Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Description
Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓


Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
Advertising
We recommend to visit

Энг сўнгги тезкор хабарлар ва долзарб янгиликлар!

Реклама учун – @TXREKLAMA

Last updated 1 week, 5 days ago

“Москвадаги Ишлар”
телеграм каналига хуш келибсиз!

Тезкор Иш елонлар бўлса бизга юборинг
👉 @mrazamatbek рекламa платная

Москвадаги Иш берувчи йўналишидаги энг кўп аъзога эга расмий канал!
Каналга Тез кошилинг 👇
perfluence

Last updated 4 weeks, 1 day ago

🤣 Ичак узди ҳазиллар;
🗿 Тренддаги гаплар;
🥺 Ибратли ҳикоялар;
🎞️ Кулгили видеолар;
💣 "БОМБА" мемлар)

Хуллас биз билан кайфиятингиз 101% кўтарилади;)

Реклама: @qitmirda_reklama

Last updated 1 month, 2 weeks ago

1 month, 2 weeks ago
Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
1 month, 2 weeks ago
Китапта басылган косыклар

Китапта басылган косыклар

1 month, 3 weeks ago

***ТҮЛКИ 

Егер достың болса өмирде түлки,
Урынып жүреди етиўге күлки,
Кимниң ким екенин айтып турады,
Билсеңлер адамның, келбети көрки.

Адамның көп болса дүньясы мүлки,
Жанында жүреди дос болып түлки,
Бастан дәўлет тайып жығылғанында,
Бирге жүрген досты етеди күлки.

Билсеңлер адам-ғой дүньяның көрки,
Кимдур адам болса, ал кимдур түлки,
Усы түлки яңлы адамлар себеп,
Базылар болмақта халыққа күлки.

Пәнт жеп болаберсең өмирде күлки,
Аўырады екен кеўилдиң мүлки,
Өмир өзи мәжбүр қылады екен,
Адамларды мисли болыўға түлки.

Қосық жаз деп сайрар кеўилдиң мүлки,
Бир шийрин сөз болар адамның гилти,
Биреў шошқа болса, ал биреў түлки,
Я Алла ҳеш кимди етпегил күлки.

Ансатбай Каражанов
19.03.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын***http://t.me/Ansatbai

3 months, 2 weeks ago

АЛЛАДА ЕСАП БАР

Өзиңше көрсетип қыр ҳәм қыяңды,
Биреўге тийгизбе ҳасла зыянды,
Жүреклерди таза тутпасаңызлар,
Тәңирим бузады билгил уяңды.

Аллаға көрсетсең егер қырыңды,
Ҳеш ким сениң жырламайды жырыңды,
Жүреклерди таза тутпасаңызлар,
Тәңирим ашады барлық сырыңды.

Өзгелерден зыят көрсең қуныңды,
Тәғдир бир күн шашар билгил уныңды,
Сениң қылған жаман ислериң ушын,
Сынамасын Алла қыз ҳәм улыңды.

Созбасаң ҳеш кимге жәрдем қолыңды,
Аңламасаң оңыңды ҳәм солыңды,
Тутпасаңлар ҳасла таза ойыңды,
Тәңирим жаўады билгил жолыңды.

Өзиңди ҳәммеден көрсеңизлер зор,
Бир күн тускен жериң болар билгил тор,
Өзгениң қәдирин билмеген адам,
Күн келип бир күни өзи болар хор.

Умытпаған жақсы адамлар өзин,
Кешириңлер аўыр батса бул сөзим,
Жүреклерди таза тутып ҳәммемиз,
Ашайық жүректен меҳирдиң көзин.

Аллада есап бар умытпаң буны,
Жақсы адамлардың уллыдур қуны,
Бир гәпти айтайын ҳақыйқат, шыны,
Билсеңлер ҳәммемиз Алланың қулы.

Ансатбай Каражанов
25.01.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai

3 months, 2 weeks ago

***ШАЙЫР КЕРЕК

Қырғыз халқы әдебият әлеминде,
Мениң жазған қосығымды оқып атыр,
Қанат питип мениң қара қәлемимде,
Ҳақыйқатты қосық қылып тоқып атыр.

Ал бизлерши? қолламаймыз өзимизди,
Кеш ашамыз маңлайдағы көзимизди,
Басқа халық, басқа үлке ўәкиллери,
Түсинип тур бизлер айтқан сөзимизди.

Йош болмаса ҳасла қосық қайнамайды,
Әдебият шегараны таңламайды,
Ал бизлерде аққан суўдың қәдир жоқ,
Шайырларды неге ҳеш ким аңламайды.

Талант деген Қәрекеңде тасып атыр,
Қәдемлерин алға қарай басып атыр,
Таланты бар, қоллаўы жоқ шайырларға,
Бүгининде мениң ишим ашып атыр.

Ибрайым, Төлепберген қос бай терек,
Сақланып келер олар жазған дерек,
Сол деректи жас әўладқа жеткериўге,
Елимизге еледе көп шайыр керек.

Ансатбай Каражанов
21.01.2024
Жиззах қаласы

Каналға ағза болыў ушын:***http://t.me/Ansatbai

3 months, 2 weeks ago

Минара Калбаеваның @Moldir_tamshilar каналына ағза болың, өзиңизге керекли мағлыўматларды алыўыңыз мүмкин.

Каналға қосылыў ушын жоқарыдығы силтеме арқалы қосылсаңыз болады

Ансатбай Каражанов

3 months, 3 weeks ago

Ансатбай Каражанов
Нариманов Авазбек🎤

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai

3 months, 3 weeks ago

Ансатбай Каражанов
Ансатбай Каражанов🎤

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai

3 months, 3 weeks ago

Ансатбай Каражанов
Ансатбай Каражанов🎤

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai

4 months ago

САБЫР КЫЛ ЧЫДА.

Айыпсыз сени кулатса Уруп,
Сабыр кыл кетесин бутуна туруп.
Салам бер кыблага башынды буруп,
Омурдо ашыкпа, сабыр кыл чыда.

Пайдасы жок жургондун ушак ташып,
Билип кой каласын сонунда шашып.
Туура журсон эч ким кеталбайт ашып,
Омурдо ашыкча сабыр кыл, чыда.

Умтулсан эгер максатка карай,
Курууга болот, кооз бир сарай.
Жакшы кун коп алдында далай,
Омурдо шашылба, сабыр кыл чыда.

Ар иштин артында, жакшылык болор,
Бугунку кемтик , эртеси толор.
Сабырлуу болсон, Бакыт куш конор,
Омурдо шашылба,сабыр кыл чыда.

Жолуксан не бир кыйын сынакка,
Ниетти туз кыл , жетесин муратка.
Жаратканга наалыба эч убакта,
омурдо шашылба, сабыр кыл чыда.
АНСАТБАЙ КАРАЖАНОВ.
Которгон Салима Гапырова.

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai

Telegram

Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Өткен өмириңди муғаллим деп бил***📖******📚******📓*** Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

САБЫР КЫЛ ЧЫДА.
We recommend to visit

Энг сўнгги тезкор хабарлар ва долзарб янгиликлар!

Реклама учун – @TXREKLAMA

Last updated 1 week, 5 days ago

“Москвадаги Ишлар”
телеграм каналига хуш келибсиз!

Тезкор Иш елонлар бўлса бизга юборинг
👉 @mrazamatbek рекламa платная

Москвадаги Иш берувчи йўналишидаги энг кўп аъзога эга расмий канал!
Каналга Тез кошилинг 👇
perfluence

Last updated 4 weeks, 1 day ago

🤣 Ичак узди ҳазиллар;
🗿 Тренддаги гаплар;
🥺 Ибратли ҳикоялар;
🎞️ Кулгили видеолар;
💣 "БОМБА" мемлар)

Хуллас биз билан кайфиятингиз 101% кўтарилади;)

Реклама: @qitmirda_reklama

Last updated 1 month, 2 weeks ago