Қаракесек фан канал ; )
Админ: @KZmenenger
Құран арқылы Әлемді таны?
Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.
✍Сөзи: Мақтумқулы.
?Исполнител:Гүлпаршын Сырымбетова
« СЕНИ »
*Ишки сырың айтпа хеш бир наданға,
Сырың елге жайып паш етер сени,
Уры газзап пенен ауыллас болма,
Малыңнан айырып аш етер сени.
Жаман адам менен отырма турма,
Хәргиз нәкас пенен сәубетте болма,
Қәдирдан достыңнан жүзиңди бурма,
Барсаң төбесине таж етер сени.
Бир ғош жигит нәзәлимге яр болса,
Хәм жамалын бир көрмеге зар болса,
Арасында бир сум шуғыл бар болса,
Жақсы достың менен қаст етер сени.
Мақтумқулы елге айтар нәсият,
Хәргиз нәкас пенен болмағыл үлпет,
Қудай берсе сауад атлы бир перзент,
Қартайған шағыңда яш етер сени.
?@Maqtumquli.*
Жоқарыда келтирилип өтилген канал силтемелери халқымызға белгили дөретиўшилердиң дөретпелерин кеңнен жарытып барыўшы каналлар есапланады,бул каналларға тиркелип кетиўиңизди соранамыз.
Ҳүрмет пенен
Канал Администраторы
ТАСТЫ СЫНДЫРАР
*Алғысты көп алған көгерер гүлдей,
Гүлдиң мәўсиминдей дәўран табылмас,
Ғарғысты көп алған үгилер күлдей,
Күл орнына қайта бостан табылмас.
Тән журтында ғамлы кеўил мүсәпир,
Жүрек дәртли жаным көп тартқан жәбир,
Сүйенер мәрт излеп боларман себил,
Ығбалыма мәрди-майдан табылмас.
Кеўил қойып гөзле ҳақтың жолына,
Машғул болма "дүняь қуўмақ" ойнына,
Адамзат миймандур дүняь үйине,
Бир үй ишинде мийман табылмас.
Мақтумқулы,тәғдирине тән берди,
Ҳәрким көмешине күл тартты енди,
Аңламаса жаман екен дәртиңди,
Жәҳиллик дәртине дәрман табылмас.
? @Maqtumquli.*
Кетер
*Адам улы,пәлек сениң,
Бир күн тоның пишер кетер,
Жәллат киби урып қанжар,
Қанларыңды шашар кетер.
Гезбе дүняьны мейил етип,
Бейҳуда жерде сейил етип,
Алдын қонған,нәўбет жетип,
Көз ашқанша өтер кетер.
Өлген соң сени кимлер ядлар,
Себил қалар бедеў атлар,
Оны минген азаматлар,
Қара топрақ қушар кетер.
Бес күнлик дүняь ғанийбетдур,
Соңы оның ақыбетдур.
Әжел бир ашшы шербетдур.
Ҳәрким оннaн ишер кетер.
Мақтумқулы,бул не жайдур?!
Әжеп бир кәрўан сарайдур.
Дәўран бир долы ҳаялдур.
Бес күн сени қушар кетер.*
" БОЛАРСАҢ "
*Бәлент таўлар бийикбен деп буўсанба,
Ериген бир шанақ зердей боларсаң,
Терең дәряь айбатыңа қуўанба,
Ўақтың жетсе,қара жердей боларсаң.
Пиллер пешше болар - жазмыш айыбы,
Шер - қаплан асқынса,тышқан ойыны,
Нилдиң Айдархасы,Жайҳун жайыны,
Қулағына урған малдай боларсаң.
Билгенимди айттым сөз келген ўақта,
Заўал бар орынсыз урған таяьқта,
Залымлар қор болып,қалар аяқта,
Ғәрип,сен жылама,шердей боларсаң.
Жақсылар жанында жүргил сен өзиң,
Мәниси дүр болсын сөйлеген сөзиң,
Алымға уйысаң ашылар көзиң
Жәҳәллиге ерсең гөрдей боларсаң
Луқмандай көп дәртке дәрман берсеңде,
Рүстемдей дәўлерге пәрман берсеңде,
Искендердей жердиң жүзин алсаңда,
Соңынан ҳәммеге теңдей боларсаң.
Мақтумқулы,серле иши-тысыңды,
Жайын билип сарп ет болса асыңды,
Ақыллының қой жолына басыңды,
Ер изине ерсең,ердей боларсаң.@Maqtumquli.*
Қаракесек фан канал ; )
Админ: @KZmenenger
Құран арқылы Әлемді таны?
Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.