Раўаж ОТАРБАЕВ

Description
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр Раўаж Отарбаев.
БАЙЛАНЫС УШЫН: +99893 487-74-80 пикир-усынысларыңыз болса хабарлассаңыз болады
We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

Құран арқылы Әлемді таны?

Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.

1 year, 6 months ago

ҲАРМАҢ, ТАХТАКӨПИР АЗАМАТЛАРЫ

Ўатан қушағында саўлатлы бир ел,
Шақырып турғандай шайыр бери кел,
Мени ийтермелер қәлбимде бир жел,
Ҳармаң, Тахтакөпир азаматлары.

Қонақ келсе, қут келди деп қуўанар,
Үлкен-киши, хызмет етип жумалар,
Дуўтар, домбырада жаңлар намалар,
Сазгер, Тахтакөпир азаматлары.

Тандыр, қазан ошақ, ғыжлап тур шоғы,
Тандырда шоқ болса, кеўилдиң тоғы,
Сөз деген, атылған кәманның оғы,
Шешен, Тахтакөпир азаматлары.

Кетседе созылып қыстың қәҳәри,
Қар, қыраў жарасқан сулыў шәҳәри,
Көзинде, жүзинде, жасар бәҳәри,
Жомарт, Тахтакөпир азаматлары.

Қаратерең, Бөршитаўдың жағасы,
Кеўлиң нама шертсе, илҳам сағасы,
Бири ини болса, бири ағасы,
Бир муш, Тахтакөпир азаматлары.
04.03.2025.

1 year, 6 months ago

АЛТЫЛЫҚ

Анаў шашы аппақ төрдеги киси,
Ақылы толысып, азайған тиси,
Ертең орнын басыў мурты шошайып,
Жанында отырған егеде иси.
Тынбай айландырып ўақыт шығырын,
Орын алмастырмақ дүньяның иси.

27.02.2025
07.00.

1 year, 6 months ago

УЛЛЫ ТАРИЙХЫМА ТУТАС ТАҒАМСАҢ
(25-февраль Қарақалпақ халқының миллий тағамы жүўери гүртик күнине)

Жер менен тиллесип ата-бабамыз,
Тапқан несийбесин, еске аламыз,
Татлы тағам жүўериниң дәнинен,
Зағара, гүртигим, ырыс сағамыз.

"Найман", "бой жүўери", "матқайыр" дәнин,
Қыс күни гүртикке ун еткен бәрин.
Қыз-жаўанлар айландырып дигирман,
Қазан-ошақлардың келтирген сәнин.

Нәзик бармақларда соғылған гүртик,
Нәзик иштейлерди турады түртип,
Ошақта жеңгейлер қайнатса сорпа,
Ишерсең, маңлайдың терлерин сүртип.

Ана жерден өнген ырыс сағамсаң,
Кең жаға, кең пейил, жеңге, ағамсаң,
Халқым қәстерлеген жүўери гүртик,
Уллы тарийхыма тутас тағамсаң.

25.02.2025

1 year, 8 months ago

ЎАҚЫТ ҲӘМ ЖАҢА ЖЫЛ

Ўақыт- жүйрик тулпар, жорға жүрисли,
Ўақыт- бул бийреҳим, тәкаббыр сулыў,
Қүдирети таўлардан, таслардан күшли,
Оның иси емес, егленип турыў,

Ўақыт-жетегинде қуўаныш, байрам,
Ўақыт- жетегинде айралық қайғы.
Шуўмақлы шылбырын, шеше алмай ҳайран,
Өмири даўамында адамзат байғус.

Ўақыт- ҳүкми менен келер төрт пасыл,
Ўақыт- қушағында алмасар орын.
Таўсылар, байлықлар, алтынлар ҳасыл.
Ҳийле етип, ҳеш ким туталмас торын.

Ўақыт- аңқаң кеўип симирген суўдай,
Ўақыт- өткинши булт, нөсерли жаўын.
Биреўге, ең шийрин жемислер уўдай,
Биреў, байлап атыр туфлийдиң баўын.

Ўақыт- ийриминде келер жаңа жыл,
Ўақыт- сүйреп кетер, уйытқыған желдей.
Жолдас етким келер, мен оған ҳәр жыл.
Ағла тилеклерди, ҳәммеге теңдей.

31.12.2024

1 year, 8 months ago

АҚЫЛ-ОЙДЫҢ СУЎСЫНЫ

("Еркин Қарақалпақстан" газетасының 100 жыллығына қутлықлаў)

Қутлы болсын бир әсирлик асырым,
Жүз жыл халыққа хызмет еткен басылым,
Бетлериңди парақласам қунт пенен,
Таўылғандай мен излеген ҳасылым.

Өтмиш пенен, бүгинимди жаңарған,
Көзге ысық бетлериңнен табарман,
Тарийх гүўа, ең дәслепки санларды,
Басыў ушын талай таңлар ағарған.

Жаңа әсир беккемледи қарыўды,
Жеңиллетти хабарды тез алыўды,
Бүгингиниң оқыўшысы аңласын,
Уллылыққа "газит" услап барыўды.

Пешанасын қуяш сүйген, жел сүйген,
Мийнетлери қәдир таўып, ел сүйген,
Жаңалыққа жаны қумар, адамлар,
Сени әзиз перзентине тең сүйген.

Өзиң болып, ақыл-ойдың суўсыны,
Талайлардың дүзелипти бой, сыны,
Айнасысаң, жәмийеттиң тып-тынық,
Бул бир мәзи мақтаў емес, сөз шыны.

Киятырсаң қәдем атып журт пенен,
Ҳәр бетиңди әшекөйлеп қунт пенен,
Қәдириңди аңлағанлар алжаспас,
Олар қоллап, шыға бер, жуп-жуп пенен.

12.12.24

1 year, 9 months ago

ЖҮРЕК ПЕНЕН СЫРЛАСЫЎ

Уялмайын журт жыйылып қосығымды оқыса,
Оқый салып, журегиниң мүйешине тоқыса,
Қыйналмайын, шаршамайын, сөз айтыўдан ел ушын,
Жүрегим-аў, сен мен ушын, ҳәм ел ушын толқыса.

Ренжиме басқалардан,  не парқың бар сениң деп,
Артықпа я өзгелерден, алатуғын демиң деп,
Жан сырласым билесеңғой, әдетимди әзелден,
Ақшамлары журт уйықласа, уйқым қашар мениң тек.

Журтлар күндиз тас қаласа, мениң исим сөз қалаў,
Жүрегим-аў, сол ушында мениң исим басқалаў.
Сөз қыйқымын ақшам таўып, күндиз терип жүремен,
Оқысын деп мынаў кексе, киятырған жас анаў,

Қолла өзиң, ҳәр бир сөзим,  қаным менен қарылсын,
Тоқпағын бер, қам болмасын, шийкиликтен арылсын,
О, жүрегим бул өмирден утысымыз сол болар,
Бүгинниң ҳәм келешектиң кисесинде барылсын.

27.11.24.
03:19

1 year, 11 months ago

ЎАТАН ЫШҚЫ

Табаныңа кирсе шеңгел тикени,
Сол ўақ тамған тамшы каныңда ўатан,
Әптаб урып, суўық қуртса диңкеңди,
Қалтырап, түршиккен, жаныңда ўатан.

Әзиз өз елиңниң тикени-шаты,
Билсең, жанға жағар ҳазары менен.
Сиңген руўхыңа, пәк муҳаббаты,
Мың жыллық мазары, базары менен.

Маңлай тери сиңген, бул топыраққа,
Соңыра кеткен оның, тәни қарысып,
Ығбал-бахыт тилеп, алыс урпаққа,
Бабам өткен, ўақыт пенен алысып.

Бийўақ өрт шалмасын, топанлар басып,
Қулпы дөнип турсын гүл-лалазарың,
Ығбал-бахтың жанып, дәўлетиң тасып,
Толғай дәстүрханың, қызғай базарың
15.09.24

1 year, 11 months ago

ШҮКИР ҚЫЛ

Қуяш жалғыз, ай жалғыз бирақ,
Ашықлары миллиард кеўиллер,
Нурын шашар, миннеттен жырақ,
Қызыл, жасыл ашылар гүллер,

Жер баўырын ийдирер олар,
Ийилдирер алма шақасын.
Музлар ерип, дәрьялар толар,
Силкип қояр, таўлардың басын.

Билекте күш, баста ақыл, аң,
Мурынларды қытықлаған шаш,
Жүреклерге салар қозғалаң,
Ышқы ҳәўири, кең жазып қулаш.

Туўылар жайлаўда сур тери қозы,
Атылар вульканлар, булақ көз ашып,
Неге еримесин кеўилдиң музы,
Турса күн күлимлеп, ай нурын шашып.

Таңлар тыныш атса шүкир қыл,
Күнлер тыныш батса шүкир қыл.

12.09.24

2 years, 1 month ago

ЗАМАНЛАС

Шүкир несип етти, бахытлы заман,
Журт тыныш, тоқшылық, басымыз аман,
Бирлик түп бабаңнан, мийрасдүр саған,
Өзлигимиз, жойытпайық заманлас.

Күннен-күнге дәўлетимиз тассада,
Мәртебемиз бойымыздан ассада,
Тойып, тоңып ақылымыз сассада
Өзлигимиз, жойытпайық заманлас.

Күннен-күнге өзгермекте намамыз,
Нама менен қосып ақыл-санамыз,
Сол намаға секирип жүр баламыз,
Өзлигимиз жойытпайық заманлас.

Биз әзелден нақылға бай халықпыз,
Нақыл менен ақылға бай халықпыз,
Тилимиз бай, ҳүрметке сай халықпыз,
Сөзлигимиз, умытпайық заманлас.

Сәл азырақ ойланыўға бас берген,
Ҳүждан деген, әдил өлшеў тас берген,
Кимге узақ, кимге келте жас берген,
Дүнья мәңги, өмир қысқа заманлас.

19.07.24

2 years, 2 months ago

БЕРДАҚ ШАЙЫР МЕНЕН РУЎХЫЙ СӘЎБЕТ

Атың Бердимурат, халық айтты Бердақ,
Жасап өттиң елдиң, намысын қорғап,
Илҳамсыз кешлерде, руўхың қоллап,
Жатсам түслериме енермекенсиз.

Заманың тар болған, арзыўың кеңлик,
Тилегиң бар болған, халқыңа теңлик,
Жаным тәнимтики, руўхым сенлик,
Баба, жан дүньямды сезермекенсиз.

Аманат, саўлатлы липаслар шештим,
Өткинши заўқыдан, сападан кештим,
Сиз жаққа жүк артып, баралмас ҳеш ким,
Уқтым сөзиңизден билермекенсиз.

Өтелер адамның, адамға қарызы,
Шешилер адамның, адамға арызы,
Дүнья пүтинлиги, әўладлар парызы,
Жанымызда жақын гезермекенсиз.

Айтсам тәрийп етип, адам, заманды,
Ҳеш ўақ тән алмаған заман, заманды,
Шертейин өзиме мақул намамды,
Руўхың шад болып күлермекенсиз.

https://t.me/rauaj1980

We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

Құран арқылы Әлемді таны?

Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.