Байнияз Қайыпназаров

Description
Мен бир кеўли нәзик, гүлқумар жанман...

"Қарақалпақстан халық шайыры", Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, шайыр Байнияз Қайыпназаровтың поэзиялық каналы.
"Гүллердиң шайдасы", "Гүл ашығы".

Байланыс ушын:👉 @Bayniyaz_Qayipnazarov_bot
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 2 months, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 4 days, 5 hours ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 5 days, 3 hours ago

2 months, 2 weeks ago
**ТОЛАДЫ КЕЎЛИМ**

ТОЛАДЫ КЕЎЛИМ

„Әлипбе“ ден баслап оқыған күнлер,
Билим шыңын гөзлеп шулғыған күнлер,
Бир биреўди көрсек түседи еске,
Көзиме елеслеп өтеди әсте.

Ўақыт өтти, талай оқыўлар питти,
Жасымыз, ойымыз толысып кетти,
Буйра шашымызға ақ араласты,
Бул ақ басымызға тән ақ жарасты.

Оқыған жыллардың алып есесин,
Ислеп жүрмиз елдиң тапсырған исин,
Хызметимиз халыққа жараса жақсы,
Басып өткен жолға қараса жақсы.

Сонда ислеримиз көринсе көзге,
Мийнеткеш адам деп сүйинсе бизге,
Болғаны емес пе, болады бәлким,
Усыларды ойлап толады кеўлим.

1965-жыл
Байнияз Қайыпназаров

(Каналымыз атынан "Жаңа оқыў жылыңыз бенен!" қутлықлап қаламыз.)
Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov

2 months, 3 weeks ago

(Б. Қайыпназаровқа)

Жүреги тыңлаған самалдың сестин,
Гүлге ашық болмас оныңдай ҳеш ким,
Сөзлердиң дизбеги мөлдир булақтай,
Келеди тап мийриң қанғанша ишкиң.

Ўатанның сарғайған қәдирлеп шөбин,
Мийримиң кебирге еткендей төгин,
Қосыққа қосты да таслады кетти,
Излесек таппаймыз шайырды бүгин.

Бес күнлик екен дә, әттең-әй бир кем,
Қулата алады таўларды бекем,
Бирақ халқын сүйген қәлби гүл инсан,
Дүньяға қайтадан келер ме екен?

Зульфия Жийемуратова

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov

3 months ago
Қыял жетсе —

Қыял жетсе —
        Ой шыңының,
                  Уша басына,
Илҳам келер — 
        Көзи түссе,
                 Гүл шақасына,
Жағымталлы — 
        Сап ҳаўадай,
                 Ел арасына,
Сөзи тарар,
        Өзи қалар,
                 Байнияз болып.

Байнияз Қайыпназаров

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 2 months, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 4 days, 5 hours ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 5 days, 3 hours ago