Yuristler akademiyası

Description
Huqıq baǵdarındaǵı áhmiyetli maǵlıwmatlar, pikir hám usınıslar, hámmesi xalıq mápi ushın!

Xalıqqa yuridikalıq jaqtan onlayn, biypul huqıqıy másláhátler beremiz.

Múráját ushın: @Salamat_Kalbaev
We recommend to visit

Gerçek fırsat ve indirimler🙋‍♂️
👍Bildirimleri AÇ İNDİRİMLERİ KAÇIRMA😉

Linkler Hepsiburada,n11,Trendyol,amazon ile işbirliği ile oluşturulmuştur.

Youtube: https://www.youtube.com/c/enesozen
Instagram : https://

Last updated 4 weeks, 1 day ago

Betist Resmi Telegram Adresi

Last updated 5 months, 3 weeks ago

Türkiyenin en büyük iş ilanları kanalı
Türkiye Geneli Part time Full time
Her Meslekten iş imkanı

Last updated 1 year, 1 month ago

1 month ago
1 month ago

⚡️ Еркеклерге де «декрет»ке шығыў ҳуқықы берилмекте

Олий Мажлис Нызамшылық палатасында қарап шығылған нызам жойбары менен Мийнет кодексине мийнет процесслеринде басым ҳәм зорлықларды қадаған етиў, олардың алдын алыў, басым ҳәм зорлықтан жәбирленгенлерге ҳәм де перзентиниң туўылыўы мүнәсибети менен ер адамларға орташа мийнет ҳақысы сақланған ҳалда, қосымша дем алысын бериўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

❗️Яғный, ер адамға перзентли болғанда орташа айлығы сақланған ҳалда қосымша дем алыс берилиўи белгиленбекте.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @Yuristler_akademiyasi

1 month ago
1 month ago

❗️**Пуқараның сырт елге шығыўын шеклеў тәртиби бойынша айырым сораўларға жуўаплар

? Пуқараның сырт елге шығыў ҳуқықы қандай жағдайларда шеклениўи мүмкин?*? Егер пуқараның қарыздарлығы судтың қарары ямаса орынлаў ҳүжжети тийкарында өндириўге қаратылған болып, усы қарыздарлықты қарарда көрсетилген мүддетлерде кеширимли себеплерсиз төлемесе, бул пуқараның сырт елге шығыўы шеклениўи мүмкин.*

? Пуқараның сырт елге шығыўын шеклеў ҳаққында ким қарар қабыл етеди?*? Мәмлекетлик орынлаўшы (мәжбүрий орынлаў бюросы хызметкери) өзиниң басламасы ямаса өндириўшиниң (қарыздардан талап етиўши) арзасы бойынша қарыздардың Өзбекстаннан шығыўын шеклеў ҳаққында қарар шығарыўға ҳақылы. Бул тәртип жәрийма салыў ҳаққындағы жынаят ислери бойынша судтың қарарын орынлаўға қолланылмайды, себеби бундай қарарды орынлаў ҳаққында қарар шығарғанда қарыздардың сырт елге шығыўын шеклеў мәселеси де усы қарарда көрсетилиўи шәрт.*

? Орынлаў ҳүжжети болмаса да қарыздардың сырт елге шығыўын шеклеўге бола ма?*? Аўа, бирақ суд арқалы. Себеби, нызамшылыққа бола, егер орынлаў ҳүжжети суд ҳүжжети болмаса ҳәм суд ҳүжжети тийкарында берилмеген болса, өндириўши қарыздардың сырт елге шығыўын ўақытша шеклеўди сорап судқа арза бериўге ҳақылы.
? Пуқараның сырт елге шығыўы шекленгенлиги ҳаққында оған хабар бериле ме?*? Аўа, әлбетте хабар бериледи. Пуқараның сырт елге шығыўын шеклеў ҳаққындағы қарар нусқалары усы пуқараға оның электрон мәнзилине ямаса телефонына СМС арқалы, ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине ҳәм мәмлекетлик шегараны қорғаў уйымларына жибериледи.
? Қарыздардың сырт елге шығыўына шеклеў қолланылмайтуғын жағдайлар да бар ма?*? Аўа, төмендеги жағдайларда шеклеў қолланылмайды:
егер өндириў керек болған сумма БЕМның 5 есесинен (1,8 млн сум) көп болмаса (бирақ бул алимент ямаса турақлы өндирип турылатуғын төлемлер ушын қолланылмайды), сондай-ақ суд қарарын орынлаў ушын жететуғын мал-мүлк алып қойылған болса;
қарзыдар юридикалық шахс болса.
? Пуқараның сырт елге шығыўына қойылған шеклеў қашан алып тасланады?*? Пуқараның сырт елге шығыўына қойылған шеклеў мәмлекетлик орынлаўшының қарары тийкарында бир күнниң ишинде төмендеги жағдайларда алып тасланады:
орынлаў ҳүжжетиндеги талаплар толық орынланғанда;
бул мәселе бойынша орынлаў иси сапластырылғанда яки тамамланғанда;
алиментлерди алдын ала төлегенде ямаса гиреў менен тәмийинлегенде;
усы шеклеў қойылған қарар бийкар етилгенде.
Шеклеўди бийкар етиў ҳаққындағы қарар сол күнниң өзинде қарыздар пуқараға, ишки ислер уйымларына ҳәм мәмлекетлик шегараны қорғаўшы уйымларға жазба ямаса электрон формада жибериледи.? Қарыздардың шеклеўди ўақытша тоқтатып турыў бойынша илтимасы қандай жағдайларда қанаатландырылады?*? Төмендеги жағдайларда мәмлекетлик орынлаўшы қарыздардың шеклеўди ўақытша тоқтатыў бойынша илтимасын қанаатландырыўы керек:
қарыздардың сырт елге емлеўханаға жатыў зәрүрлиги болса;
қарыздар сырт елге баратуғын мәмлекеттиң рәсмий делегациясы қурамына киргизилген болса.*

*? Постты жақынларыңызға тарқатың.*

?@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

1 month ago
***❗️*****Скриншотлар юридик күшке ийе болды**

❗️Скриншотлар юридик күшке ийе болды

Өзбекстанда санлы материаллар, мәселен, мессенжерлердеги скриншотлар, видеожазыўлар ҳәм жазысыўлар судта дәлил сыпатында тән алынатуғын нызам рәсмий түрде қабыл етилген.

https://t.me/Yuristler_akademiyasi

1 month, 1 week ago

Muzika waqtı

1 month, 1 week ago

Siziń ruqsatıńızsız foto yáki videolarıńızdı sociallıq tarmaqlar arqalı tarqatqan shaxslarǵa qanday shara kóriledi?

Shaxstıń ruqsatısız foto hám videoların tarqatpań!!!

Tolıq maǵlıwmat videoda

?Mùrajat ham konsultaciya ushin https://t.me/yuristler_1

?https://t.me/Yuristler_akademiyasi

1 month, 1 week ago

Muzika waqtı

1 month, 1 week ago
3 months, 3 weeks ago
***⚡️*****Ертең Қарақалпақстан Республикасы Басшысы ҳәм ең …

⚡️Ертең Қарақалпақстан Республикасы Басшысы ҳәм ең жоқары лаўазымлы шахс - Жоқарғы Кеңестиң Баслығы сайланады
2024-жыл 6-ноябрь күни саат 10:00 де тазадан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы өткериледи.

❗️Күн тәртибиндеги ең тийкарғы мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығын сайлаў мәселеси болады.

? “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында”ғы Нызамның 11-статьясына тийкар, Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақстан Республикасы Басшысы ҳәм ең жоқары лаўазымлы шахс болып табылады.

Сайлаўдан кейинги биринши сессия мәжилисинде Жоқарғы Кеңестиң депутатлары арасынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен жасырын даўыс бериў арқалы депутатлардың улыўма санының көпшилик даўысы менен Жоқарғы Кеңестиң ўәкиллик мүддетине Жоқарғы Кеңес Баслығы сайланады.

Жоқарғы Кеңес Баслығы өз ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша бийликлер шығарады.

@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

We recommend to visit

Gerçek fırsat ve indirimler🙋‍♂️
👍Bildirimleri AÇ İNDİRİMLERİ KAÇIRMA😉

Linkler Hepsiburada,n11,Trendyol,amazon ile işbirliği ile oluşturulmuştur.

Youtube: https://www.youtube.com/c/enesozen
Instagram : https://

Last updated 4 weeks, 1 day ago

Betist Resmi Telegram Adresi

Last updated 5 months, 3 weeks ago

Türkiyenin en büyük iş ilanları kanalı
Türkiye Geneli Part time Full time
Her Meslekten iş imkanı

Last updated 1 year, 1 month ago