B A X Í T L A N D I Y A ?

Description
✍ Психология, жеке раўажланыў ҳаққында журналист, психолог Гүлзада Өтениязовадан?
Advertising
We recommend to visit

Ҳаётингизда шунчаки кун ўтказманг. Вақтингизни дунё ва охиратингиз учун фойдали амалларга сарфланг...

Админ: @SayyoD3003

Last updated 1 year, 6 months ago

Кореяда ишлашни хоҳлайсизми?

Кореяда ўқишни хоҳлайсизми?

Ундай бўлса бизнинг каналимизни кузатиб боринг биз силарга қўлимиздан келгунича ёрдам берамиз

Реклама учун 👉 @korean_teacher07

Last updated 2 months, 1 week ago

1 Jahr her

Генри Фордты миллиардер еткен-оның ҳаялы Клара.

Ҳәмме орта класс ўәкиллерине арналған машина ислеп шығараман дейтуғын Генриди есаўанға шығарды. Тек оның ҳаялы исенди, қоллады. Шырақ жоқ гаражда тәжирийбе өткерип атырған өмирлик жолдасына керасинли шыра тутып, суўықларда қолы қататуғын еди. Таяр болған биринши автомобилди гараждан сыртқа шығара алмай атырғанда, ҳаял бола тура, лон менен еки тәрепиндеги дийўалды жонып, шығарыўына жәрдем береди. Сатысыўда да қоллаўшы болады. Фермер бол деген әкесине Генри идеасы әмелге асыўын дәлилледи.
Көп күшке ийесең, ҳаял!

1 Jahr her

ЖУМАНИЯЗ  ӨТЕНИЯЗОВ

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН   БАЙРАҒЫ

Халқым  көрип  талай  заман  тарлығын,
Тилин  жойтпай, урп - әдетин,  барлығын,
Сақлап  келген  толы  кеўил  сандығын,
Ашқанда -  жарқ еткен   Байрағым  мениң.

Заман  руўхында  жаңа тус алып,
Бахыт  самалынан  еркин куш алып,
Көк  реңи  аспан  менен  ушласып,
Турғанда - журт  таныр  айдарым  мениң.

Саўлатымсаң,  ғайратымсаң  қолымда,
Сен - айбатым,  намысым да, арым да.
Сары  рең –саҳра , шөлим  сағымда,
Зер липаслы,  алтын  сайларым  мениң.

Жасыл  рең – жасыл далам, жайнаған,
Жанлы өмир, жаслар  күлип  ойнаған,
Бес қалам  бар - бес жулдызды   сыйлаған,
Атқан таңдай  ашық  дийдарым   мениң.

Ярым ай- руўхым, кеўлим қуяшы,
Ата-бабалардың нурлы   мийрасы,
Күш алар көркиңнен Әмиў жағасы,
Жарқырап, желбире  Байрағым мениң! 

12.12.2021

1 Jahr her

Өзбекстан халық шайыры
Махмуд Тоир

Ата үйи

Ата үйдиң пайызы өзге,
Хәр қарыста нуры бар.
Анаң күтип алмаса да,
Дуўалардың дүри бар.

Ата үйдиң пайызы өзге,
Қәдем басып тоймайсаң,
Анаң күтип алмас, бирақ та,
Өлди деп ойламайсаң.

Ата үйдиң пайызы өзге,
Атаң киби уллы үй.
Анаң күтип алмаса да,
Басқан изи толы үй.

Ата үйдиң пайызы өзге,
Ески үй деп арланба.
Анаң күтип алмаса да,
Ул-қызыңды баслап бар.

Ата үйдиң пайызы өзге,
Усамас ол сарайға.
Анаң күтип алмаса да,
Руўҳлары пәрмана.

Ата үйдиң пайызы өзге,
Сен сол бағдың нәлшеси.
Ата үйди қумсар жүрек,
Ол Ўатанның пәршеси.

Ж. Өтениязов аўдармасы

1 Jahr, 1 Monat her

50% ШЕГИРМЕ!

Сәлем, бестселлерлерим!

Мен "Профессионал психологлар" мектеби питкериўшиси;

Ташкент қаласындағы "Неу Фарсида" психологиялық орайы психолог-тренери;

Гелиоса гуру- Гүлзада Өтениязова

Нөкис қаласындаман.

50% шегирмеде жанлы расклад, расковка, консултацияларымды усынаман.

@geliosa_guru

1 Jahr, 2 Monate her

O’zimizni realizatsiya qilaolishimiz eng avvalo o’zimizga kerak, shundagina normal inson sifatida yashay olamiz.
Borgan sari chuqurroq anglayapman–men o’zimdan yaqinlarimni himoya qilish uchun yozarkanman.

Oylab yozmay yurgan kunlarim ichimda bir yirtqich uyg’ona boshlaydi, undan vahshiysi yo’q bu dunyoda. Ko’zim qonga to’lib, hammani g’ajib tashlagim keladi. Nima qilsam ham bu holatdan qutulaolmayman. Yozsam, ha, yozsamgina odamga aylana boshlayman. Ichimda Mehr tiriladi, undan yaxshisi yo’q bu dunyoda. Nima yozishim ahamiyatsiz, to’kilishim kerak, tamom! Bu ifodalash qiyin bo’lgan jarayon.

Qaysidir sohada oz bo’lsada salohiyatingiz bormi, yashirmang, ichingizda chiritmang, achigan bilim va iste’dodning badbo’yidan jirkanch narsa yo’q, bilsangiz.

@abbosova_mehrinoz

1 Jahr, 2 Monate her

Ҳаялдың мүнәсебети қол бармағындай избе-изликте болғаны дурыс:

Бас бармақ-Аллаға деген мухаббаты;

Көрсеткиш бармақ- Өзине мухаббат;

Ортаңғы бармақ-Өмирлик жолдасына деген мухаббат;

Атсыз бармақ-Ата-анасына деген мухаббат;

Шунатай бармақ- перзентлери;

Көрсеткиш бармақ барлық басқа бармақлар менен бас бармақ арқалы байланыс орната алады.

1 Jahr, 3 Monate her

Muvaffaqiyatga erishishingiz qiyin boʻlmoqdami?

Demak, e'tibor beringda, orzu - istaklaringizda Xudoni oʻrni mavjud emas. Ya'ni Uni istaklari birlamchi emas.
Gap hayotning har bir jabhasiga taaluqli. Oila bo'ladimi yoki karyera, harakatlaringizdan maqsad Alloh rizoligi bo'lmog'i lozim.

Qachonki sizning istagingiz, Yaratganni istaklari bilan bir bo'lsa, xizmatlaringizda Uni o'zingizga sherik qilgan boʻlasiz.
Tasavvur qiling-a! Butun borliqning yaratuvchisi siz bilan bo'lsayu sizning mehnatlaringiz Muvaffaqiyatsiz bo'lishi mumkinmi?!

Siz aytishingiz mumkin: Halol yashamaganlar ham katta natijaga erishmoqda deb. Ammo ular bugungi va ertangi energiyasini Shaytonga topshirgan holda evaziga undan moddiy matohlarni olmoqdalar. Bundaylarni kelajakdagi energiyasini shayton o'zlashtirayotgani bois, ularning ertangi energiyasi mavjud emas. Shuning uchun halol bo'lmagan ishlar qiluvchilar vaqtlar o'tkach tuzalmas kasalliklar yoki ulkan yo'qotishlarni boshdan kechirishadi. Chunki ularni kelajakdagi energiyasini allaqachon shayton o'zlashtirib olgan bo'ladi.

Alloh bilan oldi-berdi qiluvchilar na bugunidan va na ertasidan xavotir bo'lishi kerak emas. U qanchalik Xudo u bilan ekaniga ishonsa, shunchalik Xudo unga yaqin keladi va uning xizmatlariga baraka yo'g'diradi.

#tafakkur_qiling

@muzaffar_vakkosov1

1 Jahr, 3 Monate her

**МЕРЕКЕСИ КӨП ЕЛДИҢ,
БЕРЕКЕСИ БОЛМАЙДЫ!

Ким менен сорасып қалсаң да шақырықтан киятырман, той-мереке көбейип баса-бас болып тур дейди, аўыр гүрсинип. Дурыс той Қудайдың ғәзийнеси. Бирақ қандай той ҳақыйқый есапланады. Әўлийе уламалардан сорағанда; "Ең жақсы жол Ата-бабаң жүрген жол ҳәм солардың салт-дәстүри менен жүриў" деген. Енди таллап көрейик, ата-бабаларымыз, жай той, қырық жыллық той, елиў жыллық той, жетпис жыллық той, оқыўға кирген той, ел қәде той,  папки той бергенбе? Яқ, бабаларымыз үйленген той менен қыз узатыў тойын ғана кең түрде белгилеп тойлаған. Мине ҳақыйқый тойлар усы ғана. Той көп болғаны жақсы не деп отырсаң дегенлерде ушырасады. Лекин бул ысырапкершилик пенен бирге бәсеке ямаса мақтаншақлық емес пе екен. Бизиң бабаларымыз да өз күши билими менен  Бухара, Хийўа қалаларындағы медреселерге оқыўға түскен. Ол ўақытлары әжелеримиз балларымыз оқыўға кирди деп жети шелпек таратып, Аллаға шүкир етип балам аман-есен оқыўды питкерип келсин, елине ҳадал хызмет етсин деп тилек тилеп отырған. Қатты қуўанғанлары өз жақын туўысқанлары менен бир ешкини шалып жеп өзли-өзи әңгимелесип тарқасқан.
Атам Қарақалпақ;
Ел басына түскен ис,
Ер басына түскени
, дейди. Ел күнде той-мерекеден қолы тиймей соны уўайымлап жүре берсе, елди ойлайтуғын ерлерди ким тәрбиялайды.
"Көп қыдырған гезбе болады,
Көп сөйлеген езбе болады" дейди және дана халқымыз. Биз көп қыдырып гезбе болып мерекелерде өсек айтатуғын езбе болып баратырған жоқпызба?  Биз өсек айтып отырсақ бизди тыңлап отырған балалардан дана шығарма екен.
"Жаман адам тыррыйса елге сыймас,
Aлабуға тыррыйса көлге сыймас" дегендей бала оқыўға кирди, өзим медаль алдым деп көрингенди шақырып той берип атырғанымыз мақтаншақлық емеспе екен?Балаң оқыўға кирсе өзиниң пайдасы, өзиниң күн көриси емес пе, оның елге не пайдасы бар. Өзиң атақ алған болсаң соған ылайық кишипейил бол. Жақсы болсаң халықтың өзи жыйып-терип той бермейме?!
"Суў сағасыз болмас,
Ел ағасыз болмас" дегендей, -ҳәй тоқтаңлар қаяқтағыны шығарып жүрсизлер бул бетиңизден қайтыңлар деп ақыл айтатуғын ел ағаларының көбиси сол тойларды өзлери тойлап жүр. Оның ертеңги жуўабы қалай болар екен деген ой ақылына келмес сирә!
«Көп биледи» деген күледи,
«Өзим билемен» деген өледи. деп
және дана Қарақалпағым астарлап бизге ишәра қылады. Көп биледи деп дана халықты айтып тур. Сол халықтың айтқаны менен жүр. Елден тыс ис қылма деген мәниде. Ал енди халық ишинен өзим билемен деп шығып көп нәрсени бүлдирип, дәстүрге қайшы жаңа нәрселерди ойлап таўып, елдиң санасын бузбақта. Сол ушында
"Тышқақ ылақ паданы бүлдиреди,
Дәлдәлшы көбейсе қаланы булдиреди." деген.
"Қара қулқынға қул болған,
Өз елиниң улы болмас"
Биз мазза деп той-мерекеден қарын тойдырып, ысырапкершилик пенен бирге шайтан суўдың жетегинде жүрмиз. Көпшилик балларымыз, қызларымыз күн көре алмай шет еллерге жумыс ислеўге кетип атыр. Биразлар банктен алған қарызын төлей алмай өзлерин аўыр жумысқа урып жүр. Сол ушында " Көрмес түйени де көрмес" дейди.
Және де "Балықшы теңизде жүрип,
Күниниң өткенин де билмес" дегениндей биз усылай тойлап жүргенде қамшының сабындай болған аз өмиримиздиң өтип кеткенин де билмей қаламыз. Қанша адам шақырық деп жумыстан қалса, қанша оқыўшы саўатсыз болып қалады. Басқа ел ҳәр түрли нәрселерди ойлап таўып заманға сай ҳәрекет етпекте. "Болар бала он бесинде баспан дер, болмас бала отызында жаспан дер" деп енди бизиң ойланатуғын ўақтымыз келди деп ойлайман. Жасымыз алпысқа шамаласса да әй еле жаспызғой деп ел аралап жүргенимиз болмас. Себеби изимизден киятырған урпақларымыз бизден үлги алып өседи. "Тоқсан сөздиң тобықтай түйини бар" дегендей соңғы түйинимиз, келешекке жақсы үлги таслап, екинши дүнья есигин ашқанда, ата-бабалар алдында, ақ жүзли абройлы болайық деп қаламан!

Омар Әдил**https://t.me/J_Aneteev

1 Jahr, 3 Monate her

Ilm o'rganish bosqichlari:

Birinchi bosqichda deyarli hamma o'z egosi uchun, ya'ni boshqalardan o'zini aqlli his etish uchun ilm o'rganadi. Shu sabab bu boshqaichda ilmlarni chuqur anglanmaydi faqat aqlga informatsiya to'planadi xolos. Bir ikki kitob oʻqigandan so'ng atrofdagilar bilmagan nimalarnidir o'rganib qo'ygani bois egosi bundan rohatlanadi. Va keyin o'zini hammadan aqlli his etishni boshlaydi. Hatto nima deyotganini hali chuqur anglamagan bo'lsa ham o'zidagi ma'lumotlar ko'p odamda yo'q ekanligi uni hursand qiladi va kibrlanadi.
Shu sabab bu bosqichdagilar hammaga aqllilik qilishga urinadi. Hatto oʻn yillab ilm o'rganganlarni ham fikrlari noto'g'ri ekanini faqat o'z fikri to'g'ri ekanini isbotlashga urinishadi, chunki qachonki hamma hurmat qilgan odamdan o'zini aqlliroq ekanini isbotlay olsa. Egosi yana ham rohatlanadi. Axr ilmni shu uchun o'rgangan Egosi uchun.
Bundaylarni deyarli hamma kanalni kommentariyasida uchratasiz. O'zi hayotda hech nima qilmagan ammo, minglab insonlarga yordam berayotganlarni kanaliga kirib ulardan o'zini aqilli ko'rsatishga va ularni fikri xato ekanini koʻrsatishga urinadi. Agar nimanidir tushuntirmoqchi bo'lsangiz sizni anglashga urinmaydi ham. Chunki maqsad o'rganish emas, egosini qoniqtirish bo'ladi.
Shu bois bundaylar hamma kanalda tezda blok qilinadi.

Ikkinchi bosqich.
Bu bosqichga kelgan odam faqat egosi uchungina ilm o'rganish hayotiga hech nima bermaganini anglab yetadi, unga huddiki hayot be'mano ko'rina boshlaydi. Qilayotgan ishlarida va hayotida ma'no qolmagandek bo'lib yashashni istamay qoladi. Chunki hozirgacha o'rganganlari faqat aql uchun edi, ya'ni u ilmlar orqali hayotni chuqur anglanmagan. Bu holatni Nol holati deyiladi. Chunki bu holatga kelgan moddiy olamdagi kurashlar mantiqsiz ekanini anglaydi va hozirgacha o'rganganlaridan o'ziga nimadir ololmaganini tushunib yetadi.
Ular uchun huddiki hozirgacha ilmga sarflagan vaqti besamar ketgandek tuyuladi.

Uchinchi bosqich.
Bu asl haqiqatlarni anglash bosqichi. Bu vaqtda endi ilmlarni egosi va nafsi uchun emas. Ruhiy kamoloti uchun o'rgana boshlaydi. Bu davrda huddiki endigina maktabga borishni boshlagan boladek har qanday ilmni olish uchun ustoziga quloq solishni uni aytganlariga amal qilishni boshlaydi va natijada tezda ruhiy rivojlana boshlaydi. Hamda dunyoning botiniy haqiqatlarini anglay boshlaydi. Agar bu bosqich ilmlarini ego bosqichidagi odamga aytsangiz sizga o'zi haqiligi haqida minglab malumotlar keltiradi. Nol holatidan o'tganlar esa botiniy ilmlarga ochilgan bo'ladi. Chunki Nol bosqichi yeriy nafs va egodan tozalanishdir. Siz ulardan tozlangach ko'p haqiqatlarga ochilasiz.
bu bosqichda ustozlardan chuqur ilmlar olib ruhiy rivojlanib borgani sari sekin asta o'zi ham ustozlik darajasiga chiqib boradi va bir kun kelib Allohni chin quliga aylanib Uning yerdagi sodiq xizmatchisi bo'lib insonlarga o'z qobiliyati asosida chin koʻngildan shartsiz yordam berib yashashga kirishadi. Aynan shu ongga kelganida Nol holatida anglashni istagan hayotni asl haqiqatini anglagan bo'ladi.

Kim o'zini qaysi bosqichda ko'rdi? ?‍♂

@muzaffar_vakkosov1

We recommend to visit

Ҳаётингизда шунчаки кун ўтказманг. Вақтингизни дунё ва охиратингиз учун фойдали амалларга сарфланг...

Админ: @SayyoD3003

Last updated 1 year, 6 months ago

Кореяда ишлашни хоҳлайсизми?

Кореяда ўқишни хоҳлайсизми?

Ундай бўлса бизнинг каналимизни кузатиб боринг биз силарга қўлимиздан келгунича ёрдам берамиз

Реклама учун 👉 @korean_teacher07

Last updated 2 months, 1 week ago