Сөз маржаны

Description
Бул дүньяның көрки - адам баласы.
(Әжинияз)

Дүнья талантлары аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның жеке каналы.
We recommend to visit

Пресеты Лайтрум, Обработка фото
?? @dandemon

Сотрудничество/реклама - https://t.me/+t4j0Hw05gmQxMTEy

Last updated 1 month, 3 weeks ago

ҚР ҒЖБМ Ұлттық тестілеу орталығы

Last updated 1 month ago

3000 голды тут - https://linkwin.ru/stream/katk6338

Last updated 1 year, 2 months ago

1 month ago

#қарақалпақ_ырғақлары
#play_list_ушын

?Сен Ўатан бул!
?Жолдас Аманиязов ҳәм "Әзиз" топары.
*Тәй-тәй басып босағаңды атласам,
Ашылады сеннен баслап кең жәҳән,
Жырақ кетсем әлем бойлап шарықлап,
Бетке тутар айтып жүрер урансаң.

Нақыраты:

Сен Ўатан бул әлпешлеген алақан,
Сен Ўатан бул бесигимсең шайқаған,
Сен Ўатан бул басқалардан айырмам,
Сен Ўатан(3) бул көкиректеги тумарсаң.

Сағынғанда сүрме болар көзиме,
Орнағансаң мына жүрек төрине,
Жети ықлым аржағында жүрсемде,
Саған жетип жығылғайман сүрине.

Ўатан деген сезим онда бар болса,
Сол перзентиң халықтың жырын жырласа,
Алмастырмай жәннетке де бул жерди,
Туўған жердиң бәрҳа арын арласа*.

Mp3 қосық ушын Азамат, Жаңабай Анетеев ҳәм Айдос Раметуллаевларға алғыс билдиремен. Рахмет жигитлер!!

https://t.me/Soz_marjani

1 month ago

Бүгин декабрь айының 24-сәнеси Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни қабыл етилгенине 31 жыл толды

?1993-жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XIV сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.

Бәрше ўатанласларымызды Мәмлекетлик Гимнимиз қабыл етилген күн менен шын жүректен қутлықлаймыз! Ҳәмийше Гимнимизди қолымызды көксимизге қойып толқынланып айтып жүриў несип еткей. Байрам мүбәрек!

Гимнниң сөзи: Ибрайым Юсупов;
Гимнниң намасы: Нәжиматдин Муҳаммеддинов.

https://t.me/Soz_marjani

1 month ago
1 month, 1 week ago

АРЗЫЎЛАР

Көшеде автобус күтип, өзара гүрриңлесип турған бир топар ҳаяллар сәл арманлаўда күйеўи менен сөйлесип турған байпәтше ҳаялды көрип ҳәўеслери келди.
- Ҳеее, - деди ҳаяллардың биреўи даўсын созып таңланып. - Егер мениң усындай күйеўим болғанда, тыныш ғана үйимде отырар едим. Мың ислегениң менен бәрибир еркектиң тапқанының берекеси бөлек-тә!
- Дурыс айтасыз! - деп даўам етти екиншиси. - Үстиндеги көйлегин қараң! Усындай шырайлы көйлеклерим болғанда мен де маликалардай болып жүрер едим!
- Менде соның алтынларындай алтынларым болса "яқ" демес едим! - деди үшиншиси. Бундай алтынлар менен бир емес, еки қыздың дүньясын таярлап берер едим...
Және бир ҳаял сол байпәтше ханымның қызыл реңли машинасын байқап қалды.
- Мен,- деди ол ентигип, - Усындай машинам болыўын арзыў қыламан. Бәрҳә автобус күтип турып, оған минген соң, ишинде тығылысып жүре бериў жаныма тийди. Ана ҳаялдикиндей қымбат болмай-ақ, "Матиз" болса да болар еди-аў!
Қалған басқа ҳаяллар да көзлерин қызықтырып турған ханымды додалап, қызғаныш аралас пикирлери менен өзлериниң арзыўларын қосып айтып атыр...
Бирақ олар өзлерине де ҳәўес пенен қарап турған бир адам бар екенлигин ойламас еди.
Ол адам қарсы тәрептеги бәндиргиде көзинде жасы менен Қудайдан:
- Ее, Алла! Мениң де усы ҳаяллар сыяқлы аяқ-қолым саў болғанда еди, балаларымды тиленшилик пенен емес, мийнет етип тапқан пулым менен бағар едим!..

Умытпаң! Сиз ушын әпиўайы болған нәрселер - басқалар ушын арзыў! Өзиңизде бардың қәдирин билиң!

https://t.me/Soz_marjani

1 month, 1 week ago

Күндиз балаларына билдирмегени менен таң атқанша жылап шығады. Айлық алған күни он мәйек әкелсе балаларына таўсыламан дегенше писирип я қуўырып береди де өзи солардың жегенине мәс болып жүреди.
Лала жаңа жыл күни духовкаға нан писирди. Картошкадан сомса иследи. Картошка менен мәйек қуўырып дастурханға қойып атырса, Есикти қағып Қайнағасы, абысыны Гүлзира ҳәм Россиядағы умытылып кеткен танысы Расул бирге кирип келди. Буларды көргенде Лала қатты ҳайран қалды. Үйде арман-берман жуўырып ойнап жүрген Исламбек бийтаныс еркекти көрип:
- Аға... Аға... Ағам келди. Мениң әкем келди... Әкем келди... - деп жуўырып барды.
Расул да өзине шын ықласы менен келип турған нәрестени бирден көтерип алды. Исламбек оның мойнынан қатты қушақлап жылап жиберди.
- Аға, келдиңиз бе? Мен билип едим келетуғыныңызды аға. Әжем айтты, мен ағаңның қасына кетип баратырман,- деп айтты. Мен әжемнен сизге, "Әкем бизлерге келсин. Анам сизсиз қатты қыйналып атыр," деп айтып жибердим аға...
- Әжем яқшы айтаман,- деп еди. Демек, әжемди көргениңизде сизге мениң айтып жибергенлеримди жеткизген екен-дә? Кластағы досларым сыяқлы енди мениң де әкем бар. Енди бизлерди таслап ҳеш жаққа кетпейсиз я? Анам не сиз жоқта қатты қыйналды ғо... Күнде түнде анам бизлерди уйықлап қалды деп ойлап жылап шығады... Анамның жылағанына әжапам екеўмиз көрпениң астында жатып билдирмей қосылып жылаймыз. Кеше әжапам екеўмиз:
-Эй, Қудай, әкемизди бизлерге қайтарып жибер жаңа жылға үйге келсин,-деп тилеп едик.
- Апа, Қудай жақсы екен я? Қараң әкемизди үйге жиберипти... Аға, енди бизлерди таслап узақ-узақ жақларға кетип қалмайсыз я? Өзимниң ағам,- деп Исламбек Расулдың мойнынан қушақлап еле жылап атыр. Көз алдында болып атырған ўақыяны аңлай алмай турып қалған Сабрина да, бираздан соң растан да әкем шығар деп ойлап ол да Расулға жақынлап, белинен қушақлады.
Периштедей пәк нәрестелердиң қуўаныш көз жаслары үлкенлердиң де жүрегин елжиретпей қоймады. Лаланың қайнағасы Азамат ақыры шыдап тура алмай, шығып кетти де жайдың артына барып қатты-қатты жылап алды.
Арадан бир ай өткен соң, Расул ата-анасының рухсаты алып Лалаға үйленди.

(Тамам).

Ўақыяны интернеттен алып жазған:
Қуўанышбаева Гүлайымhttps://t.me/Soz_marjani

1 month, 1 week ago

Лала балаларын сағынғаннан жылап - жылап ақыры уйықлап қалды.
   Гүлзира Лаланы жақтырмағаны менен ҳәзир оған қарап жаны ашып кетти. Абысынының жақтырмаўының да белгили себеплери бар. Лала келин болып босаға атлағанда жүдә шырайлы, қашан қарасаң мыйық тартып туратуғын, кийген кийими жарасықлы қәдеми қутлы келин болды. Оның үстине қайын енесиниң Лалаға деген айрықша меҳрин бир қарағаннан-ақ аңлаў қыйын емес еди.
   Енди болса... ол шырайдан ҳеш нәрсе қалмаған. Ўақтында дым жақсы келинин жақтырмағаны ушын Гүлзира өзин айыплап атыр.
  - Не ушын усы жап-жас ғана келиншекке сонша сынақ бердиң екен Жаратқан ийем. Асыраўшысынан мәңгиликке айрылып, ҳаял басы менен жат елде балаларынан узақта жүрип мийнет етип атыр,-деп үнсиз жылады.
      Лаланың шашларына ақ аралапты. Жүзи солғын тартып, қоллары жарылып азып кеткени соншелли тырнағы етине жабысып қалыпты.

*   *   *

Арадан бир неше ай өткенде Лала жумыстан қайтып киятырып автобус күтип турса артынан бир ҳаял келип әсте ыйығынан қаққанын аңлап артына қараса алдыңғы жатақханасындағы бир бөлмеде жатқан ҳаял буған қарап жымыйып турған екен. Автобус келди. Бирақ Лала автобусқа минбей бөлмелес достысы менен бәндиргиде сәўбетлесип қалып қойды.
      - Лала, биз сизди көп изледик. Нөмириңизди де алып қалмаппыз. Үй ийеси де сиз ҳаққыңызда көп адамлардан сорастырды. Бирақ нәтийже болмады. Сизди ҳешким танымайды екен.
     -Үй ийеси мени неге изледи? Уры деп қуўып жиберген күни түн ортасында қалай шығып кеткенимди билмеймен. Кейин мен де сизлердиң номериңизди  жазып алмағаныма өкиндим.
      - Сизден кеширим сорамақшы болып, биразға шекем жылап жүрди. Сол ақшаны өзиниң баласы урлаған екен. Анасы жумыстан ерте келип қалған соң Қылмысы ашылып қалыўынан қорқып, сиз асханада шай ишип атырғаныңызды пайдаланып  урлаған ақшасын көпшигиңиздиң астына қойып кеткен екен.
- Сиз кеткеннен кейин тағы пул жоғалды. Табылмады. Үй ийеси ҳəммеден гүманланып шықты. Бес-алты күннен кейин өзиниң боласы урлап алғаны анық болды. Бираз ўақыттан соң бир нәрсе бүлдирген бе, әйтеўир баласын милиция алып кетти.
Лала ол ҳаял менен бир сааттай сөйлесип, желкесинен аўыр жүк түскендей болып, тап қәлбиниң бир түкпириндеги қараңғылыққа қуяш нур шашқандай жақтылып кеткенин сезди. Ишинен жол бойы Аллаға мың қатле шүкиршилигин айтып, жүзине күлки жуўырып, үйине қанатлы қустай жеңилленип қайтты.
Бир күни абысыны Лалаға:
- Бираздан берли байқап жүрмен, қоңсы бөлмедеги жигиттиң сенде кеўили бар сыяқлы,- деди кулип. Лала болса бийпарўа ғана:
- Расул ма? Ол ийманлы жигит. Ол ҳəмме ҳаялларды хүрмет етеди, - десе де, жүрегинде түсиниксиз бир сезимлер пайда бола баслады.

Енеси аўырып Лала бирден Өзбекстанға қайтып кетти. Улман апа еки ай төсек тартып жатып қалды. Лаланың таўып келген ақшасының ҳәммесин дәриге жумсаса да, енесин қутқарып қала алмады. Оннан қалған пулына қызы менен улына мектепке керек-жарағын алып берди. Күнделикли азық-түлик те қалтаны жуқартып жибереди екен. Лала қайтқаннан кейин қайнағасы менен абысыны да ўатанға келди.
Ағайинлер жыйналып Улман апаның мерекелерин де өткизип алды.

Бир күни Гүлзира үйде күйеўиниң жоғынан пайдаланып Лала менен жазылысып отырғысы келип, үлкен үйге барды. Лала жөн-жосықты билетуғын ҳаял ғой абысынын көрип бирден, дастурханын жайып, шай демлеп таслады. Аман - саўлық сорасып болғаннан кейин Гүлзира:
- Енем қайтыс болды деген хабарды еситкеннен соң қайнағаңыз екеўмиз жолға жыйналып басладық. Сол гезде өткендеги жигит Өзбекстанға қайтсам, әлбетте бараман, деп, бизиң ҳәм усы үлкен үйдиң адресин жазып алып қалды. Лала оның атын еситкеннен бирден елең етти.

Лала аўылдағы мектепке пол жуўшы болып жумысқа кирди. Гейде алған айлығы азық-аўқатқа да жетпей қалады. Обалына не керек қайнағалары да, бийкешлери де қарасып турады. Бирақ, "қолдан бергенге қус тоймас," дегени рас екен. Жетиспеўшилик буларды қатты қыйнап жиберди. Быйыл қыс қатты суўық болып тур. Қарызға бир қапшық көмир алса, дариў таўсылып қала береди. Гөш алып жеў дегенди умытқалы берли қай заман.

1 month, 2 weeks ago

Нәресте ийиси

Бәршеге унарына,
Мен сөзсиз инанарман,
Периште жупары ма?
Нәрестениң ийиси!

Балқытар тамырыңды,
Инамы тәңиримниң,
Даўамы өмириңниң,
Нәрестениң ийиси.

Таралғанда бөлмеде,
Жан ләззетке бөленген,
Пәк сезимнен дөреген,
Нәрестениң ийиси.

Орын алып кеўилден,
Ардақланып келинген,
Табылар қайсы гүлден?
Нәрестениң ийиси.

Бахытқа болып нышан,
Отаўды етер гүлшан,
Муҳаббаттан туўылған,
Нәрестениң ийиси!

10-март, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

https://t.me/Soz_marjani.

1 month, 2 weeks ago

Бахадыр Разымбетов
https://t.me/Soz_marjani

1 month, 2 weeks ago

#Бизге_келген_хатлардан

ТӘҒДИРЛЕР

Базар апаның жасы жетпистен өтип кетти. Еки ул, еки қызды бирге тәрбиялап өсирген жуўас ғана ғаррысы Елмурат еки жыллықта арғы дүньялық болып кетти. Енди ул-қызының қызығын да, тәшўишин де өзи көрип атыр.
Идералды перзенти Абаданның жасы елиўди еңсерип тасласа да, өзи қудайдың нағыз сәтсиз күни жарата салған бендеси болды. "Аўзынан сөзи, қойнынан бөзи түсип қалған," деген теңеў әйне усы Абаданға арналса керек. Қара маңлайдың бала тапқаннан басқа қолынан ҳеш нәрсе келмейди. Я аўқат писирип, я кир жуўып қарық қылмаған соң, барған жерлери "мына қызыңызға айтып түсиндире алмадық. Дурыслап тәрбия бермегенсиз," деп әкеп таслай береди. Оның сондай бийпарасатлығы анасы Базар апа менен үлкен келини Гүлжаҳәнге ғана сыяды. Мың болғыр Гүлжәҳән қабағын шытпастан, қайын апасы менен қоса, оның үш баласының да кир-пирин жуўып, аўқатын алдына таярлап берип отыр. Мүмкин, Гүлжаҳәнниң адамгершилиги шығар, бәлки, өмирлик жолдасы менен енесин сыйлағанлықтан болар, әйтеўир, Абадан неше жерден қайтып келсе де, Гүлжәҳан сол баяғы Бийбипатмалығынан айнымады.
"Ақыл жастан шығады," дегендей, "Үлкен үйге жақсы келин керек," деп усы жеңгесин әке-шешесиниң қолында алып қалыўына көндирген, киши қызы Генжехан еди. Әри-бери "үлкен үйде киши ул қалыўы керек," деп, әкеси үлкен келинди бөлек шығарғысы келип еди, оның менен Генжехан кишкентай келинниң қолына қарап қалып, әке-шешесиниң әжелинен бес күн алдын өлиўин қәлемеди. Себеби киши келин ҳәм ериншек ҳәм бийҳая, оның үстине қолының суғы бар болып шықты.
Ана байғус баласын ойлап, "бул қатын менен бирге жасап баламның тамағы аш, өзи хор болады," деп шыпжыңлап еди, бирақ Генжехан: "Бул ҳаялды балаңның өзи таңлап алды. Енди ыссысына да, суўығына да көнеди. Өзи писирген ас, қалай жесе өзи билсин. Мейли, қасық пенен жесин, мейли, шөмиш пенен жесин, мейли қазаны менен көтерип жесин - өзи биледи. Үлкен шаңараққа қонақ келмей турмайды. Бул келиниңиз келген қонаққа қабағын ашып, астына бир көрпеше салыўды билмесе. Бир аўыз жөн сөзди тыңламаса, ямаса отырған жерин тазалап отырмаса. Көрип отырсыз, баласының ҳөллеген ыштанларын жуўмай жайып қойыпты. Үйге кирсең сасық ийис өкпеңди атып кетеди. Ыдысты табаққа, кесени шәйнекке урып, ҳәммесин сындырып болды. Бул қатынның асқан аўқатын бир адам жей алмайды. Қартайған ўақтыңызда келиннен көрер рәҳәтиңиз усы ма? Оннанша, балаңызды да күйдирмең, хожалығы бузылмасын, өз күнлерине саў болсын. Усыларды бөлек шығарып жибериң",, деген төрели сөзи Елмурат аға менен Базар апаға да мақул түсти.
Аўа, "үйлениў аңсат, үй болыў қыйын," деген сөздиң ҳақыйқатлығына Бақбергенниң көзи анық жетти. Усы Айнура қыз ўақтында өзи аппақ, шашы қап-қара пормалы нашар еди. Бақберген оған үйленбекши екенлигин айтқанда бир аўыз сөз қайтармай, изине ерип келген өзи еди. Нашардың ҳәммеси өз анасындай ақыллы, меҳрибан болады деп ойлаған Бақберген оның менен узақ ўақыт сөйлесип, араласып көрместен, үйине алып келди.

1 month, 3 weeks ago

ТУРҒАНБАЙ ағаға
музыкалық сәлемнама
https://t.me/Soz_marjani

We recommend to visit

Пресеты Лайтрум, Обработка фото
?? @dandemon

Сотрудничество/реклама - https://t.me/+t4j0Hw05gmQxMTEy

Last updated 1 month, 3 weeks ago

ҚР ҒЖБМ Ұлттық тестілеу орталығы

Last updated 1 month ago

3000 голды тут - https://linkwin.ru/stream/katk6338

Last updated 1 year, 2 months ago