Ajiniyaz Qosibay uli

Description
Ajiniyaz Qosibay uli
Mоynаq rаyоnınıń «Qаmıs bógеt» dеgеn jеrindе tuwılģan.
(1824-1878)

Ómir bayani📖
Dóretiwshiligi📝

Kanalimiz sizge paydali boladi degen úmittemiz😊
Advertising
We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 2 weeks, 1 day ago

“…Адам ғапыл дүниені дер менікі,
Менікі деп жүргеннің бәрі Онікі…”

Last updated 3 days, 23 hours ago

пассивно-агрессивный канал 🌱
сотрудничество @klonzo32

Last updated 3 days, 9 hours ago

2 months, 1 week ago

▶️Syomka*📍*Xiywa_qalası

Babamız Ájiniyaz tálim alġan medresedegi syomka barısı.

Ájiniyaz Qosıbay ulı Xiywa qalası Sherġazıxan hàm Qutlımurat inaq medreselerinde tálim alġan.

Baqlap barıwshılarımız arasında kóplegen sorawlar payda bolmaqta.
- Álbette, social tarmaqlarımızdı baqlap barıń hám tarıyxıy filmdi kútiń.
Sorawlarıńızġa juwaptı filmdi tamashalaġan waqıtta álbette tabasız.😊

2 months, 1 week ago

Дүньяда жанан көп, емести халы,
Ҳәр бир қызлар ҳүр-пәрийден ийбалы,
Метер қызы таза, мәҳрем хийўалы,
Бул ҳәм сендей емес, лапты Бийбигүл.

Көрген арзы шекер, көрмеген ҳәўес,
Керсен жан жисмиңди әйлейди қәпес,
Бегликти жай қылды маңғыт-кенегес,
Ишре сендей жанан йоқты, Бийбигүл.

Өзиң дана болдың ҳәм ақылың кәмал,
Бәршениң сулыўы ай жүзли жамал,
Атқа шыққан ақ маялы Айжамал,
Ол ҳәм сендей емес, лапты, Бийбигүл.

Қазалы бир қала, Орынбор анда,
Ақлым алды тәрийпиңди язанда,
Қырық мың үйли ноғай, шәҳри Қазанда,
Табалмадым сендей қызды, Бийбигүл,

Болғанды йәне көп ноғай шәҳари,
Оларды жоқ қылды урыс қәҳари,
Сен ерурсәң мисли сәдеп гәўҳары,
Дүньяға бир өзиң келдиң, Бийбигүл.

Сөзи шийрин-шекер ләбинде қалы,
Аны көргенлердиң кетер қыялы,
Ҳайтта, мерекеде қызлардың ханы,
Дүньяда бир өзиң болдың, Бийбигүл.

Яр дәўраны әйне он төрт яшында,
Ҳәрким ойнап-күлер теңи-душында,
Айтар Зийўар яр саўдасы башында,
Заманында атқа шықтың, Бийбигүл.

2 months, 1 week ago

БИЙБИГҮЛ (BÍYBÍGÚL)
Қуда ҳәмири билән дүньяға келдиң,
Заўқы-сапа дәўран сүрдиң, Бийбигүл,
Серлеп яқшы билән яманды билдиң,
Ақлы кәмил, саҳип-тәмиз, Бийбигүл.

Аннан соңра түстиң йурттың көзине,
Тәрийп болдың шайырлардың сөзине,
Бул ялғаншы паний дүнья жүзине,
Жекке сен бир өзин келдиң, Бийбигүл.

Атаң аталықты, атың Бийбигүл,
Зибаның шийриндур, йүзлериң гүл-гүл,
Анаң – Хатирадур, жеңгениз – Айгүл,
Мәжнүн етип ақлым алдың, Бийбигүл.

Алтын қос билезик барды дәстиндә,
Көргенлер хызметкер пайыў-пәстиндә,
Күнде той-мереке болур үстиндә,
Саҳрада бир шәҳри-әзим, Бийбигүл.

Қостамғалы, қолдаўлыны сәрәпраз,
Жүрип көрдим көп еллерде қысыў-яз,
Кийгенлери ласты реңбе рең бияз,
Ҳеш бири мегземес саған, Бийбигүл.

2 months, 2 weeks ago

САДАҒА (SADAǴA)
Тәрийпи садаға дийейин хан Ханымбийке,
Дүньяның маҳбубы сендин садаға.
Уғылжан исмиңдүр сен жаным бийке,
Хуб билән нахубның бәри садаға.

Йузиңни бир көрән болурлар бәнде,
Қалмады мәдәрим бул әзиз тәнде.
Нәйлейин дүньяны, мақсуўдым сенде,
Алғәрез, дүньяның бәри садаға.

Өзге қыз-қәнийзек, сенсен – перийзат,
Қыла гөр ғамындын көңилин азат,
Өзиң Шаҳсәнемнен йүз ҳисса зыят,
Болсын ол Зүлейха сәндин садаға.

Қолдаўлыда – Алма, балғалы – Анар,
Мүйтенде – Ақсулыў, маңғытта – Гүлзар,
Хуллас қәлам бул дүньяда ҳәрне бар,
Ол йетти ашықның бәри садаға.

Соркөлде – Ултуўған, етекте – Жамал,
Аржақта – Қаникей, қыпшақта – Орал,
Ноғайлыда – Хәнийпа көрсең қадди дал,
Буларның бәршеси сендин садаға.

Майпозда – Үзилдик, Қаникей билән,
Қыпшақта биз билдик Тыникей билән,
Қаңлыда Жаңыл қыз Қүникей билән,
Буларның бәршеси сеңдин садаға.

Араллыда атлы Зуҳрахан билән,
Шықар тамашаға шәўкет сән билән,
Байы-бажбанлары, қазы ийшан билән,
Алты урыў Қоныраттың бәри садаға.

Дүньяға ҳеш келмес сендей бир дилбәр,
Жүзи он төрт күнлик айдек мүнәўўәр,
Сениң қасыңда жоқ зағша Сәнәўбәр,
Дүньяның бәршеси сендин садаға.

Тийеклиде – Бақыт, ырғақлы – Айжан,
Бақанлыда – Айша, кенегес – Балжан,
Қызы Аралбайдың аты Нурлыхан,
Булардың бәршеси сәндин садаға.

Бессары Нурбийке, Айбийби билән,
Шүйитте Ырысбийке, Жанбийби билән,
Қазаяқлы Жаңыл Ҳүрбийби билән,
Буларның бәршәси сендин садаға.

Қоса берсем қыятта да қызлар бар,
Ашамайлы қызы Бийбизада бар,
Қандеклиде Жипек деген қызлар бар,
Аларның бәршеси сендин садаға.

Қосқаным жоқ қыят қызы аз болур,
Уйғыр қызы көп ҳийлели наз болур,
Қандеклиде Жипек, Айман қыз болур,
Буларның бәршеси сендин садаға.

Ләйли, Зуҳра билән ашық Зүләйха,
Шийрин, Фарҳад, Үзирә Ўамық, Ҳүрлиха.
Ҳилалай, Айсәнем йәне Малийка,
Буларның бәршеси сендин садаға.

Йүзиңни көргенниң йоқдур әрманы,
Кыя бақышларың дәртниң дәрманы
Жәмшийдниң зүбдәси ол Абдулла ханы,
Ҳәм Найыб қул беги сендин садаға.

Жәмшийд, Қабул, Аўған, Аймақ, Нәўширўан,
Тилла Қара кетан Қытайы-Қотан,
Хиратның патшасы йәне Қәмиран,
Буларның бәршәси сендин садаға.

2 months, 2 weeks ago

ЯҢЛЫДЫ (YaŃLIDI)
Ағалар, ярымның тәрийпин десем,
Туўбы ағаш, аның қадди далыды,
Қулқы, пығлы, ҳалы-аўҳалын десем,
Мисли Мәжнүм сүйген Ләйли яңлыды.

Беглер, тәрийп етсем гезген елатты,
Ол елде көрмишем бир пәрийзатты,
Бақсам гүл жүзине әтир, ай бетли,
Жәннет руўқынында тоты яңлыды.

Айтсам тең келмейди әлемниң бәрин,
Ҳүрлер жолдас емес, десем тәрийпин,
Баян етсем аның исми шәрийпин,
Өткен бир яқшының аты яңлыды.

Аны өз сүнийдиң яратмыш субҳан,
Йүзи он төрт күнлик айдек нәмаян,
Көрген бийҳүш болур аны шул заман,
Сәйил етип беҳиштен шыққан яңлыды.

Қантыў-набат, шаҳди-шәккәр ашлары,
Қундыздан қарадур аның шашлары,
Зәйин етсеңиз аның қалем қашлары,
Қәтип қәлем менен жазған яңлыды.

Отырышы – тырна, йүриши – ғаздур,
Бастан аяқ тамам ағзасы наздур,
Хош сүўрет, хош әдеп, бир алғыр баздур,
Мысалы, бақышы лашын яңлыды.

Зайығ болур бийўәпаның йүргени,
Айшы әшрет, заўқы-сапа сүргени,
Бир күн алып кетсе малын бергени,
Мисли, қуш қашырған қәлпе яңлыды,

Зийўар айтар, енди не ҳалың кешәр,
Я шу күн, я таңла кәрўаның көшәр,
Саў болсаң басыңа ҳәрбир ис түшәр,
Бийўәпа яр паний дүнья яңлыды.

2 months, 2 weeks ago

ДИЛДАРЫМ (DÍLDARIM)
Келүр йол үстиндә мәстана басыб,
Сөзләргә мәжалым қалмас дилдарым,
Йуз мың ғамзе билән көксини ашыб,
Ҳеш адамға ойнаб күлмәс, дилдарым.

Барыб йердим сәўер ярдың үйинә,
Бүлбилдәк сайраған шийрин тилинә,
Ғамзә билән бақып айтқан сөзинә,
Әлҳасыл нәмәртлер билмәс, дилдарым.

Не әжайып зәнсәң шийрин-шәкәр дил,
Бойларың минәсиб белиң қыпша бел,
Ақ йүзиң сәўер яр афтабдин қызыл,
Бийфәҳим ҳеш қашан билмәс, дилдарым.

Үстимизде заман фәсад болубдур,
Ақлымның, ҳуўшымның бәрин алубдур,
Мусулман, орысқа жәбир болубдур,
Нәйлейин заманым келмес, дилдарым.

Заманымыз йоқдур йигит йүрмәгә,
Ат миниб, тон кийиб дәўран сүрмәгә,
Мендей ғариплерге тағлим бермәгә,
Нәйлейин ҳеш адам шықмас, дилдарым.

2 months, 2 weeks ago

ТҮСЕР (TÚSER)
Ағалар, ярым тәрийпи,
Зулпы янағына түсер,
Сағағына дизсә мәржан,
Ошал буғағына түсер.

Бул жаҳанә түшмүш лапы,
Әлпи әдепли, әрканлы,
Салланғанда сыя-зулпы,
Ярдың қушағына түсер.

Салып тилла биләзикти,
Қасы-йай, көзи сүзикти,
Шығарса алтын жүзикти,
Қайтып бармағына түсер.

Таққан өңирге моншағы,
Гәўҳәрленген тулымшағы,
Алтынлап өрген шашпағы,
Жүрсе өкшесине түсер.

Сөз жайылар елдән-елә,
Сөзлер шығар дилдән-дилә
Пәрўаз етип гүлдән-гүлә,
Барып путағына түсер,

Сәйил етип шықса салланып,
Яр қасын қақса таўланып,
Зийўар айтур күйип-жанып,
Өз-өзиден отқа түсер.

2 months, 2 weeks ago

БОЗАТАЎЛЫ НӘЗЕЛИМ (BOZATAWLI NÁZELÍM)
Бозатаўлы гүлбинәфша нәзелим,
Әсәлиң ҳәррени гүлден бездирер,
Кирпиклериң сүзип баққан нәзериң,
Жулдызды жаўратып, түннен бездирер.

Жамалың бир көрип кеттим димардан,
Йүзүмни үгирдим шамси-қамардан,
Өзимни бездирип сабыр-қарардан,
Сабырыў-қарарымды меннен бездирер.

Қумырысқадек қыпша-қыпша беллерин,
Бармақ толы йүзүк-йүзүк әллериң,
Әсел қатқан сүжик-сүжүк тиллериң,
Жыланды жылжытып иннен бездирер.

Фәлекниң ойыны – Жәйҳун гирдабы,
Бир тәбәссим етсен көңлимниң табы,
Ышқы ләшкериңниң дәҳшәт сәркабы,
Бул аманат жанды тәннен бездирер,

Писте бурыныңда тилла әребек,
Екки қара көзиң екки бәледек,
Үргениш йуртунда бегим Төребек,
Тахтынан тайдырып, елден бездирер.

Көңлим сәдебини бир-бир яздырып.
Қайта бастан гөне дәртим қоздырып,
Капир көзиң мусулманды азғырып,
Бийшара Зийўарды диннен бездирер.

2 months, 3 weeks ago

Тынбас кеше-күндиз көзим гирьяны,
Болыппан мен аның бағры бирьяны,
Жисмимди өртеди дағы, ҳижраны,
Көзде яшым төкип кетти шул пәрий.

Келмес андай дилбар яқты-жаҳана,
Ҳүснини меңзеттим ҳүўри ғулмана,
Дишлери мәселлик ҳинжи-мәржана,
Бу заманда йоқдур шундай дилбәрий.

Бу елде көрмедим шуныңдек дилбар,
Кешени ақ йүзи әйләр мүнәўўәр,
Кийген либасының бәри алтын-зер,
Зыя-зулпы екен мүшки әнўәрий.

Йүз әлўан доланур қәддини дүзеп,
Нәзерлеп кирпигин оқ киби гезеп,
Ләйли, Зуҳра, Сәнем киби хош әдеп,
Бағ-ирәмгә мүнәсипдур шул пәрий.

Ҳәрким айтур, аңа ҳәмдәм болсам деп,
Йолыңда жанымды пидә қылсам деп,
Мубәрәк жамалын және көрсем деп,
Тақатым қалмады көргеннен берий.

5 months, 4 weeks ago

СҮЙГЕН ЯРЫМ БАР

Қатып жатқан дəртлеримди қозғаған,
Сен жыласаң мениң аҳыў-зарым бар,
Жүрегин, жигерин маған жоллаған,
Бул дүньяда мениң сүйген ярым бар.

Қайылман сен ушын отқа күйсем де,
"Уақ" демеймен яр жолында өлсем де,
Сөйтип, сениң ақ жүзиңнен сүйсем де,
Бəнт болған ашыққа жүрек, жаным бар

? @Ajiniyaz_qosibay_uli | каналға ағза
болың!

We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 2 weeks, 1 day ago

“…Адам ғапыл дүниені дер менікі,
Менікі деп жүргеннің бәрі Онікі…”

Last updated 3 days, 23 hours ago

пассивно-агрессивный канал 🌱
сотрудничество @klonzo32

Last updated 3 days, 9 hours ago