Қаракесек фан канал ; )
Админ: @KZmenenger
Құран арқылы Әлемді таны?
Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.
.........*...
Қуўанғаны сыяқлы жас балалардың,
Келердағы көзиңнен нур таралар күн.
Қысқа деме қосығымды оқып болып,
Ең баслысы "Сен" деп қағаз қараладым...
Өзегимди өртер иште жанып ышқы,
Ықтыярым сол ышқыға бағынышлы.
Мен барлығын жеңермен-аў сабыр менен,
Қәйтсем екен бирақ мына сағынышты?!..
Бул да бар ма муҳәббеттиң безегинде?!,
Ләззет берер жүрегиңди езеринде.
Шайырлықты умытайын деп жүр едим,
Сөзин айтты сағыныш өз гезегинде...
Өжет Байназаров
Канал: https://t.me/bakhadurdilfuza
УЙҚЫЛАҒАНЫМ ЖАҚСЫ ЕКЕН
(болған ўақыя)
Ерте турдым, "жумыс бираз өнсин" деп,
"Көзге түсип жалт-жулт етип дөнсин" деп.
"Мүсәпирге көп уйқылаў жараспас -
- тезлеў питип тезлеў ақша болсын" деп...
"Бисмиллаҳ" деп таярладым желимди,
Жеңди түрип бекем буўдым белимди.
Таңғы салқын әбден салқын болсын деп,
Муздай суўға ҳөллеп алдым еринди.
Кафеллерди тақлап қойдым қасыма,
Алмастырдым "болгарка"ның тасын да.
Өлшеп, кесип жапыстырсам болғаны,
Тийисемен азанғы шай-асыма...
Сызғыш пенен метрликти тақладым,
Өлшемлердиң бәрин мийде сақладым.
Белги қойып сызыў ушын кафелге,
Қасымнан ҳеш қара-қәлем таппадым.
Соннан бала, излеў салдым ҳәс турып,
Ҳәр бөлмеге кирип бардым бастырып.
"Япырмай-ә! Жинбекен бул Шайтан ба?!,
Ҳеш жерде жоқ, ақыры болғай жақсылық!"
Астан-кестен қылдым жатқан жеримди,
Анда-санда бир сыпырып теримди.
Қарап келдим "мусор"дың да ишлерин,
Шынын айтсам дым ашыўға берилдим...
"Ийт жеди ме, яки ушып кетти ме?"
"Әп-әнедей жатар еди "сетки"де."
Излеп жүрип сөгинемен тынбастан,
Тапсам егер алар-ем деп тепкиге...
"Шаршадым-әй, излегеним қуры екен,
Мынаў анық табалмастай түр екен." -
-деп сөйленип қасып едим шекемди,
Қара-қәлем қулағымда тур екен.
Неге мени сонша ғәплет басты-кен,
Излеп жүрип қанша ўақыт асты-кен.
Еки саат зер-зебил боп жүргеннен,
Еки саат уйқылағаным жақсы-кен...
П/с: ҳәммениң басынан өткен ғой, қолындағы затты да излегенлер бар.
© Өжет Байназаров
Кана: https://t.me/bakhadurdilfuza
ЖЫЛАН
Бир жылан бар, шақса палдай зәҳәр емес,
Ол шақпаса кеўилим жай табар емес.
Қойыныма алып жатып, сыбырлайман:
"О, Жыланым, сенсиз бәҳәр, бәҳәр емес...!
Бир жылан бар тийсе жыллы, суўық емес,
Оралады мойыныма, буўып емес.
Ол жыланды сыйпап ғана көндиресең,
Таяқ пенен түртип яки қуўып емес...
Бир жылан бар, жыланлардың сәрдары,
Көзин көрип болып едим қардары.
Сәрдарлығы мәлим болды усыдан -
- ол келгеннен басқалары тарқады...
Әй, жыланым, мың шақсаң да өлгеним жоқ,
Мың буўсаң да Әзрейлиге көнгеним жоқ.
Тағы бир рет Сени жақсы көрип қалдым,
Себеби мен Сендей жылан көргеним жоқ...
©Өжет Байназаров
Канал: https://t.me/bakhadurdilfuza
?АРАСЫНДА КЕЛИНШЕГИМЕ ҲӘЗИЛЛЕСИП ҚОЯЙЫН?
......
Жетер бәлким...
Жетер сонша жырақлық.
Сағынып жасаўлар.
...жетер!
Жетер!
Сүйдик.
Сүйилдик.
Жүреклерди жылаттық,
Алыс жүриў азабы бәринен бетер...
Шаршадым биймәни қосық жазыўдан,
Сағынышты жырлап әбден шаршадым.
Күнде шертетуғын муңлы сазымнан -
сазымнан дөрелген дәрттен шаршадым...
"Неликтен, тәғдийрим усылай питкен?!"
Ҳәр ақшам мың мәрте соралған сораў,
Пайдасыз...
Пайдасыз жуўабын күткен,
Оған бендесиниң жуўабы жоқ-аў...
Меннен бийзар болған ҳәтте шарап та,
Жубаныш болыўдан қашады бүгин.
Ол да таслап кетти мени жыраққа -
үзди де мойныма байланған жибин.
Және жалғыз қалдым мына әлемде,
Ҳәммеси тоқтатты "барыс-келис"ин,
Илажсыз жүгинип және қәлемге,
Излеймен баяғы ышқы перисин...
Ол да жоқ...
Айтпақшы ол меннен кешкен,
Тәсирсиз, мазмунсыз сөзлерим ушын.
Мейли шығарайын барлығын естен,
Болып қалағойсын бир көрген түсим.
Паяны көринбес, дәртлерим сансыз,
Бийдәртлерге бәрин төгип нетейин.
Мен, бунда жалғыз.
Ол, бунда жалғыз.
Ақшамның қойнына сиңип кетейик...
Төксем де ким маған, "қой Өжет!" деди,
Айыплап отырады шайырды ким?
Бүгинше жетер...
Уйқылайман енди.
Қайырлы түн!
©Өжет Байназаров
Канал: https://t.me/bakhadurdilfuza
ЖЫЛА
Жыла кеўлим аспан менен қосылып,
Ашып тасла муңларыңның түңлигин.
Бир жыл бойы жаңламаған қосығым -
- жыла сен де, сен жылардай күн бүгин...
Жыла кеўлим... Ҳешкимге ҳал соратпа,
Бүгин жылаў - бул жазылған тәғдириң.
Тири жанға ҳалсызланып сыр ашпа,
Сырлас болсын Атыраўдың жамғыры.
Бундай жамғыр, толтырады дәрьяны,
Ҳеш тоқтамас, қандай күшли епкини.
Бул негизи Көкжаллардың пәрияды,
Жалғыз өзиң уғынғансаң тек буны...
Жыла кеўлим, умытылсын ескилер,
Умытылсын.... Муңқалтаңның түбин тес...
Мына соққан гүлдирмама сестинен,
Бүгин сениң жылағаның билинбес.
Өжет Байназаров
1-июль 2023
Канал:
https://t.me/bakhadurdilfuza
"СЫР"
Күним өтер, күтиў, күтиў, күтиўде,
Бир нәрседен үлкен үмит етиўде.
Не екенин билмей дөнип не түрге,
Кеўилиме түспей атыр жыллылық...
Кеўилимниң бул қәлеўин билгеннен,
Пайда жоқ-аў, қулақ түрмес бир бенде.
Егер мениң ойым бола бергенде,
Жүрмес едим қыялыма қул болып...
Қыял менен мына өмир барысы,
Ала алмас еки дүнья табысып.
Ал мен болсам самал менен жарысып,
Ушып жүрмен жел үрлеген күл болып...
Күл болсам да хәўес етип жалынға,
Қулшынаман бул бийшара ҳалымда.
Бес күнимниң енди қалған жағында,
Кеўил қурғыр шығармағай бир қылық...
Қылықлары жанға тийди, жан жеди,
Зардабынан аўырсынар жан жерим.
Питпейтуғын ақыл-жүрек жәнжели,
Күннен күнге баратыр-аў зор болып...
Я жүректен, я ақылдан айырылып,
Қала егер, қарамаңлар қайырылып?!
Еки жағдай тусында да шайырлық -
төктиреди, барын бардай жыр қылып...
Усы жырды өз-өзиме арнадым,
Ҳешкимге де салмас деймен салмағын.
Не туўралы айтып атырғанларым,
Мәңги қалар тек мен билер сыр болып...
Өжет Байназаров.
Калал: https://t.me/bakhadurdilfuza
Қосықларыма өзиниң пикирин ҳәм қәтелеримди айтып турған ғайбана Устазым Гульнара Нурлепесованы жетискенлиги менен шын жүрегим менен қутлықлайман!
Ҳүрмет пенен Өжет Байназаров.
Қаракесек фан канал ; )
Админ: @KZmenenger
Құран арқылы Әлемді таны?
Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.