BILIMLENDIRIW PRESS/ TAXIR DAULETMURATOV

Description
Bul kanalda bilimlendiriwge tiyisli jańalıqlar sáwlelendirilip barıladı.
We recommend to visit

https://qaraozek.uz
https://youtube.com/channel/UCciJD2dexkmrWHcvaonwKDQ
https://www.instagram.com/qaraozek_rayoni_hakimligi?igsh=MW5sNjcyZzB5MnI0NQ==
https://www.facebook.com/profile.php?id=61560591980198

@Qaraozekhakimligi_bot

Last updated 1 month, 3 weeks ago

Қаржылық сауатты үйрететін арна. Арнаның бас жағында тегін 12 сабақ бар. Көріп шығыңыз.

👫Арнаға мына сілтеме арқылы адам қоса аласыз: https://t.me/qarjysayaty
Арна иесі: Исламбек Әділбек
| Жарнама [реклама] және ұсыныстар бойынша – @islmbekk

Last updated 2 weeks, 4 days ago

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің ресми телеграм каналы

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.youtube.com/@emergencykz

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 6 days, 10 hours ago

hace 1 semana, 4 días

❗️Ал-Хорезмий олимпиадасының район(қала)лық ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқышларының өткерилиў ўақты менен танысың

🔰Пән олимпиадалар орайының 2025-жыл 29-январьдағы 01-10-48-санлы хатына муўапық, анық ҳәм тәбийий пән бағдарлары бойынша Ал-Хорезмий олимпиадасының өткерилиў мүддетлери төмендегише:

▪️анық пәнлер бағдары бойынша район(қала)лық басқышы11-февраль күни (10:00-12:00де, 36 тест сораўы бериледи);

▪️тәбийий пәнлер бағдары бойынша район(қала)лық басқышы 12-февраль күни (10:00-12:00 де, 36 тест сораўы бериледи);

▪️анық пәнлер бағдары бойынша Қарақалпақстан Республикасы басқышы 24-февраль күни (10:00 – 13:00 де, 30 жабық тест, 15 ашық тест);

▪️тәбийий пәнлер бағдары бойынша Қарақалпақстан Республикасы басқышы 25-февраль күни (10:00-13:00 де 30 жабық тест, 15 ашық тест).

🔹Олимпиаданың район(қала)лық басқышында ҳәр бир қала ҳәм районлардағы улыўма орта билим бериў мәкемелери, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери, Агентликке қараслы дөретиўшилик, спорт, қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатларынан усыныс етилген ҳәр бир бағдар ҳәм ҳәр бир класс бойынша 3 оқыўшы (1-, 2-, 3-орын) қатнасады.**

Бизге ағза болың 👉**** https://t.me/bilimlendiriwpress

hace 1 semana, 4 días

#Турон_2025

«Турон» мектеп театры таңлаўы арқалы шет елге саяхат етиң!
Мектепке шекемги ҳəм мектеп билимлендириў министрлиги тəрепинен мектеплердеги театр студиялары жумысын қоллап-қуўатлаў ҳəм театр көркем өнерин раўажландырыў мақсетинде «Турон – мектеп театры» Республикалық таңлаўы шөлкемлестирилмекте.

Таңлаў 6 -10-класс оқыўшылары арасында 2 шəрт тийкарында өткериледи ҳəм төмендеги басқышларда болып өтеди:

24-28-февраль күнлери – район(қала)лық басқышы;
10-29-март күнлери – аймақлық басқыш.

✈️ Республика басқышында жеңимпазлықты қолға киргизген мектеп жəмəəти шет ел мəмлекетине ТӘЛИМ САЯХАТын қолға киргизеди.

👉 Таңлаўда қатнасыў ушын төмендеги силтеме арқалы дизимнен өтиң: @turonteatri_bot

❗️Асығың!

Дизимнен өтиў 17-февраль күни саат 16:00 де жуўмақланады.

Бизге ағза болың 👉**** https://t.me/bilimlendiriwpress

hace 1 semana, 4 días
BILIMLENDIRIW PRESS/ TAXIR DAULETMURATOV
hace 2 meses, 3 semanas
[**#Билесиз\_бе**](?q=%23%D0%91%D0%B8%D0%BB%D0%B5%D1%81%D0%B8%D0%B7_%D0%B1%D0%B5)**?**

#Билесиз_бе?

*Швецияда мектеп оқыўшыларына мектепке барғаны ушын мәмлекет тәрепинен айына 187 доллар төленеди.

Буны оқыўшылар ыссы аўқат, оқыў қураллары ҳәм сабақлықлар ушын жумсайды.
Ағза болың ?*** https://t.me/bilimlendiriwpress

hace 2 meses, 3 semanas
[#Билесиз\_бе](?q=%23%D0%91%D0%B8%D0%BB%D0%B5%D1%81%D0%B8%D0%B7_%D0%B1%D0%B5)?

#Билесиз_бе?

Интернет пайдаланыўшыларының саны 5,5 млрдқа жетеди
Усы жыл 27-ноябрь күни Халық аралық электрбайланыс бирлеспеси (ITU) «2024-жылғы фактлер ҳәм санлар»* есабатын жәриялады.

Оған бола, 2024-жыл ақырына шекем дүньяда интернет пайдаланыўшыларының саны 5,5 миллиардқа жетеди, деп хабар береди CNS мәлимлеме агентлиги.

Бул көрсеткиш дүнья халқының 68 пайызын қурайды. Деген менен, дүнья халқының үштен бир бөлеги ямаса шама менен 2,6 миллиард адам «oflayn» жағдайында қалмақта.
Ағза болың ?*** https://t.me/bilimlendiriwpress

hace 2 meses, 3 semanas

Педагоглар аттестациясы бир жылда еки мәрте өткериледи

Атап айтқанда:

?Январь-февраль* айларында арзалар қабыл етиледи;
Март-май айларында тест сынақлары өткериледи;
Июнь* айында Сертификатлар тарқатылады.

?Август-сентябрь* айларында арзалар қабыл етиледи;
Октябрь-ноябрь айларында тест сынақлары өткериледи;
Декабрь айында Сертификатлар тарқатылады.Ағза болың ?*** https://t.me/bilimlendiriwpress

hace 3 meses

Жеке меншик бақшалар ҳәм мектеплер 2030-жылға шекем барлық түрдеги салықлардан азат етилди

Президент қарары 2024-жыл 22-ноябрь ПҚ-403-санлы

Ағза болың ?**** https://t.me/bilimlendiriwpress

hace 3 meses

*⚡️Енди UzASBO арқалы мектеп муғаллимлериниң айлықлары категориясына қарап автомат есапланады*

Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен UzASBO бағдарламасы жәнеде жетилистирилди.

  1. Бюджет мәкемелериниң штат кестелериниң қағаз формасынан толық ўаз кешилип, олар толық электрон формада қәлиплестирилетуғын болды.

  2. “Бирден бир счетлар режеси” (Ягона счетлар режаси) енгизилип, еки бағдарлама (main.uzasbo.uz ҳәм zp.uzasbo.uz) бирлестирилди.

  3. Улыўма билим бериў мектеплериниң тарификация процеслери санластырылып, ислеп атырған хызметкерлерге тийисли маманлық категориялары интеграция қылынған ҳалда олардың айлықларын есаплаў процеслери автоматластырылды.

Ағза болың ?**** https://t.me/bilimlendiriwpress

hace 3 meses

*⚡️Жыл атамалары

1991-жыл — "Алишер Наўайы" жылы;
1992-жыл — "Шыпакерлер" жылы;
1993-жыл — "Ахмед Яссавий" жылы;
1994-жыл — "Мырза Улуғбек" жылы;
1995-жыл — "Ибн Сино" жылы;
1996-жыл — "Амир Темур" жылы;
1997-жыл — "Инсан мәплери" жылы;
1998-жыл — "Шаңарақ"жылы;
1999-жыл — "Ҳаял -қызлар" жылы;
2000-жыл — "Саламат әўлад" жылы;
2001-жыл — "Аналар ҳам балалар" жылы;
2002-жыл — "Кекселер қәдирлеў" жылы;
2003-жыл —  "Абат мәҳалле" жылы;
2004-жыл — "Мийрим-шәпәәт" жылы;
2005-жыл — "Саламатлық" жылы;
2006-жыл — "Қәўендерлик ҳәм шыпакерлик" жылы;
2007-жыл — "Социаллық қорғаў" жылы;
2008-жыл — "Жаслар" жылы;
2009-жыл — "Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў" жылы;
2010-жыл — "Баркамал әўлад" жылы;
2011-жыл — "Киши бизнес ҳәм исбилерменлик "жылы;
2012-жыл — "Беккем шаңарақ" жылы;
2013-жыл — "Абат турмыс" жылы;
2014-жыл — "Cаламат бала" жылы;
2015-жыл — "Кекселерди қәдирлеў" жылы;
2016-жыл — "Саламат ана ҳәм бала" жылы;
2017-жыл — "Халық пенен сәўбет ҳәм инсан мәплери" жылы;
2018-жыл — "Жедел исбилерменлик, инновацион идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў" жылы;
2019-жыл — "Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажландырыў" жылы;
2020-жыл — “Илим-мәнаўият ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў" жылы;
2021-жыл — "Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў"жылы; 
2022-жыл — "Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле" жылы.
2023-жыл — "Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў" жылы.
2024-жыл — "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў" жылы.
2025-жыл* — "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика" жылы.

Дерек

Ағза болың ?**** https://t.me/bilimlendiriwpress

hace 3 meses, 1 semana
**Mектеп спорт клублары шөлкемлестириледи**

Mектеп спорт клублары шөлкемлестириледи

Тийкар: 2024-жыл 15-ноябрь 392-санлы Президент қарары

Бизге ағза болың ?**** https://t.me/bilimlendiriwpress

We recommend to visit

https://qaraozek.uz
https://youtube.com/channel/UCciJD2dexkmrWHcvaonwKDQ
https://www.instagram.com/qaraozek_rayoni_hakimligi?igsh=MW5sNjcyZzB5MnI0NQ==
https://www.facebook.com/profile.php?id=61560591980198

@Qaraozekhakimligi_bot

Last updated 1 month, 3 weeks ago

Қаржылық сауатты үйрететін арна. Арнаның бас жағында тегін 12 сабақ бар. Көріп шығыңыз.

👫Арнаға мына сілтеме арқылы адам қоса аласыз: https://t.me/qarjysayaty
Арна иесі: Исламбек Әділбек
| Жарнама [реклама] және ұсыныстар бойынша – @islmbekk

Last updated 2 weeks, 4 days ago

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің ресми телеграм каналы

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.youtube.com/@emergencykz

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 6 days, 10 hours ago