Әдебий БлоGнот

Description
Бул каналда қарақалпақ әдебияты ҳәм жәҳән әдебияты шығармаларынан оқып барасыз.
Advertising
We recommend to visit

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.facebook.com/qrtjm?mibextid=LQQJ4d

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 3 days, 21 hours ago

Павлодар облысы білім беру басқармасы

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Бәріңе сәлем, мен PUBG MOBILE ойынында тиктокер әрі стример - Қазанбас! Есімім Жанболат (Жанбо), Алматы қаласынан боламын. Менімен әрқашан байланыста болу үшін телеграм канал аштым.
Ал Қош келдің ❤️✊🇰🇿

Last updated 1 week ago

1 month, 1 week ago
1 month, 1 week ago

#Әжинияз_Қосыбай_улы_200_жаста

Жер ҳәм ел билəндур, ел ҳәм жер билəн, 
Жерсиз елдиң күни дәрба-дәр билəн, 
Өмири өтер жүректеги шер билəн, 
Қәдириң сенин бизге етти, Бозатаў.

http://t.me/a_blognot

1 month, 1 week ago

#қарақалпақ_ырғақлары
#play_list_ушын

🎼Сен Ўатан бул!
🎤Жолдас Аманиязов ҳәм "Әзиз" топары.
*Тәй-тәй басып босағаңды атласам,
Ашылады сеннен баслап кең жәҳән,
Жырақ кетсем әлем бойлап шарықлап,
Бетке тутар айтып жүрер урансаң.

Нақыраты:

Сен Ўатан бул әлпешлеген алақан,
Сен Ўатан бул бесигимсең шайқаған,
Сен Ўатан бул басқалардан айырмам,
Сен Ўатан(3) бул көкиректеги тумарсаң.

Сағынғанда сүрме болар көзиме,
Орнағансаң мына жүрек төрине,
Жети ықлым аржағында жүрсемде,
Саған жетип жығылғайман сүрине.

Ўатан деген сезим онда бар болса,
Сол перзентиң халықтың жырын жырласа,
Алмастырмай жәннетке де бул жерди,
Туўған жердиң бәрҳа арын арласа*.

Mp3 қосық ушын Азамат, Жаңабай Анетеев ҳәм Айдос Раметуллаевларға алғыс билдиремен. Рахмет жигитлер!!👍****

канал: Қарақалпақ Байтереклери

3 months, 1 week ago

Архив "ДӘУРАН БОЛМАДЫ"
Сөз: Әжинияз Қосыбай улы
Намасы: Шамшет Аимбетов
Вокал:Кеңесбай Сержанов
пиано: Аяп Отеген
#айт_сен_Әжинияздың_қосықларынан

3 months, 1 week ago
**Әжинияз**

Әжинияз

*Менде ўатан болды елатсыз қалған, 
Бағларынан бүлбил ушып, зағ қонған. 
Зийўар дер дүньяға келгеним ялған, 
Менде бир бийқайғы заман болмады. 

Зийўар дер дүньяға келгеним ялған...*

https://t.me/a_blognot

3 months, 1 week ago

ӘЖИНИЯЗ

*Сәнeмлeр қолында тилла саз едим, 
Хәўижге келтирер жәнан болмады. 
Туғырымда талпынған алғыр баз едим, 
Кәлпе-сәйядларым маман болмады.

Өмир берсе иши-тысы әрманлы, 
Не дәркар сүрмесең беш күн дәўранды, 
Шөллерде йүгүргән аҳыў-жәйранды 
Саяд алған шенли дәўран болмады.

Әлип қәддим далдек болып бүгилди,
Көзлеримнен қанлы яшым төгилди, 
Жол бойына үйген ҳасыл йугимди 
Базарға елткендей кәрўан болмады.

Дәрек йоқ ушырған қуба қушымнан, 
Базарым тарқады ерте пешиннен, 
Кәрўан өткен ўақта мениң тушымнан 
Көңил мүлким жолға әнжам болмады.

Сырым паш етмедим ҳәргиз ҳеш кимге, 
Ситәмкәр әйледим жанға беш күнде, 
Гүзар дәрбентине курган көшкимде 
Дəртимди дәртлесер ҳәмдәм болмады.

Дунья бир көрсетип Ләйли жамалын, 
Алды кетти пикри- зикри қыялым, 
Кырман таяр ўақта бермей шамалын, 
Шамал берсе, атар қырман болмады.

Бүлбилди зар етип шәйда гулләрә 
Мәжнүндек айдабән шөлден шөлләрә. 
Несийбим көп шашып ғайры елләрә, 
Шөптеп болдым десем, тамам болмады.

Менде ўатан болды елатсыз қалған, 
Бағларынан бүлбил ушып, зағ қонған. 
Зийўар дер дүньяға келгеним ялған, 
Менде бир бийқайғы заман болмады.*
https://t.me/a_blognot

Telegram

Әдебий БлоGнот

Бул каналда қарақалпақ әдебияты ҳәм жәҳән әдебияты шығармаларынан оқып барасыз.

**ӘЖИНИЯЗ**
3 months, 1 week ago
3 months, 1 week ago

💘Жүрегіме махаббаттың садағы қадалды

Өктем Алтаев: «Ең бірінші ғашық болған қыз, маған бұйырмай, басқа жігітке тұрмысқа шыққаннан кейін «Не жаздым мен жаным саған» әні шықты».

Төрлетіңіз! Арман мен Ләйлә шақырады бағдарламасының бұл шығарылымы 90 жылдардағы қазақ әндеріне арналады.
#БірӨмірлік#АА *🍀 @bir_omirlik 🍀***

3 months, 2 weeks ago

БҮГИН ТАҢНАН...

*Бүгин таңнан қас қарайғанша,
Нөсер жамғыр шелеклеп қуйды.
Кеш кирип тас түнек болғанша,
Қәдемимди шегелеп қойды.

Үмитим көп еди бүгиннен,
Қалды исленбестен жойбарым.
Үйде ҳәрекетсиз бүгилген,
Қәддим ийик,бийжай ойларым.

Жамғыр тынбас, жаным жабығар,
Кеўлим күсер жазық даланы.
Үйде отырыўдан жалығар,
Қыял аңсар сайды, саланы.

Ташкент сулыў шәҳәр,теңи жоқ,
Бирақ,дым көп нөсер жаўыны.
Халқының да ҳешбир кеми жоқ,
Гүл жайнайды оның баўыры.

Базда жаўын жаўар ҳәптелеп,
Көшелери шаңнан жуўылар.
Адамлары таңнан ентелеп,
Зонтик услап иске жуўырар.

Ал,мен жалғыз қалып сондайда,
Тысқа бағып қыял сүремен.
Тынбай жаўын жаўған жағдайда,
Үйде қалып қоя беремен.

Тереземди тынбай сабалап,
Жаўын жаўды тағы күн бойы.
Исленбеген исим балалап,
Көзим илинбеди түн бойы...

*        *        *

Бүгин таңнан қас қарайғанша,
Нөсер жамғыр шелеклеп қуйды.
Кеш кирип тас түнек болғанша,
Мени үйге шегелеп қойды...

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА*

Ташкент. 29-январь, 2024-жыл
http://t.me/a_blognot

3 months, 2 weeks ago

Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамынның дүзилиў тарийхынан

Қарақалпақ жазыўшыларының дөретиўшилик жәмәәти 1924-жылы Қарақалпақстанның сол пайыттағы пайтахты – Төрткүл қаласында қәлиплесе баслады ҳәм қарақалпақ тилиндеги дәслепки басылым «Биринши адым» (ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан») газетасының жарық көриўи менен бәрше қәлем ийелери бәри бирден-бир әдебий орган дөгерегине бирикти. 1925-жылы Төрткүлде өз жумысын баслаған «Таң нуры» атлы туңғыш қарақалпақ труппасы да усы дөретиўшилик жәмәәт пенен бирлесе отырып, өз әтирапында жас ҳәм жалынлы миллет зиялыларын жәмлестирди. Усының нәтийжесинде, Қарақалпақ миллий театрының иргетасын қалаған және қәлиплестирген труппа ўәкиллери – таныўлы қарақалпақ драматурглери Әбдираман Өтепов, Сейфүлғәбит Мәжитов, Қасым Әўезов ҳәм т.б. да қәлем ийелериниң шығармалары сахналастырылды ҳәмде жаңа дөретиўшилик шөлкемниң пайда болыўына тийкар жаратты.

We recommend to visit

ҚР Төтенше жағдайлар министрлігінің әлеуметтік желілері:

https://www.facebook.com/qrtjm?mibextid=LQQJ4d

https://instagram.com/tjm_mchs?igshid=YmMyMTA2M2Y=

www.tiktok.com/@tjm_mchs

Last updated 3 days, 21 hours ago

Павлодар облысы білім беру басқармасы

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Бәріңе сәлем, мен PUBG MOBILE ойынында тиктокер әрі стример - Қазанбас! Есімім Жанболат (Жанбо), Алматы қаласынан боламын. Менімен әрқашан байланыста болу үшін телеграм канал аштым.
Ал Қош келдің ❤️✊🇰🇿

Last updated 1 week ago