Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

Description
Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓


Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
Advertising
We recommend to visit

Энг сўнгги тезкор хабарлар ва долзарб янгиликлар!

Реклама: @TXREKLAMA

Last updated 1 month, 2 weeks ago

“Москвадаги Ишлар”
телеграм каналига хуш келибсиз!
@piterdaishlare
Тезкор Иш елонлар бўлса бизга юборинг
👉 @mrazamatbek рекламa платная

Москвадаги Иш берувчи йўналишидаги энг кўп аъзога эга расмий канал!
Каналга Тез кошилинг 👇

Last updated 2 weeks ago

Эълон бериш учун ?

? @TBOS_Admin

Элон бериш пуллик?

Размещение рекламы платно?

Хар 50чи мижоз учун 100.000сум совга?



Last updated 1 year, 2 months ago

2 weeks, 3 days ago
***АЛЛАҲ НӘЗЕРИ

***АЛЛАҲ НӘЗЕРИ

Налып силтемегил ҳеш қашан қолды,
Аллаҳ көрсетеди ең дурыс жолды.
Бир гәпти бәрҳәма ядыңда сақла,
Аллаҳ нәзеринен қалмасаң болды.

Бул өмир бес күнлик билгенге жалған,
Базылар ойлайды пайда деп алған,
Аллаҳым қәлесе байдың басына,
Кәмбағалдың күнин бир күнде салған.

Қолыңды силтеме қудайдан налып,
Ҳәр бир истиң соңында бир  қайыр бар.
Қойған жақсы болар қудайға салып,
Халық дәртин жырлаўшы бир шайыр бар.

Бүгинде турсада дәўранды сүрип,
Деми питсе қара жерге барады.
Аллаҳ нәзеринен қойсалар сүрип,
Билгил бала бар-жоғыңды алады.

Ўайран етсең инсан кеўил базарын,
Бир күн келип тартасаңлар азарын.
Аллаҳ нәзеринен қалмасам болды,
Мол-молақай еле мениң жазарым.

Ансатбай Каражанов
05.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:***
http://t.me/Ansatbai

2 weeks, 3 days ago
***АҚЫЛ ҲАҚҚЫНДА

***АҚЫЛ ҲАҚҚЫНДА

Гей биреўлер жас минсе,
ес ақылы кетеди,
Болар болмас нәрсени,
ҳәптелеп сөз етеди.
Ҳәзир заман басқаша,
заман емес кешеги,
Не қылсаңда өмирде,
өсетуғын өседи.

Алла ашқан есикти,
жабыўға ҳеш қызықпа,
Жабыў ойы тек ғана,
болар екен бузықта.
Сөз берсеңлер қайнайды,
гөже киби бажыққа,
Не десеңде бәри-бир,
деп ойламаң ыржыққа.

Майда жигит бир гәптиң,
изинен ҳеш қалмайды,
Қыялпараз жигитти,
түрли қыял таўлайды.
Таза болса кеўиллер,
мисли гүлдей жайнайды,
Тарлық еткен ҳеш қашан,
узақларға бармайды.

Ал базылар жас болсада,
көп нәрсени биледи,
Ақыл сөзди бир айтыўдан,
қулағына иледи.
Ақыл мийўе ағашындай,
басын төмен ийеди,
Ақылы жоқ наданлар,
өзгелерге күледи.

Буның бәри ушырасар,
күнделикли турмыста,
Биреўлер шад, биреў қапа,
болар екен жумыста.
Ақылсыздың басы мегзес,
бос турған бир ыдысқа,
Ақыл деген қарамайды,
еркек ҳаял жынысқа.

Ансатбай Каражанов
04.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:***
http://t.me/Ansatbai

2 weeks, 4 days ago
***Әкемниң айтқан сөзлерин еслеп отырып усы …

***Әкемниң айтқан сөзлерин еслеп отырып усы қатарларды диздим.

Әкемниң ақыл сөзлери

Адам дәслеп дүзеў болса өзине,
Қулақ аспас өзге биреў сөзине.
Дәлили жоқ ғодирен гәп сөйлесе.
Билгил онда май питкени көзине.

Көп шәкиртлер ергенине изине,
Кеткен жаман өзин дана сезине.
Ҳақ адамды урып соғып қыйнасаң.
Ертеңги күн қыйын қараў жүзине.

Бий айып болады жалғыз тәңирим,
Бенделер орынлар ҳақтың әмирин.
Биреўди айыпсыз қыйнаған бенде,
Тартады бир күни келип жибирин.

Әкем айтар еди билген ақылын,
Бол балам өмирде әсте-ақырын.
"Ойнақлаған от басады" дер еди,
Умытпайман әкем айтқан нақылын.

Менде тентек болдым бала гезимде,
Берилдим ҳәр түрли қыял, сезимге.
Әкем айтып кеткен ақыл сөзлерди.
Балама айтаман бәрҳә өзимде.

Биреўлер дос болды, биреў тас атты,
Қудайға мың шүкир өмирим жақты.
Ертең кеширмейди бирақ тәңирим,
Көрип турып қара десеңлер ақты.

Әкем дана екен енди аңласам,
Бирде-бир гәпинен шықпады қәте.
Дуньяда данышпан ким десе айтың!
Асқар таў ардақлы әкеғой-Әке.

Ансатбай Каражанов
04.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:***
http://t.me/Ansatbai

3 months, 2 weeks ago

***АДАМ ҚУНЫ

Өмир қызық, қызың ҳәмде ул менен,
Болған жақсы барлық ўақыт ел менен,
Билип қойың бул өмирде яранлар,
Адам қуны өлшенбейди пул менен.

Ҳәр ким өзиникин жөн деп тартысса,
Бундай қылық билип қойың артықша.
Адам сөз сөйлесе шубалтабермей,
Сөйлегени жақсы анық ҳәм қысқа.

Инсанға қояды Алла баҳаны,
Оған қызық емес әмел нәҳәни.
Билмесеңиз билип қойың яранлар,
Жүректе болады ҳүждан мәканы.

Өмир қызық жетип-жетпеўи менен,
Өмир қызық қатты кетпеўи менен.
Есте сақлаң бул гәпимди яранлар,
Адам қуны өлшенбейди пул менен.

Меншик емес жалған дүнья ҳеш кимге,
Билип қойың келгенсизлер бес күнге.
Ғам-тәшўишлер бәри өтип кетеди,
Қапа болмаң түсебермең түскинге.

Билсеңизлер бас ислейди мий менен,
Керек емес жүриў адам тил менен,
Ҳеш ким кетпес ол дүньяға шүй* менен
Адам қуны өлшенбейди пул менен.

Ансатбай Каражанов
07.09.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:***
http://t.me/Ansatbai

We recommend to visit

Энг сўнгги тезкор хабарлар ва долзарб янгиликлар!

Реклама: @TXREKLAMA

Last updated 1 month, 2 weeks ago

“Москвадаги Ишлар”
телеграм каналига хуш келибсиз!
@piterdaishlare
Тезкор Иш елонлар бўлса бизга юборинг
👉 @mrazamatbek рекламa платная

Москвадаги Иш берувчи йўналишидаги энг кўп аъзога эга расмий канал!
Каналга Тез кошилинг 👇

Last updated 2 weeks ago

Эълон бериш учун ?

? @TBOS_Admin

Элон бериш пуллик?

Размещение рекламы платно?

Хар 50чи мижоз учун 100.000сум совга?



Last updated 1 year, 2 months ago