Бахадыр Байназаров...(Өжет қосықлары)

Description
Бир демге умытып дүньяның исин,
Ўақытша кешейин жеткенше күшим,
Еситпей ҳәттеки жүрек урысын,
Мен бүгин тек ғана қосық жазайын...
Advertising
We recommend to visit

❤️‍? Eng sara yangi trend qoʻshiqlarni siz uchun taqdim etamiz ?

❤️‍? Barcha qoʻshiqlar original va pechatsiz holatda ?

Reklama uchun: @T1MoTel_23

Телеграм каналларимиз:
✅ @huda_uz
✅ @shams_solih

Мурожаат учун:
? @huda_murojaat_bot

Менеджер - @krishenik (вопросы только по рекламе ‼️)

Last updated 1 month ago

9 months, 2 weeks ago

.........*...

*Бир күни Ол қайтады, келеди және,
Бәлким бир әсирди араға салып.
Бултлардан қалқанын сайлап өзине,
Қолына найза емес, найзағай алып.

Енди исенбейди Адам затына,
Көзинен от шашар, түрде салқынлық.
Сабақ болар оған бүгинги тарыйх....
Сатқынлық...
Сатқынлық...
Сатқынлық!

Оған жолдас болар Ай ҳәм жулдызлар,
Космостың қүдирети бойына сиңген.
Жердеги тири жан "тирилик" етип,
Жанына сақ болар, шықпас ининен...

Бир күни Ол қайтады, келеди және,
Туран ойпатына, ўайҳанды салып,
Саўытын кийинген Қуяш нурынан,
Қолына найза емес, найзағай алып.

Енди исенбейди Адам затына,
Исенди бабасы, не болды, әне?!..
Мине исенген еди бүгин атасы...
Жалған дос...
Пуш үмит...
Қуп-қурғақ ўәде...

Минези тик минез, жабайы болар,
Алданбас жағымпазлар қылған ҳийлеге,
Ҳүжданын найзағайдың ушына илер,
Намыслы жанларды алға сүйреген.

Бир күни Ол қайтады, келеди және,
Қолына найза емес, найзағай алып...
© Автор: Өжет БАЙНАЗАРОВ*
2023
@baxadir_baynazarov

9 months, 2 weeks ago

ЖАМАН БА

Сенлик сезим сескенгендей самалдан,
Өзин-өзи пана қылар...
Қамалда...
Менлик сезим менсинбеди даўылды,
Ҳәрнесине шыдап берди ҳамаллап.

Ушайық деп түрткен қыял қусымның,
Бар сабыры таўсылғанын түсиндим.
Байлап қойған яңлы темир қазыққа,
Ҳеш илажын таппай турман ушыўдың.

Жаслық шақтың жанған гезде жалыны,
Муҳаббатты, ҳәм де дәртти таныдым.
Қабыл еттим оның қатал заңларын,
Қабыл еттим қызғаншақтың ҳалыны.

Сенлик сезим аңғармайды, көрмейди,
"Дәртке шыдам бере алмасаң, өл!" дейди.
Аҳ, тасбаўыр, жүректеги дәртимди —
— көрмей жүрген сол көзлериң емлейди...

Зулым шектим, бирақ алыс кетпедим,
Қыянеттиң жолын әбден бекледим.
Маған мәнги бойсынбаған ақылымнан —
— биле тура айырайын деппедиң?!

Сенлик сезим суўып қалған шамамда,
Қыялларға орын жоқтай санаңда.
Ләззет берер жалынына жаслықтың,
Сен де мендей күйип жүрсең жаман ба?!.

©Өжет Байназаров
Февраль. 2024
@baxadir_baynazarov

9 months, 2 weeks ago
11 months, 3 weeks ago

СЕН СОНДАЙ ҚЫЗСАҢ

*Салқынлық танытып сөйлер сөзиңде,
Маған жылыўы жоқ ҳәтте көзиңде.

Әбзели мен Сени сүйгеним ушын,
Кеўлиме бир үмит түйгеним ушын.

Шыдаўға мәжбүрмен жаным, өзим де,
Жаным да мәжбүр-дур сөзсиз төзиўге...

Сен буны билесең, жақсы билерсең,
Ишлей қуўанарсаң, бәлким күлерсең.

Бирақ, мен толқындай жағысқа кетсем,
Сеннен узақлассам, алысқа кетсем.

Сәл төзим таппассаң, баўыр тилерсең,
Мени дым сағынып жасап жүрерсең....

Айтпайсаң бирақ не сезингениңди,
Тынышыңнан әбден безингениңди.

Ишки әлемиңди гезип турарман,
Айталмағаныңды сезип турарман ---

----меннен алып қашқан көзиңнен муңды,
Тилиңе көшпеген сезимлериңди...

Изи үзилмеген жасты көремен,
Жүрегиңнен қулаған тасты көремен...

Көнбейсең, әндийшең сәлдей бузылса,
Қарақалпағымның нағыз қызысаң...

Үндеме...  Ҳәммесин жақсы билемен,
Мен Сени сол ушын жақсы көремен...
Өжет БАЙНАЗАРОВ*
2022-жыл
@baxadir_baynazarov

Telegram

Бахадыр Байназаров...(Өжет қосықлары)

Бир демге умытып дүньяның исин, Ўақытша кешейин жеткенше күшим, Еситпей ҳәттеки жүрек урысын, Мен бүгин тек ғана қосық жазайын...

**СЕН СОНДАЙ ҚЫЗСАҢ**
11 months, 3 weeks ago
11 months, 3 weeks ago

ҲҮРМЕТЛИ "СӨЗГЕ ШЕШЕНЛЕР" АЙТЫС ТОПАРЫ АҒЗАЛАРЫ !!! БӘРШЕҢИЗГЕ БЕЛГИЛИ, БЕРДАҚ ҒАРҒАБАЙ УЛЫ 196-ЖАСҚА ТОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН "САХРА БҮЛБИЛИ БЕРДАҚ ШАЙЫРЫМ" АТАМАСЫНДА ТАҢЛАЎ ЖӘРИЯЛАНҒАН ЕДИ. ?ТАҢЛАЎҒА: 1 САПУРА ДОШМУРАТОВА…

11 months, 4 weeks ago

**⚜
ҲҮРМЕТЛИ "СӨЗГЕ ШЕШЕНЛЕР" АЙТЫС ТОПАРЫ АҒЗАЛАРЫ !!! БӘРШЕҢИЗГЕ БЕЛГИЛИ, БЕРДАҚ ҒАРҒАБАЙ УЛЫ 196-ЖАСҚА ТОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН "САХРА БҮЛБИЛИ БЕРДАҚ ШАЙЫРЫМ" АТАМАСЫНДА ТАҢЛАЎ ЖӘРИЯЛАНҒАН ЕДИ.

?ТАҢЛАЎҒА:

1 САПУРА ДОШМУРАТОВА
2 АБДЫСАДЫКОВ ЕРСУЛТАН
3 МАМБЕТНИЯЗОВА ДИЛНАЗ
4 УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА
5 МИКО
6 ЗУЛФИЯ ТУРЫМБЕТОВА
7 ЗИНЕЛБАЙ ЮСУПБАЕВ
8 БАРНО ХАЕТБАШ
9 ЕШИМБЕТОВА МУХАББАТ
10 ЗИЙНЕТУЛЛА ХОДЖАНЯЗОВ
11 ЖАҢАБАЙ БАЙМУРАТОВ
12ХАМИДЖАН УБАЙДУЛЛАЕВ
13 ЖАНСАЯ УТАМБЕТОВА
ПАРАХАТ СУЛАЙМАНОВ.
14 КУУАНЫШБЕК НИЕТУЛЛАЕВ
15 ӘБДИРАХМАН ҚОЙЛЫБАЕВ(ЗЕРГЕР)
16 МАМБЕТНИЯЗОВА ДИЛНАЗ
17 ГУЛЖАХАН ХОЖАМБЕТОВА
18МАНЗУРА БАУЕНОВА
19БАХАДИР БАЙНАЗАРОВ (ӨЖЕТ).....лер

ӨЗ ДӨРЕТПЕЛЕРИ МЕНЕН ҚАТНАСЫП,
"СӨЗГЕ ШЕШЕНЛЕР" БАЙРАҚЛЫ АЙТЫС ТОПАРЫ ТӨРЕШИ АҒЗАЛАРЫ ТӘРЕПИНЕН (1,2,3-ОРЫНЛАР) томендеги доретиушилердин доретпеси усы орынлар менен белгиленди:

?-ОРЫН:

БАХАДИР БАЙНАЗАРОВ
(ӨЖЕТ)

300 мың сум ?

?-ОРЫН:

ПАРАХАТ СУЛАЙМАНОВ
200 мың сум?

?-ОРЫН:

ЖАҢАБАЙ БАЙМУРАТОВ
100 мың сум?

СЫЙЛЫҚ ПЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАНАДЫ.

?БУЛ ТАНЛАУГА ОЗ ДОРЕТПЕЛЕРИ МЕНЕН КАТНАСКАН ХАР БИР ҚАТНАСЫЎШЫЛАРҒА АЛДАҒЫ ТАҢЛАУЛАРДА ДА АКТИВ ҲӘМ ЖЕҢИМПАЗ БОЛЫУЫН ТИЛЕП КАЛАМЫЗ.

ХУРМЕТ ПЕНЕН:
СӨЗГЕ ШЕШЕНЛЕР ТОПАРЫ АДМИНИСТРАЦИЯСЫ....**

11 months, 4 weeks ago

АНА ТИЛИМ МӘҢГИ ЖАСА....

(Егер Ана тилим ертең өледи десе,
Мен бүгин өлиуге хәмийше тайынман!
Расул Гамзатов)

Бойымдағы намыс-арым өзиңсең,
(Айтылмаған аху-зарым өзиңсең)
Неше әсир жоғалмастан келдиң ғой,
Қууананаман! Өмир-бахый төзинсең.

(Тилин шайнап сөйлегенге уялып)
Соңғы күнлер сенде болды қыялым,
"Қалмаспа?" деп "Басқа түске боялып",
Дақ түспесин! Айдан тынық жүзимсең!

Орыс тилин зордан жырақ қылғанда,
Басқалары келип қәуип салғанба?!
Қалың тилин сақлайтуғын қалғанба?
Сәл жуқарып баратырсаң, сезинсем!

Сениң менен Қарақалпақ боламан,
Болғанда да тили өткир, зор адам.
Биреу келсе тарыйхыңды сораған,
"Балам" деме, тәрийплеуден безинсем!

Ана тилим мәңги жаса, жасай бер!
Өжет балаң сени "Тууған жас Ай" дер.
Жасауыңа керек болса бас әйлер,
Әрманым жоқ, бахытыңа гез келсең!

©Өжет Байназаров.
2020-жыл
Канал: @baxadir_baynazarov

Telegram

Бахадыр Байназаров...(Өжет қосықлары)

Бир демге умытып дүньяның исин, Ўақытша кешейин жеткенше күшим, Еситпей ҳәттеки жүрек урысын, Мен бүгин тек ғана қосық жазайын...

АНА ТИЛИМ МӘҢГИ ЖАСА....
1 year ago

МЫРЗАБАЕВ ИСЛАМБЕК БЕРКИНБАЕВИЧ
(1985-2023)
(Әлўидағ бөле!..)

Әй, яқ-ә!
Исенгим келмейди сирә...
Бул дүнья арзый ма болыўға пидә?
Усылай жаратып қойған соң қудай,
Адамзат бәрине көне береди.

Көнбестен қәйтеди?!
Өмирдиң заңы...
Қуяшсыз болса да ҳәр атқан таңы.
Жаныў буйырмаған бахыттың шамы,
Самалсыз, желсиз-ақ сөне береди.

Биз енди күтпеймиз қайтып келиўиң...
(Зорлап басып турман иштиң дебдиўин)
Жоғалтып шаршаған байғус кеўилим -
- маңлайға питкенин көре береди...

Хошласыў гүлҳанын жағып, гүўлетип,
Кеўилди дийдарға мәңги шөллетип.
Ең соңғы рет күлип түскен сүўретиң,
Көзлердиң астына көме береди.

Жазмышқа үндемей көнгениң менен,
Отыз сегиз жылда сөнгениң менен.
Сен...
Яқшы...
...
Бир мәрте өлгениң менен -
- қалғанлар күн сайын өле береди...

©Өжет Байназаров
2023
@baxadir_baynazarov

We recommend to visit

❤️‍? Eng sara yangi trend qoʻshiqlarni siz uchun taqdim etamiz ?

❤️‍? Barcha qoʻshiqlar original va pechatsiz holatda ?

Reklama uchun: @T1MoTel_23

Телеграм каналларимиз:
✅ @huda_uz
✅ @shams_solih

Мурожаат учун:
? @huda_murojaat_bot

Менеджер - @krishenik (вопросы только по рекламе ‼️)

Last updated 1 month ago