Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 18 hours ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙
📲Связь: @travelmanager
Last updated 6 days, 18 hours ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 2 weeks, 3 days ago
❗️Ертеңнен баслап республикаға суўық ҳаўа массалары кирип келеди
Усы жылдың 8-11-декабрь күнлери Өзбекстан аймағына суўық ҳаўа массаларының кирип келиўи күтилмекте.
Ҳаўа температурасы түнде 5-10 градус суўыққа шекем, күндиз 0-5 градус суўыққа шекем, арқада болса түнде 8-13 градус, күндиз 2-7 градус суўыққа шекем пәсейеди.
8-декабрьде айырым аймақларда қар жаўыўы мүмкин.
*✅ 👉 @KRuzuz *— Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❓Қарақалпақ тилиниң сақланып қалыныўы тек технология қолында ма?
Қарақалпақстанлы бағдарламашы Атабек Муртазаев телеграмм каналында жаңа материал жәриялады. Онда қарақалпақ тили мәселесине байланыслы бир қатар пикирлер билдирилген.
1-декабрь — Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн. Бул күн тап Жаңа жыл байрамы сыяқлы жылына бир рет есленетуғын, дерлик пайдасы жоқ ҳәр қыйлы флешмоб, ушырасыў ҳәм соған уқсаған илажлар менен өтип кететуғын, ертеңине болса барлығы умытылатуғын күн. Басқалар ушын қандай билмедим, бирақ мен ушын 1-декабрь тәшўишлер күни.
Мениң жеке пикиримше, бул күнди байрам деп есаплаўға тийкар аз сыяқлы. Егер қарақалпақ тили, ҳақыйқатында да, раўажланып атырған болғанда, онда гәп сөзсиз, бул күнди белгилеўге болар еди. Деген менен, UNESCOның World Atlas of Languages жойбарында қарақалпақ тилине Potentially vulnerable (шамалы әззи) статусы берилген. Бул қарақалпақ тилиниң жарқын келешегин көз алдымызға келтириўимиз қыйын дегени.
Тил байрамы мүнәсибети менен 4 жыл алдын да темаға байланыслы бир пост жазған едим. Ол жерде әпиўайы адамлар тилдиң раўажланыўына қандай үлес қоса алыўы ҳаққында идеяларым менен бөлискенмен. Мине, арадан төрт жыл ўақыт өтти, лекин мен, дерлик, бул мәселеде өзгерис көрмедим. YouTube, Instagram, Telegram сыяқлы платформаларда бираз контент шығып атырғандай, бирақ сапа жағынан еле дым төмен.
Улыўма алғанда, тилдиң раўажланыўы мәселесин, биринши нәўбетте, мәмлекет өз мойнына алыўы керек. Бирақ, бизде, негедур, олай емес — тил мәселеси күн тәртибинде турған жоқ. Сонлықтан, «тилди раўажландырыў» демей-ақ қояйық, ҳеш болмағанда, оны өз қәдири дәрежесинде услап турыў ҳәзирде тек тил ықласбентлери ҳәм энтузиастлардың ғана қолында ма деп ойлайман. Тилекке қарсы, бундай адамлардың саны да жүдә ҳәм азшылықты қурайды.
Соңғы жыллары жасалма интеллект (artificial intelligence) тараўы әдеўир раўажланып атыр. Буның нәтийжесинде, алдын имканияты көп болмаған аз ресурслы тиллер (low resource languages) буның арқасында көп пайдалы нәтийжелер алмақта. Мәселен, Google Translate’тиң ақырғы версиясына жаңа 110 тил қосылды. Тиллер арасында абхаз (сөйлеўшилер саны 190 000),. коми (100 000), тува (130 000) сыяқлы тиллер де бар. Yandex компаниясы да өз аўдармашысына Россиядағы көплеген басқа халықлар тиллерин қосып атыр.
Бул тиллер қатарына қарақалпақ тилин қосыўдың илажы жоқ па еди? Неге технологиялық прогресс нәтийжелеринен басқа киши тиллер сыяқлы қарақалпақ тили де пайдалана алмайды? Буған тийкарғы себеп, қарақалпақ тилиниң санлы дүньяда дерлик жоқ екенлиги. Қарақалпақ тилиндеги ресурсларды электронластырыў жумыслары усы ўақытқа шекем исленбеген. Сканерленген китаплар бар, деген менен олар текст көринисине өткизилмеген.
Жасалма интеллект мүмкиншиликлеринен пайдаланыў ушын, үлкен көлемли мағлыўмат керек. Мысалы, Google Translate сыяқлы онлайн аўдармашы ислеўи ушын кеминде 100 000 гәпти өз ишине алған параллель тил корпусы зәрүр (жақсы, сапалы болыўы ушын, бир миллион гәп), яғный 100 000 қарақалпақша гәп ҳәм оның аўдармасы керек болады (қәлеген кең тарқалған тилге; баспадан шыққан китаплар санын есапқа алсақ, ең оптималы рус тили шығар). Бул корпус пенен машиналық үйрениў (machine learning) технологияси жәрдеминде, аўдармашыны «шынықтырыўға» болады.
Енди әдеттеги сораў, не ислеў керек? Тилди электронластырыў бул жеке энтузиастлардың қолынан келетуғын ис емес, сол ушын мәмлекет, әлбетте, өзи араласыўы керек. Китапларды электронластырыў, параллель ҳәм моно корпуслар жаратыў — бул тийкарынан инсан ресурсларын талап ететуғын процесс. Мәмлекетте бул ресурслар бар. Бәлким, оларды дурыс жолда пайдаланыў ўақты келген шығар? Егер инсан ресурсын жеткерип бере алмаса, грант яки соған уқсас қаржы жағынан болса да жәрдем бериўи мүмкин.
Мәмлекет тилдиң раўажланыўына үлес қоса алмайды яки буны қәлемейди екен, итимал, мағлыўмат жыйнаў жағынан жәрдем бериўге күши жетер? Технология жағын энтузиастлар жыйналысып бир нәрсе ислей алыўына көзим жетеди.
*✅ 👉 @KRuzuz *— Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Бир пайдаланыўшыға берилетуғын карталар санына шеклеў орнатылыўы мүмкин
Орайлық банк баслығының орынбасары Беҳзод Ҳамроевтың мәлим етиўинше, Өзбекстанда пуқаралар бир паспортқа ашыўы мүмкин болған банк карталарының саны нызамлы түрде тәртипке салынбағаны себепли айырым тутыныўшылар жүзлеген карталарға ийе болады.
Бундай карталардан болса кейин ала алдаўшылар пул қаржыларын өзлестириўде пайдаланып атырғаны айтылды. Орайлық банк бул бағдарда қолайлы шешим табыў ушын бул мәселени таллаўды жобаластырмақта.
*✅ 👉 @KRuzuz *— Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
*❗️Ҳәр бир қыйтақ жер ийелери, фермер ҳәм дийқанлар көриўи керек*
❓Жер ығаллығын қалай узақ мүддет услап турыў мүмкин?
Жерди мулчалаў тез-тезден суў талап ететуғын жерлер ушын пайдалы усыллардан бири.
Бул арқалы жериңиздиң ығаллығы узақ мүддетке (10-15 күн) сақланады ҳәм суўды тежейди. Сондай-ақ, мулчалаўдың өзи де артықша қәрежетлерди талап етпейди. Оған от-шөп, сабан, қағаз, опилка ямаса гүзде тереклерден түскен жапырақлар жетерли болады.
📹 Видеоны жақынларыңызға тарқатың.
*✅ 👉 @KRuzuz *— Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 18 hours ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙
📲Связь: @travelmanager
Last updated 6 days, 18 hours ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 2 weeks, 3 days ago