❤️? Eng sara yangi trend qoʻshiqlarni siz uchun taqdim etamiz ?
❤️? Barcha qoʻshiqlar original va pechatsiz holatda ?
Reklama uchun: @T1MoTel_23
Телеграм каналларимиз:
✅ @huda_uz
✅ @shams_solih
Мурожаат учун:
? @huda_murojaat_bot
Менеджер - @krishenik (вопросы только по рекламе ‼️)
Last updated 1 month ago
Сени көриў маған үлкен саўғадай,
Асығаман сен тәрепке ҳәр күни.
Саў басыма сатып алған саўдадай,
Жаным неге түсинбейсең сен буны.
80 минут бир партада отырып,
Қолларыңнан усласам деп ойлайман.
Ҳәрекетти баслайман бир жутынып,
Кеуилимди жипсиз саған байлайман.
Қасымдасаң, бирақ алыс ойларың,
Мен сүйемен жаным сени, расында.
Ҳәр күн түнде сени ғана ойладым,
Сағынаман. Отырсам да қасыңда.
"Жигитиң бар" буны жақсы билемен,
Қоңыраў етип жүргеним жоқ мазалап.
Ғамларымды жасыраман, күлемен,
Тәғдир мени сынамақта. Жазалап.
Смслер келер сүйген ярыңнан,
Уялғандай сәл жымыйып күлесең.
Сени қатты сүйемен мен жанымнан,
Ей сулыў қыз, буны қашан билесең.
Телефонды қолларыңнан алғанда,
Ашыўланып қылып жүрсең қызбалық.
Билалмадым, есим аўып қалғанба,
Жүрмен сени "жигитиң"нен қызғанып........
20.03.2021 20:17
✍Гулчеҳра Айтмуратова
Сораў
"Ериң" болар дейди адамның пири,
Кеўилим нәзик бирақ, геўдемиз ири,
Узын сораўлардың қысқаша, бири,
Сен мени бахытлы қыла аласаңба?
Төркиннен кеткенсоң бирәз алыслап,
Азайып баратса келиў-барыспақ,
Журт жүрсе жолымды өлшеп қарыслап,
Маған мәдет берип тура аласаңба?
"Жаман" деп айтпайман минезиң жақсы,
Қызғаныш-муҳаббат, сезимниң нақшы,
<"Жаман" болсаң мен-ақ көнейин яқшы>,
Деп мени еркелеп күле аласаңба?
Сен берген бахыттан айланса басым,
Жегизип мийнеттиң ең ҳадал асын,
Өмирлик, жүрекке жақын жолдасым,
Көринбес бахытқа көмаласаңба?
Аўыр айтып қойсам, тилимнен таўып,
Келте кийим кийсем аяғым жаўып,
Жаў жағамнан, ийтлер етектен қаўып,
Турса да сен мени дей аласаңба?.
Жара түссе таўып жүрегим емин,
Толтыр деп айтпайман қалтамның кемин,
Қойныңда шыққанша ең соңғы демим,
"Аманат" тай сақлап жүраласаңба?
Аўыр келер базда ҳаялдың назы,
Шертилсе дер едим кеўиллер сазы,
Өмиримше боларман мен саған разы,
"Әкем"ди әкеңдей көраласаңба?
Анамды қәдирлеп, әлпешлей билсең,
Жыласам-жубатып, қуўансам-күлсең,
Анаңа "Кабам" деп қарайман исен,
Бирақ, сен бул шәртке көналасаңба?
Жолларымыз узақ, мәнзиллер алыс,
Соқпақлар сан түрли, таныс-бийтаныс,
Маған ең қымбаты ар ҳәм де намыс,
Жүзимди жарық қылып жүраласаңба?
Боларсаң мен ушын адамның пири,
Кеўилим нәзик бирақ, геўдемиз ири,
Узын сораўлардың қысқаша, бири,
Сен мени бахытлы қыла аласаңба?
16.04.2022 02:28
Автор: Гулчеҳра Айтмуратова
"Тәғдириме жазылмапсаң" дедик те,
Сынақлы жолларды бирге баспадық,
"Ол маған мас емес еди" дедик пе,
Бизлер айралықты қолдан жасадық.
Қолларымда қалды гүллериң солып,
Түнлерде бахытты бирге аңсадық.
Исендик, қалды барлық сезимлер өлип,
Бирақ, айралықты қолдан жасадық.
Ядымыздан шықпас шийрин елеслер,
Өзимизди өзимиз қыйнай басладық,
Енди бизди "Бахытлы жуп" демеслер,
Бизлер айралықты қолдан жасадық.
Алдайсаң өзиңди "Сағынбадым" деп,
Жүрегиң езилсе көзде жас анық,
Айралық езди ме жүрегиңди жеп,
Жалғызым, биз оны қолдан жасадық!
©Г.Айтмуратова
Сен исен ҳәм қолларыңды бер маған,
Өмир шадлықларын усынсам саған,
Мыйық тартса әлем жайнап кететин,
Гөззал қызым болғай саған уқсаған.
Анам "ана" болсын қәйненең емес,
Олда қызым дейди "келиним" демес.
Сорап үйренесең, ойласып бәрин,
Сонда берер саған орынлы кеңес.
Әкемди "әке" де, ал иним қәйниң,
Жүзинде дағы бар ҳәттеки айдың.
Умытпа сулыўым меникисең сен,
"Сениң қайғыларың-мениң де қайғым".
Сен исен ҳәм қолларыңды бер маған,
Өмир шадлықларын усынсам саған,
Бахыт бағымызда изли-изинен,
Перзентлерим болғай бизге уқсаған.
22:45 30.01.2021
✍Гулчехра Айтмуратова
Аўыл
Аўыл-сен басқаша әлемсең пүткил,
Барлық қуўанышым сенде жәмленген.
Ҳадал мийнети ҳәм пәклиги журттың,
Саған өзге шырай өзге сән берген.
Аўыл жалғызлықсаң жүрегимдеги,
Сен мени тербейсең мисли бесиктей.
Мына тентек қыздың тилегиндеги,
Сөзлер қалар иште ҳешким еситпей.
Сен маған өзгеше ойлар бағышлап,
Шығарасаң қыяллардың шыңына.
Артта қалар дүня қуўыў, жарыспақ,
Мәрт боларсаң-қайта-қайта жығыла.
Тереклериң маған өкпели десер,
"Неликтен кешиктиң. Көп күттик сени".
Сенде балалығым есиме түсер,
Айыплыман. Кешир аўылым мени.
Қалада балалық, садалық қылып,
Өз-өзиме ерке болып бараман.
Қушағыңда жақсы-жаманды билип,
Қайтқанымда дым есейип қаламан.
Самалың жүзимнен аймалар сүйип,
Бәҳәриң әжайып ҳаўасы жыллы.
Ал, мен ойларымның отына күйип,
Есиме аламан сол ески муңды.
Алтын жүзигимди билмей жойтқандай,
Жүрек сырларымды айтқым келеди.
Сағынып, аўылға үйге қайтқандай,
Балалық дәўирге қайтқым келеди.
09.04.2021 20:45
✍Гулчеҳра Айтмуратова
Бәҳарги самаллар жолласын саған,
Муҳаббатқа толы сәлем хатымды.
Билемен, өкпең бар қәлбиңде маған,
Кеўлиңнен өширдиң мениң атымды.
Рамео жетпеген садық ярына,
Болармыз әрманлы ашықтың бири.
"Шүкир" деп жасайын сениң барыңа,
Ысытсын жаздағы қуяштың нуры.
Айра түссек, ядлап өзгениң "атын",
Гүздиң жаўынындай сиңип топраққа.
Жазаман әрманлы сағыныш хатын,
Терегин аңсаған сары жапраққа.
Тоңдырса жаныңды қыстың қәҳари,
Қәдирле барлығын қолыңда барда.
Бир күни келеди өмриң бәҳәри,
Есле мени жаўған биринши қарда.
© Автор Гулчеҳра Айтмуратова 24.02.2022
Jazda YANDEX ta stajirovkada bolıw múmkin? ***Yandex kompaniyası IT boyınsha bilimge iye studentlerdi jazǵı stajirovkaǵa shaqıradı:
+Til biliw talap etiledi
?Barlıq tólemler kompaniya tárepinen tólenedi
Silteme?
https://academy.yandex.ru/schools/useful?utm_source=telegram&utm_medium=social&utm_campaign=sschool24&utm_content=grantscholar&erid=2SDnjdHWyvQ *Hújjet tapsırıw ushın?****https://yandex.ru/yaintern/schools/mobile?utm_source=telegram&utm_medium=social&utm_campaign=sschool24&utm_content=grantscholar&erid=2SDnjdHWyvQ
Eger IT endi úyrenetuǵın bolsańız sizdi kurslarımızǵa shaqırıp qalamız?
??Biz benen IT bilimlerine iye bolıń hám YANDEX te tájriybe toplań
Telegram kanalımız: https://t.me/sirius_shimbay
Қарыз
Сени көп қыйнады қайғылы намам,
Қайғылы қосығым, ғамларым батар.
Көп қосық жазайын десем де саған,
Кеўлимде теўсилмес қайғы-ғам жатар.
Қуўаныш киргиздиң мениң өмириме,
Сениң барлығыңнан толғанар жүрек.
Илхамым жетпейди мына кеўлиме,
Қайғыма йош, йошыма ғамларым керек.
Лирик емеспен мен, бирақ, сен ушын,
Бир қосық жазаман өшпес қәлбиме.
"Лирика" жазыўға жетпесе күшим,
"Қосық қарызы бар" деп жазсын қәбриме.
Жаздыр қулпы тасқа басқаларын да,
Жаздыр тартынбастан барлығын қосып.
Менсиз бир қуяшың батқан ўағында,
Әлем жаратады сен ушын қосық!
03.03.2022 01:03
Гулчеҳра Айтмуратова
Кеўилдеги жазылмаған хат.
(Кемпир апам Ф.П ға)
Сынбадым! Анажан, қайғырма ҳасла,
Қарама артыңа әрманлар менен.
Не сынақ жазбаған бул жалғыз басқа,
Өмирим оралмақта жалғанлар менен.
Сен мени ойлама, оқыўым жақсы,
Устазлар мақтайды ерке қызыңды.
Сүрткенмен көздеги қайғылы жасты,
Басарма басқалар енди изиңди?.
Мәниссиз қосықтай қәлемим изи,
Жазып, өшириўлер. Қайтадан баслаў.
Он сегиз жылымның қайғылы гүзи,
Үй ҳәм кеўилдеги орның бир басқа-аў.
Бәри түсер әсте избе-изликке,
Күнлер өтер қуўып ай ҳәм қуяшты,
Сабрым жетпей урыс, сиз ҳәм бизликке,
Қыялым сен бетке, сен тәреп қашты.
Бүгин дәртлесиўди қәледим үнсиз,
Хат көтермес, бәлки кеўил азарын.
Қосығым болды деп айтпайман минсиз,
Бирақ, еле де көп саған жазарым.
Сенсиз келип қалды және бир байрам,
(Кәсип байрамың да болғай мүбәрек.)*
Тәғдирдиң исине ақылым ҳайран,
Енди түсиниўге болмайман, ҳәлек.
Арамызды недур турады тосып,
Бирақ, умытпайман аналығыңды.
Бүгин денең менен қәбриңе қосып,
Көмдим!. Мама, бийғам балалығымды.....!
*Кемпир апам 30 жыл мектепте ингилиз тили пәнинен сабақ берген, педагог, ветеран.(Еди...)
02.10.2021 21:58
©Гулчеҳра Айтмуратова
❤️? Eng sara yangi trend qoʻshiqlarni siz uchun taqdim etamiz ?
❤️? Barcha qoʻshiqlar original va pechatsiz holatda ?
Reklama uchun: @T1MoTel_23
Телеграм каналларимиз:
✅ @huda_uz
✅ @shams_solih
Мурожаат учун:
? @huda_murojaat_bot
Менеджер - @krishenik (вопросы только по рекламе ‼️)
Last updated 1 month ago