Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

Kitap sawda

Description
Сиз излеген китаплар усы жерде!

Китаплар сатамыз ҳәм сатып аламыз.

Байланыс: @bibliofob

КИТАП САТЫП БАЙЫП КЕТИЎ - АБСУРД,
САТЫП АЛЫП БАЙЫЎ - ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ.

Биз Сизди байытыўды қәлеймиз!
Advertising
We recommend to visit

📩 Елон бериш учун |•➥  @FargonaIshBor_Uz

𝗔𝗨𝗗𝗜𝗧𝗢𝗥𝗜𝗬𝗔🌐

𝗙𝗔𝗥𝗚’𝗢𝗡𝗔, 𝗤𝗜𝗥𝗚𝗨𝗟𝗜, 𝗠𝗔𝗥𝗚𝗜𝗟𝗢𝗡, 𝗥𝗜𝗦𝗛𝗧𝗢𝗡,𝗢𝗟𝗧𝗜𝗔𝗥𝗜𝗤 𝗤𝗨𝗩𝗔,𝗧𝗢𝗦𝗛𝗟𝗢𝗤,𝗕𝗢𝗚𝗗𝗢𝗗

𝗛𝗔𝗠𝗗𝗔 𝗙𝗔𝗥𝗚𝗢𝗡𝗔 𝗧𝗨𝗠𝗔𝗡𝗟𝗔𝗥𝗜𝗗𝗔𝗡 𝗜𝗕𝗢𝗥𝗔T🇺🇿

Last updated 4 months, 1 week ago

$WEB3 utility-токен экосистемы TON DNS Club @tondnsclub на блокчейне TON внутри Telegram

💬 Чат: @web3jetton
Сайт: web3ton.io

Рекламные предложения: @ego_identity

Last updated 1 week, 4 days ago

ЎЗБЕГОЙИМ ОРИГИНАЛ канали №1
Аввал БИЗДА кейин бошқаларда

Реклама учун
Ўзбегойим 👉 @D2989

Last updated 2 weeks, 4 days ago

2 weeks, 5 days ago
**Саған бахыт тиледим, бахытсыз жаным,

**Саған бахыт тиледим, бахытсыз жаным,
Өзге бағ ишинде нени излеп жанасаң?
Көзлериңде муңлы дәртлердиң бәрин,
Қыйсық күлки менен ишке тартасаң.

Саған бахыт тилеймен, бахытсыз ашық!
Айралыққа қойдың уллы сезимди,
Кийели жоллары сораўға салып,
Өшире алмайсаң басқан изиңди.

Сенде қалды барлық өкиниш, дәртлер,
Ал, менде жақтылық. Шын ашық сәўгим.
Бораннан кейин де жамғырлар жаўып,
Жаңа сезим менен гүлленер өмирим.

Саған бахыт тиледим, бахытсыз ярым,
Мәртликти нәмәрттен үйренип алдық...
Бизде айып болмады, айыптың бәрин,
Тәғдири-жазмышқа жойып, арылдық° .

Саған бахыт тилеймен, бахытсыз делбе,
Өзиңниң бағыңда бах(ы)тыңды жарат!
Айгүл Қосымбетова

____°арылыў-қутылыў. Мысалы: Бул апаттан арылғанымыз рас болсын.**@sheginisten

2 weeks, 5 days ago
Kitap sawda
2 weeks, 5 days ago
Kitap sawda
3 weeks, 5 days ago
Аукцион жуўмақланды!

Аукцион жуўмақланды!

Китап әдебиятшы, илимпаз Азамат Бекимбетовқа 70.000ға сатылды.
Белгили жазыўшы Б.Ерназаровтың "Аллаяр Досназаровтың балалығы" китабы каналымыз атынан саўға.

Ҳәммеге рахмет!

3 weeks, 5 days ago
Аукцион басланды!

Аукцион басланды!

Аукционға қойылған бүгинги китабымыз белгили илимпаз Қ.Байниязовтың халқымыздың миллий қаҳарманы Аллаяр Досназаров өмири ҳәм жәмийетлик искерлиги ҳаққында жазылған "Аллаяр Досназаров" (илимий-биографиялық очерки, 1991) китабы. Бул китап ҳәр бир қарақалпақтың үйинде болыўы керек деп ойлаймыз...

Аукцион 00:00ге шекем даўам етеди. Ең жоқары баҳа усыныс еткен қарыйдарға бериледи. Китаптың басланғыш баҳасы - 40.000

П.с. Китапты сатып алған инсанға Аллаяр Досназаров ҳаққындағы әдебий китап саўға етиледи

3 weeks, 5 days ago
[#Архив\_дереклеринен](?q=%23%D0%90%D1%80%D1%85%D0%B8%D0%B2_%D0%B4%D0%B5%D1%80%D0%B5%D0%BA%D0%BB%D0%B5%D1%80%D0%B8%D0%BD%D0%B5%D0%BD)

#Архив_дереклеринен

Аллаяр Досназаров ҳаққында.

Заманласларының айтыўына қарағанда, Аллаярдың бабасы Қораз өткир тилли, шешен адам болса, екинши бабасы Есим дуўтардың қулағына бүлбил қондыра билген атақлы сәзенде болып, жатып атырып аяғы менен түрли наманы шерте алады екен. Аллаярдың өзи де отырыспаларда дуўтар шертип, қосықлар айтқан. Ол өзиниң туўысқанларын да көркем-өнерге сүйиўшилик сезиминде тәрбиялаған. Мәселен, аталас иниси Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Ғаний Дошымовтың көркем-өнер шебери болып жетилиўинде А.Досназаровтың роли уллы болды. Соң усы орталықтан Зияда ҳәм Тамара Дошымовалар артист болып өсип шығып, қарақалпақ миллий намаларының шебер атқарыўшылары болды. Демек, А.Досназаров қарақалпақ халық қосықларының турмысты танытыўдағы қүдиретли күшин дурыс аңғара билген және өзиниң докладлары ҳәм шығып сөйлеген сөзлеринде көркем әдебият нусқаларынан орынлы жерлеринде пайдалана билген.

Қ.Байниязов, "Аллаяр Досназаров". Илмий-биографиялық очерк. 1987 ж.

https://t.me/QRARXIV

1 month ago
***🎉******🎉******🎉***

🎉🎉🎉

***Каналымызға 500-болып тиркелген заманласымыз Светлана апамызға китаплар топламын саўға етемиз!

Китапқа бийпарқ болмағанлар көбейгенинен қуўанышлымыз...***

1 month ago
***12-апрель

***12-апрель

Китап саўда каналымызды ашқанымызға 2 ай болды. Усы күнлер ишинде талай инсанларға китап жеткерип бердик, өзимиз ушын китаплар сатып алдық... Китапханамызды кеңейттик. Көплеген адамларға китапларын сатыўға жәрдемлестик.

Жақсы инсанлар менен көристик, танымалы инсалар менен ушырастық.

Екинши ай ишинде бизди ең тәсирлендиргени - каналымыздағы ең қымбат китапты мектеп муғаллиминиң сатып алғаны болды.... Себеби, устазлық кәсибинде айлық аз екенлигин (әсиресе ана тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлеринде) ҳәмме билсе керек...

Китап сатып байыў - АБСУРД, сатып алып байып кетиў - ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ!***

https://t.me/kitap_sawda

1 month ago

***Ҳүрметли каналымыз ағзалары, дөретиўшилер ҳәм илимпазлар!

Бәршеңизди бирге ислесиўге шақырып қаламыз. Өзлериңизге тийисли китапларыңызды каналымыз арқалы дағаза қойып,  сатыўға қойыўыңызға болады. Бул ушын биз бенен байланыссаңыз жеткиликли.

Сатылатуғын китапларыңыз болса келисим тийкарында сатып аламыз.

Канал силтемесин жақынларыңызға да тарқатыўды өтиниш етер едик. Оларды да жақсы китаплардан бос қалдырмаң!

Китап сатып байып кетиў - АБСУРД, ал сатып алып байып кетиў - ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ.***Байланыс

Telegram

Bibliofob

You can contact @bibliofob right away.

1 month ago
40,000

40,000

We recommend to visit

📩 Елон бериш учун |•➥  @FargonaIshBor_Uz

𝗔𝗨𝗗𝗜𝗧𝗢𝗥𝗜𝗬𝗔🌐

𝗙𝗔𝗥𝗚’𝗢𝗡𝗔, 𝗤𝗜𝗥𝗚𝗨𝗟𝗜, 𝗠𝗔𝗥𝗚𝗜𝗟𝗢𝗡, 𝗥𝗜𝗦𝗛𝗧𝗢𝗡,𝗢𝗟𝗧𝗜𝗔𝗥𝗜𝗤 𝗤𝗨𝗩𝗔,𝗧𝗢𝗦𝗛𝗟𝗢𝗤,𝗕𝗢𝗚𝗗𝗢𝗗

𝗛𝗔𝗠𝗗𝗔 𝗙𝗔𝗥𝗚𝗢𝗡𝗔 𝗧𝗨𝗠𝗔𝗡𝗟𝗔𝗥𝗜𝗗𝗔𝗡 𝗜𝗕𝗢𝗥𝗔T🇺🇿

Last updated 4 months, 1 week ago

$WEB3 utility-токен экосистемы TON DNS Club @tondnsclub на блокчейне TON внутри Telegram

💬 Чат: @web3jetton
Сайт: web3ton.io

Рекламные предложения: @ego_identity

Last updated 1 week, 4 days ago

ЎЗБЕГОЙИМ ОРИГИНАЛ канали №1
Аввал БИЗДА кейин бошқаларда

Реклама учун
Ўзбегойим 👉 @D2989

Last updated 2 weeks, 4 days ago