Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

BILIMLENDIRIW PRESS/ TAXIR DAULETMURATOV

Description
Bul kanalda bilimlendiriwge tiyisli jańalıqlar sáwlelendirilip barıladı.
Advertising
We recommend to visit

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.facebook.com/qrtjm?mibextid=LQQJ4d

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 3 days, 12 hours ago

Павлодар облысы білім беру басқармасы

Last updated 2 months, 1 week ago

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi

Last updated 1 month, 1 week ago

1 month, 1 week ago

«БИЛИМЛИЛЕР БӘЙГИСИ» ТЕЛЕВИКТОРИНА ОЙЫНЫ

🟣Көрсетиўдиң 3-санында Төрткүл, Қоңырат ҳәм Бозатаў районларының мектеп оқыўшыларынан қуралған командалары өз ара беллести.

Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

1 month, 1 week ago
**ПӘНЛЕР ОЛИМПИАДАСЫНЫҢ 2-ТУРЫ БАСЛАНДЫ**

ПӘНЛЕР ОЛИМПИАДАСЫНЫҢ 2-ТУРЫ БАСЛАНДЫ

🟣Пәнлер олимпиадасының тест басқышын онлайн түрде бақлап барың.👇**

*👉 Усы жерде*

**☝️Төрешлер қурамы ағзаларын да онлайн бақлап барсаңыз болады.**

👉 Қазақ тили

👉 Қарақалпақ тили

👉 Өзбек тили

👉 Рус тили

👉 Математика

Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

1 month, 1 week ago

#Live

ТИЙКАРҒЫ ОЛИМПИАДАНЫҢ IV (РЕСПУБЛИКАЛЫҚ) БАСҚЫШЫ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ

🟣Бүгин Республикамыз бойлап олимпиада процесслери болып өтпекте:
✔️ Қарақалпақстан Республикасында 👉 математика, өзбек тили, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, орыс тили ҳәм әдебияты, қазақ тили пәнлеринен;

*✔️Сурхандәрья ўәлаятында 👉 тарийх, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары, география, тәжик тили* пәнлеринен;

*✔️Ташкент қаласында* 👉 көзи әззи ҳәм шала көриўшилер арнаўлы мектеп-интернатлары оқыўшылары арасында ана тили ҳәм әдебияты, математика, тарийх, орыс тили ҳәм әдебияты пәнлеринен.

❗️Олимпиада нәтийжелерине көре, жеңимпазлықты қолға киргизген оқыўшылар Министрлер Кабинетиниң 562-санлы қарарына муўапық жеңимпазлықты қолға киргизген пәнинен жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында максимал балл берилетуғын жеңилликке ийе болады.

Соның менен бирге, жеңимпаз оқыўшылар ҳәм олардың устазлары белгиленген тәртипте пул сыйлықлары менен хошаметленеди.

Барлық қатнасыўшыларға әўмет тилеймиз!
Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

1 month, 2 weeks ago
**МЕКТЕПТЕ САБАҚЛАР НАДУРЫС БӨЛИСТИРИЛГЕН БОЛСА НЕ …

МЕКТЕПТЕ САБАҚЛАР НАДУРЫС БӨЛИСТИРИЛГЕН БОЛСА НЕ ҚЫЛЫЎ КЕРЕК?

🟣Педагог хызметкерлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм де улыўма билим бериў мәкемелериниң жумысына тийисли ең әҳмийетли мәселелерди талқылаў Педагогикалық кеңестиң миннетлемелеринен бири есапланады.
✔️Яғный, билимлендириӯ мәкемесинде сабақ бөлистириў надурыс бөлистирилген болса, педагог хызметкерлер бул мәселени педагогикалық кеңесте қайта көрип шығыў ушын мектеп директоры - педагогикалық кеңес баслығына мүрәжат етиў керек.

✔️«Улыўма билим бериў мәкемелеринде классларды комплектлеӯ ҳәм де тарификация дизимлерин қәлиплестириў тәртиби ҳаққында»ғы режениң 15-бәнтине көре, улыўма билим бериў мәкемениң педагогикалық кеңеси тәрепинен сабақ саатлары қайта бөлистирилиўи мүмкин.

☝️Егер педагог хызметкерлердиң сабақларды қайта бөлистириў бойынша мүрәжатлары қанаатлантырылмаса, аймақлық бәнтлик бөлимине мүрәжат етиӯи керек.

Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

1 month, 2 weeks ago

🟣Бүгин, 19-март күни пайтахтымыз Нөкис қаласында «Әлем сениң менен нурға толады, Наўрыз!» атамасындағы улыўма халықлық Наўрыз сейилине бағышланған театрластырылған ҳәм әдебий музыкалы хореографиялық байрам тамашалары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жанында ҳәм «Дослық» каналы бойында болып өтеди.
Бәршени байрам тамашаларына мирәт етемиз!
Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

1 month, 2 weeks ago
***❓*****ОҚЫЎШЫНЫҢ САБАҚҚА ДӘПТЕРСИЗ КЕЛГЕНИ УШЫН КИМ …

ОҚЫЎШЫНЫҢ САБАҚҚА ДӘПТЕРСИЗ КЕЛГЕНИ УШЫН КИМ ЖУЎАПКЕР?
Билимлендириў ҳаққындағы нызамшылыққа ҳәм мектеплердиң үлги режесине көре, оқыўшы сабаққа барлық оқыў қураллары менен келиўи керек. Бунда ата-ана баланың билим алыўы ушын барлық шараятларды жаратып бериўге миннетли.

⚠️Егер бул миннетлемелерди орынламаса яки орынлаўдан бас тартса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 47-статьясына тийкар, ата-анаға 1,7 млн сўмға шекем жәрийма салынады.

☝️Демек, оқыўшының сабаққа дәптерсиз келгени ушын муғаллим емес ал, оқыўшының ата-анасы жуўапкер есапланады. Бундай жағдайда оқыўшының ата-анасына хабар бериў керек.

Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

1 month, 3 weeks ago
**АТТЕСТАЦИЯ ТЕСТ СЫНАҒЫ КҮНИ ТАЛАП ЕТИЛЕТУҒЫН …

АТТЕСТАЦИЯ ТЕСТ СЫНАҒЫ КҮНИ ТАЛАП ЕТИЛЕТУҒЫН СОРАЎНАМАНЫ ҚАЙДАН АЛСАҚ БОЛАДЫ?

Сораў: Сораўым соннан ибарат, аттестация күни паспорт ҳәм сораўнама алып келинсин делинген. Сораўнама дегенде нени нәзерде тутылған?

❗️Жуўап: Сораўнаманы «Шахсий кабинет»тен «Мурожаат ҳақидаги илова файли» түймесин басыў арқалы жүклеп алыўға болады!

📌Сораўнама шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет пенен электрон ямаса баспа түрде усынылғанда, аттестация процесине кириў ушын рухсатнама ретинде пайдаланылады.

Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

1 month, 3 weeks ago
**МЕКТЕПЛЕРДЕ "ЖАС ГВАРДИЯШЫЛАР" КЛАССЛАРЫ АШЫЛАДЫ**

МЕКТЕПЛЕРДЕ "ЖАС ГВАРДИЯШЫЛАР" КЛАССЛАРЫ АШЫЛАДЫ
🟣Өзбекстанда ҳәр бир мектептиң 9-класынан баслап, мектеп оқыўшыларын әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған «Жас гвардияшылар» класслары шөлкемлестириледи. Бул туўралы Миллий гвардия мәлимлеме хызмети баслығы Даврон Жуманазаров хабарлады.

Бул еки басқышта әмелге асырылады:

*Биринши басқышта: 2024-2025-оқыў жылында 2530 класс;
Екинши басқышта: 2025-2026-оқыў жылында және 2536 класс ашылады.*

✔️«Жас гвардияшылар» 9-класстан баслап таярлана баслайды.

Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

1 month, 3 weeks ago
**МЕКТЕПЛЕРДЕ ҚАТНАС 97,7 ПАЙЫЗҒА ЖЕТТИ — …

МЕКТЕПЛЕРДЕ ҚАТНАС 97,7 ПАЙЫЗҒА ЖЕТТИ — МИЛЛИЙ ГВАРДИЯ

🟣Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министирлиги ҳәмде Миллий гвардия менен биргеликте усы жылдың 6-8-февраль күнлери өткерилген дәслепки үйрениўлер барысында 188 мың оқыўшы сабаққа себепсиз келмегенлиги анықланған. Бул туўралы Миллий гвардия Мәлимлеме хызмети баслығы Даврон Жуманазаров мəлим еткен еди.

Бүгинги күнде тәлим-тәрбия бойынша миннетлемелерди орынламаған 124 мың ата-ана рәсмий түрде ескертилген, 4 мыңға жақыны ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған.

*6-февральдан 7-март сәнесине шекемги аралықта 1 млн 769 мың оқыўшы мектепке қайтарылған. Нәтийжеде Республика бойынша қатнас 97,7 пайызға* жеткен.

Каналымызға ағза болың 👇**** https://t.me/bilimlendiriwpress

We recommend to visit

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.facebook.com/qrtjm?mibextid=LQQJ4d

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 3 days, 12 hours ago

Павлодар облысы білім беру басқармасы

Last updated 2 months, 1 week ago

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi

Last updated 1 month, 1 week ago