Қаржылық сауатты үйрететін арна. Арнаның бас жағында тегін 12 сабақ бар. Көріп шығыңыз.
👫Арнаға мына сілтеме арқылы адам қоса аласыз: https://t.me/qarjysayaty
Арна иесі: Исламбек Әділбек
| Жарнама [реклама] және ұсыныстар бойынша – @islmbekk
Last updated 1 month, 2 weeks ago
https://qaraozek.uz
https://youtube.com/channel/UCciJD2dexkmrWHcvaonwKDQ
https://www.instagram.com/qaraozek_rayoni_hakimligi?igsh=MW5sNjcyZzB5MnI0NQ==
https://www.facebook.com/profile.php?id=61560591980198
@Qaraozekhakimligi_bot
Last updated 1 day, 18 hours ago
<<ӘЗИЙЗ АНАЛАРЫМЫЗ САРЫША АЙЫМ, СҮЙИНБИЙКЕ, ЖУПАР АНА>>
=======::::::[1-бөлим]::::::=======
Ҳәр бир халықтың өз тарийхы бар. Дерексиз, тарийхсыз халық жоқ. Тарийхты хат бетине толық түсирилген, өз тарийхын қағаз бетлеринен излейтуғын халықлар менен бирге өзиниң шараятына қарап, өз тарийхын көкирегине тумар етип тағып, қәстерлеп өз ата-бабаларының атын жоғалтпай бүгинги күнге әкелген халықтың бири--қарақалпақлар.
Қарақалпақ халқы түрли социаллық-экономикалық қыйыншылықлар, тәбият апатшылығы, сыртқы жаўгершиликтиң себебинен жазба түрдеги тарийхын бизге жеткизе алмады. Бирақ, ата-бабаларын умытпады, олардың изсиз жоғалыўына жол қоймады, олардың атын жүрек сандығында өшпес сыя менен жазып бизге жеткизди. Усындай аты халықтың ядында мәңги сақланып бизге жеткен қарақалпақтың әзийз ҳаялларының бири--САРЫША АЙЫМ.
САРЫША АЙЫМ~қарақалпақтың Алтын Орда қурамында жасаған дәўиринде бизге белгили ОРМАМБЕТ БИЙдиң қызы.
Алтын Орда тарийхта еки ярым әсирден аслам жасады, Алтын Орданың ыдыраўы менен оның орнында, ҚЫРЫМ, ҚАЗАН, АСТРАХАНЬ, НОҒАЙ халықларының пайда болғанлығы бизге белгили. <<Ноғайлы>> сиясий аўқамы XVI әсирге келгенде ыдырайды. Қарақалпақ бийлериниң ишинде Ормамбет бий руслар тәсиринде болған, Ормамбет бий өлген соң Сарыша айым әкесиниң сиясатын даўам етип, елди басқарған. Қолда бар мағлыўматларға қарағанда Сарыша айым саўатлы, сымбатлы, күтә сөзи өткир, ақыллы қыз болған. Ормамбет бийдиң ул перзенти болмаған, оның үш қызы болып, ең кишкенеси Сарыша айым болған.
Оның жасаған дәўири, XVI әсирдиң басларына туўра келеди. Сарыша айым турмыс қурмаған, халықтың ғамын ойлап, халық ушын жанын пидә еткен, халыққа жаны ашып өз өмирин халқына бағышлаған қыз болған. Ноғайлы аўқамы бузылып, жаўгершиликтен қаяққа барарын билмей албыраған халыққа Сарыша айым жол көрсетеди, ақылын айтып, жубатады.
Ормамбет бий өлгенде,
Он сан ноғай бүлгенде,
Ормамбеттей бийлерден,
Ул қалмады, қыз қалды,
Үш қызының генжеси,
Алғыр қустың пәнжеси,
Сарыша ханым толғайды,
Боз ингендей бозлайды,
Ноғайлым деп толғайды,--деп басланатуғын халық толғаўы усы Сарыша айымға арналған. Бул толғаўдан биз Сарыша айымның жәмийетте ақыллы, билими менен өз орнын алған үлкен масштабтағы жәмийетлик искер болғанлығын көремиз.
Ақыллы, парасатлы Сарыша айымның халықтың ғамы, қайғысы менен бирге жасап, халқым деп майысқан мехрибан жүрегин халық ҳеш ўақытта умыта алмайды.
Сарыша айымның дәўири менен сыбайлас Қазан ханлығын басқарған, СҮЙИНБИЙКЕ ханшаның атын атап өткимиз келеди. Сүйинбийке бизге белгили Алтын Орданың соңғы әмирлериниң бири ЕДИГЕниң қызы. Едиге қарақалпақтың маңғыт руўынан ақмаңғыт тийресинен шыққан.
САРЫГҮЛ БАҲАДЫРОВА.
Филология илимлериниң кандидаты, профессор, "Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери".
<<<<<<<даўамы бар>>>>>>>>>
?????????????
САРАТАН
*Мыс қайнаған ыссылардан жаным жай таппай,
Тар геўдемде жүрекгенем туўлайды аттай.
Ақ қағазға жазылмаған ғәлет бир хаттай,
Жан дүньямды егеўлеп тур, мына саратан.
Сылдырлысы естилмей жылға-сайлардың,
Айдарынан жел еспей тур сәрўи таллардың.
Иши-тысы мыс қайнаған зәўлим жайлардың,
Салтанатын көк тийинға алмас, саратан.
Жипек самал, қайда кеттиң жанымды жазар,
Сенсиз мениң нәзик жаным тартпақта ҳазар.
Кел бағыма гөззал дүньям болсын лалазар,
Гүлзарларым қаўжырамай турып, саратан.
Бәлки сенде зәрүрдурсаң егин-тегинге,
Сонда да хош көрмейди ғой сени ҳешким де.
Шахсәнемлер азап шегер алтын көшкинде,
Айдай жүзин өрт шалғандай еттиң, саратан.
Сениң отлы ҳәўириңнен кимлер күймеген,
Жанды отқа салғаныңды ҳеш ким сүймеген.
Суўсап қалған Аралыма себиң тиймеген,
Ең болмаса гәўҳар суўды тартпа саратан.
Бул дүньяда суўсыз сирә жасап болмайды,
Гәўҳар суўсыз Ана Жерде пайыз қалмайды.
Суўсыз елдиң маңлайына ығбал қонбайды,
Ығбалыма шек келтирме, айым саратан!
Гәўҳар суўға толсын жылға-сайым саратан!
Ҳәр нәрсениң болады ғой шек-шегарасы,
Сум әжелден басқасының бардур шарасы.
Жоғалмасын десең тиришилик дүньясы,
Жалынлаған ҳәўириңнен түскил, саратан.
Жанға жайлы самал болып ескил, саратан!*
Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА
Төрим қалған төркин журтым, жалған-ай!
*Усы үйди көрсем шоқтай ғыжлайман,
Жанымды жеп сызлаўықтай сызлайман,
Көп жыл болды, узатылып кетсем де,
Әкемниң уйинде нәўше қыздайман,
Төрим қалған төркин журтым, ҳайран-ай!
Туўған уйим, төркин журтты көргенде,
Балалығым шаң көтерди желкемде,
Бирим-бирим бәрин көзден өткердим,
"Қашарман" топ қапталымнан өткенде
Қызлық тахтым қол былғайды- жалған-ай!
Анам келди ақ жаўлығы желбиреп,
Әкем турды жүрек-баўры елжиреп,
Қызы емес, елге патша келгендей,
Қоңсы шешем, кишемлер жүр дәлбиреп,
Қайда кетти, қадирданлар ялған-ай!
Анамның излерин өпким келеди,
Әкемдей түйе боп шөкким келеди,
Еркелигим көтермесе "уйдеги",
Қабақ үйип ..қайтып кетким келеди,
Төркин журтта төрим барма, жалған-ай!
Таңлайда тур ''Қақлы қумның" көсиги,
Көзге ысық төркин журттың есиги,
Ҳәзирги Шахаман, гөне Қараөзек,
Қарақалпақта мағрипаттың бесиги,
Жазбай кетсең болар бәри жалған-ай!
Қара шаңарақтың шоғын сөндирмей,
Боз ордама суўық самал ендирмей,
Ата уйимдеги Мақсетке алғыс,
Атызына жабайы шөп өндирмей,
Жан жағына жасыл гилем жайған-ай!
Разыман туўысқан қолқанатыма,
Отырған патшалық салтанатыңа,
Қыйын ўақта қалаға көшип кетпей,
Садық бопған әке аманатына,
Кеўилиң кең дала, қандай дархан-ай!!!
Ат болады аўылымның тайлары,
Суўға толып турса жылға сайлары,
Заманагөй илим-билим ийелеп,
Бирин төрт қылады искер байлары,
Шаң астында қалып қоймас жорға тай...
Абат жапта ағып турған суў барма?!
Суўларында "Ақ Гүлаштай" қуў барма?!,
Шийден тыслап сыртқа кеткен қызлары,
Төркин десе "Көксуў " бирден туўлар ма?
Туўған елден артығы жоқ жалған-ай!
Төрим қалған төркин журтым, жалған-ай!
Гүлистан ДӘЎЛЕТОВА*
16-июнь, 2024-жыл.
https://t.me/a_blognot
#Әжинияз_Қосыбай_улы_200_жаста
Жер ҳәм ел билəндур, ел ҳәм жер билəн,
Жерсиз елдиң күни дәрба-дәр билəн,
Өмири өтер жүректеги шер билəн,
Қәдириң сенин бизге етти, Бозатаў.
#қарақалпақ_ырғақлары
#play_list_ушын
?Сен Ўатан бул!
?Жолдас Аманиязов ҳәм "Әзиз" топары.
*Тәй-тәй басып босағаңды атласам,
Ашылады сеннен баслап кең жәҳән,
Жырақ кетсем әлем бойлап шарықлап,
Бетке тутар айтып жүрер урансаң.
Нақыраты:
Сен Ўатан бул әлпешлеген алақан,
Сен Ўатан бул бесигимсең шайқаған,
Сен Ўатан бул басқалардан айырмам,
Сен Ўатан(3) бул көкиректеги тумарсаң.
Сағынғанда сүрме болар көзиме,
Орнағансаң мына жүрек төрине,
Жети ықлым аржағында жүрсемде,
Саған жетип жығылғайман сүрине.
Ўатан деген сезим онда бар болса,
Сол перзентиң халықтың жырын жырласа,
Алмастырмай жәннетке де бул жерди,
Туўған жердиң бәрҳа арын арласа*.
Mp3 қосық ушын Азамат, Жаңабай Анетеев ҳәм Айдос Раметуллаевларға алғыс билдиремен. Рахмет жигитлер!!?****
канал: Қарақалпақ Байтереклери
Архив "ДӘУРАН БОЛМАДЫ"
Сөз: Әжинияз Қосыбай улы
Намасы: Шамшет Аимбетов
Вокал:Кеңесбай Сержанов
пиано: Аяп Отеген
#айт_сен_Әжинияздың_қосықларынан
Әжинияз
*Менде ўатан болды елатсыз қалған,
Бағларынан бүлбил ушып, зағ қонған.
Зийўар дер дүньяға келгеним ялған,
Менде бир бийқайғы заман болмады.
Зийўар дер дүньяға келгеним ялған...*
ӘЖИНИЯЗ
*Сәнeмлeр қолында тилла саз едим,
Хәўижге келтирер жәнан болмады.
Туғырымда талпынған алғыр баз едим,
Кәлпе-сәйядларым маман болмады.
Өмир берсе иши-тысы әрманлы,
Не дәркар сүрмесең беш күн дәўранды,
Шөллерде йүгүргән аҳыў-жәйранды
Саяд алған шенли дәўран болмады.
Әлип қәддим далдек болып бүгилди,
Көзлеримнен қанлы яшым төгилди,
Жол бойына үйген ҳасыл йугимди
Базарға елткендей кәрўан болмады.
Дәрек йоқ ушырған қуба қушымнан,
Базарым тарқады ерте пешиннен,
Кәрўан өткен ўақта мениң тушымнан
Көңил мүлким жолға әнжам болмады.
Сырым паш етмедим ҳәргиз ҳеш кимге,
Ситәмкәр әйледим жанға беш күнде,
Гүзар дәрбентине курган көшкимде
Дəртимди дәртлесер ҳәмдәм болмады.
Дунья бир көрсетип Ләйли жамалын,
Алды кетти пикри- зикри қыялым,
Кырман таяр ўақта бермей шамалын,
Шамал берсе, атар қырман болмады.
Бүлбилди зар етип шәйда гулләрә
Мәжнүндек айдабән шөлден шөлләрә.
Несийбим көп шашып ғайры елләрә,
Шөптеп болдым десем, тамам болмады.
Менде ўатан болды елатсыз қалған,
Бағларынан бүлбил ушып, зағ қонған.
Зийўар дер дүньяға келгеним ялған,
Менде бир бийқайғы заман болмады.*
https://t.me/a_blognot
Telegram
Әдебий БлоGнот
Бул каналда қарақалпақ әдебияты ҳәм жәҳән әдебияты шығармаларынан оқып барасыз.
Қаржылық сауатты үйрететін арна. Арнаның бас жағында тегін 12 сабақ бар. Көріп шығыңыз.
👫Арнаға мына сілтеме арқылы адам қоса аласыз: https://t.me/qarjysayaty
Арна иесі: Исламбек Әділбек
| Жарнама [реклама] және ұсыныстар бойынша – @islmbekk
Last updated 1 month, 2 weeks ago
https://qaraozek.uz
https://youtube.com/channel/UCciJD2dexkmrWHcvaonwKDQ
https://www.instagram.com/qaraozek_rayoni_hakimligi?igsh=MW5sNjcyZzB5MnI0NQ==
https://www.facebook.com/profile.php?id=61560591980198
@Qaraozekhakimligi_bot
Last updated 1 day, 18 hours ago