Мəнзилсиз хатлар...

Description
We recommend to visit

https://qaraozek.uz
https://youtube.com/channel/UCciJD2dexkmrWHcvaonwKDQ
https://www.instagram.com/qaraozek_rayoni_hakimligi?igsh=MW5sNjcyZzB5MnI0NQ==
https://www.facebook.com/profile.php?id=61560591980198

@Qaraozekhakimligi_bot

Last updated 3 weeks, 4 days ago

Қаржылық сауатты үйрететін арна. Арнаның бас жағында тегін 12 сабақ бар. Көріп шығыңыз.

👫Арнаға мына сілтеме арқылы адам қоса аласыз: https://t.me/qarjysayaty
Арна иесі: Исламбек Әділбек
| Жарнама [реклама] және ұсыныстар бойынша – @islmbekk

Last updated 2 months, 2 weeks ago

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің ресми телеграм каналы

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.youtube.com/@emergencykz

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 1 month, 2 weeks ago

1 week, 4 days ago

ӘКЕ

Былтырғы алғаным болар быйылға,
Үсти сәл қыршылған асты қыйылған,
Қыста туфли менен барып жыйынға,
Баласына етик әперер әке!

Базардан кийимниң ең зорын сайлап,
Телефонға ақша салмайды айлап,
Мерекеден келип, костьюм тақтайлап,
Бир костьюмын он жыл кийеди әке.

Ол ҳасла уйқыламас, түнлер уйқы жоқ,
Бәрше ғам ийнинде, ҳасла күлки жоқ.
Қара перзентинен басқа мүлки жоқ,
Мен байман деп турар, мәрдана әке.

Өзи оқымаған, улы зыялы,
Дүньяның төрт мушын алар қыялы,
Перзентим кем болмасын деп мудамы,
Өрден ыққа қарай шабады әке!

Тыңласаң, бир китап, ақылдың кәни,
Шайтанға бас ийип турмас ийманы,
Ғәзепленсе өртеп салар дүньяны,
Ғәзебин мийримге алмасқан әке.

Әкежан! Перзенти Адам атаның!
Етейин хызметиң таўып имканын.
Услатсамда есиклерин Кәбаның,
Қарызым өтелмейди сонда да әке!

Әбдирахман Зергер
@zergerqosiqlari

1 week, 4 days ago

#Әке

Әкежан! Перзенти Адам атаның!
Етейин хызметиң таўып имканын.
Услатсамда есиклерин Кәбаның,
Қарызым өтелмейди сонда да әке!

@zergerqosiqlari

1 month ago

ИНӘМ
(даўамы)

Адамзат тәбияттың ең қызықлы жаратылысы. Алла Таала жаратқан мақлуқатларының ишинде адамзатқа ғана ойлаў, түсиниў пазыйлетлерин берген. Бирақ, итибарлы тәрепи дүньядағы тири жанлардың ишинде ең жаўызы да, ең мийримлиси де усы адам баласы. Усы адамлар арасында ата-анасының қылғанларфна перзент жуўап бериўи керектей көринеди. Заман өзгерген деседи адамлар, ал негизинде заманда турған ҳеш нәрсе жоқ, адамлардың өзлери өзгерип отырады. Әне усындай қыяллар менен әўере болған Алламберген намаз оқыйтуғын ўақты болып қалғанын серледи. Намазын оқып болған соң өзи жақсы көретуғын Мақтумқулы қосықларынан оқый баслады.
Әллен ўақытқа шекем уйқылай алмаған жигит өткен күнлерин, әкесиниң қылықларын, анасының муңлы көзлерин есине түсирип жатты. Ол әкесине еркелегенин ядына түсире алмады ҳеш. Мектепти питирген жылы аўылдағы жигитлер менен гербиш қуйып сатты, жай өриўши устаға жәрдемши болды. Сөйтип жүрип өзи де зор уста болып шыға келди.
Айша сол ўақыядан кейин келин түсириўди ойламай қойды. Алламберген менен Айсанем түсимпаз дә, Айбергенниң аз ғана шатақлығы, өжетлиги бар. Әкесиниң қылмыслары балаларымның жолын бөгеп қойды аў деп қамсығып алатуғын еди. Бүгин еслеп қараса Гүлзәбира достының үйине қыз сорап барғанына да еки жылдай болып қалыпты. Адамлардан еситиўинше Гүлзәбираның қызы бир баласы менен бир неше айдан берли үйинде болып атырған қусайды. Себеп, кийеў бала көплеў ишип, жәнжел шығара беретуғын көринеди. Пақыр балам, мен көргенди көрмесин деп сыбырланды Айша.

Алламберген буйыртпа тийкарында Нөкисте бир кисиниң жайының ишки пардозлаў жумысларын иследи. Буның шеберлигин көрип үй ийеси жүдә сүйсинди. Бул киси алдынлары үлкен жумыста ислеген Бахтияр деген киси. Онда пул, машина, қос жай бар екендағыкеўлинде бир улым болғанда деген әрманы жасар еди. Ол Алламберген менен бирге чай ишеди, гүрриңлеседи, бес ўақ намазын оқып атырғанын көрсе жигитке мийрими тасып кетеди. Усындай балам болғанда дер еди. Ҳәтте бир сапары ол гәптиң ушлығында шығарып қойды. Түсимпаз Алламберген мыйықтан күлип қойды да, жумысын ислей берди. Бахтиярдың қызы Гүлсәнем университетти питкерип мектепте ислеп атыр. Қызда жигитти шеп көрмейтуғын қусаған. Еки жас аўлағында тиллесип көрсе, кеўил-кеўилге жарасты да қалды. Бирақ, Алламберген өтмишинен еле қысынар, Бахтияр аға қызын бермей қалса деп ойға талар еди. Ол өз жумысларын бир айда болып, үй ийелери менен хошласып, мийнет ҳақысын алды. Қасында өзиндей ертип жүрген аўыллас еки иниси жумыс тамамланып бүгин пул аламыз десе қуўжыңласып қоя береди. Ҳәмме жумысты болған жигитлер менен түсликте отырған Бахтияр жигитлердиң жумысынан кеўли толып бир-еки еки сўм зыяты менен берди. Алламбергенниң жанындағы инилериниң бири, әжағам үйлениў ушын ақша жыйнап атыр, буйырса жақын арада той болса барарсыз аға деди ҳәзиллесип. Ҳәммеси күлисип алды. Олар кеткен соң Бахтиярдың ҳаялы Алламбергенниң өтмишин бир бастан айтып берип еди, әкесиниң қылығына перзент жуўапкер емес, егер усы баланың анасы ертең сорап келсе қызыңды ертең беремен деп салды...

Күн бүгин және суўық. Бул сапары Айша суўықта үй төринде отыр. Бүгин оның үйинде үлкен жыйналыс. Ақлығы Инәмжанның туўылған күни. Келини Гүлсәнем менен Алламберген қонақларды күтип алыў ушын таярланып ушып жүргенге уқсайды. Айбергенди үйлендириў ушын нан сындырысқан болса, бир-еки күнликте Айсанемди де сорап келип қулағына сырға салып кетти. Бундай бахытлы күнлер Айшаның сонша сынаўларға берген шыдамы ушын Алланың берген ең үлкен инәми еди. Тунғыш ақлығын қудасы Бахтияр менен ойласа отырып Инәмжан қойыўының да себеби сонда еди...
ТАМАМ

Әбдирахман Зергер
@zergerqosiqlari

1 month ago

ИНӘМ
(даўамы)

Айша сол қыяллар менен ойлап-ойлап ақыры баласы менен ойласқанды мақул көрди. Баласы Алламберген бир неше жылдан берли сырт елге қатнағанды қойды. Жеңиллетилген кредит алып өзиниң исин баслап жиберди. Адамлардың жайларының ремонты ислейди. Гә қарасаң шифер қағады, гә қарасаң кафел терип, ишки ремонтларды ислеп жүргени. Бирақ, оның ышқыда әўмети келмеген. Бәлким оның ушын ең қайырлысын Алла таала сақлап қойған шығар, тағы ким билсин. Анасы қоңсы аўылдағы бир достының қызын айтқышлап жүрип бир күни түслик пайыты досты Гүлзәбираның үйине барды. Достының қызы ла Алоамбергенди шеп көрмейтуғын еди. Айша буйырса бәри жақсы болады, достым менен қудағай боламан, ол мениң бәрше жағдайымды биледи ғой днр отырғанда қоңсы бөлмеде Гүлзабираның кийеўиниң даўысы қатты шыға баслады:
- Әй мәжгүн, не деп турғаныңды билесең бе?!
- Ҳаў ағасы, әстенирек, уятты.
- Еситсе есите берсин, қуўып жибермегениме шүкир десин, кийеўи қаттырақ жекиринди.
- Онда не деп айтайын, төмен қарады Гүлзәбира, қызың да шеп көрмейтуғын қусайды.
- Әй мийгешше, шашы улын ақылы келте ақмақ. Қулағыңа алтын сырға, мениң мәскүнемниң төлине беретуғын қызым жоқ!
Бул айтылган гәп Айшаның жети жерин тесип өткендей болды. Аспанға ҳаўаланып турған кеўили жер менен жексен болды. Ол, енди отырыўдың орынсыз екенлигин билип, әсте қозғалды. Есикте шығып атырып қарсы алдындагы Гүлзәбираға бир қарады да, мен жүре берейин деп өзин сыртқа урды. Гүлзәбира не дерин билмей турған жеринде қала берди. Жолда киятырып Айша салысы суўға кеткенинше жол жүрип келе берди. Былай сыртынан қарағанға ол еси кирди-шықтыға мегзес. Келеринде бир адым жер болып көринген жер, қайтарда жеткерер емес. Үйине зорға жетип келген ҳаял еле де үйинде ҳешким жоқлығын көрип қуўанды. Перзентлерине енди жыламайман деген Айша, өзин услады.
- Қызын ҳәзир узатпайды екен балам, - деди байғус ана.
- Кейинирек, аламыз, демедиңиз бе?, - гәпке араласты Айберген.
- Бир билгени бар шығар, - деп Алламберген қыслығып отырған анасын қыстағысы келмей. Ана бүгинги көргенлерин баласына айтпағаны менен сезгир Алламберген бәрин түсинип отыр. Әкесиниң қамалып кетиўине себепши болған адамлар әкесин мәскүнемге айландырған жоқ педи?! Мәйли, өзлери биледи дә, деп гүбирленди жигит. Оның үйлениў ҳаққындағы қыяллары пушқа шықты. Қызға да жақсылап тәмби берген болса керек, ол да тез арада ортадағы байланысты үзе қойды...
(даўамы бар)

Әбдирахман Зергер
@zergerqosiqlari

1 month ago

Ассалаўма әлейкум бәршеге. Университетте ең жақсылар даўыс бериў жолы менен анықланып атыр екен. Жылдың ең жақсы кафедра баслығы номинациясында мениң устазым Өтемисов Азиз Зарлықбаевичке даўыс берип жиберсеңиз дослар!

@zergerqosiqlari

1 month, 1 week ago

ИНӘМ
(даўамы)

- Апа деген даўысты еситкен Айша изине жалт қарады. 7-класста оқып атырға қызы Айсанемди көрген ҳаялдың ой-қыяллары тарқап кетти. Екеўлеп үйине қарап жолған аналы-қыз өткен кеткенди айтысып үйине жетип келгенинде сезбей қалды. Олар келсе үйдиң әтирапында адамлардың көплигин көрип бир-бирине қарасып ҳаўлығысты. Булар менен ойласқандай тез жәрдем машинасы да үй алдына келип иркилди. Не болып атырғанын түсинбеген Айша кимнен не сораўын билмейтуғын еди. Ол ҳәммениң арасынан ортаншысы Айбергенди излей баслады. Қараса үй қасындағы ағып өтетуғын жаптың суўы толық қатпаған болып, Балтабай аяғы сырғанап жапқа ойылып кетипти, бийшарв бала ўақтында әкесин көрип қалып шығарыўға тырысып, өзиде суўға ойылыпты. Тез жәрдем шақырылғандағы мақсети болса тоңып қалған жигит есин жоғалта баслаған екен. Әке менен баланы тезде емлеўханаға алып кетти. Әй енди келе болыўы қыйын десер еди адамлар...
Айберген менен Балтабай емлеўханада бираз ўақыт жатты. Олардың изинен көриўге барғандай адам да бола қоймады. Айша пақыр күнде, күн ара наўқаслардың жағдайынан хабар алып турды. Бир қанша ўақыт өткеннен соң әкеси менен баласы емлеўханадан шықты. Деген менен Балтабай буннан кейин көп аўыратуғын болды. Ақыр-ақыбетте деминиң таўсылғаны шығар Балтабай узақ сапарға атланды. Оның өлимине қайғырыўшылар болмады есап. Обалы жоқ, ийтке ийт өлим, сонша ўақыт көше гезип жүргени, ишкен арағының арқасында усындай болды десе, гей биреўлер үйиндегилер дурыслы қарамаған соң өлди десип атты. Бәринен бетер Айшаға қыйын еди. Бул арада оның ул қызлары ер жетип қалды. Үлкени сырт елде жумыс ислеп жүрсе, Айбергени менен Айсанеми жоқары оқыў орнына оқыўға кирди.
Булардың үйине берекет киргени сол шығар, оларда халық қатары жасай баслады. Үйлеринде бир-еки сўм пул туратуғын болды. Үлкени Алламберген қолы гүл уста. Усы сапары келсе баламды үйлендиремен деп байғус ана аўылдағы қызларды көз алдынан өткере баслады.
(даўамы бар)

Әбдирахман Зергер
@zergerqosiqlari

2 months, 3 weeks ago

ОЙЛАР...

Мен не ушын сүймейин айт, тас қаланы?
Бар қушағын жайып күткен жас баланы.
Нөкисимди алыс кетип сағынсамда,
Ташкент қолай, жат билмеген басқаларды.

Сүйген қалам, сенде мениң ақыл ойым,
Сәлге кетсем үзилердей создым мойын,
Бирақ, бирақ... Өкпем бар-аў тәғдирге сәл,
Мени таслап менсизликке еткен ойын.

Жаяў гездим талай сенде көшелерди,
Сонда жүзге ыссы самал есер еди.
Ал, енди ше мен өзиңнен кеттим узақ,
Сенсизликте кеўлимде ғам кешер енди.

Не қылады дейди бунда қала берсең,
Қосығыңды тас қалада жаза берсең.
Мен өзиңе қустай ушып қайтар едим,
Жойтып алған ғәзийнемнен саза берсең!

Аўа, солай. Бул тентеклик, жаман дерсең,
Жүре бер деп, сол жақларды пана көрсең.
Ойымдағы арысам сәл ойынлардан,
Қайтпас деме, қайтаман ғой аман жүрсем.

Әбдирахман Зергер
27-октябрь 2024-жыл
@zergerqosiqlari

2 months, 3 weeks ago

Бул қатарлар шайырдың ишки дүньясындағы руўхый шайпатылыслардан туўылғанына гүман жоқ. Сонлықтан да биз көрип жүрген айырым шайырлардағыдай "жасалмалылық" жели қосықта есип турмайды. Қайтама оқыўшының уйқылап атырған сезимлерин оятады. Зергердиң тәғдир инам еткен сынақларды қосық пенен жеңиўге ҳәрекет етиўи, поэзия аспанына өз дәртлеринен зәңги қойып көтерилип атырғаны оның өзине тән жолын көрсетпекте. Руўхый соққылар, тынышсыз ойлар, мазасыз мәўритлер, жалпы шайыр қәлбиндеги дәрт қосықтың формасына да сыймай төгилип турғанын байқаўға болады. Оқыўшыға, "адресат"қа сынған кеўил айнасын усыныўын да жоқары баҳалаймыз, мүмкин олар бул айнаға қарап шайыр күткен нәрсени аңлап алар...

2 months, 3 weeks ago

Сыр айтаман сүўретиңе айлы ақшам,
Сени сорап жулдызлардан жымыңласқан!
Сағыныш бул! Гилти суўға кеткен есик,
Тәғдир бизге жол силтеўде сәл алжасқан!

@zergerqosiqlari

5 months, 4 weeks ago

Әбдиқадир ҚАЙЫПОВ

ТЕК АҒАЙИНЛЕР...
Повесть
6

Сейтназар усы ўақытқа шекем бул теорияның дурыс екенине қарсы болып, кери түсинип келди. Бирақ, бүгин сол теорияның дурыслығына исенди. Деген менен, адамлардың көзинше сыртқа шығарып айта алмады. Тек:
- Өзи аман ба? — деди.
—«Дәўлетиң тайса түйениң үстинде йит қабады» деген дуп-
дурыс гәп екен. Бурын жапырылып ҳәмме хызметте жүргеннен кейин сезбейди екенбиз. Дардай жигитлердиң буншелли бийдәўлет бола бергенин қәйтерсең. Өзине бәле келер дейсең бе? Машынды күл-опат етип, кеўлин сорап келген жоралары менен арақты ишип жатыр, өзиң күйип атырғаныңда парт ете бермей-ақ қояйын деп айтпай тур едим, — деп ҳаялы да иштеги ҳәўирин шығарып, дәртин төгип таслады.
Сейтназарға көрисиўге берилген он минут он саатқа созылып кеткендей сезилди. Ағайинлерди көрип кеўил көтеремен деп шығып, уўайымның үстине қайтама уўайым қосты. Шәрибай ағаның сонша жерден талап етип келгени ядына түскен ўақта жер жарылса, кирип кете қойыўға кайыл болды. Тезирек ишке киргенше асықты.

*   *   
«Ийт тойынса ийесин қабады» дегендей, адамның да көзине май питсе ағайин-пағайин, жора-жолдасқа қарағанда алыс-берис етип аўыз жаласқанлар жақын болып кетеди екен. Сейтназардың баласы менен завсклад Бахытбайдың баласы тең үйленди. Дәслеп Сейтназардың, кейин еки ҳәпте өткерип завсклад Бахтыбайдың гүмбирлеген тойы басланды. Шәрибай ағаның да тойы Бахтыбайдың тойына қабатласты. Шәрибайдың әкеси менен Сейтназардың әкеси туўысқан жүдә жақын ағайин. Мектепте муғаллим болып ислейди, бир айлық пенен еплеп күнин көрип отыр. Шәрибай ҳәм оның иниси Қалбай да, өзиниң әжағасы Қурбанбай, иниси Оразбай да бәри муғаллим. Бул туқымда тек Сейтназардың өзи муғаллимшиликти питкергени менен төрт айдан басқа бул кәсипте ислемеген.
Азан менен үйге Қурбанбай келди:
- Сейтназар бес алты ағайин менен Шәрибайдың тойына барып қайтайық - деди кеўлинде ҳеш нәрсе жоқ.
- Әжаға басымды қатырма. Мен Бахыттың тойын таслап ол тойға ҳәзир бара алмайман, - деди шорта кесип.
- Ҳаў иним! Ағайин-ғо, ағайин болғанда да оннан жақын ағайинимиз жоқ. Бизлер бара беремиз-аў. Дос бар, душпан бар, тойға халық жыйналған ўақытта сен төбеңди көрсетсең Шәрибай әжағаңның төбеси көкке жетер еди, - деп атыр еди, Сейтназар тойдағы ақша жазылған дәптерди әжағасының алдына тартып урды.
- Көр, сол ең жақын ағайинниң не жаздырғанын, 50 сом. Бахытбайды көр, 4000 сом жаздырған, және бир баспақ сойып, ең сыйлы қонақларымды күтип берди. Ондай сексен ағайиннен бир Бахыт жақсы әжаға. Мен бара алмайман. Көлик керек болса, бас бухгалтердиң «УАЗ»ын алың да кете бериң, — деп өзи бармай қалып еди. Әне-мине деп жүргенде бир жыл өтип кетти, соннан сол тойға барылмай қалды.
  *  *
Ҳәзир изинен келип турғанлардың ишинде тойға 4000 сом жаздырған да, 1000 сом жаздырған адамлардың ҳеш бири көринбеди. Гилең 40 сом, 50 сом, асып кеткени 100 сом жаздырған ағайинлер. Аўа, тек ағайинлер…

ПОВЕСТТИҢ СОҢЫ

We recommend to visit

https://qaraozek.uz
https://youtube.com/channel/UCciJD2dexkmrWHcvaonwKDQ
https://www.instagram.com/qaraozek_rayoni_hakimligi?igsh=MW5sNjcyZzB5MnI0NQ==
https://www.facebook.com/profile.php?id=61560591980198

@Qaraozekhakimligi_bot

Last updated 3 weeks, 4 days ago

Қаржылық сауатты үйрететін арна. Арнаның бас жағында тегін 12 сабақ бар. Көріп шығыңыз.

👫Арнаға мына сілтеме арқылы адам қоса аласыз: https://t.me/qarjysayaty
Арна иесі: Исламбек Әділбек
| Жарнама [реклама] және ұсыныстар бойынша – @islmbekk

Last updated 2 months, 2 weeks ago

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің ресми телеграм каналы

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.youtube.com/@emergencykz

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 1 month, 2 weeks ago