Taхтакөпир таңы газетасы

Description
Хызмет еткил удайына халық ушын!Тахтакөпир районының жәмийетлик-сиясий, әдебий газетасы @taxtakopir_tańı
Advertising
We recommend to visit

Футбол жайлы ақпарат тарататын үздік парақша

«Соққы және гол!» спорт порталының 23.07.2024 Мәдениет және ақпарат министрі берген № KZ84VPY00097457 лицензиясы бар.

РЕКЛАМА: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 6 days, 21 hours ago

Комментатор Ерсін Еріктің арнасы

Парақша YerSport.kz сайтының серіктесі

Жарнама бойынша
@VaranRaphael

Last updated 2 days, 23 hours ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @QARAQALPAQREKLAMA

Last updated 5 months, 1 week ago

2 weeks, 2 days ago
***❗️*****Балаларға зорлық көрсеткен педагоглардың айырым ҳуқықлары …

❗️Балаларға зорлық көрсеткен педагоглардың айырым ҳуқықлары шеклениўи мүмкин

Социаллық қорғаў  миллий агентлиги ҳәм Олий Мажлис Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы)ниң билимлендириў шөлкемлеринде балаларға қарата зорлық жағдайларына жол қойған педагог ҳәм тәрбияшылардың ендигиден былай  балалар менен ислесиў бойынша мийнет искерлигин даўам еттириў ушын шеклеўлерди, қосымша талапларды нәзерде тутыў ҳаққындағы усыныслары мақулланып атыр.

Бул ҳаққында Президенттиң усы жыл 2-декабрьдеги ПП-201-санлы пәрманында сөз етиледи.

Ағзa болың:https://t.me/taxta_tani

2 weeks, 4 days ago
**Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады**

Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады

*Дем алыс күнлери 2025-жыл 10-январьға шекем даўам етеди.

Барлық мектеплерде үшинши шерек 2025-жыл 11-январьдан басланады.
Ағзa болың:*https://t.me/taxta_tani

3 weeks ago

ГҮЗДИҢ СОҢҒЫ КҮНИ

*Сарғайған дарақлар дағда қалғандай,
Алтын гүздиң соңғы күни де өтти.
Кеше жасыл дөнгенлиги жалғандай,
Сулыў жапырақлардың дәўраны питти...

Сап-сары жапырақлар төселип жерде,
Соңғы нәпеслерин алып жатқандай.
Шырт-шырт етип езилип ҳәр қәдемде,
Аяқлар астында еңиреп атқандай...

Жүрегим сызлайды...сеслерден ҳарғын,
Жапырақлар қазан урған жерлерде...
Шырқырасқан сести жапырақлардың,
Жанымды жаўратар усы демлерде...

...Салқын самаллар да шымшылап есип,
Өткинши өмирден хабар бергендей.
Сонда үмитинен қалған бийнесип,
Сарғыш жапырақлар бозлар ингендей...

Жалаңаш дарақлар сәнсиз қалғандай,
Гүздиң соңғы күни өтти де кетти.
Кеше бәҳәр,жаз болғаны жалғандай,
Қылышын сүйреген қыс айы жетти.

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА

30 ноябрь,2024 жыл.*

Ағзa болың:https://t.me/taxta_tani

3 weeks, 1 day ago
**Ана тилим-дара тилим!**

Ана тилим-дара тилим!

*Мақтанды
Биреў...
Баламның
Тили шыққан
Орысшада,
Базы биреўлердиң
Кытайшада,
Биреў  айтты,
Инглизше
Әне қалас ...

Ойдан-ой жүйрик
Кеттим тереңге
Бабам не деген
Көреген,
Билеген еди...
Сонша көшиўлерде
Жалаң аяқ
Суў кешиўлерде,
Ойларда,
қырларда
Небир шөллерде
Халық даналығын
Алып өткен
Қәлиблерде
Кеўиллерде
Тиллерде,
Дәстанларын,
Айтысларын,
Жаңылтпашын,
Жумбақларын,
Хәййиўлерин,
Термелерин,
Толғаўларын,
Жырғаўларын
Санасына
Қуйып жеткен,
Гүңиренткен ,
Қобызларын
Көк титиреткен
Жаўынлатқан,
Даўыллатқан
Шыңқобызын
Шырылдатқан
Шыңғырлатқан
Қыз әрманын,
Сыңғырлатқан
Сөйткен бабам
Дана еди,
Намыс-арын
Алып өлген
Дара еди.

Тилим қайдасаң?
Арым қайдасаң?
Ҳәййиў қайдасаң
Бир әжеп жайдасаң
Айтыс қайдасаң?
Шертис қайдасаң?
Зым-зым...
,,Арқадан келген арқар
Жақсы адам менен сөйлессең
Қумарың тарқар"
Қайдасаң?
Сөйлеспес ҳешким,
Гүм-гүм...
Жумбақ қайдасаң,
Шешим қайдасаң?
Жым-жым...
Дың-дың...
,,Сайрайды да, йошады"
Тилим қайдасаң?!
Жаңылтпаш қайдасаң?
,,Ядлап тақмақ
Ядқа айтсақ
Ядқа тақмақ
Ядла тақ-тақ"
Сөйтип тилим
Шықпадыма
Тутлықпадық...
Гүң-гүң...
Әкемниң дизесине қонып
Еситер едим әжеп қосық
,,Қыран қустың баласы,
Қыяда болар уясы,
Қыяға қарай сел барса,
Қыйналып желер анасы.
Ҳәңңай ҳәңңай ҳәңңай-ә-ңай..."
Атамның жырғаўы
Басын ырғаўы
Еле көз алдымда
Еле ядымда...
"Алашартақ
Қырман ортақ
Қырманыңнан бермесең
Қыран шатақ!"
Кемпир апамның
Мехрибанымның
Мийиме қуйғанлары,
Жаңлап тур,
Бир өмир
Мәңгиге
Сабақ болажақ,
Кеўиллеримде
Сайрап тур.
"Бир- бас бармақ
Еки-балан үйрек,
Үш-ортан терек,
Төрт-шүлдир шүмек,
Бес-кишкентай бөбек!
Бас бармақ-малға барар,
Балан үйрек-аңға барар,
Ортан терек-отынға барар,
Кишкентай бөбек-үйге қарар!"
Мойынға алғанбыз,
Жаслайымыздан,
Үкиден ойып,
Суўды алғанбыз.
Жүнди түтип,
Кийиз басқанбыз.
Бас бармақ атанып,
Оңға,
Қырға,
Шапқанбыз...

Әкемниң халалайы,
Әкемниң булалайы,
Дәўлет басы едим
Ата-анамның
Қызалақ болсамда
Артық көрер еди
Журттың алпыс
Улынан.
,,Алағат булт ай болмас
Алаң кеулим жай болмас,
Алты улыстың баласы
Алпағыма сай болмас
Ҳәңңай, ҳәңңай, ҳәң-ә-ай..."

Анам берген
ақ сүтин
Ақлай алдымба?
Жүзин жарқын етип,
Қыз сақлаған,
Ғәрип  анама
Ел-халқымның,
Ата-енемниң
Алтын қудағай
Тажын
Кийдире алдымба?
Ақ бесикке таянып
Анам ҳәййиў айтқан,
Қолым анам сийнесинде
Кеўилим балқып
Уйықлап кетер едим
Ҳәййиў мәргиясында
,,Аллай-аллай алтыным-ай,
Алтыннан да артығым-ай
Айналайын гүмисим-ай,
Айында писер жемисим -ай ,
Ҳәллай-ҳәллай,'ҳәллалай"
Ҳәййиў, ҳәййиў, ҳәййиў,
Жигер берген еди
Журек берген еди
Сезим берген еди
Төзим берген еди
Әкем түйе болған
Бизлер
Мине-мине
Жаўыр болған...

,,-Әнекей сыйыр.
-Мө-өө!,-дейди
-Минекей,түйе.
-Бө-өө!-дейди"
Мәспиз....
Әкем нағыз
түйе еди,
Төрт қыз,
Төрт ул
Есапсыз ақлық
Ата түйеге
Әке түйеге
Минген едик
Шын мәнисинде

Устазым оқытқан
Тоқытқан
Ядлатқан
Келешекти
Аңлатқан
Қолға китап
Услатқан
Бир өмир
Қарыздарман
Дегенмен сонда
Ҳәм бүгин
Ертең...
Көзим ашық
Кеўлим сергек
Қәлбим ояў
Таза
Гириштей аппақ
Онда бабамнан қалған
Битиклер
Сиңдирилген еди...
,,Жел-жел есер, жел есер
Егизлей берсе,төл өсер,
Еңбеклей берсе,төл өсер,
Сағасы булақ суў тасар
Тәрбия менен гүл өсер,
Сөйлеў менен тил өсер"
Ах,"нетейин, нетейин,
Басымды алып
Кетейин
Бүгин тилди умытсақ
Кеширер мекен қара жер
Кеширер мекен Ана-Жер!
Кеширерме екен бабалар
Кеширерме екен даналар!
Ана- тилим
Байлығым
Суў астында
Маржаным
Қәлбиме сақлап кетермен.
Бир сөзине қыянет
Бир сөзине өзгерис
Ете көрме!
Сап ҳалында
Урпаққа
Жеткер,
Өткер,
Адамзат!
Оралхан Сапарова*

Ағзa болың:https://t.me/taxta_tani

3 weeks, 1 day ago

Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!Районымыздағы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы мектеп
оқытыўшыларының Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 35 жыл толыўына байланыслы байрам қутлықлаўы.

Ағзa болың:https://t.me/taxta_tani

3 weeks, 1 day ago
Taхтакөпир таңы газетасы
4 weeks, 1 day ago
*****⚡️***Енди UzASBO арқалы мектеп муғаллимлериниң айлықлары …

*⚡️Енди UzASBO арқалы мектеп муғаллимлериниң айлықлары категориясына қарап автомат түрде есапланады*

Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен UzASBO бағдарламасы жәнеде жетилистирилди.

  1. Бюджет мәкемелериниң штат кестелериниң қағаз формасынан толық ўаз кешилип, олар толық электрон формада қәлиплестирилетуғын болды.

  2. “Бирден бир счетлар режеси” (Ягона счетлар режаси) енгизилип, еки бағдарлама (main.uzasbo.uz ҳәм zp.uzasbo.uz) бирлестирилди.

  3. Улыўма билим бериў мектеплериниң тарификация процеслери санластырылып, ислеп атырған хызметкерлерге тийисли маманлық категориялары интеграция қылынған ҳалда олардың айлықларын есаплаў процесслери автоматластырылды.

Ағзa болың:https://t.me/taxta_tani

1 month ago
Taхтакөпир таңы газетасы
1 month ago
Taхтакөпир таңы газетасы
1 month, 1 week ago
Taхтакөпир таңы газетасы
We recommend to visit

Футбол жайлы ақпарат тарататын үздік парақша

«Соққы және гол!» спорт порталының 23.07.2024 Мәдениет және ақпарат министрі берген № KZ84VPY00097457 лицензиясы бар.

РЕКЛАМА: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 6 days, 21 hours ago

Комментатор Ерсін Еріктің арнасы

Парақша YerSport.kz сайтының серіктесі

Жарнама бойынша
@VaranRaphael

Last updated 2 days, 23 hours ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @QARAQALPAQREKLAMA

Last updated 5 months, 1 week ago