Телеграм канал журналіста Раміни Есхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva
Last updated 1 month, 4 weeks ago
Last updated 1 year, 6 months ago
?Татар һәм рус телендәге рецептлар
?файдалы киңәшләр
Реклама (сотрудничество) - @elvira_admin
Отзывы: https://t.me/kirakle_torkem_otzivi
Last updated 1 month, 3 weeks ago
<<ЕР ЖИГИТКЕ ҚЫРЫҚ ӨНЕР ДЕ АЗ>> ямаса КЕЛИНЛЕР ДЕ БИЛИП ЖҮРИЎИ ТИЙИС>> 3-бөлим.
*ТАБАҚЛАРДЫ ТАРТЫЎ МӘДЕНИЯТЫ.
Атадан тәрбия, анадан үлги алған адам дәстүрлерге немқурайдылық пенен билимсизлик танытпайды. Табақ тартыўдың да өзине сай мәденияты, талаплары бар. Егерде табақ тартылатуғын ўақытта усы талапларға сай мәдениятлылық көрсете билмесек, қонаққа сыйлы табақ тартқан ҳүрметимиздиң сыйқы қалмайды.
Буның ушын ата-бабамыздың устанған дәстүри менен мәдениятына қатты итибар берип, соны рети менен орынлаған дурыс.
2. Басты тумсығын алдына қаратып алып келиўи тийис, өйткени, қой тумсығы менен алға қарай жайылады, бул қонаққа "исиң алға қарай илгерилесин"--деген жақсы нийет, тилекти де билдиреди.
3. Шекесин қасқалаў, бастың маңлай тусы шабылған болыўы тийис, бул "төрт қубыласы тең болсын",---деген мағына береди.
4. Басты услаған адам бастың оң қулағын кесип алып, сол үйдиң ең жасы кишисине усынады. Себеби, оң қулақ балалардың несийбеси болып есапланады. Бастың маңлай тусынан кесип алып, сол үйдиң ержетип киятырған баласына усынады, бул "келешекте елдиң басы болсын",--деген жақсы нийетти билдиреди.
5. Бастың тиси қағып алынған, тили толық тазаланған болыўы керек, тиси менен келген бас жағымсыз көринис берип, ол келген қонаққа деген ҳүрметсизликти билдиреди. Ерте ўақытларда келген қонаққа бурыннан айталмай жүрген өкпеси бар болса, тиси қағылмаған бас тартатуғын болған. Буны келген қонақ та түсинип, тамақ желинип болынғаннан соң, үй ийесинен қандай өкпеси барын сорап, кеширим сорап, татыўласып қайтатуғын болған.
Адам қәтеликтен емес, билимсизликтен сүринип гәп-сөз болыўы мүмкин, сонлықтан жас ер-азаматлар, келинлер халқымыздың ҳәр бир салт, дәстүриниң астарында жатырған философияны итибарлылық пенен уғынып, қонақ күткенде, қазан-ошақ басындағы қағыйдаларды есте сақлап, соны устанғаны дурыс.
Түйе таўық ҳәм шайтан таўық сойылғанда табаққа салынып тартылатуғын мүшелерди де билип жүрген пайдалы. Себеби, қоңсылас халықларда "түйе таўық--қарақалпақтың қойы, оған жететуғын ас болмас",--деген мақтаў сөзлер бар. Бунда Бас табақ, тет табақ дегенлер болады.
Shahzoda Allamuratova.*
Қарақалпақстан телевидениесиниң "Мийрас" телекөрсетиўинде <<Табақ тартыў мәденияты>> деген темадағы мақалам бойынша таярланған көрсетиў.
***Халық арасында "жеңгетай",---деген сөз де ушырасады. Бирақ, бул сөздиң мәнисин "жеңге" сөзи менен теңдей деп қараўға болмайды. Бул сөз жағымсыз мәниге ийе болып, қандай да бир керексиз ислерге мурындық болып жүриўшилерге қарата айтылады. Бундайларға:--"Ағам алғанша, жеңгем жегенше", ""Қыз жеңге ушын, "Жеңге теңге ушын" --деген сөзлер айтылған.
Жеңге өзинен жасы киши қәйинлериниң, бийкешлериниң қайғырса--ғамхоршысы, ақылгөйи, жан ашыры, қуўанса--бирге қуўанатуғын сырласы, сыйласы бола алатуғын ҳәм сол арқалы қәйин журтында ҳүрметке ийе бола билетуғын адам.
Shahzoda Allamuratova***t.me/shahzoda_allamuratova
#Тарийхый_тулғалар ***ҚАРАӨЗЕК ПАЛЎАНЛАРЫ
Қараөзек районы ҳәзирги «Сабыр Камалов» АПЖ аймағының батыс тәрепинде «Көкийрим» деген жер бар. Бул ойпаттың дөгереги кишкене қумлық пенен қоршалып дөгерегинде халық жасаўға қолайлы шарўашылық, дийқаншылық жерлер бар. «Көкийрим» көлинен балық аўлап тиришилик етиўге қолайлы болғанлықтан усы жерди халық жасаў ушын таңлаўда Әбдикамал ийшан, Әбдиғаний ийшан, Палўанияз бийлер көрсеткен. Бул жердиң халқы қурғын жасаған. Палўанияз бий халықтың сатылатуғын малына, гөш дүкәнда сатылатуғын гөшке қаўын-ғарбыз, мийўе-шийўеге дурыс баҳа қойып берген. Бул қойып берген баҳа сатыўшыға да, алыўшыға да туўры келетуғын баҳа болып халық наразы болмаған. Бул жыллар шама менен 1915-жылларға туўры келеди. Палўанияз бийдиң баласы Төренияз 1905-жылы гүз айларында «Көкийрим»де дүньяға келген. Камал ийшан менен Әбдиғаний ийшанның баласы Сыдық, оның баласы Қайратдийин, Әбдикамал ийшан баласы Палўанатдийин усы елатта жасайды. Аўыл хожалығында мийнет етип екеўи де ҳәзир напақада. Сол ўақытлары Қарақалпақта жасаған бий, болыс, жүзбасы, мыңбасы, дийўанбеги, шорағасылар халқымыз ушын ҳадал хызмет еткен. Бул адамлар қарақалпақ халқының қайсы тәрепинде жасасада бир-биреўин таныған, бир-биринен хабары болған. Бир-биреўиниң мерекелерине қатнасқан. Сол заманлары «Шаббаз»да жасаған «Көклен» маманның баласы Қошан батыр да усы Шымбай, Тахта елатында жасаған. Қараөзектен Ерназар шойыншы, Өтемурат палўан ҳәм Ерсай шабандозлар менен қатнаста болған. Сол ўақытлары қарақалпақ бийлери ҳәм болыслар: Темирхан болыс, Хожамет болыс, Арзымбет қазы, Турым бий Қазақстандағы Қызыл Орда тәрептеги Жетес бий менен қатнаста болған. Қазақстаннан келген бийлер Жетес бий менен бирге келген. Қарақалпақта қонақта болып азанғы аўқатқа отырғанда қазақстанлы бий ортадағы табақтан палаўды асаған ўақытлары бийди жөтел қысып аўзынан палаўдың 1 дәни ушып барып қарақалпақ бийиниң аўзына түседи. Қарақалпақ бийи орнынан турып 3 мәрте отырып турады. Қуллық тақсыр дейди. Сөйтип, Шүкир Аллаға алыстағы аз несийбеден қутылдым. Егер усы 1 дана гүриш сизден келип мениң аўзыма түспегенде мен аз несийбе ушын сизиң елатқа барып қайтар едим, деп қазақстанлы бийге миннетдаршылық билдиреди. Бул бийлердиң бир-бирине болған иззет-ҳүрметин билдиреди. Бийлер арасында өз ара ҳәзиллер де, бир-биреўин сынаўлар болып турған. Мен шабандоз ҳәм палўанларды алып 1996-жылы июнь айының 4-сәнесинде ҳәзирги Қазақстан Республикасы қараслы «Нисан» деген жерге тойға бардым. Сайланды 10 ат, сайланды 10 шабандоз ҳәм Зарапатдийин палўанды алып бардым. Ертесине ылақ шабыспа басланды. Қазақстанның «Қызылқум» хожалығынан күшли шабандозлар келеди. Қазақстанлы шабандозлар менен бизиң шабандозлар шабысты, олардан басым келди. Байраққа қойылған бас байрақ — түйени қарақалпақстанлы шабандозлар алды. Гүрес ушын Зарапатдийин палўан ортаға шыққанда қазақстанлы палўанлар буған тәўекел ете алмады. Себеби, күшли палўанлар бир-бирин қайерде болса да биледи екен. Палўан байрақты да алдық. Бизлерди камаз автомашинасы шафёры Татар жигит Камил Сайфулин тойға алып келди. Тойға қумар жигит еди. Жас жигит шабандоз ҳәм палўанларды ҳүрмет етеди. Қайжерде той болса да тамашаға барады. Тойдың қонағында отырсақ бизлерге той тоғашысы ҳәм бир-еки жасы үлкенлери келди. Үлкен гүрриңлесиў басланды. — «Рахмет сизлерге. Сизлерди усы тойға келеди деп басшыңыз Минажатдийин мақсымға хабар жибердик деди. Ишиңиздеги сол мақсым ким? — » деп меннен сорады. Сол киси мен деп орнымнан турып Шалмантаз деген жасы үлкенди қушақладым. Бул аўылдың бийлериниң ҳәм тоғашы Шалмантаздың маған деген иззет-ҳүрметине қайыл қалып көзимнен жас шығып кетти. Булардың иззет-ҳүрметине ҳәммемиз ыразы болдық. Шалмантаз деген мен. Тойларда тоғашылық қыламан. Усы елаттың жасы үлкени мен деп өзин таныстырды. Сизиң атыңызды еситкенмен, шабандоз болғансыз. «Батырдың кейини дийўана» дегендей шабандозлықты қойғаннан кейин шабандозларға тоғашылық етип басшылық етеди екенсиз деп гәпиниң арасына нақылларды да қосып қойды. Мине, бүгин дийдар несип етип көристик. «Таў менен таў көриспеседи» нәсип етип адам менен адам көрисер екен.***
Telegram
Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты
Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз. Байланыс ушын: @Allamuratova1512
#Тарийхый_тулғалар_өмири **ЕРНАЗАР ШОЙЫНШЫ
(1870-1960-ж-ж)
II-бөлим
Завод баслығы жумысшы хызметкерлер менен толық есап-санақ етип, мийнет ҳақларын берип, Россияға қайтып кетеди. Жоламан ҳәм Серимбет делбе, Атамурат үшеўи мийнет ҳақларын алып Шаббаз базарынан үшеўи бир түрдеги ат, бир түрдеги кийим алып кийип, елге қайтып келеди. Дийқаншылық шарўашылық пенен шуғылланып ҳалық қатары күн-көрис етеди.
Ерназар шойыншы қул базарға барса ислеген жумысы ушын еки теңге сорайды екен. Себеби ол еки адамның жумысын ислейди, еки адамның тамағын ишеди. Елдеги халықтың күн-көриси қыйынласқан ўақытлары Ерназар Хийўада Искендер Хожа деген байдың үйинде жумыс ислейди. Сонда ол 18 жаста екен. Байдың салдырып атырған сейисхана шойыншының пақсасындағы еки пешманға теңнен ылай атады. Екинши пақсада ылай атып турған пешман қарыўлы палўан жигит екен. Бул жигит бир кепши ылайдя алып пақсаға қойып, екинши атқанын Ерназардың төбесине қайтарып таслап турады. Шойыншы үндеместен ылай ата береди. Пешман аўқатқа түседи. Ашыўы келип турған Ерназар устаны услап қандекке ылақтырды. Буны көрип турған Искендир Хожа Ерназарды тәбийий күш барын сезеди. Ерназар ҳеш жығылмайды. Сол жыллары Үргениште Жаббарбеген деген бир бий той берип. Тойда Хийўаның бас палўаны Матчан салық ортаға шығады. Бул палўанның әдил гүреспейтуғынын билген басқа палўанлар буған қарсы шықпайды. Қарақалпақ халқынан келген Ерназар шойыншы ортаға шығады. Гүрес басланыўдан Матчан саллақ Ерназарды менсинбей, оның мойнынан еки қоллап услап төмен қарай басып турады. Ерназар шойыншы шаққанлық етип Матчан салақтың қолын қайырып, жамбас әмелин қолланып оны қысқа ўақыт ишинде жығады. Бирақ, той басқарыўшы «Матчан саллақ жығылды» — деп айтыўға қорқады ҳәм қайтадан гүрестиреди.
Ерназардың қатты ашыўы келип, Матчан саллақты тағы да жамбас әмели менен арқасын жерге тийгизеди. Гүрлен қаласындағы үлкен бир тойда гүрленли палўан Қурбанбай бала менен гүреседи. Екеўи узақ айқасады, бир неше белбеўлер үзилип, қайта байланады. Шекпен жағасына қоса тигилген қайыслар екеўиниң мойынларын тилким-тилким етеди. Усы алыспада Ерназар Қурбанбай баланы жығып үлкен абройға ийе болады. Халыққа танылады.
Ерназар шойыншы «Ойкөл» елатына киятырғанда Қаратаў етегинде батып жатқан түйени көреди. Хан нөкерлери қанша ҳәрекет етсе де шығара алмаған. Буларға Балта шолақ басшылық етер екен. Ерназар түйени батқан жеринен тартып алады. Балта шолақ дәрьяда сал тартады екен. Аралдан Хийўаға азық-аўқат тасыйды. Ерназар шойыншы салдаў тартыўға жумысқа алынады.
Балта шолақ палўан жамбас әмелин қолланса сындырады екен. Талай палўан оның менин гүресип майырылған. Сол ушын халық «Балта шолақ» деген лақап береди. Ерназар шойыншы салдаў тартып жүрип Қаратаў етегинде дем алып жатырса, бир жигит келип хармасын айтады. «Жигитлер араңызда палўан жоқ па— дейди. Ерназар гүресип жеңиске ериседи. Екинши бала менен де гүреседи, оны да жығады. Сол күни кеште үлкен бир ғарры келип: «Биздиң еки баланы Ерназар жыққан, ким болады?»—дейди. Жолдаслары Ерназарды көрсетеди. Ғарры: «Үйде бир қызым бар, сол қызым менен гүресесең»— дейди. Ерназарға мақул түседи. Балта шолақ: «Шойыншыны абайла, жығылып қаласаң 1000 қойды бағасаң»—дейди. Гүрес басланады, Ерназар белине байлаған үш арқанды үзеди. Ерназар оң-шеп, еки жақлап жамбас уратуғын еди. Әмели қыз палўанға өтпейди. Үш рет дем алып гүреседи. Үшинши алысқанда қыз палўанды жығады. Қыз палўан орнынан турмайды. Езилип қалған екен. Ерназардың салмағы 10 фут келеди. Бул 160 кило деген сөз. (1 фут -16 кило)
1917-жылдан кейин нөкерлик дағыйды. Нөкерлер жөн-жөнине кетеди. Ерназар шойыншы 54 жасынан кейин гүрести қояды. Халқабадтағы Шынықул бай той берип, гүрес туттырады. Ортаға бас палўан сыйлығына Сапарбай бала шығады. Ал, Қарабуға елатынан Арзымбет қазы гүреске басшылық етиўге шықса, ҳеш ким қурға шықпайды. Бир ўақытлары Арзымбет қазының көзи Ерназар шойыншыға түсип кетеди. Оны ортаға сүйреп шығарады. Шекпен кийгизип Сапарбай бала менен гүрестиреди. Сол ўақытлары Сапарбай бала 18 жаста, жаңа көзге көринип жүрген палўан екен.**
Телеграм канал журналіста Раміни Есхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva
Last updated 1 month, 4 weeks ago
Last updated 1 year, 6 months ago
?Татар һәм рус телендәге рецептлар
?файдалы киңәшләр
Реклама (сотрудничество) - @elvira_admin
Отзывы: https://t.me/kirakle_torkem_otzivi
Last updated 1 month, 3 weeks ago