Why Pay for Entertainment? Access Thousands of Free Downloads Now!

SM ADVOCATE

Description
Адвокат пенен байланысыў ушын төмендеги силтемелерге жазың.

@advokat_penen_soylesiw_bot

«SM-ADVOCATE» адвокатлық бюросы, Гүӯалық №2247925. Лицензия №121521
Advertising
We recommend to visit

Підтримка - @ecobank_bot
Інформування - @eco_sms_bot

Last updated 1 month, 1 week ago

Last updated 1 month, 3 weeks ago

Formula.KG - Бактыңыздын багыты!

Last updated 1 month, 2 weeks ago

1 month ago
SM ADVOCATE
1 month ago
SM ADVOCATE
1 month, 4 weeks ago

Социаллық тармақларда енди кредит ушын процентлер есапланбайды деген толық болмаған хабарлар тарқалмақта.
Яғный хабарларда енди кредит ушын процент төлемесеңизде болады деген қысқа текстти оқып көплеген түсинбеўшиликлер келтирип шығармақта.

Тийкарынан, бул нызамшылықтағы өзгерис бойынша кредит бойынша банк судқа берип, өндирилсин деген суд ҳүжжети шыққан соң процент есапланыўы тоқтатылады.
Яғный банк кредит қарыздарлығын өндириў бойынша судқа берип, суд қарары шықпаса процент есапланып төлейбересиз.

@advokat_penen_soylesiw_bot

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT

3 months ago

Муғаллимлер ҳәм педагоглар ушын жаңалық

"Педагогтың статусы ҳаққында"ғы нызам Президент тәрепинен имзаланды ҳәм рәсмий күшке кирди.

Енди педагогтың ҳуқықлары, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик абыройы мәмлекет қорғаўында болады.

Нызам менен педагогларға кәсибине байланыслы ислерге, абаданластырыў ҳәм аўыл хожалық ислерге тартыў қадаған етилип атыр.
Сондай-ақ,  педагоглардан кәсибине тийисли болмаған есабатлар, басқа мағлыўматларды, атап айтқанда питириўшилердиң бәндлиги тәмийнленгенлиги ҳаққындағы есабат жүритиў ҳәм талап етиў қадаған етилип атыр.
Педагогларға товар яки хызметлерди сатып алыўға мәжбүрлеў, ис ҳақысынан товар  ҳәм хызметлер ушын айлығынан услап қалыў қадаған етилип атыр.

Жаңалықты муғаллимлер ҳәм педагогларға жиберип қоямыз

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT

3 months, 3 weeks ago

***ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Қала әтирапы ҳәм қалалар аралық жөнелислерде қатнайтуғын жолаўшы тасыўшы автотранспорт хызметлери тарифлерине 2024-жыл 11-январдан баслап өзгерис киритилди.**👉 Автобус жөнелислеринде район ҳәм қала орайынан келип шығып 3,0 км дан 5,0 км ге шекем болған аралық ушын жол ҳақы ҳәр бир жолаўшы ушын, районлар орайы ҳәм қала иши автобус жөнелислеринде жолаўшылар тасыў транспорты хызметлериниң шекленген бир мәртелик тарифи 1500 сўм етип белгиленип, кейинги ҳәр бир басып өтилген аралық ушын бир жолаўшы ушын км тарифи 150 сўм;                                                             
👉  микроавтобус жөнелислеринде* район ҳәм қала орайынан келип шығып 3,0 км дан 5,0 км ге шекем болған аралық ушын жол ҳақы ҳәр бир жолаўшы ушын, районлар орайы ҳәм қала иши микро автобус жөнелислеринде жолаўшылар тасыў транспорты хызметлериниң шекленген бир мәртелик тарифи 2000 сўм етип белгиленип, кейинги ҳәр бир басып өтилген аралық ушын бир жолаўшы ушын км тарифи 200 сўм;

👉 жеңил жөнелисли такси жөнелислеринде қала әтирапы, қалалар аралық жолаўшы тасыўда бир жолаўшы ушын км тарифи 250 сўм муғдарында белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT

4 months ago

Өзбекстанда ис ҳақы, пенсия, стипендия ҳәм напақалар муғдары асырылады

Бул ҳаққында Шавкат Мирзиёев Өзбекстан халқына Жаңа жыл қутлықлаўында айтып өтти.

Жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, халық дәраматларын асырыў итибарымыз орайында болады.

Ис ҳақы, пенсия, стипендия ҳәм напақалар муғдары асырылады. Ҳаял-қызлар ҳәм нуранийлерди, жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаўға өз алдына итибар қаратамыз. Социаллық тараўлар раўажланыўын улыўма жаңа басқышқа көтеремиз.

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT

5 months ago

Енди 1xbet ҳәм соған уқсас қумар ойынларынан пул утып алсаңызда пул алалмайсыз!

Өзбекстан Республикасы Президент тәрепинен 2023-жыл 30-ноябрь күни ПҚ-381-санлы қарары қабыл етилип, бул қарарға көре, әпиўайы тил менен айтқанда, Өзбекстан аймағынан сырттағы қумар ойынларынан келип түсетуғын пулларды өткериў қадаған етиледи.

Бул ойынлар  программасы сизге пул бериўге емес, сизден пул алыўға қаратылған.  Мәселен, Сизге уттың деп 1 млн сўм берип, сизден 10 млн сум пулды алыўға қаратылған.

Усындай ойын ойнаўшы яки ойнаў нийетиндеги танысларыңызға жеткериң.

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT

5 months, 1 week ago

Адвокат тәрепинен пуқараларға ҳәм юридикалық шахсларға төмендегише юридикалық хызметлер көрсетилди.

  1. Бир шахсты оны төмен лаўазымға түсирип, ставкасы кемейтирип таслағаны бойынша судқа берилип, өзиниң лаўазымына қайта тикленди.

  2. Бир шахстың дүкәнын ижараға алып, ижара пулын төлемеген  шахс судтың қарары менен мәжбүрий шығарылыў ҳәм төленбеген ижара пулларын өндириў белгиленди.

  3. Бир шахстың үйин басқа шахслар нызамсыз ийелеп алыў бойынша судқа берилип, үй тийкарғы ийесине қайтарылды.

  4. Бир шахстың үйинен шықпай атырған пуқарвны үйден шығарыў ҳаққындағы суд қарарын тоқтатып турылған суд уйғарыў бийкар етилип, үйден шығарылатуғын болды.  Үйди сатып я үлесин алып болып тым-тырыс шығып кетседа адамлар, сатып алған адамларды қыйнап әўере қылмай. Барибир суд шығарады, оның үстине бажы пул өндириледи.

  5. Суд тәрепинен алиментти натуўры есаплап шығарылған суд қарары апелляция  суд тәрепинен өзгерис киритилип, есапланбай қалған бир айы қайта өндирилетин болды.

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT

6 months, 3 weeks ago

Адвокат пенен байланысыў ушын төмендеги ботқа жазың.

@advokat_penen_soylesiw_bot

7 months ago

Адвокат тәрепинен бир қатар пуқараларға төмендегише юридикалық жәрдем көрсетилди.

  1. Еки адамды 1 жыл даўамында судласып қамақтан азат етиўге еристик.
  2. Бир исбилерменниң 1 млрд сумлық салық органы тәрепинен қолланылған жәриймасын суд арқалы бийкар еттирдик.
  3. Және бир исбилерменниң 280 млн сумлық жәрийма салыў ҳаққындағы салық органының қарарын суд арқалы бийкар еттирдик.
  4. Бир пуқараға ажыратылған жер майданын ҳәкимлик тәрепинен судқа берип биринши суд жерди ҳәкимликке қайтарып бериў ҳаққында қарар шығарады. Бул суд қарарына апелляциялық арза берип, апелляция инстанциясында суд қарары бийкар етилип, жер пуқарада қалды.

  5. ГАИ хызметкерлериниң топланған ҳәкимшилик ис материалына тийкар биринши суд тәрепинен жәрийма қолланған. Бул суд қарарына  апелляциялық арза берип, суд қарары бийкар еттирдик.

Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT

We recommend to visit

Підтримка - @ecobank_bot
Інформування - @eco_sms_bot

Last updated 1 month, 1 week ago

Last updated 1 month, 3 weeks ago

Formula.KG - Бактыңыздын багыты!

Last updated 1 month, 2 weeks ago