. Қаллықораздан еки ул, бир қыз, ақлық-шаўлықлар бар.
Маман бийдиң ең киши қызын көрген Қаллықораз ана 104 жаста 1993-жылы 6-августта қайтыс болды ҳәм " Әзизлер атаға " жерленди.

Канал силтемеси: https://t.me/+TtxvJ1vxkK1lNTMy

4 months, 3 weeks ago

Даўамы..

Ҳакыйқатында, - дейди Жумамурат Жақсымуратов, ҳәр бир гүрриңинде орай тәрепинен Қарақалпақстанға биринши басшы лаўазымына жиберилген П. Варламов, Т. Чурбанов ҳәм тағы басқалардың жергиликли кадрларды таярлаўға итибарсызлығы, халықтың үрп-әдет дәстүрлерин билмей олардың тәғдирлерине бийпарўа қарап келгенлигин гүрриңинде талай сапар күйип-жанып айтар еди. Сондай-ақ, Аллаяр өз елине келип халқына хызмет ете алмағанына күтә налыйтуғын еди.
Аллаяр аға Қарақалпақстан Республикасына барып хызмет етиў әрманы менен жасады.
Ж. Жақсымуратов "Халық душпаны" Аллаяр Досназаров пенен байланыста болған - деп айып таңылып оның "Қуйрығы" деген сылтаў менен партия жақтан аўыр жазаға тартылады.

Канал силтемеси: https://t.me/+TtxvJ1vxkK1lNTMy

4 months, 3 weeks ago
***‼*** Жумамурат Жақсымуратов (1907-1961-жж)

Жумамурат Жақсымуратов (1907-1961-жж)

Елимизге кең танылған пәк ҳүжданлы, сиясий саўатлы ағартыўшы-журналист Жумамурат Жақсымуратов 1907-жылы Әмиўдәрья бөлими Шымбай уезди, Тахтакөпир волосты (ҳәзирги Караөзек районының Қарабуға аўылында) кәмбағал дийқан шаңарағында туўылды.
Усы аўылдың ўлкен ақсақалы уламасы 90 жасар Хабибулла аға бул инсанды былай еске түсиреди.
"Болар бала бес жасынан белгили"-дегендей Жумамурат жас ўақтынан аўылдағы балалардың алды болды. Ол 1933-жылдың 23-декабрьнен 1935-жылдың январь айына шекем ККССР Билимлендириў ҳалық Комиссары лаўазымында ислейди.
Ж. Жақсымуратов 1935-1936-жыллары Москва қаласындағы жоқары партия мектебинде оқып, билимди тереңнен үйрене баслайды.
Усы жыллары Ж. Жақсымуратов Аллаяр аға Досназаровтың уйинде жасаған. Аллаяр Досназаровтан қарақалпақ халқының аўыр тәғдирлерине байланыслы ҳәм өзиниң де басынан кеширген түрли ўақыялар туўралы гүрриңлерин еситкен.

Канал силтемеси: https://t.me/+TtxvJ1vxkK1lNTMy

4 months, 4 weeks ago
***‼*** Қәллибек Камалов ҳәм Ережеп Айтмуратов

Қәллибек Камалов ҳәм Ережеп Айтмуратов

КПСС Орайлық Комитетиниң секретары Е. Лигачев пенен ушырасыў болып өткен ўақтында, Лигачев Камаловтан сорапты: Сизиң орныңызға ким обкомның биринши секретары болыўы мүмкин?
Сол ўақытта Қәллибек Камалов 4 адамның атын айтқан.
Тәжрийбели кадрлардан
Е. А. Айтмуратов, К. Р. Рзаев ҳәм жас жигитлерден С. Қ. Қаниязов,
Қ. Е. Юсупов.
Усы адамлардың қайсысы да Қарақалпақстанға басшылық етерликтей уқыпқа ҳәм тәжрийбеге ийе деген.
Сол ўақытта Лигачев " Айтмуратов сизлер жақтанба? " - деп сорапты.
Камалов болса, "Аўа, ол бизиң Қарақалпақстанның жигити. Мениң менен бирге 18 жыл Республика Министрлер Советиниң баслығы болып иследи, барлық жағдайды жақсы биледи. Қарақалпақстан менен, кадрлар менен танысып жүриўиниң қәжети жоқ, саўатлы жигит" - деп минезлеме берген.
Себеби, Қәллибек Камалов пенен Ережеп Айтмуратов жақын дос болған. Сондай-ақ екеўи биргеликте Министрлер Советин басқарып отырған.

Канал силтемеси: https://t.me/+TtxvJ1vxkK1lNTMy

4 months, 4 weeks ago
***‼*** Ережеп Айтмуратов

Ережеп Айтмуратов

1929-жылы туўылған. Өмир жолы даўамында жүдә көплеген жерлерде жумыс иследи.
1945-жылдан економикалық, социаллық ҳәм сиясий жумысларда искерлик көрсеткен.
1955-жылдан КПСС (б) ағзасы.
1945-1986-жылларда Шымбай политехникасында оқытыўшы,
Өзбекстан ССР Пәнлер академиясы Енергетика институты киши илмий қәнийгеси,
Түркмен каналы електротехника инженери,
Тахиатас енергетика тармағы механик оңлаў електротехника устаханасы баслығы,
Өзбекстан Компартиясы Қарақалпақстан ўәлаят комитети транспорт бөлими,
Қарақалпақстан АССР Министрлер Совети баслығының орынбасары,
" Өзселхозтехника " Қарақалпақстан бирлеспеси баслығы,
Өзбекстан Компартиясы Хожели санаат-ислеп шығарыў комитети хаткери,
Қарақалпақстан АССР Министрлер Совети баслығы,
Өзбекстан Компартиясы Орайлық Комитети хаткери лаўазымларында жумыс ислеген.
7-8-шақырық СССР Жоқары Совети, 10-шақырық Өзбекстан ССР Жоқары Совети депутаты етип сайланған.

Канал силтемеси: https://t.me/+TtxvJ1vxkK1lNTMy

We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 2 weeks, 1 day ago

“…Адам ғапыл дүниені дер менікі,
Менікі деп жүргеннің бәрі Онікі…”

Last updated 3 days, 23 hours ago

пассивно-агрессивный канал 🌱
сотрудничество @klonzo32

Last updated 3 days, 9 hours ago