Халила Дәўлетназаров

Description
Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Халила Дәўлетназаровтың жеке дөретиўшилик каналы
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 2 days, 18 hours ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 1 day ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 2 weeks, 5 days ago

2 months, 1 week ago

**АЎЫЛ ҲАЯЛЛАРЫ

ПОЭМА**

Аўыл ҳаяллары
Әлҳәббиз, Сизге!
Аўыл ҳаяллары!
Сизлерге қуллық!
Сабырлы әдеп-икрамлы, әпиўайы,
Сизлерде бар сондай мәртлик, уллылық!

Аўыл ҳаяллары–жарқын жүз, ҳадал,
Зуўаласы писик қара мийнеттен.
Сизлерди қатайтқан талапшаң турмыс,
Көнлигип жасаўдың жолын үйреткен.

Аўыл ҳаяллары
Сизлер, мәрдана,
Ел-журт хызметинде таққа турғанлар.
Бир ғошшақ жигитке байлап тәғдирин,
Ўатанның ишинен ўатан қурғанлар.

Аўыл ҳаяллары
Болғанлар өрнек,
Өмирди қалайша жасаўды сүйип.
Жигитлер атынан Сизге миннетдар,
Алғыс айтқым келер басымды ийип!

Поэманы жоқарыдағы уорд фаилда толық оқыўыңызға болады.

Автор: Х.Дәўлетназаров

Канал: @X_Dauletnazarov

6 months ago

АЎЫЗБИРШИЛИК

Дер;– отырған бойра, жүргенди дәрья,
Ел көрген, кеўлине түйеди көпти.
Сапарда жол мәскан еткен бир адам,
Бир журттан өткенде мынадай депти:

“Ҳәр аўыл сайын бир қойымшылықтан
Жер баўырын бунша аямай тилип?...
Бийин, кәтқудасын бул карағанның,
Жәмлей алмағандай аўызбиршилик.

Ҳәр дығырықта мешит, намазхан қәўим,
Гүнадан арылыў ушын жыйылар.
Дини, мазҳабы бир болғаны менен,
Бәлким, басқа-басқа пирге сыйынар.

Хәр үйдиң алдында бир бирден тандыр,
Бул қурғынлық па я тар пейилден дерек?
Соңыра жақыны да жатқа айланар,
Бундай оқшаўланып қонғанлар ерек.

Аяқ басар болса набада душпан,
Бериў қыйын кешер жаўға төтепки.
Гәптиң посгеллеси: соры қайнасын
Бундай журтта бирлик болмайды!...” депти.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (400-401-б) Нөкис. “Билим” 2011.

Канал: @X_Dauletnazarov

6 months, 1 week ago

СИЗГЕ

Ибрайым аға Юсуповтың естелигине

Шымбай, “Азат ауыл” ийлеп қамырың,
Яд етсең үзиле түскен баўырың,
Заманның сөз бенен басқан тамырын,
Болжап-көрегенлик берилмиш Сизге.

Сазлап әдебият деген арбаны,
Даңғыл жолда көш дүзеген кәрўаны,
Мәнәўиятта өзиңиздек дарғаны,
Әўладлар пир тутып жүгинискен Сизге.

Шайыр болдың, демек болдың күйикли,
Қосық,-журтың жолбарыслы, кийикли,
Халық ушын ким болған бунша сүйикли,
Ҳақлық қамқа тоны кийилмиш Сизге.

Поэзияның жасаўлап ақ отаўын,
Жасарған шайырлық аталмыш аўыл,
Ығбал дарағың көп шайқаған даўыл,
Көп гүл, көп мийўаңыз төктирген Сизге.

Қыл жалаған кеўил деген қынында,
Елиң менен шадлығың да, муңын да,
Қарақалпақтың поэзия шыңында,
Әжинияз, Бердақ қол узатқан Сизге.

Исмин улығлаған еллер, қалалар,
Руухый дәрьяңызда нешше салалар,
Муҳаббат бағынан терип лалалар,
Қәйдем, қанша қызлар гүл берген Сизге.

Зиялылық сырлап саўлат-шырайын,
Бағып өткен халықтың кеўил ырайын,
Жыйынлар: “Келди, деп шайыр Ибрайым!”,
Қоғадай жапырлып жол берген Сизге.

Қәлби ўакым жердек пәк ҳәм ҳасылдар,
Жан кумбызы жан сөзлер деп лапылдар,
Бүлбилзибан даныш Аббаз ахуннан,
Бағышланған алтын дуўалар Сизге.

Сүрип өткен йош тулпарын сайлатып,
Қанша түркийзибан жулдыз, ай батып,
Расул Ғамзатов, Шыңғыс Айтматов,
Мисли киндиги бир сыңарлар Сизге.

Сөзден басқа байлық излеп қызбаған,
Қай күнде де беглигин ҳеш бузбаған,
Халық сарсылса жүрек болып сызлаған,
Шайырлық азабы шегилмиш Сизге.

Давид Кугультинов, Қайсын Кулиев,
Көп емес буныңдай шоққылар бийик,
Ақбозлак жүзиңизди қызартып сүйип,
Жүрек төрлеринен жай берген Сизге.

Қосықлары қыпша бели қыналған,
Ақыл-ой, көрк, дилўарлықта сыналған,
Домлалар –Миртемир, Айбек, Ғуламнан,
Әлҳәббиз, әўпәрин айтылмыш Сизге.

Көркем сөзде көз-көз етип көркиңди,
Тарийхта қуўынған арғы төркинди,
Арип Абдулланы, Ваҳид Еркинди,
Шын баўырман дослар әйлеген Сизге.

Көрсетсин деп қандай екенин төзим,
Ашсын деп тотыққан журеклер көзин,
Туўған топырағының айтсын деп сөзин,
Ана-тәбият серхош тил берген Сизге.

Жырларыңыз жыр ма, яки мәргия,
Мәгар, мәңги сөнбес онда бар зия,
Халыққа өзлигинен берген тәрбия,
Ўатанның даңқ тажы қуба-қуп Сизге.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (398-400-б) Нөкис. “Билим” 2011.

Канал: @X_Dauletnazarov

6 months, 1 week ago

ДӘЎЛЕТ ҚУСЫ

Бурын-бурында... Тахт ийесиз қалса,
Елде дәўлет қусы ушырлар екен.
Үмит еткен дейди картаң да, жас та,
Бай, гедей, жетимек, дәрўишке шекем.

Қәтелеспес жан жоқ дүньяда бәлким,
Буннан қалас па бул әпсанаўий зат?
Оньң алжасыўы пүткил елатқа,
Соң орны толмастай келтирген апат.

Деседи: қапылып, қалармыш гейде,
Сол көреген қустың көзи байланып.
Бир тыйыўсыз өскен арсыз заңғардың,
Басына қоныўы мүмкин айланып.

Халық тентене болып басланар посыў,
Тәғдир ҳүкимдарға тап қылса ондай.
Аты бар, заты жоқ бундай суўсоқыр,
Көкке қаңғып кетсин ҳеш жерге қонбай.

Жаманлықтың урмай турмайды тәпси,
Айнытып жиберсе пейлин де буның?...
Қарақалпақтың аспанынан ушқанда,
Көзи ашық болғай дәўлет қусының!

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (398-б) Нөкис. “Билим” 2011.

Канал: @X_Dauletnazarov

6 months, 1 week ago

У ЛЛ Ы М A Й Д А Н Ы М

Қайта қурылған Республика Майданы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жаңа имараты, Бердақ шайыр естелигиниң қайта қонысласыўы сыяқлы халқымыз тарийхында зор әҳмийетке ийе дөретпелер салтанатын улығлаў.

Уллы Майдан қурып сыйлап халықты,
Жарқылар бас болып қолға алыпты,
Атайы усталар иске салыпты,
Айтқанына көнгиш қурал-сайманын.

Халқымнын келбети – бийик тулғалым,
Ел-журтым көз тиккен Күндей шуғлалым,
Жулдызлар белгилеп турар ығбалың,
Дуньяға, көкке кең қушақ жайғаным.

Шадлық гүбелеги қонған гүлиңе,
Бердақ шайыр зибан серхош тилиңе,
Мәгар, мың айлаўлы өз мәнзилиңе,
Шабысқа дәўраннан тулпар сайладың.

Ҳәр қайсысы оқшаў қонған жайсаң бир,
Сулыў имаратлар дүзген ансамбль,
Халқыма тағылған дуўадайсаң бир,
Майданым – әйлейин жанды пайғазың.

Суўды қақшып ойнап қайта қуйдырар,
Асаўдай аспанлап шапшып шыйрығар,
Фонтанлар – қәлбиңде мисли туйғылар,
Кеўиллер үлессе урған жәўланың?!

Қарақалпақтың Ақ үйи, Ақ сарайы,
Жамылған рәң-бәрең мәрмер-дарайы,
Қулпырып мүбәрек көрки-шырайы,
Ҳақ нәзер салған қуп әжеп жайларың.

Герби – маңлайына тиккен Нышаны,
Байрағы аңлатар хош қыйлы мәни,
Тамылжып атар ҳәр қырмызы таңы,
Журтының жанындай жаны жайдарым.

Қол созып күндиз Күн, ақшамлары Ай,
Жулдызлар шоғыры қонақлағандай,
Нөкисим Майданың саған қайнақай,
Жыйнап қуйған киби сүттиң қаймағын.

Кеўли жазық, алақаны аялым,
Жасыл шыршаларым гүмис саялым,
Үмит соқпақлары – аллеяларың,
Бүлбиллер гүллерге арнар сайраўын.

Бираз беккем болып тақат-төзимде,
Аса бир бой ура бермей сезимге,
Жасағыл өзлигиң сақлап өзиңде,
Басқа майданлардан кемис қайманың?

Қыдыр дарысын, бақ-дәўлет қарасын,
Туўған жердиң ҳәр күнине жарасын,
Ўатаншыллық,–деген тарақ тарасын,
Улдың алтын, қыздың гүмис айдарын.

Күш-жигерге толы көксиңди керип,
Келгенлер дослыққа, мәртликке жерип,
Арзыўлардың гәўҳар дәни көгерип,
Келешекке шарлар тутқан байрағын.

Биз де қағазды жыр менен нағышлап,
Баўрымызға басып истедик қушпақ,
“Уллы майданым!”лап баяз бағышлап,
Әл-ҳасыл сөзлерден түйме байладым.

Тартқаны ел жүги ҳәр көш, нарыңның,
Сазында салтанат жүрек тарыңның,
Тымсалысаң халықлық намыс-арымның,
Республика Майданы дер, Майданым!

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (396-397-б) Нөкис. “Билим” 2011.

Канал: @X_Dauletnazarov

6 months, 1 week ago

ҚАРАҚАЛПАҚ ТОПЫРАҒЫ

Елге ерсең, халыққа берсең қолыңды,
Ығбал жақтыртады өмир жолыңды,
Бунда не көгерсе бәри болымлы,
Ҳасыл топырақ Қарақалпақ топырағы.

Ески Жәйҳун бойы мәкан-турағы,
Өзлигин сөйлер ҳәр нағыс, қурағы,
Узап кетсең мергиядай тартады,
Мийрим топырақ - Қарақалпақ топырағы.

Ақшам Ай, күндиз Кун нуры егилген,
Тилинен шежире дүри төгилген,
Сыр шертер тас жазыўлы - Күл Тегиннен,
Әййем топырақ Қарақалпақ топырағы.

Шайыр-жыраўлары дәстан тоқыған,
Қәлбин заманалар қусы шоқыған,
Дүньяның көп сабақларын оқыған,
Дана топырақ Қарақалпақ топырағы.

Сөзи ырғағында толқынласар саз,
Жыршысында гүмис мәўижли ҳауаз,
Қызларында сонша сулыўлық ҳәм наз,
Сырлы топырақ Қарақалпақ топырағы.

Бул жердиң жүзине көп түскен әжим,
Халық деп шейит кеткен Аллаяр, Нәжим,
Ҳәр әўлад бас ийип, етисер тәжим,
Уллы топырақ Қарақалпақ топырағы.

Бабалар бул журтты қорғап қырағы,
Көп жанып, көп өшкен үмит шырағы,
Қанша тулғаларын бийўак жоғалтқан,
Дәртли топырақ Қарақалпақ топырағы.

Едигениң ат ойнатқан жерлери,
Ерназардың қат-қат жүрек шерлери,
Наўрыз, Пиржан, Мәтекедей ерлери,
Қайсар топырақ Қарақалпақ топырағы.

Тулпардай тапланған, бүркиттей түлеп,
Және ким буныңдек сыбанар билек,
Дуньяға бир келген Камал Қаллибек,
Сүрме топырақ Қарақалпақ топырағы.

Төлепберген, Ибрайымға шөгип диз,
Мәгар, көп әўладлар көриседи жүз,
Пирлерди бар еткен халыққа әлҳәббиз,
Ана топырақ Қарақалпақ топырағы.

Көп қалпып алынып елдиң каймағы,
Көп қулап-тикленген миллет байрағы,
Арзыў-үмит уўызын емген тайлары,
Әрман топырақ Қарақалпақ топырағы.

Ары төрлей бермей қайтайық бери,
Кән-байлық қыр-ойы, есиги-төри,
Менделеевтиң барлық элементлери,
Қат-қат топырақ Қарақалпақ топырағы.

Бунда не қәрият, бар қандай сыры,
Қуба-куп қарылмыш – жер, суў, күн нуры,
Қайта тирилтер женьшень-боян тамыры,
Шыпа топырақ Қарақалпақ топырағы.

Сүрден туқым алып әкеткен еллер,
Лекин, бундағыдай туўмаған төллер,
Көктен бир илаҳий урылмыш демлер,
Торқа топырақ Қарақалпақ топырағы.

Мийўасы, жемиси соншелли шийрин,
Көкирегинде мумдай балкыған мийрим,
Маңлайынан бир-бир келеди сүйгиң,
Қызғын топырақ Қарақалпақ топырағы.

Басында дубирлеп дәўри-дәўраны,
Бунда көш дүзеген дослық кәрўаны,
Халкымның шашланар шадлық қырманы,
Арыў топырақ Қарақалпақ топырағы.

Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (394-395-б) Нөкис. “Билим” 2011.

Канал: @X_Dauletnazarov

7 months, 3 weeks ago
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 2 days, 18 hours ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 1 day ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 2 weeks, 5 days ago