Сагынбай Ибрагимов

Description
Литература
Advertising
We recommend to visit

زیباترین آثار موسیقی بی‌کلام

‌‌

Admin - @RadiolRelax

Українська сучасна Музика.
Популяризуємо Українську музику.


Реклама: @TgTopUA

? ️ Eᥒg ѕ᧐'ᥒgι ᥊ιᴛ ⲙυѕιᥴᥣᥲr ᧐ᥣᥲⲙιgᥲ ᥊υѕн ĸᥱᥣιʙѕιᤁ ?

Xᥲⲙⲙᥲѕι ᧐ᥣɗιᥒɗᥲ ? ѕᥲʙr...❤️

? ᥊ιᴛ ⲙυѕιᥴ 2023+
? ⲙ᧐᧐ⲙʙᥲн ⲙυѕιᥴ
? rυѕѕιᥲᥒ ⲙυѕιᥴ
? ʙᥲѕѕ ⲙυѕιᥴ
? rᥱⲙι᥊ ⲙυѕιᥴ
? ᥴᥣυʙ ⲙυѕιᥴ

– Creator: @SuRXaNsKeY ??

— Реклама | @EFECTLI_REK ❤️??

1 month, 1 week ago
Сагынбай Ибрагимов
1 month, 1 week ago

Сағынбай ИБРАГИМОВ

ТАҢҒЫ ҚАТАРЛАР

Дүнья еки күннен турады:
Пайда көрген болсаң биринде,
зыян келер екинши күни -
билип болмас
қайсысы алдын,
қайсысы соң келер усы күнлердиң...

1 month, 1 week ago

Сағынбай ИБРАГИМОВ

ТАҢҒЫ ҚАТАРЛАР

Ким ертеңги күнин ойлай алмаса,
ертеңги күн оны жазалар екен -
мен көп көрип жүрмен әтирапымда,
усы тарийқада өкингенлерди.

4 months, 1 week ago

САҒЫНБАЙ ИБРАГИМОВ
БРНО ДӘПТЕРИ
Қосықлар китабы
2020

ОРФЕЙ ҲӘМ ЭВРИДИКА

Орфейдиң көзиниң алдында
жоғалды елеси Эвридиканың…

Күни кеше олар бахытлы еди,
тоймай дийдарына бири-бириниң.

Тоғайда олар ойнап-күлип жүр еди,
бир ҳәпте болады қосылғанына.
Көздиң жаўын алған гүллерди терип,
Эвридика бираз алыслап кетти.

Бирден… әтирапында шақалар сынып,
қәўетерли сеслер зәрресин алды…
Бир жабайы аң киятыр асығып…
Қорқыныш бийледи Эвридиканы.

Соннан ол жүреги аўзына келип,
Орфей жалғыз қалған таманға шапты.
Ушып киятырып, қалың шөпликте
жыланның уясын басып алыпты.

«Ўай!» – деген ышқынған сеске жеткени,
Орфей көрди оның жаны ҳаўада
елес болып ушып баратырғанын…
Жылан қызды шағып үлгерген еди.

Гүң болды Орфейдиң йошлы лирасы –
Эвридикасыз бул дүнйа қараңғы.
«Енди бул дүнйада мәни қалмады,
қайтарыўым керек Эвридиканы».

Сессиз қалған алтын лирасын алып
тирилей ол дүнйаға жол алды Орфей.
Сазы менен елитип қатал Харонды,
Стикс дәрйасының артына өтти.

Ол дүнйа патшасы Аидтың алдында
саз бенен жеткерди жанған жүрегин…
Аид айтты: "Мени еритти сазың,
әдетиме қайшы исти етемен.

Бирақ бир шәртим бар – жақты көргенше
көз салмайсаң Эвридикаға…
Эвридика емес ол сен таныған,
қашан шыққаныңша жердиң бетине.

Жақтыға шыққанша жүзин көрмейсең,
жақтыға шыққанша қол тийдирмейсең –
жердиң астында ол мениң еркимде,
қол қата алмайсаң мениң мүлкиме…

Бенделер билмейди: жойтқан нәрсеңди
табалмайсаң, жойтып ҳәм таўып алсаң –
ҳәмиян ол сен жойтқан ҳәмиян емес,
ишинде теңгеси түўел болса да…"

Орфей қайтты келген соқпағы менен,
изде Гермес – сүйеп Эвридиканы.
Орфей тың-тыңлайды – гүңгирлеп
еситилип киятыр қәдем қойғаны.

Мине, үңгирге де жетисти олар,
жоқарыға шықса қуяш әлеми.
Соқпақ жақынлаған сайын жақтыға,
Орфейдиң жүреги ҳәўлире берди.

«Рас киятыр ма Эвридикам –
жоқпекен Герместиң жаманлық ойы?!
Ким биледи… Кимге исенип болады…» –
Гүман әзәзүли азғырды оны.

Қасқағым мәўрит… жол ашып береди –
бахытқа да, бахытсызлыққа да.
Сол… жердиң үстине шығар мәўритте
Орфей бийықтыяр изине бурылды.

Сонда көрди – Эвридиканың елеси
және сиңип барар еди түнекке.
Болды… Бәри тамам… Болғаны усы…
Орфей, өзиң пышақ урдың сүйекке.

Өмирди өзгертип қояды бир дем –
Орфей қайрылады изине…
Елп еткен самалдан шырақ сөнеди…
Усы аласат бар бендениң өмиринде.

2020

4 months, 1 week ago

Сағынбай ИБРАГИМОВ

Ишине зәҳәр толы адамлар
мойнына ала жип салып жалған сөйлейди,
үстимнен жалған көрсетпе береди,
қамақ ордерине қол қояды,
өлимге ҳүким етеди
отыз еки жасымда
(мен Көптилеў Нурмуҳаммедулы едим).

Олар усылай жақты дүнйадан
бахытсызлығы ушын өшин алады.

2020

4 months, 1 week ago

САҒЫНБАЙ    ИБРАГИМОВ

Бир-биреўге салмақ салмай жасай алдық-
бизиң  бахытымыз  сол  болды.

Подстрочный  перевод:
Мы  не угнетали  друг-друга -
в  этом  было  наше  счастье.
(верлибр)
                             *          *          *
Қамшының астында көзин ашқан халық,
қылыш асыныўға жүрекшайды еди.

Гөзлеген қорғаны  путаның  асты.

Подстрочный  перевод:
Люди, открывшие глаза под ударами плети
не были способны  браться  за  меч.

Им спасение  виделось  под  кустами.
(верлибр)
                                   *          *           *
Адамның әтирапында ҳәртүрли намақулшылықлар болады екен - солардан  сақланып  жасаў әмелиятын  үйрениў  керек  екен.  Буны  ислей  алмасаң - өмириңе  орны  толмас  өкинишлер  киреди.

Бирақ  усы  өкинишлер  мениң  қолымдағы  қәлемимди   жүргизип  киятырғанлығын  да бийкарлай  алмайман.

Подстрочный  перевод:
Вокруг  человека  будут  происходить  различные  недостойные  дела - надо  учиться  искусству  жить,  остерегаясь  испачкаться.

Не сумеешь это сделать - в твою жизнь  войдут  великие  сожаления.

Но не могу  также отрицать, что такие  сожаления  двигают  моим  пером.

Сагынбай Ибрагимов .
2020
Брно

6 months, 3 weeks ago

Сағынбай ИБРАГИМОВ

Қарақалпақ аўылын таслап
сен қай жаққа бара аласаң?!
Басқа қайсы жерде жазылып,
көкирек керип жүре аласаң?!
Бундай жер жоқ жердиң бетинде:
Жарты суйем карта жүзинде -
ғарға тоңып өлген қысында,
аяқ серппей кеткен қурбақа,
суўдан шыққан бойы жазында...
Ақ шаңғыты аспанға шыққан,
бабаң қаққан ат қазық қалған
жарты сүйем топырағың бул...

6 months, 3 weeks ago

Сағынбай ИБРАГИМОВ
БРНО ДӘПТЕРИ
Қосықлар китабы
2020
                   *
Сом темирден болса шыдамың,
бул ортаны жарып шығасаң -
сонда изиңде қала береди
қыйқымлардың қыйқым ислери.

Ал, алдыңда турған төбениң
аржағында және төбе бар,
оннан ары өткен күниң де
соңғы күни емес өмириңниң.

Дусласады және өмириңде
жақсылық хәм жаманлық оты -
писип шығып усы қумбызда,
ҳүкимиңди бере аласаң...

Бирақ сениң шешимлериңе
қала берер дүнйа бийпәрўа...
Демек, көктен түспес әдиллик,
өзиң ушын излейсең оны.

6 months, 3 weeks ago

Сағынбай ИБРАГИМОВ

ТАҢ ТѲРТЛИГИ

Аспаннан сорадым: Ҳүкимиң недур?
Айтты: Шаң қонбасын гүл ғумшасына.
Жерге саўал қойдым: Тилегиң недур?
Айтты: Мен көгерткен гүлди солдырмаң.

14.07.2023

6 months, 4 weeks ago

САҒЫНБАЙ ИБРАГИМОВ
БРНО ДӘПТЕРИ
Қосықлар китабы
2020

Сен үстиңе лампамай қуйып,
тандырдың ишинде өзиңди өртедиң –
он алты жасыңда едиң.

Соң… жанайбат пенен тандырды
бузып шығып, еки адым атладың –
ҳәм ес-түссиз жығылдың жерге.

Жасаўыңнан үмит жоқ сени
алып келди емлеўханаға.

Сонда ыңырсынған даўысың
мениң өзегимди өртеди –

сол көринистен соң
мен бийпәрўа болалмас едим өмириме.

Жаздың күни еди.
Мен он төрт жасымда едим.
Қоңыратта бир аўылдың қызы.

Кимге өкпелеп едиң?! Неге өкпелеп едиң?!

We recommend to visit

زیباترین آثار موسیقی بی‌کلام

‌‌

Admin - @RadiolRelax

Українська сучасна Музика.
Популяризуємо Українську музику.


Реклама: @TgTopUA

? ️ Eᥒg ѕ᧐'ᥒgι ᥊ιᴛ ⲙυѕιᥴᥣᥲr ᧐ᥣᥲⲙιgᥲ ᥊υѕн ĸᥱᥣιʙѕιᤁ ?

Xᥲⲙⲙᥲѕι ᧐ᥣɗιᥒɗᥲ ? ѕᥲʙr...❤️

? ᥊ιᴛ ⲙυѕιᥴ 2023+
? ⲙ᧐᧐ⲙʙᥲн ⲙυѕιᥴ
? rυѕѕιᥲᥒ ⲙυѕιᥴ
? ʙᥲѕѕ ⲙυѕιᥴ
? rᥱⲙι᥊ ⲙυѕιᥴ
? ᥴᥣυʙ ⲙυѕιᥴ

– Creator: @SuRXaNsKeY ??

— Реклама | @EFECTLI_REK ❤️??