ТЕГІН ВИКТОРИНАЛАР💝😍 :
ДЖТ каналымыз: https://t.me/djt_2025
БИОЛОГИЯ каналымыз: https://t.me/bio_ubt_2025
ГЕОГРАФИЯ каналымыз: https://t.me/geo_ubt_2025
Алмасбек Ералыұлы ҰБТ саласында
9 жылдық тәжірибе
"UBT Academy" жобасын құрушы
Last updated 1 month, 2 weeks ago
@maktubatkzbot ботының ресми каналы. Каналда бот базасына енгізілген кітаптар туралы мәліметтер жарияланады.
🔝 Канал - @maktubatkz
🔝 Чат - @maktubatchat
🔝 Ұсыныс пен сұрақтар - @iamsyrym
Last updated 3 days, 19 hours ago
Нур - бизлерге үмит берип, турмыстың қыйыншылықларынан алып шығыўшы жақтылық ..
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉**https://t.me/karanakilmakalhttps://t.me/karanakilmakal
***Саўлық қәдирин билмеген,
Жалпайғанда өкинген.
Жаслық қәдирин билмеген,
Қартайғанда өкинген.
Ас қәдирин билмеген,
Тарыққанда өкинген.
Дос қәдирин билмеген,
Талыққанда өкинген...
✍Тилеўберген Жумамуратов***
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉**https://t.me/karanakilmakalhttps://t.me/karanakilmakal
Гулхатийша Айымбетова
Пийшемби күниңиз кеўилли,зор кейпиятта өтсин.
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal
#ҚАЙЫРЛЫ_ТҮН!
💫 ***Өмирде көплеген қәтелерге жол қойып - қәдирли инсанларымызды жойтамыз...
💫 Басқаларға жараныўға ҳәрекет етемиз - бирақ, өз жақынларымыздан қашамыз...
💫 Арзымайтуғын инсанларды көклерге көтеремизде - өзимизге садық инсанларға пәнт беремиз...
💫 Бизди қәдирлеген инсанларды қапа қыламыз да - бирақ өзимиз олардың кеширим сораўын күтемиз...
Оларға ҳәзир ақ қайырлы түн тилеп, кеширим сораң!
Бәршеге қайырлы түн, таңда дийдар несип сәўбетлескенше хош саў саламат болың.
Түниңиздиң тынышлығын берсин, шийрин түслер көриң.
ТҮНИҢИЗ
ҚӘТЕРЖАМ,
ТЫНЫШ
ӨТСИН
ӘЗИЗЛЕРИМ!
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉***https://t.me/karanakilmakalhttps://t.me/karanakilmakal
#рәўият
***БИРЕЎГЕ НАҲАҚ АЗАР БЕРИЎ...
Шайх Ибраҳим жаслығында Исмайыл Фақируллаҳ ҳәзиретке шәкирт болған еди. Бир күни устаз оған суў алып кел, деп айтты. Ол булақтан гүзесине суў алып атырғанда бир ат минген адам келип, «Атымды ҳүркиттиң» деген сылтаў менен Ибраҳимди ийтерип жиберди. Оның гүзеси жерге түсип сынды. Ол жас бала болғанлықтан жылап устазының алдына барды.
- Не болды, балам? - сорады устаз.
- Булақтан суў алып атырсам, ат минген бир адам мени ийтерип жиберди, гүзе қолымнан түсип сынды.
- Гүзе сынғаннан кейин сени ийтерип жиберген адамға бир нәрсе дедиң бе?
- Яқ ҳеш нәрсе демедим.
- Бир аўыз да сѳз айтпадың ба?
- Яқ.
- Онда тез артыңа қайт, сол ат миңген адамға бир нәрсе деп кел.
Исмайыл Фақируллаҳтың бул гәпи сол жерде отырғанлардың ҳәммесин ҳайран қалдырды. Ибраҳим илажсыз жуғырып булақтың басына барды. Ат миңген адам атын суўғарып турған екен. Ибраҳим сѳйлей алмай азмаз турды, бирақ бәрибир ҳеш нәрсе дей алмай артына қайтты.
- Оған сѳйледиң бе? - сорады устазы.
- Яқ.
- Ўақытты ѳткермей, оған мени неге суўға жықтың деп гәп айтып кел.
Ибраҳим және жуғырып булақтың басына барды. Қараса, сол ат миңген адам жерде жатыр. Оған жақынласты, оның басы жарылып, жерде қулап жатыр екен. Буны кѳрип қорқып кеткен Ибраҳим устазының алдына барды ҳәм оның жерде ѳлип жатырғанын айтты.
- Ҳәй, балам-ай, бир гүзе ушын бир адамды ѳлтирдиң, бир аўыз қарсы сѳз айтқаныңда, бәлким, бул ҳәдийсе болмаған болар ма еди?! — деди устазы. Шәкиртиниң түсинбей турғанын кѳрген устаз оған түсиндирип берди:
- Бир адам басқаны наҳақ қапа етсе, жылатса, зулым кѳрген оған ҳеш нәрсе қылмаса яки қыла алмаса, оның кеўли азарланғаны ушын Аллаҳ таала залымнан оның ҳақын алып береди. Гүзеси сынған Ибраҳим ат миңген адамға ең қурмағанда «Не қылып қойдың?!» дегенде, сол адам ѳзиниң атының тепкисинен аман қалған болар ма еди...***
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉**https://t.me/karanakilmakalhttps://t.me/karanakilmakal
Рәўият
***АР - НАМЫС
Рәўиятларда келиўинше бир адам перзентин сапарға жиберип атырып: "Қарындасыңды қорға!" - деп ўәсият етипти.
Жигит әкесиниң бул ўәсиятынан ҳайран болып қалды.
Өйткени, ол қарындасынан узаққа сапарға кетип баратырған еди. Арадан ўақыт өтип, жигит сапардан қайтып кыятырып бир жерде дем алыў ушын тоқтайды ҳәм ол жерде бир ҳаялға көзи түсип, оған тигилип қалады ҳәм нәпсине ерк берип ҳаялға сөйлеп, қыялы бузылады.
Алланың қол астында екени ҳәм әкесиниң ўәсияты есине түсип, тезде истиғфар айтып, Алладан кеширим сорайды.
Соннан кейин жигиттиң әкеси де, оның үйине суў алып келиўши жигит оның қызына тигилип қарап турғанын көреди.
Жигит сапардан қайтып келгенинен соң, әкеси оған: "Саған қарындасыңды қорға", деп айтпадым ба?" деди.
Жигит: "Не болды" деп сорайды. Әкеси бирме-бир айтып береди ҳәм "Егер сен зыяда қылғаның да, суўшы да зыяда қылған болар еди", деди.
"Жаза - қылынған әмелдиң өзинен болады" яки "қайтар дүнья" деген сөзлерди еситкенбиз. Әзизлер, қылған жумысларыңыз қарама-қарсысында ар-намысыңыз болыўын қәлейсиз бе? Айырымлар: "үйленгенше яки перзентли боламан дегенше тәўбе етермен" дейди.
Бирақ Аллатаала тәўбеңди қабыл қылып, сондай мүсийбет пенен жазаламаўына кепиллик барма?
Өйткени Аллатаала: "Жаманлықтың уқсасы, соның уқсасындай жаманлық", деген.
Умытпайық биз де, ар-намыслы болсақ, шаңарақ ағзаларымыз да, сондай болады.***
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉**https://t.me/karanakilmakalhttps://t.me/karanakilmakal
Махсет Отемуратов
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉**https://t.me/karanakilmakalhttps://t.me/karanakilmakal
#Қайырлы_таң
АССАЛАЎМА АЛЕЙКУМ, Қәдири бәлент қәдирданларымыз!
***Өмирдиң ҳәр бир мәўритинен кеўили қуўанышқа, жүреги заўыққа, кеўли шадлыққа интизар болып, Қәсийетли Жума таңын асыға күтип алған заманласым!
Басланған жаңа күниңиз шаңарағыңызға бахыт, береке, дәўлет, қәстелериңизге шыпа, қарияларымызға аманлық ден-саўлық, жүреклерге тынышлық, шадлық алып келсин!
Рәббим сизиң геўдеңизге тынышлық инәм етейин деп бүгинги таңды нурлы етти. Сиз де таң менен бирге оянып, бүгинги күниңиздиң берекетли болыўына өз үлесиңизди қосыңыз!
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!
Қаўыс айының 1-сәнеси
ЖУМА КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉***https://t.me/karanakilmakalhttps://t.me/karanakilmakal
Бахтияр Жуматаев
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉**https://t.me/karanakilmakalhttps://t.me/karanakilmakal
***Сүриў-сүриў бекинди,
Бөгелек қуўып майырар.
Сүйреңлеген қызыл тил,
Сүйегиңнен айырар.
✍Турым бий***
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉**https://t.me/karanakilmakalhttps://t.me/karanakilmakal
ТЕГІН ВИКТОРИНАЛАР💝😍 :
ДЖТ каналымыз: https://t.me/djt_2025
БИОЛОГИЯ каналымыз: https://t.me/bio_ubt_2025
ГЕОГРАФИЯ каналымыз: https://t.me/geo_ubt_2025
Алмасбек Ералыұлы ҰБТ саласында
9 жылдық тәжірибе
"UBT Academy" жобасын құрушы
Last updated 1 month, 2 weeks ago
@maktubatkzbot ботының ресми каналы. Каналда бот базасына енгізілген кітаптар туралы мәліметтер жарияланады.
🔝 Канал - @maktubatkz
🔝 Чат - @maktubatchat
🔝 Ұсыныс пен сұрақтар - @iamsyrym
Last updated 3 days, 19 hours ago