تنها کانال رسمی گوناز تیوی
Güney Azərbaycan Televizyonu
Admin: @gunaztelevision
www.gunaz.tv
https://facebook.com/gunazTv
https://www.youtube.com/@guneyazerbaycanteleviziyasi/
صفحه جدید اینستاگرام 👇👇
https://instagram.com/gunaztv247
Last updated 5 days, 3 hours ago
العبـ.ـرة ليـ.ـست بعـ.ـدد المتـ.ـابعيـ.ـن
إنمـ.ـا العبـ.ـرة هـي فهـ.ـم مـ.ـا ننشـ.ـره . .💔🥀
التواصل الاداره @afggyhftghbot
#اعتذر_يمنع_التبادل
𓅇꙰᭄💔آּا̍ڷــمۘ ا̍ڷــڣــڕٰا̍ڦ💔𓅇꙰᭄
https://t.me/xxZrbjddbd99
Last updated 1 week ago
@Bahzadmolamvardi
مالک کانال = بهزاد مولام وردئ
09127932251
Last updated 1 week ago
Бир семизликтен қыйналатуғын адам шыпакер көригине барыпты. Шыпакер анализлерди көрип шығып төмендегише диагноз қойыпты:
— Сизде рак анықланды. Еки ҳәпте өмириңиз қалыпты. Питириўиңиз керек болған нәрселериңизди питирип, таярлана бериң. Бизиң қолымыздан ҳеш нәрсе келмейди, кеширим сорайман.
Наўқас жүдә түскин кейпиятта үйине қайтыпты.
Арадан үш ҳәпте өтип наўқас доктордың алдына және келип:
— Мен өлмедим ғо, доктор.
Сонда доктор наўқасқа қарап:
— Ең баслысы аздың ғо - депти.
(Даўамы бар [Посттың])
👉 Telegram: @Poeziya_Abdirashit
Инсаният неше мың жыллардан берли жасап атыр. Заманлар жаңарып атыр. Түп мәнис бирдей болса да дәртлер, машқалалар дәўирине сай көринисте инсанларды сынамақта.
Инсан өмирде жасар екен сүрнигеди, шалынады. Инсанлар еки түрли болады: бириншиси - өзи сүрниккен тасқа басқалар да сүрникпесин деп шетке алып қояды. Егер алып қоялмаса изинде киятырғанларға "Мына жерде тас бар екен, абайлаң" деп ескертеди. Екиншиси - мен сүрниктим бе, басқалар да сүрниксин деп ол тастың қасына және үлкенирек тас алып келип қояды.
Биринши түрдеги адамлардың барлығын мен устаз деп атар едим. Дурыс, биз көбинше бул инсанлардың айтқанын елестирмеймиз, сол тасқа көрип, билип турып сүрнигемиз. Бирақ, сол инсанлардың ескертиўи сүрниксек де майрылмай аман қалыўымызға себепши болады.
Мейли олар китаплардың авторлары болсын, мейли өз өмиримде өз қулағым менен ескертиўлерин еситкен адамларым болсын, барлық УСТАЗларымды бүгинги байрам менен қутлықлайман.
Өзиме ҳәм сизлерге қолай болыўы ушын канал мазмуны: 2019 1) Қәдем 2) Ашықлық 3) Мен ушын барлығын умыт 4) Жақсы көргениң қурысын 5) Қыз бермегенлер 6) Дүньяға келгениң мен ушын бахыт 7) Мени күшлирек сүй 8) Шырайың қонақ ўақтынша 9) Сен меникисең 10) Уйқым…
Өзиме ҳәм сизлерге қолай болыўы ушын канал мазмуны:
2019
1) Қәдем
2) Ашықлық
3) Мен ушын барлығын умыт
4) Жақсы көргениң қурысын
5) Қыз бермегенлер
6) Дүньяға келгениң мен ушын бахыт
7) Мени күшлирек сүй
8) Шырайың қонақ ўақтынша
9) Сен меникисең
10) Уйқым келмей тур
11) Бир дәртим бар
12) Бул ақшам сени деп жырлайын жаным
13) Керегим
14) Шайыр санынышы
15) Мегабайтың болмаса
16) Егер сениң жүрегиң менде болса
17) Сүўретиңе қарап кеўлим ерийди
18) Сүймегеним сүйгенимнен мийримли
19) Жора оны қызғанаман ҳәммеден
20) Сени сүйип қалған шайырман
21) Болажақ аналарға
22) Көрдим
23) Анажан
24) Қысқы бүлбил
25) Қой мени оқыма, саған не азап
26) Мени сүй деп жалындым ба!?
27) Гүзги жамғыр
28) Сүйген жүрек ҳәмийше кеширимли
29) Керекдур
30) Быйылғы жапырақлар
31) Мениң ойымша
32) Ең сулыў
33) Мен бахытлы инсан, муңлы шайырман
34) Бийганалық ҳүрмети
35) Айыралмайсаң
36) Бир жыллық аралық
2020
1) Шайырсаң
2) Қарлығаш
3) Төлепберген Қайыпбергеновқа
4) Адам атаның монологы
5) Даналық - ақымақлық
6) Халқым-ай
7) Маман бийдиң монологы
8) Қәбирсиз жаўынгер монологы
9) Онлайн питкериўши
10) Сағыныш хаты
11) Сени сүймеймен, бирақ
12) Хош бол он жетим
13) Ашық
14) Сағыныштың салқыны
15) Қутлы болсын қыздан алған сарпайың
16) Үлкен сораўларға киши жуўаплар
17) Сизден жәннет қарызым бар анажан
18) Кешир мени он сегизинши бәҳәр
19) Балалардың балалығын урламаң
20) Аралықсыз, ўақытсыз сағынаман
21) Ярдың қулағын тислеў
22) Бир жасарман ҳәр көргенде бойыңды
23) Билесең бе
24) Муҳаббат бостаны
25) Түсиңде көргениң келди қасыңа
26) Тамамланбаған қосық
27) Телмирип отырман өзиңди күтип
28) Жер перзенти дебдиўи
29) Жас он бесте келер жигит йошлары
30) Түсиндим
31) Мен бәрине бир күлип қойдым
32) Он сегиз бәҳәрди көрген бир гүлдиң
33) Жүректен жүрекке
34) Билмеймиз
35) Ашық балық
36) Көрмегенниң көргени қурсын
37) Қораз
38) Теңиз
39) Биринши пәк муҳаббат
40) Ойып жазылған сөзлер
41) Айдос бийдиң монологы
42) Сен болдың
43) Аналарға
44) Айып менде
45) Ығбалымды көзлериңнен көремен
46) Паналаслар
47) Кеңес
48) Муғәллим
49) Мен қулағын тислеген қыз
50) Сени көрместен бурын
51) Бизлер жаман болалмаймыз ба?
52) Кел биз бирге қартаямыз, сүйиклим
53) Мен сүйемен Қарақалпақтың қызын
54) Үйренип қалдым
2021
1) Аттың сыры ийесине мәлимди
2) Билмесең билдирдим, билсең еслеттим
3) Мен шайырман
4) Айға қара
5) Сени көп сағынсам керек еле мен
6) Бүгин ышқы бағым реңлери сарғыш
7) Қалмады
8) Қарақалпақ бул
9) Үш монолог
10) Қол усласып қол силтейди ашықлар
Telegram
Исмайылов Абдурашид
Қәдем Жүрдим жалған менен көп қол усласып. Көп қыянетлерге көрдим дусласып. Достан шыққан душпанлардан шаршадым. Енди досласпайман. Болдым досласып. Дөңгелеги жоқ арбаны бийикке, Тартаман деп талай күшенип көрдим. Кеширсем, соң ишим…
Буннан үш-төрт жыл бурын, қосықларымды бир-еки жасы үлкен устазлар көтермелегени ушын ба, бир-еки адам сыртымнан я көзимше мақтағаны ушын шығар бәлким, өзимди данышпан сезинип, инстаграм ашып, ҳәммеге, ҳәмме нәрсе бойынша ақыл үйретиў нийети пайда болып еди: "китапты мынәйтып оқыў керек, баланы әнайтип тәрбиялаў керек, жетискенликке мынәйтып ерисиў керек" дегендейлер.
Бир күни таксиде кетип баратыр едим. Асфалттың шетинде бир пияң созылып жатыр екен: "Келистире алмасаң қатық иш" деп сөйленип қойдым. Сонда таксист: "Ҳәй иним-ай, өзиңниң де келистире алмай қалатуғын кезлериң болады" деди. Мен ишпеймен, ишиў нийетим де жоқ. Бирақ ким кепил. Демек, өмирдиң ишип кететуғын жерлеринен шыдам берип өтип алмағанымша биреўге ўәлийлик қылыў орынсыз.
Өзи улыўма негизи "келистиралмасаң қатық иш" дейтуғынлардың көпшилиги я қашандур келистире алмаған, я ҳәзир келистире алмай жүр, я жоқары итималлық пенен келешекте келистире алмай қалады. Бул тарийхый тәжирийбе, дос арттырыў туўралы китап жазған Карнегидиң досты жоқ. Перзент тәрбиясы туўралы китап жазған авторлардың балалары наркоман болып кеткен жағдайлар да бар.
Сол кезде сол таксиге мингеним, ҳәм сол сөзди еситкеним жақсы болыпты. Ҳәзир көпшиликте ақыллы көриниўге өшлик бар. Балықтан ушыў, қустан жүзиў талап етилмейди. Ҳамме де ақыллы қылып жаратылмайды, керисинше ақыллылар дым кем болады ҳәмме заманда да, бул тәбияттың иси, мойынлаў керек. Мәселен мен өзимди ақыллы деп есапламайман (бул кишипейилликти ҳәм менменликти жыйнастырып, өзиме қалыс берген бахам). Балық болсаңыз ушаман деп күшенбең. Бес минут тоқтап ойланып көриң, айтажақ нәрсеңиз бойынша жетерлише билимге, тәжирийбеге ийесиз бе, сөйлегениңизден (түсинген адамға) пайда бар ма, даңпаразлық, өзиңизди көрсетиўден басқа (булар да қаншадур грамм болады бәрибир, инсан табияти сондай) кимгедур жақсылық болсын деген нәрсе бар ма ишиңизде? Усы сораўларға жуўап "Аўа" болса, ОЙЛАНЫП сөйлең. "Яқ" болса ҳеш болмаса, ең кеминде өзиңиздиң күшиңиз ҳәм ўақтыңызды заяламай, жатып дем алың ямаса китап оқың.
تنها کانال رسمی گوناز تیوی
Güney Azərbaycan Televizyonu
Admin: @gunaztelevision
www.gunaz.tv
https://facebook.com/gunazTv
https://www.youtube.com/@guneyazerbaycanteleviziyasi/
صفحه جدید اینستاگرام 👇👇
https://instagram.com/gunaztv247
Last updated 5 days, 3 hours ago
العبـ.ـرة ليـ.ـست بعـ.ـدد المتـ.ـابعيـ.ـن
إنمـ.ـا العبـ.ـرة هـي فهـ.ـم مـ.ـا ننشـ.ـره . .💔🥀
التواصل الاداره @afggyhftghbot
#اعتذر_يمنع_التبادل
𓅇꙰᭄💔آּا̍ڷــمۘ ا̍ڷــڣــڕٰا̍ڦ💔𓅇꙰᭄
https://t.me/xxZrbjddbd99
Last updated 1 week ago
@Bahzadmolamvardi
مالک کانال = بهزاد مولام وردئ
09127932251
Last updated 1 week ago