Гулчеҳра Айтмуратова

Description
Жеке дөретиушилик канал.
We recommend to visit

❤️‍? Eng sara yangi trend qoʻshiqlarni siz uchun taqdim etamiz ?

❤️‍? Barcha qoʻshiqlar original va pechatsiz holatda ?

Reklama uchun: @T1MoTel_23

Спортивный паблик 🇰🇬
Сотрудничество: @boryuwolf

Last updated 1 year, 6 months ago

Телеграм каналларимиз:
✅ @huda_uz
✅ @shams_solih

Мурожаат учун:
📨 @huda_murojaat_bot

1 year, 7 months ago

🫧
Сен 3 сомлық адамға 5 сомлық ҳүрмет көрсетсең арада қалған бул 2 сом ушын ол сени сатады...)

1 year, 7 months ago

Өмир гөззал болыўы ушын, минсиз болыўы шәрт емес!

1 year, 7 months ago

Сенде жоқтың бәри бахыттай көрингени менен, ҳақыйқый бахыт - жүрегиңде, сезимиңде, санаңда ҳәм ядыңда қалған естеликлерде болады.

Салыстырмалы тәризде бәримиз бир-биримизден Бахытлымыз🫶

1 year, 9 months ago

?
Мама, үйреніп кетесіз ауасына қаланың,
Мен үшін парыз сіз үшін сыйлығы балыңның,
Әрине сіздерге ұнайды ауасы далының
Болғанын қалаймын ел қатарлы ата - анамының
Сіздердің бөлмелеріңіз кіргенде сол жақта
Жылынады өзі қағазбен отын жақпай
Тасымайсыз мама суды қойып ошаққа
Өзі ағады жылы су бұрасаңыз оң жаққа

Қаншама еңбек, қаншама тер
Кейде аспан, кейде жер,
Кейде айға, кейде жұлдызға,
Есіме алып бәрін тарқатамын шер

1 year, 9 months ago

Бизди узақ өсек қылса көпшилик,
Көп узамай айналармыз аңызға...

1 year, 9 months ago

Сениң сүйген қосықларың болып қалайын... (Қайларда болсаңда жаным, еслеп (излеп) тур, мени..)

1 year, 12 months ago

Сени көриў маған үлкен саўғадай,
Асығаман сен тәрепке ҳәр күни.
Саў басыма сатып алған саўдадай,
Жаным неге түсинбейсең сен буны.

80 минут бир партада отырып,
Қолларыңнан усласам деп ойлайман.
Ҳәрекетти баслайман бир жутынып,
Кеуилимди жипсиз саған байлайман.

Қасымдасаң, бирақ алыс ойларың,
Мен сүйемен жаным сени, расында.
Ҳәр күн түнде сени ғана ойладым,
Сағынаман. Отырсам да қасыңда.

"Жигитиң бар" буны жақсы билемен,
Қоңыраў етип жүргеним жоқ мазалап.
Ғамларымды жасыраман, күлемен,
Тәғдир мени сынамақта. Жазалап.

Смслер келер сүйген ярыңнан,
Уялғандай сәл жымыйып күлесең.
Сени қатты сүйемен мен жанымнан,
Ей сулыў қыз, буны қашан  билесең.

Телефонды қолларыңнан алғанда,
Ашыўланып қылып жүрсең қызбалық.
Билалмадым, есим аўып қалғанба,
Жүрмен сени "жигитиң"нен  қызғанып........

20.03.2021      20:17
Гулчеҳра Айтмуратова

1 year, 12 months ago
2 years ago

Сораў

"Ериң" болар дейди адамның пири,
Кеўилим нәзик бирақ, геўдемиз ири,
Узын сораўлардың қысқаша, бири,
Сен мени бахытлы қыла аласаңба?

Төркиннен кеткенсоң бирәз алыслап,
Азайып баратса келиў-барыспақ,
Журт жүрсе жолымды өлшеп қарыслап,
Маған мәдет берип тура аласаңба?

"Жаман" деп айтпайман минезиң жақсы,
Қызғаныш-муҳаббат, сезимниң нақшы,
<"Жаман" болсаң мен-ақ көнейин яқшы>,
Деп мени еркелеп күле аласаңба?

Сен берген бахыттан айланса басым,
Жегизип мийнеттиң ең ҳадал асын,
Өмирлик, жүрекке жақын жолдасым,
Көринбес бахытқа көмаласаңба?

Аўыр айтып қойсам, тилимнен таўып,
Келте кийим кийсем аяғым жаўып,
Жаў жағамнан, ийтлер етектен қаўып,
Турса да сен мени дей аласаңба?.

Жара түссе таўып жүрегим емин,
Толтыр деп айтпайман қалтамның кемин,
Қойныңда шыққанша ең соңғы демим,
"Аманат" тай сақлап жүраласаңба?

Аўыр келер базда ҳаялдың назы,
Шертилсе дер едим кеўиллер сазы,
Өмиримше боларман мен саған разы,
"Әкем"ди әкеңдей көраласаңба?

Анамды қәдирлеп, әлпешлей билсең,
Жыласам-жубатып, қуўансам-күлсең,
Анаңа "Кабам" деп қарайман исен,
Бирақ, сен бул шәртке көналасаңба?

Жолларымыз узақ, мәнзиллер алыс,
Соқпақлар сан түрли, таныс-бийтаныс,
Маған ең қымбаты ар ҳәм де намыс,
Жүзимди жарық қылып жүраласаңба?

Боларсаң мен ушын адамның пири,
Кеўилим нәзик бирақ, геўдемиз ири,
Узын сораўлардың қысқаша, бири,
Сен мени бахытлы қыла аласаңба?

16.04.2022 02:28
Автор: Гулчеҳра Айтмуратова

@aytmuratovagulchehra

2 years, 2 months ago

"Тәғдириме жазылмапсаң" дедик те,
Сынақлы жолларды бирге баспадық,
"Ол маған мас емес еди" дедик пе,
Бизлер айралықты қолдан жасадық.

Қолларымда қалды гүллериң солып,
Түнлерде бахытты бирге аңсадық.
Исендик, қалды барлық сезимлер өлип,
Бирақ, айралықты қолдан жасадық.

Ядымыздан шықпас шийрин елеслер,
Өзимизди өзимиз қыйнай басладық,
Енди бизди "Бахытлы жуп" демеслер,
Бизлер айралықты қолдан жасадық.

Алдайсаң өзиңди "Сағынбадым" деп,
Жүрегиң езилсе көзде жас анық,
Айралық езди ме жүрегиңди жеп,
Жалғызым, биз оны қолдан жасадық!

©Г.Айтмуратова

We recommend to visit

❤️‍? Eng sara yangi trend qoʻshiqlarni siz uchun taqdim etamiz ?

❤️‍? Barcha qoʻshiqlar original va pechatsiz holatda ?

Reklama uchun: @T1MoTel_23

Спортивный паблик 🇰🇬
Сотрудничество: @boryuwolf

Last updated 1 year, 6 months ago

Телеграм каналларимиз:
✅ @huda_uz
✅ @shams_solih

Мурожаат учун:
📨 @huda_murojaat_bot