Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 2 days, 18 hours ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙
📲Связь: @travelmanager
Last updated 1 week, 1 day ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 2 weeks, 5 days ago
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram
Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✅@alberuniyuz
СЕГИЗ МИНУТ
*“Дүньяның ең жақсы 10 минутлық фильми” атағын алған қысқа метражлы фильмди көриў ушын кинотеатрға адамлар жыйналды. Фильм басланды, бирақ, үлкен экранда үйдиң аппақ потологынан басқа ҳеш нәрсе көринбеди.
Төртинши минутта да сол аўҳал, бесинши минутта да...
Сегизинши минутта да аппақ потологтан басқа ҳеш нәрсе жоқ еди, адамлар бийтақатлана баслады, базылар кинотеатрдан шығып кетти, базылар өткен ўақтына ашынды.
Ақырында, тоғызыншы минутта, экранда наўқаслығы себепли аяғы шал болып бир өмир төсекте жатыўға мәжбүр болған бала көринди.
Кейин экранға мына жазыў шықты:
“Мына бала және неше жыллар даўамында усы ҳалда аппақ потологқа қарап жатады, ал сиз 8 минут шыдай алмадыңыз...”*Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram
Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✅@alberuniyuz
ҮЙЛЕНИЎДИҢ ЖАҚСЫ ТӘРЕПЛЕРИ✅
(жигитлерге арналады)
- Үйден шықсаң шығарып салатуғын адам бар. Кирсең де күлимлеп күтип алатуғын адам бар.
- Егер биреўдиң кеўил бөлиўин қәлесең, оны сырттан излемейсең, үйге қайта-қайта кирип-шықсаң болды, "Не болды? Не ислеп жүрсиз?" деген сораў өзи-ақ қойылады😊
- Кир кийимлериң бурынғыдай жатпайды. (Сен таслайсаң, жоқ болып кетеди) Бир неше күннен кейин тап-таза болып шкафта турады👍
- Бир нәрсени жегиң келсе, "Баяғыда усындай жейтуғын едик, маған қатты унайтуғын еди" деген сыяқлы әңгимениң бир шетин баслап берсең болды, азмаздан кейин сол аўқат алдыңда турады🙂
- Егер жуўыныўға кирип, бирақ сүлгиңди яки кийимиңди бөлмеде умытып кетсең, бурынғыдай шығып жүриўдиң қәжети жоқ, айтсаң болды, әкелип беретуғын адам бар.
- Бурынғыдай бир жаққа барыўың керек болса, "уйқылап қаламан-аў" деп қорқпайсаң. (Уйқылап қалсаң да, тез-тез кийимиңди таўып берип, көмеклесип жиберетуғын адам болады)
- Сен бир адамды қуўандыра алатуғын қәбилетке ийе екениңди сезесең. Күш-жигер, өз-өзиңе деген исеним пайда болады. Саған қанат питеди💪
- Сен бурынғыдай жумыстан келе салып "Не жеймен?" деп уўайымламайсаң. Есесине, "Үйге не алып барсам екен?" деп жүресең.
- Сен буннан былай "дос" излеп жүрмейсең. Себеби, жалғыз емессең. Шеригиң де, достың да, жанашырың да, тилеклесиң де қасыңда👫
- Сениң бир басың екеў болады. Бурынғыдай барлық нәрсеге бир өзиң емес, екеў болып ойлап, екеў болып жуўыратуғын боласаң ҳәм ең жақсысы, бул еки бас ары қарай үшеў, төртеў, оннан да көп санға көбейиўи мүмкин!
- Ал, сен солардың барлығының төбесинен қарайтуғын, олардың муҳаббатына муҳаббат пенен жуўап беретуғын шаңарақ басшысы боласаң. Жақсы емес пе?😇✊
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram
Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✅@alberuniyuz
НЕГИЗИНДЕ КИМСЕҢ?
Егер қулық дәрежеңди билмекши болсаң, үйделигиңде қулқыңның қандайлығына қара!
Себеби, сен көшеде социаллық ҳалатыңа қарап ҳәрекет етесең. Ҳалатыңды жақсылайсаң, көринисиңди гөззалластырасаң, кийимлериңе итибар бересең, күлимсирейсең, ийисли нәрселер сеўесең, үзир сорайсаң, ийилесең, биреўге жалған мәмиле қыласаң, шийрин сөйлейсең!
Себеби, бул саған пайда да! Инсанларды өзиңе қаратыўды қәлейсең.
Негизинде, сениң ҳақыйқатың үйиңде, ҳаялыңның алдында, перзентлериңниң алдында жүзеге шығады. Үйиңде саған хожа жоқ. Хожа өзиңсең.
Сонлықтан да, қулқыңа баҳа бермекши болсаң, үйде қандай екениңе қара. Сонда кимлигиң аян болады!
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Сизлердиң жақсыңыз әҳлине жаксы болғаныңыз", - деген.
Муҳаммад Ротиб Набулсий.
Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram
Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✅@alberuniyuz
АНАМА СӨЗ БЕРДИМ.
Абдулқәдир Жийланый илим алыў мақсетинде сапарға шығажақ болды. Анасы өзинде қалған 80 динарды баласына берди. Бул сол дәўирде жүдә көп пул болған. Баласын шығарып салып атырып: "Мудамы туўры бол, ҳеш қашан өтирик сөйлеме", деп баласына айтты. Абдуллаҳ ҳеш қашан өтирик сөйлемеймен, деп анасына ўәде берди.
Абдуллаҳ кетип баратырған кәрўанды жолда қарақшылар қоршап алады.
Ҳәммениң бар-жоқ нәрсесин тонайды.
Абдуллаҳтың қасында бир қап китап ҳәм анасы берген, шапанының шетине тигип қойған 80 динары бар еди. Қарақшылар Абдуллаҳға байлықларыңды шығар, дегенде, ол китапларын береди. Олар Абдуллаҳның үстинен күлип: "Бийшара өзи бир талабаға уқсайды, бунда пул жоқ ямаса пулың бар ма?", деп масқаралайды. Абдуллаҳ сонда: "Аўа, пулым бар", деп 80 динарды шығарып береди.
Қарақшылар сәрдары: "Сениң есиң орнында ма? Байлығың қәне десек китапты көрсетесең, үстиңнен күлип сорасақ пулыңды шығарып бересең, пулыңды айтпағаныңда яки жоқ деп өтирик сөйлегениңде пулларың өзиңде қалатуғын еди ғо", деди.
Сонда Абдуллаҳ: "Мен анама ҳеш қашан өтирик сөйлемеймен, деп ўәде бердим. Мен 80 динар яки оннан көп нәрсе ушын ўәдемди буза алмайман, деген екен.
Қарақшылар баслығы: "Мен мына кишкене баладай да мәрт емеспен бе? Ол өзинде бар байлықты бир аўыз ўәдесин бузбаў ушын кешип жиберди. Мен не өмирим даўамында өтирик бир шетте турсын, тонаўшылық пенен шуғылландым ғо, деп сол ўақыттан баслап тәўбе етипти. Карўаннан тонаған ҳәмме нәрсесин қайтарып, туўра жолда жүриўге өтипти.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram
Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✅@alberuniyuz
Дуўаның пазыйлети
Ибн Қайюм раҳимаҳуллаҳ айтады: «Дуўа - ең пайдалы дәрилерден бири. Дуўа – кеселликтиң душпаны. Дуўа – мөминниң қуралы».
Мусылман адам ҳәр дайым дуўада болады. Қуўанса да, қапа болса да, кесел болса да, тәўир болса да. Дуўа менен өмиримиз, әмеллеримиз берекетли болады. Дуўа – ибадатлардың ең уллысы. Аллаҳ таала ушын да дуўадан сүйкимлирек нәрсе жоқ. Солай екен, ҳәр дайым Аллаҳ тааладан мийримин сорап, жақсылықларын сорап дуўа қылып жүрейик.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram
Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✅@alberuniyuz
ШҮКИРДИҢ ПАЙДАЛАРЫ
1. Шүкир ийманның кәмил екениниң белгиси.
2. Шүкир Исламның гөзаллығына дәлил.
3. Шүкир неъмат бериўши ҳәм неъматқа миннетдаршылық.
4. Шүкир неъматтың сақлаўшысы.
5. Шүкир неъматтың зыяда болыўының себеби.
6. Шүкир Аллаҳтың разылығына еристириўши.
7. Шүкир Аллаҳтың муҳаббатына бөлеўши.
8. Шүкир нәпси қәтержамлығының гиреўи.
Солай екен, Аллаҳ тааладан көп шүкир қылыўшы бенделер қатарында қылыўды сорайық.
Аллаҳым бизлерди берген неъматларыңа ҳәмийше шүкир қылыўшылардан болыўымызды несип ет.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram
Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✅@alberuniyuz
#Ҳикмет Иши бос ыдыслар даңғырлаған ҳаўаз шығарады. Иши толы ыдыслар ондай емес. Адамлар да сондай. Тек ақылсызлар ғана шаўқым көтерип, бақырсып-шақырсып жүреди. Сен олар менен тартысып, ўақтыңды заялма.
“Ҳикмет дүрданалары”
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!*🧿alberuniy.uz🟥youtube🌐instagram🌐facebook *Каналға ағза болың !*✈️***alberuniyuz
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 2 days, 18 hours ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙
📲Связь: @travelmanager
Last updated 1 week, 1 day ago
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 2 weeks, 5 days ago