Бахытсыз Мәкан

Description
We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

Құран арқылы Әлемді таны?

Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.

1 year, 7 months ago
Қыпшақбай Мәтмуратовтың "Тербенбес" романы ҳаққында таярланған …

Қыпшақбай Мәтмуратовтың "Тербенбес" романы ҳаққында таярланған санды Youtubeда тамашаласаңыз болады.

https://youtu.be/NySsw4QEILM?si=4tXb9SSvB735ddoJ

1 year, 8 months ago
ТАНЫС ТЕРЕКЛЕР

ТАНЫС ТЕРЕКЛЕР

Естелик бул жоллар мениң атамнан,
Пияда, машынлы көп жүрген, әлбет!
Сорап көрсеңиз де тораңғыллардан,
Жолдас, Худиярды таныйды терек.

Таныйды жағада бийдай атызлар,
Усы жатысларда изейкеш еле.
Атамның әрўағы гезген бул туслар,
Әкем пақырды да жүргизген кеше.

Қалай умытады пахталы дала,
Сада бала болған ғаррылық келип.
Аўылда үйлер де, адам да жаңа,
Тораңғыл тереклер ғана теберик.

Адам ҳәўес етер көкте айларды,
Атқан таң, батқан күн барлығы елес.
Бул жоллар атам — Жолдасбайларды*,
Көп жыллар өтсе де умытқан емес.

Кешеги жигитлер бүгин ақсақал,
Назлы келиншеклер болған кәйўана.
Әўләдлар алмасқан — қуўрамаған тал,
Жаңа урпақ бул жолларға бийгана.

Жатсырап қарайды, қарамайды да,
Оларға бир тыйын атамның жолы.
Әке-шешем өткенлерди қайғыра,
Деседи: ол жыллар басқаша болды...

Тарийх қайталанар, сынар көплерди,
Өтмиш самаллары тағы да есер.
Лек көрсем өзимшил өспиримлерди,
Әкемниң жаслығы ядыма түсер.

Оларда жоқ еди күнлеў, қызғаныш,
Айтқан тослары да бәршеге теңдей.
Енди тек бул жолда тереклер таныс,
Адамлар бийтаныс, бийгана елдей.

Атамның жолы бул, әкемның жолы,
Талларды маңлайға сүрип қаларман.
Соқпақта изи бар, теректе қолы,
Өзим де бул жолдан жүрип барарман.

*24-декабрь, 2008-жыл атам Жолдасбай Худияровтың өмирден өткен күни, быйыл 16 жыл болады (автор).

Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ

24-декабрь, 2024-жыл

1 year, 9 months ago

...

ЖАЛҒЫЗЛЫҚ БРИГАДАСЫ

Мен – жалғыз шыпакер,
                                       жиллиханада
Жырладым өз қосық –
                                      дəрилеримди.

ВЕЛИМИР ХЛЕБНИКОВ

Мен – жалғыз, тыӊлаўшы бул кеӊ далада,
қулақлар ишинде қулақсыз тыӊладым.
Хлебников айтқан «Жиллихана»да
өзимдей жиллини таппай жыладым…

АЙГҮЛ ҚОСЫМБЕТОВА 

Мен – жалғыз шабақпан усы теӊизде,
Өзеги өртелген от ескен қумнан.
Излеймен иркилип ҳəммеден изде,
Қумға сиӊген бе деп шайқалған умман.

БАЗАРБАЙ ЖОЛДАСБАЕВ 

Мен – жалғыз мүсинши:
Алтын қалада;
10 жыл мүсинимди күнге тапладым.
Бир қарыйдар таппай дүзде, далада…
Адамы жоқ журтта – адам сақладым.

МОДЕРНИСТ МУСА

Мен – жалғыз жалғызбан ел арасында...
Мен жалғыз сезиммен мәплер ишинде...
Шексизликпен шеклер шегарасында...
Үнсизликпен қунсыз гәплер ишинде..!

ИСМАЙЫЛОВ АБДИРАШИД

Мен – жалғыз жаманман, ҳәмме периште...
Жазылмаған жырлар..., ҳәммеси иште.
Найзағайды күтип жасайман,
шағылар бир күн!
Оған шекем
мен – жалғыз жаманман, ҳәмме периште...

МУХАММЕД БАЎЕТДИНОВ

https://t.me/Represo

1 year, 9 months ago
... My Trinity

...                 My Trinity

Жулдызларға бөленген аспан,
Бизди излеп телмирер қуяш.
Жалғыз өзим шыға алмаспан,
Оян енди. Көзлериӊди аш.

Жер шарыныӊ жүзинде геўгим:
Сезбейди ол жылыў дегенди.
204 жыл – Түн. Суўық. Үргин.
Нурландырып еритейик енди.

Турғыл, Жартым, даўыс бер өзиӊ,
20 жыл жолладым саза.
Бул əлемге жумыўлы көзиӊ –
Матрица капсуласында.

Бул топырақ сағынды узақ –
Көкирегинде лала гүллеўин,
Пал ҳəрреси ширесин сорап,
Ҳəм шөллеген кийиктиӊ лебин.

Жартаслардан аққан булақлар
Қатқан таўдыӊ көз жасы болып.
Тамыр жаймас əлўан дарақлар,
Түсленбейди төрт пасыл болып.

Оян! Оян! Кешикпей, Жартым!
Тиришиликтиӊ өртейик демин.
Ғəплеттеги марҳумлар көрсин –
Жасаў заӊы сүйиў екенин!..

Modernist Musa

4-декабрь, 2024-жыл, саат 11:30-12:08 аралығы

https://t.me/Represo

1 year, 9 months ago
Видео YouTube каналға шықты, силтеме арқалы …

Видео YouTube каналға шықты, силтеме арқалы өтип тамашаласаңыз болады.

https://youtu.be/p8LA8tvSESY?si=3XekgdcMllSYQ61v

1 year, 9 months ago

Бестселлер жанр ма?
Ямаса трендтеги китаплар...

We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

Құран арқылы Әлемді таны?

Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.