Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

Hoja.uz️

Description
➡ Интервьюлар
➡ Қарақалпақстанда N1 проектлер
➡ Ең машқалалы тараўлар хаққында жеке пикирлер

YouTube:➡ https://youtube.com/channel/UCRifr0rHrO8kMJ-sG3dC6Ww

Instagram:➡https://www.instagram.com/hoja.uz?r=nametag

Байланыс:➡ t.me/Hojauz_bot
Advertising
We recommend to visit

Энг сўнгги тезкор хабарлар ва долзарб янгиликлар!

Реклама учун – @TXREKLAMA

Last updated 1 week, 5 days ago

“Москвадаги Ишлар”
телеграм каналига хуш келибсиз!

Тезкор Иш елонлар бўлса бизга юборинг
👉 @mrazamatbek рекламa платная

Москвадаги Иш берувчи йўналишидаги энг кўп аъзога эга расмий канал!
Каналга Тез кошилинг 👇
perfluence

Last updated 4 weeks, 1 day ago

🤣 Ичак узди ҳазиллар;
🗿 Тренддаги гаплар;
🥺 Ибратли ҳикоялар;
🎞️ Кулгили видеолар;
💣 "БОМБА" мемлар)

Хуллас биз билан кайфиятингиз 101% кўтарилади;)

Реклама: @qitmirda_reklama

Last updated 1 month, 2 weeks ago

3 Wochen, 1 Tag her

"KKRАSI.CHEMIKAL" ЖШЖ кәрханасында жумыс ислеп, бирақ мийнет хақысын алалмай жүрген ҳәм бул хаққында http://t.me/Hojauz_bot каналға мүрәжәәт жазған инсанлар !

Мен Қоңырат районы бәнтлик инспекциясы сизлердиң машқалаңызыды унамлы шешиўге жәрдем береди деп Эргаш исмли хызметкерге байланысыўыңызды сорап пост шығарған едим. Тилекке қарсы, районлық бәнтлик инспекциясына хабарлассақ "телефоны жуўап бермейди","мүрәжәәтимизге жуўап жоқ" деген мәнисте канал ботымызға жоллаўлар көбейип кетти.

Ҳүрметли KKRАSI.CHEMIKAL" ЖШЖ кәрханасынан жәбир көрип атырған,усы кәрханада ислеп кеткен инсанлар канал ботымызға фамилия, атыңыз ҳәм байланыс ушын телефон номерлериңизди жазсаңыз , сизлердиң хуқықыңызды тиклеп бериуди ҚР Бәнтлик министрынан сорап мүрәжәәт етер едик !

P.s. Бәнтлик министрлиги тек интернет социал тармақларында шықса ғана мүрәжәәтлердиң қадағалаўына алатуғын уқсайды.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz

3 Wochen, 1 Tag her

Қулласы, республикамызда биринши ашылған жеке авангард театр деп "Муза" театрын жан - тәним менен қоллаған едим."Қыймайман" спектаклин ютуб каналыма қойғанымнан соң, "Муза" театры директоры личкама смслар жазды. Мазмуны спектакльден коринислерди азайтпайсызба хамме ютуб тан корип билет алмай калмаса деген мәнисте болды. Мен ютуб каналдан шет елдеги жерлеслеримиз көрип, елимизде мәденият тараўы анағурлым раўажланып атыр екен - аў деп ҳәўес етсин деген мақсетте қойған едим...әттең мәдений азық тек пул менен өлшенетуғын билмеппен...халық ушын қалыс хызмет деген бар деп ойлаппан.
Бул спектакль ҳәм "Муза" театры телеграм ҳәм ютуб каналымнан өшириледи.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz

3 Wochen, 3 Tage her

Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлери күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары менен төмендегилер сыйлықланды “Қарақалпақстан Республикасы халық артисти” ҳүрметли атағы менен: Марҳум  -  Каипов Дауытбай Утеулиевич…

4 Wochen her
Hoja.uz️
4 Wochen her
Hoja.uz️
4 Wochen her
Hoja.uz️
1 Monat her

Өз дәўиринде Қарақум ийшан мешит-медиресеси өзиниң бай китапханасына ийе болған.
– 1926-жылы мешит-медиресиниң китапханасы менен танысыў мақсетинде бул жерге Н.А.Баскаков, А.Давлет ҳәм А.Ивановлардың экспедициясы келген, –  дейди археолог Ғ. Хожаниязов. – Бирақ, айырым себеплерге бола олардың бул нийети әмелге аспайды. Сондай-ақ, 1933-жылдың март айында Қарақалпақстанның өндирислик күшлерин үйрениў бойынша  Санк-Петербургте болып өткен биринши конференцияда профессор П.П.Иванов өз баянатында Қарақум ийшан мешит-медиресиниң бай китапханасының бар екенин, ондағы қол жазбаларды есапқа алыў ҳәм келешек ушын сақлаў мәселелерин көтереди. Тилекке қарсы, сол пайытларда Қазақдәрьяда суў көтерилип, Гөне Қараөзекти суў алыўы ақыбетинде медиресениң имаратлары қулап, китапхана суў астында қалып кеткен. Тийкарында китапхананың набыт болыўы оннан да бурынырақ басланған болып, бул ислам дини менен мешит-медиреселерге қарсы жүргизилген репрессияларға, мәдений атланысларға ҳәм латынластырыў ҳәрекетлерине байланыслы болды.
– Соңғы пайытта ҳүкиметимиз тәрепинен мәдений естеликлерди қорғаўға, соның ишинде, туризмди раўажландырыўға үлкен дыққат-итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Өзбекистан Республикасы Мәдений естеликлерди қорғаў инспекциясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Шымбай қаласына кире беристе өзиңиз көрип гүўасы болғаныңыздай қарақалпақ бақсышылық өнериниң сағасы Ақымбет бақсының саўлатлы естелиги жуўмақланыў алдында тур. Соның менен бирге, Бердақ бабамыздың 190 жыллығы мүнәсибети менен шайыр естелигин ҳәм оның дөгерегин және де абаданластырыў бойынша ҳүкиметимиз тәрепинен қаржы ажыратылып, ҳәзир бул бағдарда жумыслар алып барылмақта, – дейди Өзбекистан Республикасы Мәдений естеликлерди қорғаў инспекциясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Шәрипов.
Бердақ оқып билим алған ҳәм өзи жасап өткен бул аймақлар тарийхый жер атамаларына да оғада бай. Мәселен,  «Бөгетли», «Еркиндәрья», «Тилеў жыққын», «Қазақдәрья», «Сейт баққал», «Көк ийрим», «Дәў кемпир», «Гөне еркин», «Мәтеке терек», «Шопанлы ағаш», «Салдат көпир» ҳәм тағы басқа да жер-суў атларын атап өтиўимизге болады. Бул атамаларды сөйлетип жибергенде олардың өз алдына әпсаналары, келип шығыў тарийхы бар.
Экспедиция ағзаларының Қарақум ийшанға сапары оғада үлкен тәсирлерге бай болды. Мешит-медиресениң аймағында өз ўақтында нар түйелер зыр-зыр айланып гүнжиден май шығарған жуўазлардың қалдықлары, түрли реңлердеги ыдыс сынықлары бул жердеги халықтың уллы жипек жолы арқалы кәрўан тартып ҳәр қыйлы еллер менен қарым-қатнаста болып, саўда-сатық ислери менен шуғылланғанынан да дәрек береди.  Әсиресе, зийрек, көзи өткир экспедиция ағзаларының бириниң қулап жатқан пақсалар арасынан бир пайытлары тәлабалардың бир-бирине жоллаған хатын таўып алғаны күтилмеген жағдай еди…

Дерек : фейсбук сайты

Каналға ағза болыў: @hoja_uz

1 Monat her

ҚАРАҚУМ ИЙШАН ДӘРГАЙЫ

Таң қулан ийек болып атып киятырғанда жолға шыққан топарымыз қуяш арқан бойы жерге келгенде тарийхый Қарақум ийшан (Қутлы хожа ийшан) зыярат етиў орны тәрепке жол алыўда. Шахаманнан өткен соң өгиздиң мүйизиндей еки тәрепке айланып, бири Қазақдәрьяға алып баратуғын жолдың екиншисинде кепшикте желпиген дәндей қалқып баратырмыз. Мине, халқымыздың кеўлиндей кең жазық далалардағы топырағымыздың ҳәр қыйлы өсимликлер дүньясын, тарийхый «Камал ийшан» зыярат етиў орнын, «Мәтеке терек» елатын изде қалдырған «темир арба»мыз «Көк ийрим»ниң көпиринен асып биз тезирек жетиўге асығып киятырған мәнзил, Қарақум ийшан дәргайына жетип келди.
Экспедицияның бул муқаддес жерге сапар етиўи тегин емес, әлбетте. Себеби, бул диярда сол дәўирдеги үлкен билимлендириў ошағының тырнағын қалаған Қарақум ийшан, оның шынжырма-шынжыр әўладлары, ойшыл шайыр Бердақ, оның устазы Күнхожа, Өзбекстан халық жыршысы, Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Аббаз Дабыловтың әкеси Аллаяр улы Дабыл ийшан ҳәм басқа да ағартыўшы улама-инсанлар жерленген. Сондай-ақ, Бердақ бабамыз усы мешит-медиреседе билим алған ҳәм соңғылығында Қарақум ийшаннның суўпысы болған.
Топар ағзалары усы исми-шәриплери аталған уллы бабаларымыздың естеликлерин ҳәм өз ўақтында үлкен билимлендириў орайы болған Қарақум ийшан мешит-медиресесин  зыярат етти. Уллы бабалардың руўхларына қуран аятлары оқылды.
– Қарақум ийшаның негизги исми-шәрипи Қутлы хожа болған, – дейди ҚМУдың араб тили муғаллими Ә.Идирейсов. – Уламаға ҳүрмет жүзесинен оның исмин сол аймақтағы бийик қум төбеликлер менен байланыстырып Қарақум ийшан деп атаған, деген дәреклер бар. Өзиңиз көрип турған, ҳәзир тек  айырым пақсалары ғана сақланып қалған тарийхый Қарақум ийшан мешит-медиресеси өз ўақтында бир тәрепи қазақ далалары, бир тәрепи түсликтеги ел-журтлардың тәлабаларын өзине қамтыған үлкен билимлендириў ҳәм ағартыўшылық орайы және бул жерде арман-берман келип-кеткен жолаўшылардың ҳәлленип, ашырқаған халықтың жан сақлап қалыўы ушын шүлен қазанлар қайнап туратуғын болған. Үш жүз, төрт жүзден аслам тәлабаны жәмлеген мешит-медиреседе  билимлендириў еки басқышта араб тили ҳәм диний пәнлер (догматизм ҳ.т.б) бойынша алып барылған. Бул аймақ буннан басқа да билимлендириў орынларына бай болып, олардан Нөкис қаласында жайласқан  Сәлмен атаның әкеси  бинят еткен «Камал ийшан» ҳәм XX әсирде Идирейс ийшан тәрепинен шөлкемлестирилген мешит-медиреселер усылардың қатарына киреди.
Қарақум ийшан ҳаққында жазба дәреклер аз болып, биз тек ғана Тәжетдин ийшан тәрепинен жазып қалдырылған 1926-1930-жылларға тийисли оның әўладлары туўралы шежире түринде жазылған мына қатарларға сүйенип пикир жүрите аламыз. Онда:
Нусқа әйлеб йазған екен бир шарийф,
Бир әбийат әйледим нусқадан көрийб,
Тәме назер билан мен ғарийб,
Шул нусқаны тафтийш этиб кўрмишам, – деп келтирилген. Демек, Қарақум ийшан туўралы буннан алдын да жазба мағлыўматлар болған. Солай екен, биз бул бағдардағы изертлеўлеримизди буннан былай да даўам еттириўимиз дәркар.
Ғәрезсизлик жылларында Қарақум ийшанның ҳәзирги әўладлары тәрепинен қурылған саўлатлы ҳәм пайызлы мешит-медиреседе биз шынында да усы дәрек тийкарындағы ийшаның арғы бабаларының шайх болғанын, оның Баҳаўатдин Нақшбандий тәлийматы  ўәкиллеринен екенин көриўимизге болады.
Әне, Қарақум ийшанның арқа тәрепинде жайласқан уллы бабамыз Бердақтың естелиги. Өткен әсирдиң орталарында бул аймақларды суў басыўы ақыбетинде көпшилик қойымшылықлар суў астында қалып, Бердақ бабамыздың қәбири Қазақдәрьялы Юсуп ата (1883-1973), Сейтназар Айеке улы, Әжиниияз шыйықшы Есен улы ҳәм Узақ Рахметуллаевлардың жәрдеминде анықланған. 1980-жыллардан бериде белгили тарийхшы ҳәм илимпазлар тәрепинен Қарақум ийшан, Бердақ ҳәм оның устазы Күнхожаның қәбирлери абаданластырылып, ҳәзир бул жер халқымыздың зыярат етип келетуғын муқаддес жайларына айланған.

1 Monat, 1 Woche her

Республикамыз бойлап 9 - апрель, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясының қабыл етилген күни мүнәсибети менен иләжлар өткерилиўлери баслап жиберилди.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz

3 Monate her

Әжайып хабар ❗️❗️❗️

Қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллық юбилейи ЮНЕСКО шеңберинде белгилениўи, шайырымыздың аты, оның дөретпелери дүньяға белгили шайыр, жазыўшылардың қатарында танылады дегени !

Каналға ағза болыў: @hoja_uz

We recommend to visit

Энг сўнгги тезкор хабарлар ва долзарб янгиликлар!

Реклама учун – @TXREKLAMA

Last updated 1 week, 5 days ago

“Москвадаги Ишлар”
телеграм каналига хуш келибсиз!

Тезкор Иш елонлар бўлса бизга юборинг
👉 @mrazamatbek рекламa платная

Москвадаги Иш берувчи йўналишидаги энг кўп аъзога эга расмий канал!
Каналга Тез кошилинг 👇
perfluence

Last updated 4 weeks, 1 day ago

🤣 Ичак узди ҳазиллар;
🗿 Тренддаги гаплар;
🥺 Ибратли ҳикоялар;
🎞️ Кулгили видеолар;
💣 "БОМБА" мемлар)

Хуллас биз билан кайфиятингиз 101% кўтарилади;)

Реклама: @qitmirda_reklama

Last updated 1 month, 2 weeks ago