Раўаж ОТАРБАЕВ

Description
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр Раўаж Отарбаев.
БАЙЛАНЫС УШЫН: +99893 487-74-80 пикир-усынысларыңыз болса хабарлассаңыз болады
Advertising
We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

Құран арқылы Әлемді таны?

Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.

2 months, 1 week ago

ЎАТАН ЫШҚЫ

Табаныңа кирсе шеңгел тикени,
Сол ўақ тамған тамшы каныңда ўатан,
Әптаб урып, суўық қуртса диңкеңди,
Қалтырап, түршиккен, жаныңда ўатан.

Әзиз өз елиңниң тикени-шаты,
Билсең, жанға жағар ҳазары менен.
Сиңген руўхыңа, пәк муҳаббаты,
Мың жыллық мазары, базары менен.

Маңлай тери сиңген, бул топыраққа,
Соңыра кеткен оның, тәни қарысып,
Ығбал-бахыт тилеп, алыс урпаққа,
Бабам өткен, ўақыт пенен алысып.

Бийўақ өрт шалмасын, топанлар басып,
Қулпы дөнип турсын гүл-лалазарың,
Ығбал-бахтың жанып, дәўлетиң тасып,
Толғай дәстүрханың, қызғай базарың
15.09.24

2 months, 1 week ago

ШҮКИР ҚЫЛ

Қуяш жалғыз, ай жалғыз бирақ,
Ашықлары миллиард кеўиллер,
Нурын шашар, миннеттен жырақ,
Қызыл, жасыл ашылар гүллер,

Жер баўырын ийдирер олар,
Ийилдирер алма шақасын.
Музлар ерип, дәрьялар толар,
Силкип қояр, таўлардың басын.

Билекте күш, баста ақыл, аң,
Мурынларды қытықлаған шаш,
Жүреклерге салар қозғалаң,
Ышқы ҳәўири, кең жазып қулаш.

Туўылар жайлаўда сур тери қозы,
Атылар вульканлар, булақ көз ашып,
Неге еримесин кеўилдиң музы,
Турса күн күлимлеп, ай нурын шашып.

Таңлар тыныш атса шүкир қыл,
Күнлер тыныш батса шүкир қыл.

12.09.24

4 months, 1 week ago

ЗАМАНЛАС

Шүкир несип етти, бахытлы заман,
Журт тыныш, тоқшылық, басымыз аман,
Бирлик түп бабаңнан, мийрасдүр саған,
Өзлигимиз, жойытпайық заманлас.

Күннен-күнге дәўлетимиз тассада,
Мәртебемиз бойымыздан ассада,
Тойып, тоңып ақылымыз сассада
Өзлигимиз, жойытпайық заманлас.

Күннен-күнге өзгермекте намамыз,
Нама менен қосып ақыл-санамыз,
Сол намаға секирип жүр баламыз,
Өзлигимиз жойытпайық заманлас.

Биз әзелден нақылға бай халықпыз,
Нақыл менен ақылға бай халықпыз,
Тилимиз бай, ҳүрметке сай халықпыз,
Сөзлигимиз, умытпайық заманлас.

Сәл азырақ ойланыўға бас берген,
Ҳүждан деген, әдил өлшеў тас берген,
Кимге узақ, кимге келте жас берген,
Дүнья мәңги, өмир қысқа заманлас.

19.07.24

5 months ago

БЕРДАҚ ШАЙЫР МЕНЕН РУЎХЫЙ СӘЎБЕТ

Атың Бердимурат, халық айтты Бердақ,
Жасап өттиң елдиң, намысын қорғап,
Илҳамсыз кешлерде, руўхың қоллап,
Жатсам түслериме енермекенсиз.

Заманың тар болған, арзыўың кеңлик,
Тилегиң бар болған, халқыңа теңлик,
Жаным тәнимтики, руўхым сенлик,
Баба, жан дүньямды сезермекенсиз.

Аманат, саўлатлы липаслар шештим,
Өткинши заўқыдан, сападан кештим,
Сиз жаққа жүк артып, баралмас ҳеш ким,
Уқтым сөзиңизден билермекенсиз.

Өтелер адамның, адамға қарызы,
Шешилер адамның, адамға арызы,
Дүнья пүтинлиги, әўладлар парызы,
Жанымызда жақын гезермекенсиз.

Айтсам тәрийп етип, адам, заманды,
Ҳеш ўақ тән алмаған заман, заманды,
Шертейин өзиме мақул намамды,
Руўхың шад болып күлермекенсиз.

https://t.me/rauaj1980

5 months ago

РӘЎШАН ГҮЛЛЕРИ

Хош ийис таратар жасыл бағларда,
Аппақ шық малынар алтын таңларда,
Күш-жигер, илҳам-йош тасар қанларда,
Жанымның ләззети рәўшан гүллери.

Кеўиллерге шексиз шадлық шақырар,
Ақ, қызыл реңге дөнип барқ урар,
Әтирапында қуслар сайрап шарқ урар,
Тынышлық тымсалы рәўшан гүллери.

Сулыўлық, сән берип аўыл-қалаға,
Илаҳий нур сүйген қырға далаға,
Жарасық узатса бала анаға
Муҳаббат тымсалы рәўшан гүллери.

6 months ago

ҚОЛЛАҒАН ХАЛҚЫⱧНЫⱧ ҚОЛЛАРЫ АҒА
(Қәдирдан ағам, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Халық аралық илимлер академиясы академиги Жолдасбай Турдымуратовтың 75 жасына қутлықлаў)

Қәлбиңиз төринде бүлбил сайрап тур,
Илҳәм тасқын булақ болып қайнап тур,
Сизди зер сабақта беккем байлап тур,
Иләҳий өнердиң сырлары аға.

Балалық бахытқа жаратар негиз,
Сизге, балалықтан музыка егиз,
Көркем-өнер мисли, толқыған теңиз,
Қәсийетли түби, қырлары аға.

Илимге жол ашқан, жаслық жылларың,
Жүрекке мөрлеген, өнер сырларын.
Елде әзиз қылған, аяқ-қолларың,
Терең ықлас, талант нурлары аға.

Талай шәкиртлерге устазлық етип,
Ата, аға болып, изиңе ертип,
Ташкент, Алма ата, Москва, кетип,
Айдын болды жүрген жоллары аға.

Ел намысы, ер жигитге аманат,
Намыслы ер, елге тақпас жаман ат,
Талай елде, оқыдыңыз баянат,
Бәри халықтың дәстан, жырлары аға.

Кәсибиңиз сизиң жылдам ҳәрекет,
Жүрсиз ҳәрекеттен, таўып берекет.
Сол ушын жолдасың, рахмет, ҳүрмет,
Қоллаған халқыңның қоллары аға.

22.05.2024

6 months, 1 week ago

ЖАҢА ЗАМАН, ЖАҢА ДӘЎИР АДАМЫ

(Қәдирдан аға достым Ахмед Мамбеткаримович Реймовқа академик дәрежесин алыўы мүнәсибети менен қутлықлаў)

Азаматпыз бирге ар деп шабысқан,
Әзим Ташкент шәҳәринде табысқан,
Кеўлим мениң толқынланбай турарма,
Илимдеги, сиз ерискен табыстан.

Илҳам керек шайыр менен алымға,
Болмаса сөз бара бермес барымға,
Жазалмасаң жүрегиңди төңкерип,
Табыў мүшкил "шай ҳалқас"лық қарынға,

Қәлбиң мисли "Жайҳун" болып таспаса,
Ой-қыялың "Қара таў"дан аспаса,
Китапларға мөрлеў қыйын атыңды,
Сөзиң, сынақ тәрезисин баспаса.

Мәрре гөзлеў қыйын жеңди түринбей,
Атың шыға шабыў керек сүринбей,
Жуўырасаң, гүресесең, өмирде,
Изленбесең, изиң қалар билинбей.

Мәзи уйқас сөз айтыўдан жырақпан,
Қурғақ сөзлер түсип қалар қулақтан,
Шын айтарым сәўбетлессем сиз бенен,
Мийрим қанар суў ишкендей булақтан.

Ықлас қойсаң кәсиптиң жоқ жаманы,
Илимди сүйгенниң келди заманы,
Бүгинниң ҳақыйқат қаҳарманысыз,
Жаңа заман, жаңа дәўир адамы.

17.05.2024

6 months, 1 week ago

ҚАРАҚАЛПАҚТЫⱧ
Тандырында пискен ыссы нанындай,
Тамырында аққан таза қанындай,
Қол узатса, жазық алақанындай,
Мийрим, муҳаббаты Қарақалпақтың.

Бахты бәлент, жулдыз жанар көгинде,
Түп-туўысқан еллер дөгерегинде,
Мынаў кең дүньяның бир бөлегинде,
Бәлент имараты Қарақалпақтың.

Қобызында, ғаз сестиндей намасы,
Дуўтарында, жан дүньясы сазасы,
Шыңқобызда, қызларының “Муза”сы,
Шадлық, салтанаты Қарақалпақтың.

Қалмас орынланбай, айтылған лебиз,
Мәртлик, сақыйлыққа жаралған егиз,
Руўхы шөкпеген, шөкседе теңиз,
Сабыр салтанаты Қарақалпақтың.

Алғыр қыран, батыр бол дер улына,
Шерик бол дер елдиң, бахыт,муңына,
Дақ түсирмеў, ел атына, туўына,
Уллы аманаты Қарақалпақтың.

17.05.2024

6 months, 3 weeks ago
6 months, 3 weeks ago

?Сөзи: Р.Отарбаев
?Намасы Өзбекстан халық бақсысы Ғайратдин Өтемуратов
Жас бақсы Зулхумар Елиўбаева атқарыўында

We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

Құран арқылы Әлемді таны?

Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.