Официальный канал группы вк Квазар
По поводу контента: @powuker
Last updated 1 month, 3 weeks ago
БЕРДӘНБЕР ШӘХСИ БИТ ✅
Биредә аралашырбыз - ЯЗЫЛЫГЫЗ 💪🏼
Яңа җырлар, видео, фикерләр.
Иң мөһиме сәламәт булыйк 🙏🏽
Last updated 2 months, 4 weeks ago
✍️Ақшолпан Аманияз
?Дильфуза Сейтимова
Сөзи: ✍ Ж. Махаметдинова
Намасы: ? Ажинияз Пахратдинов
Атқарған: ? Мадияр Бекполатов. https://t.me/Kewilim_keshirmeleri
✍️Сөзи: Ақшолпан Аманияз
?Оқыған: Көпжүрсин Алланазаров
Гәҳиде муңайсаң атаўлап көшкиң,
Жақын- жуўығыңнан дәметип тәскин,
Дәдимал айталмай,... тәни басқалар,
Өзиңди- өзиңдей түсинбес ҳеш ким.
Ишке жутқан дәртиң жаныңа батып,
Жүзлериң иреңки қойғанда сатып,
Пайызсыз бир күниң, бир жылға татып,
Азап шеккеңиңди түсинбес ҳеш ким.
Тосаттан мүсийбет түскенде басқа,
Жүрегиң музласа... айланып тасқа,
Ишки сарайыңа, табалмай жасқа,
Кеўил кеширмеңди түсинбес ҳеш ким.
Жүрегиң қан жылап отырсаң бүлип,
Әрманның түнлигин айқара түрип,
Жаны бөлек,... заўқы сапаны сүрип ,
Жаныңның айқайын түсинбес ҳеш ким.
“Тас түскен жерине батады зилдей”,
Қайғыдан шөгесең: болсаң да пилдей,
Ҳәр ким өз басына, түспесе билмей,
Өзгени- өзиндей түсинбес ҳеш ким.
✍ Ақшолпан Аманияз
? Сансызбай Қанназаров
Сөзи: ✍ Ж. Махаметдинова
Намасы: ? Ажинияз Пахратдинов
Атқарғанлар: ? Наўрыз ҳәм Нурсулыў
https://t.me/Kewilim_keshirmeleri
Сөзи: ✍ Ж. Махаметдинова
Намасы: ? Ажинияз Пахратдинов
Атқарған: ? Мадияр Бекполатов. https://t.me/Kewilim_keshirmeleri
БИРИНШИ АПРЕЛЬ
Сен келсең үйрилер күлки жүзлерге,
Жан енип өңкей ушырма сөзлерге,
Заўық бағышлайсаң ҳәмде бизлерге,
Өзи қайттыдан бир биринши апрель.
Естирип келесең сәўир самалын,
Пыт- шыт қылып қайғы, муңлар қамалын,
Жадыратып адамлардың жамалын,
Қуўаныш әйлейсең биринши апрель.
Заманында болған зибаны шаққы,
Пақыр- пухаралар қорланған ўақты,
Тирилип келгендей Өмирбек лаққы,
Ўа-ха-ха басланар биринши апрель.
Шанышқыңды көрип көплер зирилдер,
Қоян жүреклери… тынбай дирилдер,
Күлки қумар Юморбекти пирим дер,
Езиўлер жыйылмай биринши апрель.
Басқы, ҳәзиллерге қаламыз батып,
Лапгөйлер шыққанда лөкелек атып,
Ашшы шынлықты көриң деп татып,
Жерине жетирген де биринши апрель.
Қырағы көзлериң, олқы жер қарап,
Жыртылған жерлерди жүресең жамап,
Көпшиликке берип өмирден сабақ,
Танаўын тартасаң биринши апрель.
Ақшолпан Аманияз 01.04.2024 жыл
Бул дүньяның нақшы адам баласы,
Ушқыр қыял, жетик ақыл, санасы,
Мириўбетке толы кеўил ханасы,
Әлем шырай ашсын жақсылар менен.
✍Ақшолпан Аманияз
?Қарақалпақ қызы
Ассалаўмаалейкум Ақшолпан апа. Ештен кеш деп, кеш болсада өткен пайғамбар жасына жеткен туўылған күниңиз бенен қутлықлайман. Жақынларыңыздың бахтына, бизлердиң бахтымызға, жәнеде бәрше өмирдеги ҳәм тармақтағы ықласбентлериңиздиң бахтына барқулла саў-саламат болып, күлип-ойнап йошланып, бир-биринен мазмунлы қосықлар дөретип, ел-халықтың алғысына бөленип жүре бергейсиз деп образдағы ашығыңыз
✍Кердерли Ғәрип ашық,
Сансызбай Қанназаров.
Жупар хештен кеш жаксы деген Кешеден Берли байланыса алмай атырман Пайгамбар жасын кутлы болсын, омирин мазмунлы,перзентлерин Аман,Ден саулыгын беккем болып,илхам кусын тарк етпесин.КУТЛЫКЛАЙМАН шын журектен
Официальный канал группы вк Квазар
По поводу контента: @powuker
Last updated 1 month, 3 weeks ago
БЕРДӘНБЕР ШӘХСИ БИТ ✅
Биредә аралашырбыз - ЯЗЫЛЫГЫЗ 💪🏼
Яңа җырлар, видео, фикерләр.
Иң мөһиме сәламәт булыйк 🙏🏽
Last updated 2 months, 4 weeks ago